Төрткүл районындағы Малла дунли баба мешити ҳаққында

Малла дунли баба

Тѳрткүл районы «Малла дунли баба» жоме мешити тарийхы

Тѳткүл районы «Малла дунли баба» жоме мешити жанындағы қǝбирстан буннан 300-350 жыллар алдын қǝбирстан болған. Бул «Малла дунли баба» жоме мешити сол қǝбирстан жанында жайласқан. Малла дунли баба 1750-жылларда Тѳрткүл районы аймағына көшип келген. Халық арасында абырай-итибарға ийе, халыққа басшы, халықтың ҳүрмет-итибарына ийе болған, ийнине сары тон кийип жүрген бир ҳақыйқый инсанның ѳлименен кейин ҳǝм оны жерлегеннен кейин оның атына «Малла дунли баба» деп адамлар сол инсанның атына койған. Тарийхта бул жоме мешит аты ҳәм қасындағы қǝбирстан аты «Малла дунли баба» аты менен аталған.

Араздурди Дурдиев, Пири Қурбанназаров, Мерет Хафизматов, Берди Напесов, Чори Нурқиличевлар 1974-жылы усы қǝбирстан жанында мешит қурылған. Ҳәзирги күнде имам-хатиб Еркин Юлдашев, ҳажы баба Реимбой Султановлар басшылық етип атыр.

«Малла дунли баба» жоме мешити Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен №53-санлы гүўалық пенен дизимнен өтти ҳәм ҳәзирге шекем сол жоме мешити халқымызға хызмет етип атыр.

2021-жылы «Малла дунли баба» мешити жанында жаңа ҳәзирги заман талабына жуўап беретуғын жаңа мешит қурылып, 2022-жылы питкерилди. Бул қурылыс жумысларына бас қас болған сол мешит имам-хатиби Еркин Юлдашев жәрдемшилери Реймбай Султанов «Ақбаслы» аўыл пуқаралары жыйыны баслығы Акебай Байназаров, жәрдемшилери Бекмурат Саидов, Аман Хонгалдиев, Шори Маметов, Акебай Дурдибаев, Аваз Бойназаров, Отабек Бойриевлардың хызметлерин үлкен. Жаңа қурып питкерилген жоме мешит төрт ханадан ибарат, мешит узынлығы 21 метр, ени 16 метр, мешит намазханасының узынлығы 15 метр, енине 15 метрди қурайды. Намазхана 350-400 намаз оқыўшылар ушын мөлшерленген. Мешитте гүмбез исленди. Мешит заман талабына толық жуўап беретуғын ысытыў системасына, тахаратхана, китапхана ҳәм басқа зәрүр буйымлар менен тǝмийинленген.

«Малла дунли баба» мешити Тѳрткүл районы орайынан 23 км ҳәм «Ақбаслы» аўыл пуқаралары жыйыны орайынан 3 км узақлықта жайласқан.

Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +998 99 318 16 90

Имам-хатиб: Юлдашев Еркин.


Төрткүл районында Малла дунли баба мешитинен басқа және 9 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Молла Жумабай Төрткүл районы
Мѳнтик баба Төрткүл районы
Абдужамил ийшан Төрткүл районы
Шорахан Төрткүл районы
Қошқар ата Төрткүл районы
Молла Саъдулла Төрткүл районы
Ғайып ата Төрткүл районы
Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
Жамбасқала Төрткүл районы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы