Нөкис қаласы «Муҳаммад Бақый ийшан» жоме мешити тарийхы
«Мухаммад Бақый ийшан» Қосымбетов Бақый ийшан 1856-жылы туўылып, 1935-жылы қайтыс болған. Миллети қарақалпақ, диний саўатлы болған. Хийуадағы «Аллақул хан» медресесинде 7 жыл оқыған. Өзиниң мешити болған. Ол мешитте ибадат етиўден басқа адамларға диний тəлим берилген. Мешит мəнзили: Нөкис қаласы «Жеке терек» мəкан пуқаралары жыйыны. Мешит орнында ылай пахсадан қурылған, үсти қамыс пенен бастырылған мешит болған. Нөкис қаласындағы биринши мешит болған. СССР пайытында ҳəмме диндарлар қамалып, мешитлердиң жумыслары тоқтатылған ўақытта Бақый ийшан да қамаққа алынған. Мешит жумысы тоқтатылған. Ҳəзирги «Муҳаммад Бақый ийшан» мешити ески мешит орнына 1992-жылы «Жеке терек» МПЖ да жасаўшы Сабыр улы Айтбай басшылығында халықтың жəрдеми менен мешит қурылысы басланып, 2004- жылы мешит имараты қурып питкерилген. 2021-жыл, 25-январь күнинен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинен дизимнен ѳтип, мешит өз жумысын баслаған. Мешитте барлық қолайлықлар жаратылған. Мешит 400 адамға мѳлшерленген.
Мешит пенен байланысыў ушын телефон: +998977898111
Имам-хатиб Қудайбергенов Шухрат,
Имам-найыплар Төребаев Камалбек, Юнусов Илхам, Базарбаев Мухаммаджон.
Нөкис қаласында Муҳаммад Бақый ийшан мешитинен басқа және 4 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:
| Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
|
Имам ийшан Муҳаммад | Нөкис қаласы |
|
Аллаҳ берди Азиз | Нөкис қаласы |
|
Ережеп бий | Нөкис қаласы |
|
Сǝлмен ийшан | Нөкис қаласы |
| № | Суўрети | Мешит аты | Район/қала |
| 1 | Имам ийшан Муҳаммад | Нөкис қаласы | |
| 2 | Аллаҳ берди Азиз | Нөкис қаласы | |
| 3 | Ережеп бий | Нөкис қаласы | |
| 4 | Муҳаммад Бақый ийшан | Нөкис қаласы | |
| 5 | Сǝлмен ийшан | Нөкис қаласы | |
| 6 | Пирим ийшан баба | Хожели районы | |
| 7 | Муҳаммад Кǝрийм | Хожели районы | |
| 8 | Сары ийшан | Тақыятас районы | |
| 9 | Муҳаммад Мурат ийшан | Тақыятас районы | |
| 10 | Кетменши баба | Тақыятас районы | |
| 11 | Шайх Аббаз Ўалий баба | Беруний районы | |
| 12 | Султан Ўәйс баба | Беруний районы | |
| 13 | Хайырлы баба | Беруний районы | |
| 14 | Бадр ата | Беруний районы | |
| 15 | Дәрўиш ийшан баба | Беруний районы | |
| 16 | Молла Жумабай | Төрткүл районы | |
| 17 | Мѳнтик баба | Төрткүл районы | |
| 18 | Абдужамил ийшан | Төрткүл районы | |
| 19 | Шорахан | Төрткүл районы | |
| 20 | Қошқар ата | Төрткүл районы | |
| 21 | Молла Саъдулла | Төрткүл районы | |
| 22 | Ғайып ата | Төрткүл районы | |
| 23 | Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы | Төрткүл районы | |
| 24 | Малла дунли баба | Төрткүл районы | |
| 25 | Жамбасқала | Төрткүл районы | |
| 26 | Муҳаммад нарынжаный | Елликқала районы | |
| 27 | Абдуллаҳ нарынжаний | Елликқала районы | |
| 28 | Машариф ақсақал | Елликқала районы | |
| 29 | Сафа | Елликқала районы | |
| 30 | Биби мүшкүл Кушод | Елликқала районы | |
| 31 | Юсип ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 32 | Яқуб ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 33 | Ноғой ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 34 | Қозыбай баба | Әмиўдәрья районы | |
| 35 | Ҳажы ийшан баба | Әмиўдәрья районы | |
| 36 | Баба Рустам баба | Әмиўдәрья районы | |
| 37 | Қаршили хожа баба | Әмиўдәрья районы | |
| 38 | Шоманай | Шоманай районы | |
| 39 | Сапар ота | Шоманай районы |