Әмиўдәрья районындағы Юсип ийшан баба мешити ҳаққында

Юсип ийшан баба

Әмиўдǝрья районы «Юсип ийшан баба» жоме мешити тарийхы

Әмиўдǝрья районы Манғыт қаласындағы «Юсип ийшан баба» жоме мешитине 1990-жылы сол ўақыттағы район бас имамы болған Бекимбетов Қошқар тәрепинен тийкар салынды ҳәм мешит қурылыс жумыслары, халықтың жǝрдеми ҳәм қол кѳмеги менен басланды. Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги тәрепинен 1998-жылы 11-сентябрь күни №18-санлы гүўалығы менен дизимнен өтти.

Мешит мǝнзили: Манғыт қаласы «Исбилерменлер» кѳшесинде жайласқан.

Юсип ийшан 1853-жылы Манғыт қаласында туўылған, Хийўадағы медреседе оқыған. Ѳз дәўириниң жетик алымы есапланған, ѳмири даўамында пүткүл Қарақалпақ ҳәм Харезм халықларының руўхый ҳәм ағартыўшылық ислеринде басшылық етип, Хийўа ханы Муҳаммадрахимхан Феруздың қасында уллы ислерди әмелге асырған. Ол 1916-жыл 63 жасында қайтыс болған ҳәм Манғыт қаласындағы «Мың ярым шейит» қǝбирстанына жерленген. 2005-жылы қǝбири үстине мақбара қурылған. Әтираплары абаданластырылып, зияратгаҳқа айландырылды.

«Юсип ийшан баба» жоме мешитиниң улыўма жер майданы 10 000 кв. м болып мешит имараты еки қабаттан ҳәм 15 ханадан ибарат. Мешит узынлығы әйўаны менен қосып есапланғанда 42 метр, енине 36 метрди қурайды. Намазхананың узынлығы 36 метр, енине 24 метр. Намазхананы 14 үстин безеп турыпты. Намазхана 1000 намазханға мөлшерленген. Мешиттиң орайында бәлентлиги 16 метр, радиусы 12 метрли гүмбез исленген. Мешит заман талабына жуўап беретуғын ысытыў системасына, китапхана, тахаратхана ҳәм басқа да зәрүр буйымлар менен тәмийинленген.

Мешитте дәслепки мәрте Бекимбетов Қошқар ҳажы имам болып ислеген, ҳәзирги ўақытта Матсапаев Абдурахман Әмиўдǝрья районы бас имамы ҳǝм «Юсип ийшан баба» мешити имам-хатиби болып ислеп келмекте.

2009-жылы мешит толық реконструкциядан шығарылды, әтираплары абаданластырылды.

«Юсип ийшан баба» жоме мешити Әмиўдǝрья районы орайлық мешити сыпатында ис жүритпекте.

Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +99899-317-06-71

Мешит имам-хатиби: Матсапаев Абдурахман, имам-найыбы Тураев Садық.


Әмиўдәрья районында Юсип ийшан баба мешитинен басқа және 6 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы