Әмиўдәрья районындағы Баба Рустам баба мешити ҳаққында

Баба Рустам баба

Әмиўдǝрья районы «Баба Рустам баба» жоме мешити тарийхы

Әмиўдǝрь районыны «Шайкул» аўыл пуқаралары жыйынындағы «Баба Рустам баба» жоме мешитине 1998-жылы сол ўақытта мәҳелле имамы болып ислеген Ибадуллаев Маткарим басшылығында тийкар салынды ҳәм мешит қурылыс жумыслары халықтың қол кѳмеги менен басланды. Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги тәрепинен 1999-жыл 15-декабрь күнги №42-санлы гүўалығы менен дизимнен өтти.

Мешит мǝнзили: Әмиўдǝрья районының «Шайкул» аўылында жайласқан.

Баба Рустамның анық туўылған сәнеси мәлим емес. Жергиликли халықтың айтыўына қарағанда жүдә ертеде жасап өткен алым инсанлардан болған. Мешит жанындағы қǝбирстанға жерленген. Қǝбирстан Баба Рустам баба атына қойылған. Оның қайтыс болған сәнеси де мәлим емес.

«Баба Рустам баба» жоме мешити бир қабаттан ҳәм 5 ханадан ибарат. Мешиттиң улыўма майданы 388, 7 кв.метр. Намазханасының узынлығы 16,5 метр, енине 13 метр. Намазхана 350 адамға мөлшерленген. Мешит китапхана ҳәм басқа да зәрүр буйымлар менен тәмийинленген.

«Баба Рустам баба» жоме мешитинде Қурбаниязов Уктам имам-хатиб болып ислеген, ҳәзирги күнде Айтеков Ҳайтбай имам-хатиб болып ислемекте.

2019-жылы мешит толық қайта оңлаўдан шығарылды, әтираплары абаданластырылды.

Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +99899-956-50-75

Имам-хатиб: Айтеков Ҳайтбой


Әмиўдәрья районында Баба Рустам баба мешитинен басқа және 6 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы