Шоманай районындағы Сапар ота мешити ҳаққында

Сапар ота

Шоманай районы «Сапар ота» жоме мешити тарийхы

Шоманай районы «Дийханабад» аўыл пуқаралары жыйынында жайласқан «Сапар ота» жоме мешитине 2020-жылы Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты басламасы ҳǝм қурылыс жумыслары халықтың намаз оқыўшылардың қол кѳмеги менен басланды.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2021-жылы 9-декабрь күнги №69-санлы гүўалығы менен дизимнен өтти. Мешит мǝнзили: Шоманай районы «Дийханабад» аўыл пуқаралары жыйыны.

Сапар ата Юсип улы Сапар болып, ол 1650-1700-жылларда Қоңыраттың арқасында ҳәзирги Ҳǝким ата ҳәм Бурахан ата зияратгаҳлары әтирапларында жасаған. Сапар атаның ǝўладлары тийкарынан ноғайлардан болып, Ибраҳим Буграхан ибн Сулайман (Бурахан ата) дәўиринде өз илими менен белгили болады ҳәм Бурахан ата өз қызын Сапарға некелеп берип, тағы ҳәзирги Қоңыраттың арқа-батыс тәрепиндеги Куўан жылға жағасындағы жерлерди еншиге береди. Сапар ата өз үрим-путағын кѳбейтип, оларды илимли ҳǝм билимли етип тәрбиялаған. Сапар ата дәўирине келип олар үш қǝўимге: куўан, жүдә шиғанақ ҳәм найман қәўимлерине бөлинеди. Бул қәўим әўладлары 1942-жыллардан кейинги суў тасқыны ақыбетинде ҳәзирги «Дийханабад» аўылы әтирапларына көшип келген.

«Сапар ота» жоме мешитиниң улыўма жер майданы 0, 32 ге болып, имарат еки қабаттан ҳәм 5 ханадан ибарат. Мешит узынлығы әйўаны менен қосып есапланғанда 22 метр, енине 18 метрди қурайды. Намазханасының узынлығы 15 метр, енине 15 метр. Намазхананы 4 үстин безеп тур. Намазхана 350-400 намазханға мөлшерленген. Намазхана орайында бийиклиги 17 метр, айланасы 10 метрли гүмбез исленген. Мешит заман талабына толық жуўап беретуғын китапхана, тахаратхана ҳәм басқа да зәрүр үскенелер менен тәмийинленген.

Мешит ѳз жумысын баслағаннан берли Ауезбаев Рашид Абдимуратович имам-хатиб болып жумыс ислемекте.

Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +99899-955-33-66

Имам-хатиб: Ауезбаев Рашид, имам-найыбы Амедов Салматдин


Шоманай районында Сапар ота мешитинен басқа және 1 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Шоманай Шоманай районы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы