Сораў: Ассалаума алейеум. Сайтты корип кууанып калдык. Менин сорауым намаз китабында хаяллар гусыл алганда шашлары ориули болса жаздырыу шарт емес жаксылап суулап койса болады делинген. Сонда кол менен суулаймызба ямаса суў куямызба?.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм.
Умму Салама разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
«Мен:
«Я Расулуллаҳ, мен шашымды беккем қылып өретуғын ҳаялман. Жунублик ғусылы ушын оны жайыўым керек пе?» дедим. Ол:
«Яқ, саған басыңның үстинен үш қосус cyў қуйыўың жетерли. Соң үстиңнен cyў қуясан. Кейин, пәк боласаң», деди».
Бесеўинен тек Бухарий рәўият қылмаған.
Шарҳ: Усы ҳәдиси шәрийфте ҳаяллардың ғусылына тийисли әҳмийетли бир мәселе айтылмақта. Ол да болса өрилген шаш мәселеси. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен Умму Салама анамыз арасында болып өткен сораў-жуўаптан шашы өрилген ҳаял жунубликтен ғусыл қылғанда өрилген шашларын жаймаса да жайызлығы шығып атыр. Тек ол шаштың астына жақсылап cyў жеткерип турып, ғусыл қыла береди. Ҳәр сапар шашты жайып, және өриў машақатынан ҳаялларға жеңиллик бериў ушын шәриятымызда усындай қылыўға руқсат берилген. Басқа жақсылап cyў жеткериў менен ғусылдан гөзленген мурад ҳасыл болады. Өсирилген шаштың ҳәммесине cyў тийиўи шәрт емес. Бунда қолды суўлап өрим шаштың түбине бармақларын киргизип, бастың өзине суў жеткериў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейеум. Сайтты корип кууанып калдык. Ислериниз дауамлы болсын. 1. Мешитте хаял кызларга араб тили бойынша курслар ашылама? 2. Азанда жумыска тан намазын окып кетемиз. Хар намаздын оз уактында окылганы абзал. Лекин Кундизги намазларды окыудын имканы болмаса кеште карыз кылып окыса боладыма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм.
1. Әлҳамдулиллаҳ. Журтымызда диний салада жүдә көп жақсы жаңалықлар болды. Араб тили курслары ашылды. Қуран жарыслары өткерилип атыр. Иншааллаҳ дуўа етип турсаңызлар, Аллаҳ несип етсе ҳаял-қызлар курслары да ашылып қалады. Ҳәзирде ҳаял-қызлар ушын тек ҳаял-қызлар медреселери қасында ғана ашылған, олар Ташкент ҳәм Бухара қалаларында жайласқан.
2. Әлбетте ҳәр бир намазды өз ўақтында оқыған абзал. Улыўма намаз оқымағаннан кеште қаза етип оқыған әлбетте абзал болады. Бирақ имканият болып турып, намазды қаза етиў дурыс ис емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum ustazlar. Ilimleriniz ziyada bolsin.Endigi Quran kurslari qashan baslanadi? Tolig'raq mag'lumat berseniz. Qanday hujjetler kerek?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәзирде араб тили курслары ашылғаны ҳәм 15-адамлық 4-топар оқып атырғаны ҳәммеге мәлим. Бул курслар таўсылғаннан кейин иншааллаҳ кейинги төрт топар ушын басланады. Бирақ буның ушын алдын ала Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журтына хабарласыўыңыз керек. Сол жерде араб тили курсларына оқыўға жазылыўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум. Мийнетлеринизден Аллах таала разы болсын. Еки дуньяда жемисли етсин. Сорауым: Бенде озин сыйкырланганман деп гуман етсе, онын ийман исенимине зыян жетеме. Усындай жагдайда не ислеу керек.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тилеклериңиз ушын рахмет. Бундай жағдай ўасўасадан болады. «Ықлас», «Фалақ», «Нас» сүрелери оқып жүрилсе, мақсетке муўапық болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алийким. Медреседе араб тилинен 3 айлык окыу курслари бар екенин айтибсиз. Ол жерде хаял кызларда окыуга болама? Хаптесине неше кун, неше саатдан алып барылады сабаклар? Илажи болса толеми канша айтсаныз?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул курсларда ҳәзирше тек ер азаматлар оқыўы мүмкин. Жақын арада ҳаял-қызлар ушын да ашылып қалады. Ҳәптесине үш мәрте, еки сааттан болады. Төлеми 750 мың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум устазлар бизде патия бергенде кыдыр ата колласын деп бериуимиз дурыспа
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳақыйқатында бундай деп айтыў дурыс емес. Сондай-ақ «Я пийрим», «Я Әлий» ҳәм усыларға уқсас сөзлер менен бир исти баслаў, жүрип баратырып усындай деп айтыў да дурыс емес. Олардың орнына «Я Аллаҳ», деп айтыў керек. Динимизде буларға ҳүрмет пенен қаралады, бирақ илаҳийлестирип жиберилмейди. Дуўа еткенде ҳәмме нәрсени Аллаҳ тааланың Өзинен сораў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum ustaz. Men kelinshegim menen bir neshshe ma'rte urisip jarastiq. Sol urisqan waqtimizda ketsen' joq bol, ketsen' qaytip kelme, h.t.b.usinday talaqqa uqsag'an so'zler aytildi. Biraq ele birge jasap kiyatirmiz. 4-jasar perzentimiz bar. men ne qilaman. Ken'nen tu'sindirip bersen'iz iltimas. Aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Талақ еки түрли болады. Ражъий ҳәм байын. Ражъий – анық талақ деген сөзди айтыў менен болады. Яғный, күйеўи ҳаялына: талақсаң, деп айтса бир ражъий талақ түседи. Байын – кинаялы сөзлер менен талақ қойыў. Яғный, күйеўи ҳаялына: кет, үйиңе бар ҳәм соған уқсас сөзлерди ажырасыў нийетинде айтқан болса, бир байын талақ түседи. Сиз жоқарыдағы сөзлерди ажырасыў, талақ қойыў мақсетинде айтқан болсаңыз, онда бир байын талақ түскен болып, некеңизди жаңалап алыўыңыз лазым болады. Егер айтқан сөзлериңиз ажырасыў нийетинде болмаса, ҳеш нәрсе түспейди. Аллаҳ таала талақты ер адамның қолына берип қойғаны бул арқайын талақ қылсам бола берер екен дә деген түсиникти бермейди. Ер адам ҳаялларға қарағанда салдамлы, ойлап ис көриўи керек. Бир талақ пенен Аллаҳ тааланың Аршы қыймылдайды, деп айтылған ҳәдиси шәрийфлерде. Сондай-ақ ҳәмме нәрсениң сораўы бар. Талақтың сораўы болмайды, деп ойлағанлар қәтелеседи. Талақ бул жүдә имкан қалмаған ўақытлары қолланылыўы керек. Әйтеўир нәрсеге урысып, талақ қойыла берсе, онда еркек адамның сабырлылығы қаяқта қалады. Шаңарақты қорғаў ер адамның ўазыйпасы, делинген. Шаңарақты тийкарынан бузылып кетиўинен қорғаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум!
1) Қарақалпақстан муфтияты(қазыяты) пəтуа (фатво) шығаралама?
2) Зəкəт тууылған жерге (Уатанға) берилема я болмаса жасап отырған жерге берилема ?
3) Рамазан айы күни кимлерге садақа берген абзалырақ?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм.
1. Өзбекстан мусылманлары басқармасында арнаўлы пәтўа бөлими бар. Пәтўа дегенимиз уламалар жыйналып бир мәселеге келисиўи емес. Пәтўа шығарыў ушын өзине тән илимлерди ийелеўи керек. Биринши нәўбетте Қуранды, сүннетти, саҳабалардың сөзлерин, уламалардың сөзлерин, улыўма айтқанда сол мәселеген тийисли ҳәмме илимлерди үйренилип шығылып кейин шығарылады. Сондай-ақ, пәтўа шығарыўдың өзине тән жуўапкершилиги де бар.
2. Зәкат биринши нәўбетте жасап турған жердеги халықтың ишинде жағдайы төмен жарлы адамларға бериледи. Егер жасап турған жерден басқа жерлерде зәкатқа жүдә мүтәж адамлар болса, оларға апарып бериў де жайыз.
3. Рамазан айында да, басқа ўақытларда да Аллаҳ таала буйырған орынларға берген абзал. Аллаҳ таала Қураны кәриймде садақаларды кимлерге бериў керек екенин баян еткен: Әлбетте, садақалар тек жарлыларға, мискинлерге, онда (садақа исинде) ислеўшилерге, кеўиллери дос қылыныўшыларға, қул азат қылыўға, қарыздарларға, Аллаҳтың жолында жүриўшилерге, мүсәпирлерге (бериў) Аллаҳ тәрепинен парыз етилди. Аллаҳ – Билиўши, Ҳикметли.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Егер бир адам аср намазын окыу ушын мешитке келсе, мешитте бир адам каза болган пешин намазын окып атырган болса, кейин келген адам аср намазы деп нийет кылып алдын намаз окып атырган адамга уйыса, намазы аср намазы орнына отеме? Рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Өтпейди. Қайтадан оқып алыўы керек. Уйыў ушын парыз намазлар бирдей болыўы ҳәм сол ўақыттыки болыўы шәрт.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Берилген жууапларыныз ушын рахмет. Сорауым. Семиртип мал сатыуды касип ететин адам, малдын жемине пиво ишимлигин косатугын болса (малдын тез семириуине тасир етеди екен) онын табысы харам болып калмайма? Жууап ушын алдын ала рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мүмкин емес. Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтен бул ҳаққында соралғанда, ондай қылмаң, деп жуўап берген. Бул ҳаққында ислам.уз сайтында да айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu alaykum wa rahmatullohi wa barakatu ! Menin' sorawim ayel adam hayz ko'regen waqtinda, Qur'an ayatlarin kitapti uslamay yadtan tilawat etse bolama? Juwabiniz ushin aldinnan raxmet! Allah razi bolsin!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳайызлы ҳәм нифаслы ҳаялларға бир неше ислер мүмкин болмай қалады. Сол ислер: Намаз оқымайды, ораза тутпайды, Қуран оқымайды, Қуран аятлары жазылған нәрселерди усламайды, мешитке кирмейди, Каабаны таўап етпейди, жақынлық етпейди. Демек Қуран аятларын оқыў дурыс болмайды. Бирақ, дуўаларды айтып жүриўи мүмкин. Ҳайыз ҳәм нифас ўақтында оқылмай қалып кеткен намазларының қазасын оқымайды. Бирақ Рамазан айында ҳайыз ямаса нифас болып қалған болса, Рамазан айының оразасын кейинирек қайта тутып бериўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum wa rohmatulloahi wa barokatuh. Hu'rmetli ustaz domla qilip atirgan xayirli islerin'izden Alla razi bolsin aldag'i islerin'izde rawaj tileymen. Sorawimiz sonnan ibarat araq ma'selesi boyinsha. Toy mereke, jiyinlarda, otirislarda araq qoyiladi. Hadislerde keliwinshe araq ishiliwinde qatnasqan 7 topardag'ini lanatlaydi. Endi qatnasiq qalay boladi. Turip ketip qalsaq qapa bolip, basqasha oylap atir. Olardin' pikirinshe mollalar aytti "o'zin' ishpesen' boldi" onin' kaypi haram dep adamdi hijalatqa salip qoyadi. Barsaq bolmasa, barmasaq onda bolmasa. Iltimas toliq ham aniq juwap bersen'iz. Biz sog'an tiykarlanip amel qilsaq. Juwabin'iz ushin aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳақыйқатта спиртли ишимликлер қойылған дастурханда отырыўдан қайтарылған. «Кайфи ҳарам, өзи ҳадал», деп айтатуғынлардың гәпи бийкар. Аллаҳ таала спиртли ишимликлерди ҳарам еткен. Оны ишиў үлкен гүналардан есапланады. Егер арақ ушын сиз бенен дос болып жүрген болса, оның дослығында хайрият болмайды.
Аллаҳға шүкирлер болсын. Жақын жыллардан берли тойлардағы арақ қойыўлар да бир аз кемейгени сыр емес. Көпшилик тойларда арақ қойылмайтуғын столлар да бар. Ал айырым тойларда улыўма арақ қойылмай өткерилип атыр. Сиз солардың қатарына қосылыўыңыз, тойларда да бундай ҳарам ишимликлерден шетлескенлердиң қатарына барып отырыўыңыз керек.
Арақтан, улыўма айтқанда ҳарам нәрселерден шетлесиў керек екенин, бундай нәрселерде берекет болмаўын, ден-саўлығына да, мал-мүлкине де зыян екенин досларыңызға да жақсылап түсиндириўиңиз лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссалаўма әлейкум! Мениң сораўым, Намаздың соңында Әттаҳиятыны оқығанда оң қолының бармағын көтериўдиң мәниси қандай, улыўма усы дурыс әмелме, Қарақалпақша китапларда бул туўралы жазылмаған екен. Жуўап ушын рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул әмел «Саббаба», деп аталады. Әттаҳиятты оқығанда «Ләә иләәҳә иллаллоҳ», деген кәлималарды айтып атырғанда көтерип турылады. Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳәзирет бул бойынша: «Кимниң устазы, яғный баста намаз оқыўды үйренип атырғанда бул әмелди үйреткен болса қылсын, үйретпеген болмаса қылмасын, арада келиспеўшилик шықпасын», деп айтқан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Фотиха суресин тасмиясыз окыуга болама
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бизлердиң ҳанафий мәзҳабымызда тасмия Фатиҳа сүресинен емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума Алеикум ва рахматуллохи ва баракату менин соруым намаз болатын кунлери базы бир яшулкен хаиал-кызларымыс намазга кастиюм шалбар, керек тауар керек, жаздыратогын затым жок конслардан сорап корин деген гаплар коп ушраиды намазда бундаи зат жаздыру шараятымиста турыма алдыннан рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бундай ислердиң ҳеш бири шәриятымызда айтылмаған, жоқ ислер. Бундай ислерден қайтыў керек. Затлай ямаса қаржылай жәрдем беремен деген адам өзиндеги артықшы нәрселери менен қалыс жәрдем бериўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Илтимас ана уатанымызда откен улкен ийшан ахунлар хаккында маглыуматлар берип барсаныз.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қолдан келгенше ҳәрекет етемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum menin' sorawim men kelin bolip tuskenime 7jil boldi biraq ele toyim bomadi men toyim boliwin qaleymen ata-enem toyimizdi beriw arapasinda kuyewim toyimiz boliwina qarsi sebebi toyimizda araq qoyiladi keyewimnin' ag'ayin tuwisqanlari gunasin ozlerimiz moynimizg'a alamiz dep raziliq aliwg'a bolama yag'iniy birewdin' gunasin birew aliwg'a bolama o'z qaewi menen albette juwabin'iz ushin raxmet!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қураны кәриймде биреў биреўдиң гүнасын көтере алмаўы ҳаққында аятлар нәзил болған. Арақ шәриятымызда ҳарам етилген ишимлик. Турмыс қурғанда той бериў шәрт етип қойылмаған, тек неке оқытыў шәрт етип қойылған. Мәмлекетимиз тәрепинен де тойларымызды ықшамластырыўға үлкен итибар қаратылып атыр. Биз мусылманлар бул илажды қоллап-қуўатлаўымыз лазым. Өйткени бунда Аллаҳ тааланың ҳарам еткен ысырапкершиликтиң алдын алыў бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум,усы казият сайтын коптен кузетип бараман.Алдынлары сайт шынлыгын айтканда кызык емес еди адамларды иманга шакыратугын макалалар хеш жазылмас еди.Енди Президентимиздин харекетлери менен Дин еркинлиги берилген сон сайт рауажланып "Телеграм" мессенджери аркалы каналынызда ашылыпты жуда куанышлы.Бирак сол каналда кунине кузетип бараман рауият,уакия коп жазылады хеш адамларды иманга шакыратугын макалалар жазбайсызлар.Мысалы акырет,олим,кабир алеми киби адамларды иманга шакыратугын макалалар неге жазбайсызлар Имам Куртубийдин "Олим сати хам Акыретти еске алыу" китабы аркалы макалалар жазып барсанызлар адамлар Алладан коркып иманга келер еди.Тозак хаккында коп кимлер тозакка туседи,зина турысында онын катты ауыр куна екенлиги хаккында жазсанызлар,истигфар дууалары хаккында жазынлар,Пайгабарымызга кандай дууры салауат айтыу керек онын пайдасы туралы акыретте соларды неге жазбайсызлар. Усы сорауыма жауап бере аласызлар деген умиттемен!!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қолдан келгенше ҳәрекет етемиз, иншааллаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum wa rahmatullah.Tahajjud namazi qay tarizde oqiladi newe rakattan ibarat?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул намаздың азы еки рәкәәт, көби сегиз рәкәәт. Аллаҳ таала: «Түнде таҳажжуд қыл, саған нәпил болады. Қәнекей Рәббиң сени Мақоми Маҳмудта тирилтсе», деген. Исро сўреси 79-аят. Әбиў Умама разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: Пайғамбарымыз алайҳиссалам айтты: «Сизлепге түнниң қыямы лазым. Өйткени ол сизлерден алдыңғылардың әдети. Ол Рәббиңизге жақынластырады, жаманлықларға каффарат болады, гүналарды қайтарады», деди. Басқа бир рәўиятта: «Ол денедеги дәртти қуўыўшы», делинген. Таҳажжуд намазы қуптаннан кейин уйқылап, түнниң екинши ярымында оқылады. Ояныўына көзи жетпесе, уйқылаўынан алдын оқып алса да болады. Бирақ абзалы бир уйқылап турып оқыў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Алла ислеринизге рауаж берсин. Рамазан айынан баска кайсы айларда кандай оразалар тутылады? Илтимас солар хаккында толык маглыуматлар берип барсаныз. Алла Сизлерди коллап кууатласын
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Рамазаннан басқа айларда нәпил ораза тутыў – саўаплы ислерден. Бирақ, нәпил ораза тутыўшының алдын қаза еткен парыз оразалары болса, сол парыз оразаларының қазасын тутқан абзал болады. Ҳәр бир ҳәптениң дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери, ҳәр бир ҳижрий айдың 13,14.15 күнлери ораза тутыў, ашура күни ораза тутыў, муҳаррам ҳәм ережеп айларында нәпил ораза тутылады. Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты қазысы Шамсуддин дамланың «Оразаның пазыйлети», деген китабында толық баян етилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы