Нөкис қаласындағы Сǝлмен ийшан мешити ҳаққында

Сǝлмен ийшан

Нөкис қаласы «Сǝлмен ийшан» жоме мешити тарийхы

«Сǝлмен ийшан» жоме мешитиниң қурылыс жумыслары Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы басшылығында ҳүкимет ўәкиллери ҳәм жасы үлкен ақсақаллар қатнасыўында 2021-жылы 14-апрель күни мешиттиң тамал тасы қойылып, дерлик бир жыл әтирапында кең көлемде қурылыс жумыслары жедел пәт пенен алып барылды. Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2022-жыл 29-апрель күни №71-санлы гүўалық пенен дизимнен ѳтти ҳǝм 2022-жыл 1-май күни Уллы Рамазан ҳайыты байрамы қарсаңында өз жумысын баслады. Мешит мǝнзили: Нѳкис қаласы, «Қум аўыл» мǝкан пуқаралары жыйыны, «Жайҳун жағасы» номерсиз жай.

Мешиттиң гүмбези, меҳрабы ҳәм ишки безеўлери арабша Қуран аятларын Өзбекстан халық устасы Инагамов Ҳакимжон тәрепинен ең шырайлы көринисте қолдан жазып шығылды. Мешит 500 адамға мѳлшерленген.

Журтымызда динге хызмет еткен уламалар жүдә көп болған. Усылардан бири биз сөз етпекши болған Сǝлмен ийшан атамыз болып табылады. Толық аты Сǝлмен ийшан Камал улы. Тийкарынан Салман болған болыўы керек, себеби тарийхта Салман атлы атақлы саҳаба өткен, тийкары Аҳмад болған исимниң ана тилимизде Аҳмед болып өзгергени сыяқлы Сǝлмен болып кеткен.

Сǝлмен ийшан Камал улы 1884-жылы Шимбай уезди, Қараөзектиң «Шахаман» аўылында, ийшан шаңарағында дүньяға келген. Әкеси Камал ийшан илимли адам болған.

Сǝлмен ийшан дǝслеп сол ўақытта белгили «Қарақум ийшан» медресесинде тәлим алады, кейин Хиўадағы «Шерғазыхан» медресесинде оқыйды.

Бурынғы аўқам дǝўиринде ѳтирик ҳәм жалалардан, дөҳметлерден кѳплеген бийгүна адамлар, олардың бала-шағалары, жақынлары жүдә көп азап кѳреди. Сондай дөҳмет бǝлесине Сǝлмен ийшан да гириптар болған еди.

1952-жылда Сǝлмен ийшан тутқынға алынып, сол жылы қайтыс болады ҳәм Нөкис қаласы шетиндеги қǝбирстанға жерленеди. Ҳәзирде бул қǝбирстан «Сǝлмен ийшан» аты менен жүритиледи.

Мешит пенен байланысыў ушын: +998973537755

Имом-хатиб: Набатов Аминжан.

Имом-найыбы: Жаксымуратов Илхам Муратбаевич.

Имом-найыбы: Торебаев Камалбек Омарович.

Имом-найыбы: Қалқоразов Низамаддин Бауаддинович.

Имом-найыбы: Идрисов Абдулкамал Абдусалим улы


Нөкис қаласында Сǝлмен ийшан мешитинен басқа және 4 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
Ережеп бий Нөкис қаласы
Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы