Әмиўдǝрья районы «Қаршили хожа баба» жоме мешити тарийхы
Әмиўдǝрья районы «Арна бойы» аўыл пуқаралары жыйынындағы «Қаршили хожа баба» жоме мешитине 1972-жылы Атажанов Төребай тәрепинен тийкар салынды ҳәм 2012-жылы мешит тазадан қурылды. Қурылыс жумыслары халықтың қол жәрдемлери менен басланды.
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министрлиги тәрепинен 2003-жыл 7-апрель күни №49-санлы гүўалығы менен дизимнен өтти. Мешит мǝнзили: Әмиўдǝрья районы «Арна бойы» аўылында жайласқан.
Қаршили хожаның тийкарғы аты Әзиз хожа болып, Қарши қаласынан келгенлиги ушын Қаршили хожа деп аталып кеткен. Ол шама менен 1820-1900 жылларда жасап өткен ҳәм «Арна бойы» аўылындағы «Қаршили хожа» қǝбирстанына жерленген.
«Қаршили хожа» жоме мешитиниң улыўма жер майданы 1600 кв. метр болып, мешит бир қаттан ҳәм 4 ханадан ибарат. Мешит узынлығы әйўаны менен қосып есапланғанда 17,5 метр, енине 17,5 метрди қурайды. Намаз оқыў залының узынлығы 17 метр, енине 7,5 метрди қурайды. Намазхана 170 адамға мөлшерленген. Мешит заман талабына жуўап беретуғын ысытыў системасына, тахаратхана ҳәм басқа да зәрүр буйымлар менен тәмийинленген.
Мешитте дәслепки мәрте Айтеков Ҳайбай имам-хатиб болып ислеген, ҳәзирги ўақытта Абдукаримов Абдурахман басшылық етпекте.
2017-жылы мешит толық қайта оңлаўдан шығарылды, әтираплары абаданластырылды.
Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +99890-591-14-00
Имам-хатиб: Абдукаримов Абдурахман, имам-найып Бабажанов Камаладдин
Әмиўдәрья районында Қаршили хожа баба мешитинен басқа және 6 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:
| Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
|
Юсип ийшан баба | Әмиўдәрья районы |
|
Яқуб ийшан баба | Әмиўдәрья районы |
|
Ноғой ийшан баба | Әмиўдәрья районы |
|
Қозыбай баба | Әмиўдәрья районы |
|
Ҳажы ийшан баба | Әмиўдәрья районы |
|
Баба Рустам баба | Әмиўдәрья районы |
| № | Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
| 1 | Имам ийшан Муҳаммад | Нөкис қаласы | |
| 2 | Аллаҳ берди Азиз | Нөкис қаласы | |
| 3 | Ережеп бий | Нөкис қаласы | |
| 4 | Муҳаммад Бақый ийшан | Нөкис қаласы | |
| 5 | Сǝлмен ийшан | Нөкис қаласы | |
| 6 | Пирим ийшан баба | Хожели районы | |
| 7 | Муҳаммад Кǝрийм | Хожели районы | |
| 8 | Сары ийшан | Тақыятас районы | |
| 9 | Муҳаммад Мурат ийшан | Тақыятас районы | |
| 10 | Кетменши баба | Тақыятас районы | |
| 11 | Шайх Аббаз Ўалий баба | Беруний районы | |
| 12 | Султан Ўәйс баба | Беруний районы | |
| 13 | Хайырлы баба | Беруний районы | |
| 14 | Бадр ата | Беруний районы | |
| 15 | Дәрўиш ийшан баба | Беруний районы | |
| 16 | Молла Жумабай | Төрткүл районы | |
| 17 | Мѳнтик баба | Төрткүл районы | |
| 18 | Абдужамил ийшан | Төрткүл районы | |
| 19 | Шорахан | Төрткүл районы | |
| 20 | Қошқар ата | Төрткүл районы | |
| 21 | Молла Саъдулла | Төрткүл районы | |
| 22 | Ғайып ата | Төрткүл районы | |
| 23 | Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы | Төрткүл районы | |
| 24 | Малла дунли баба | Төрткүл районы | |
| 25 | Жамбасқала | Төрткүл районы | |
| 26 | Муҳаммад нарынжаный | Елликқала районы | |
| 27 | Абдуллаҳ нарынжаний | Елликқала районы | |
| 28 | Машариф ақсақал | Елликқала районы | |
| 29 | Сафа | Елликқала районы | |
| 30 | Биби мүшкүл Кушод | Елликқала районы | |
| 31 | Юсип ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 32 | Яқуб ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 33 | Ноғой ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 34 | Қозыбай баба | Әмиўдәрья районы | |
| 35 | Ҳажы ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 36 | Баба Рустам баба | Әмиўдәрья районы | |
| 37 | Қаршили хожа баба | Әмиўдәрья районы | |
| 38 | Шоманай | Шоманай районы | |
| 39 | Сапар ота | Шоманай районы |