Төрткүл районындағы Молла Жумабай мешити ҳаққында

Молла Жумабай

Тѳрткүл райони “Молла Жумабай” жоме мешити тарийхи

Тѳрткүл район “Молла Жумабай” жоме мешитиниң ески имараты қаланың Муқумий көшесинде жайласқан болып, майданы сегиз жүз квадрат метрден ибарат еди. Намаз оқыўшыға тарлығы себепли, жума намазлары, ҳайт намазларында намаз оқыўшылардың көбиси көшеде намаз оқыр еди.

“Молла Жумабай” жоме мешити халықтың жәрдеми менен 1990-1998-жылларда қурылған. Мешит “Уллибағ” аўыл пуқаралары жыйыны аймағында жайласқан. Мешит қурылысына марҳум имам-хатиб Жумабай ҳажы Матякубов басшылық еткен.

Мешит Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 1998-жыл 10-август күни №5-санлы гүўалық пенен дизимнен өткен. Мешит мǝнзили: Тѳрткүл районы Беруний көшесинде «Бағжап» каналы бойында жайласқан. Тѳрткүл районы бас мешити сыпатында халыққа хызмет кѳрсетип келмекте.

Мешит имараты еки қабаттан ибарат, 1200 адамға мөлшерленген. Мешит минарының узынлығы 50 метрди қурайды. Мешитте 17 бөлме бар. Мешиттиң орайында бәлентлиги 16 метр, шеңбери 12 метрлик гүмбез исленген. Заманагөй ысытыў системасы, жаңа типтеги 47 адамға мөлшерленген таҳаратхана ҳәм басқа да үскенелер менен үскенеленген.

Мешитте Матякубов Жумабай ҳажи, Матякубов Бирадар, Абуджанов Тайыржан, ҳәзирги ўақытта Қличев Досназар имам-хатиб ўазыйпасында ислеп атыр.

Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +998937120888

Имам-хатиб: Қличев Досназар,

Имам-найыбы: Шакиров Темур


Төрткүл районында Молла Жумабай мешитинен басқа және 9 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Мѳнтик баба Төрткүл районы
Абдужамил ийшан Төрткүл районы
Шорахан Төрткүл районы
Қошқар ата Төрткүл районы
Молла Саъдулла Төрткүл районы
Ғайып ата Төрткүл районы
Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
Малла дунли баба Төрткүл районы
Жамбасқала Төрткүл районы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы