Төрткүл районындағы Ғайып ата мешити ҳаққында

Ғайып ата

Тѳрткүл районы “Ғайып ата” жоме мешити тарийхы

Тѳрткүл районы “Ғайып ата” жоме мешитиниң пайда болыўы бурынғы аўқам дәўириниң 1983-1984-жылларға туўры келеди. Сол пайытлардағы мǝҳǝлле имамы Әўезов Уллыхожа қǝўендерлигинде кѳмек жолы менен ылайдан бес ханадан ибарат мешит имараты “Әмирабад” каналы бойына қурылды. Мәмлекет тәрепинен мешитте бес ўақыт намаз оқыўға рухсат болмағанлығы себепли тек ғана Рамазан ҳәм Қурбан ҳайыты намазлары оқып келинген. 2003-жыл 10-июль күни №51-санлы гүўалық пенен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинен дизимнен ѳтти ҳǝм Абдуллаев Икрамбай имам-хатиб болып жумыс иследи.

2012-2014-жыллар даўамында Саидов Шермухаммад, 2015-2022-жыллар даўамында Ходжаев Мухаммаджан имом-хатиблик етти. 2022-жылдан Манбетов Даўранбек имам-хатиб болып ислемекте.

2020-жылы жаңа заманагөй мешиттиң қурылыс жумыслары халықтың кѳмеги менен баслап жиберилди. Он алты ай даўамында қурылыс жумыслары исленди ҳǝм 2021-жыл 26-октябрь күни 300 адамға мѳлшерленген, барлық қолайлықларға ийе жаңа мешит имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Мешит пенен байланысыў ушын телефон номер: +998 93 517 50 00

Имам-хатиб: Манбетов Дауранбек.

Имам-найыбы: Машатов Сабурбай Давлатярович


Төрткүл районында Ғайып ата мешитинен басқа және 9 мешит бар, ҳәм олар тѳмендегилер:

Суўрети Мешит аты Район/қала
Молла Жумабай Төрткүл районы
Мѳнтик баба Төрткүл районы
Абдужамил ийшан Төрткүл районы
Шорахан Төрткүл районы
Қошқар ата Төрткүл районы
Молла Саъдулла Төрткүл районы
Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
Малла дунли баба Төрткүл районы
Жамбасқала Төрткүл районы
№ Суўрети Мешит аты Район/қала
1 Имам ийшан Муҳаммад Нөкис қаласы
2 Аллаҳ берди Азиз Нөкис қаласы
3 Ережеп бий Нөкис қаласы
4 Муҳаммад Бақый ийшан Нөкис қаласы
5 Сǝлмен ийшан Нөкис қаласы
6 Пирим ийшан баба Хожели районы
7 Муҳаммад Кǝрийм Хожели районы
8 Сары ийшан Тақыятас районы
9 Муҳаммад Мурат ийшан Тақыятас районы
10 Кетменши баба Тақыятас районы
11 Шайх Аббаз Ўалий баба Беруний районы
12 Султан Ўәйс баба Беруний районы
13 Хайырлы баба Беруний районы
14 Бадр ата Беруний районы
15 Дәрўиш ийшан баба Беруний районы
16 Молла Жумабай Төрткүл районы
17 Мѳнтик баба Төрткүл районы
18 Абдужамил ийшан Төрткүл районы
19 Шорахан Төрткүл районы
20 Қошқар ата Төрткүл районы
21 Молла Саъдулла Төрткүл районы
22 Ғайып ата Төрткүл районы
23 Тѳрткүл районы «Мискин баба» жоме мешити тарийхы Төрткүл районы
24 Малла дунли баба Төрткүл районы
25 Жамбасқала Төрткүл районы
26 Муҳаммад нарынжаный Елликқала районы
27 Абдуллаҳ нарынжаний Елликқала районы
28 Машариф ақсақал Елликқала районы
29 Сафа Елликқала районы
30 Биби мүшкүл Кушод Елликқала районы
31 Юсип ийшан баба Әмиўдәрья районы
32 Яқуб ийшан баба Әмиўдәрья районы
33 Ноғой ийшан баба Әмиўдәрья районы
34 Қозыбай баба Әмиўдәрья районы
35 Ҳажы ийшан баба Әмиўдәрья районы
36 Баба Рустам баба Әмиўдәрья районы
37 Қаршили хожа баба Әмиўдәрья районы
38 Шоманай Шоманай районы
39 Сапар ота Шоманай районы