Сораў: Assalamu aliykum jazipatirg'an duwalarin'izdin' arabshasinda jazip jiberesizba? Krilda yadlasa qate ketip qalmaydima? Istixara namazinin' duwasin arabshasin. Juwap ushin raxmet.
Жуўап:
اللَّهُمَّ إِنِّي أَسْتَخِيرُكَ بِعِلْمِكَ، وَأَسْتَقْدِرُكَ بِقُدْرَتِكَ، وَأَسْأَلُكَ مِنْ فَضْلِكَ الْعَظِيمِ، فَإِنَّكَ تَقْدِرُ وَلَا أَقْدِرُ، وَتَعْلَمُ وَلَا أَعْلَمُ، وَأَنْتَ عَلَّامُ الْغُيُوبِ، اللَّهُمَّ إِنْ كُنْتَ تَعْلَمُ أَنَّ هَذَا الْأَمْرَ خَيْرٌ لِي فِي دِينِي وَمَعَاشِي وَعَاقِبَةِ أَمْرِي، - عَاجِلِ أَمْرِي وَآجِلِهِ -، فَاقْدُرْهُ لِي وَيَسِّرْهُ لِي، ثُمَّ بَارِكْ لِي فِيهِ، وَإِنْ كُنْتَ تَعْلَمُ أَنَّ هَذَا الْأَمْرَ شَرٌّ لِي فِي دِينِي وَمَعَاشِي وَعَاقِبَةِ أَمْرِي، - فِي عَاجِلِ أَمْرِي وَآجِلِهِ -، فَاصْرِفْهُ عَنِّي وَاصْرِفْنِي عَنْهُ، وَاقْدُرْ لِيَ الْخَيْرَ حَيْثُ كَانَ، ثُمَّ أَرْضِنِي بِهِ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум, кахри кулл, чил каф, кимёий саодат дуалары хаккында маглумат берсениз.
Жуўап: Жоқарыда жазған «дуўа»ларыңызда, егер буны оқыса пәлен нәрсе болады, деген тоқыма гәплер бар. Бундай гәплер шәриятымызда жоқ. Устазымыз Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтан бул дуўалар ҳаққында соралғанда, усындай жуўап берген. Дуўалар бойынша Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың «Ҳадис ва ҳаёт» китабының дуўалар бѳлимин, ѳзбек тилине Анвар Муҳаммад Турсин аўдарған «Ал Азкар» ҳәм Зуфар дамла аўдарған «Исми Аъзам» китапларын оқыўды усыныс етемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссалаўма әлейкум! Мениң сораўым ғусыл ҳаққын да. Ғусыл алған ўақтымызда ҳәр ағзамызды үш мәрте жуўыўымыз суннет. Соны ҳәр ағзамызды бөлек-бөлек жуўылса дурыс болама, мысалы аўызды, мурынды жуўып болғаннан кейин басты үш рет, денени үш рет, аяқты үш рет... Я болмаса бастан аяқ 1.2.3 деп жуўылыў керекпе? Жуўап ушын Рахмет
Жуўап: Бәрше аят ҳәм ҳәдислерди үйренип шыққан фақиҳлеримиз ғусылды басынан ақырына шекем тѳмендеги тәртипте болыўын баян еткен: Дәслеп, ғусыл қылыўшы тәсмия айтады ҳәм нийет етеди. Кейин еки қолын жуўады. Кейин арқа ҳәм алды әўретиндеги нәжасатты кеткизеди. Егер денесинде басқа нәжасат болса, оларда жуўып кеткизиледи. Кейин намаз ушын алынғандай таҳәрат алынады. Әлбетте, аўыз ҳәм мурынды мубалаға менен шайыў зәрүр. Егер турған жеринде суў топланып қалатуғын жағдай болса, аяқларын кейинирек жуўады. Соң басына суў қуйып ысқалап жуўады. Денесине үш мәрте суў қуяды. Суўды оң желкесинен баслап қуяды. Кейин шеп желкесине қуяды. Қолы менен денесин ысқалайды. Еки қулағы, киндиги, қолтық асты киби суў жетиўи қыйын жерлерге айрықша итибар береди. Ғусылдың ақырында басқа тәрепке ѳтип аяқларын жуўады. Суў топланбаса, аяқларын да сол жерде жуўып ала береди. Ҳәзирги күнде дерлик ҳәммениң үйинде заманагѳй моншалар бар. Кѳпшилик жоқарыдағы тәртипте емес, ал сол моншаларда ғусылдың тийкарғы үш парызын орынлайды. Яғный, денесин толық жуўады, аўызына ғарғара етип алады, мурынын ашығанша жуўады. Бул ғусыл бола алады. Бирақ, тәртиби орынланбаған болады. Ғусылда суўды кѳп ысырап етпеўге де айрықша итибар қаратыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алейкум ва рахматуЛлохи во баракат... мен кызбаламын 22 жастамын . Намаз оқығым Кураны каримди терен уйренгим келеди. Бирак магазинда сатушы болип жуМис истим. Спиртли ишимликлер сатамын. Намаз окуды басласам жумисимди койыуга тура келема? Намаз окип Спиртли ишимликлерди сатсам гунама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм! Намаз оқыў ҳәр бир мусылман еркек ҳәм ҳаял-қызларға парызы айн есапланады. Дүканда сатыўшы болып ислеген адам намаз оқыўға болмайды, деген гәп ҳеш жерде жоқ. Ҳәдиси шәрийфлерде ҳадал саўдагерлер қыяметте Нәбийлер, сыддықлар менен бирге болады, деп жоқары дәрежеде болыўының хошхабары берилген. Бирақ буның бир шәрт бар, яғный ҳадал болыў керек.
Енди спиртли ишимликлер саўдасына келсек, бундай ишимликлер инсаниятқа тек ғана жаманлық, кеселлик, кәсапат ғана алып келетуғыны ҳеш кимге сыр емес. Аллаҳ таала Қураны кәриймде адамды мәс ететуғын ишимликлер ҳарам екенин баянлаған. Сонлықтан бундай ишимликлерди сатыў, алыў, ишиў, ишкизиў де ҳарам есапланады. Айырым саўдагерлер, егер спиртли ишимликлерди сатпасам саўдам болмай қалады, деп ойлайды. Бул ѳте қәте пикир. Аллаҳ таала Ѳзи қадаған еткен бундай ҳарам ишимлик сатылатуғын жерге берекет береме деп ѳзимизге сораў берип кѳрейик? Жуўабы ѳз ѳзинен келип шығады.
Сиз намаз оқыўды баслаўыңыз зәрүр. Қураны кәриймде Аллаҳ таала: «Намаз адамды бузық ҳәм жаман ислерден қайтарады», деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu alaykum ! Menin' bir (ayel adam) tanisim namazin oqisa dawislap oqiydi! Islamda ayellerdin dawisi awret esaplanadi dep esitkenmen! Soni aytsam jeke bir ozim oqiganda boladi deydi! Ayel adamlardin namazin dawislap oqiliwina shariyatimiz ne deydi? Juwap ushin aldinnan raxmet?!
Жуўап: Ҳаял-қызлар ҳәмме намазларын ишинен қирәәт етип оқыўы керек. Даўыслар оқыўы дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Saytin'iz arqali dinimizdi u'yreniw ushin qosip atirg'an u'leslerin'iz ushin raxmet. Mende bir soraw bar edi. Bizlerde qa'biristanga barg'anda, yaki uliwma marxumdi eslegende olardin' atina "Quran oqitiw" a'deti bar. Usi "a'det" qanshaliq dinimizge tuwri keledi? Yag'niy, a'selen, namaz oqip bolg'annan keyin duwa aytqanda, marxumlardin' gu'nalarin keshiriwdi soraw bul tu'sinikli. Biraq birewdin atina Quran oqiw degendi qalay tu'sinsek boladi? Qurandi ha'r kim o'zi ushin oqiwi kerek emespe? Juwap ushin aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Негизинде мѳмин адам қәбирстанға барып ѳтип кеткен ата-анасына, басқа жақынларына Қуран оқып билмеўи жүдә үлкен айып ҳәм уят. Енди усындай дәрежеге түсип қалған адамлар ушын қәбирстанда басқалар Қуран оқып берсе болады. Себеби Қураны кәрийм аятлары оқылыўының марҳумларға пайдасы тийиўи ҳаққында китапларымызда келген. Ҳәдиси шәрийфлерден биринде адам дүнядан ѳткеннен кейин оның ҳәмме саўап жетип баратуғын жоллары тосылыўы тек үш жол ғана қалыўы айтылған. Әне солардан биреўи – ким жақсы бир перзент тәрбиялап қалдырған болса, сол перзенти ѳтип кеткен ата-анасын жақсы дуўалар етсе жетип турыўы айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum, namazdi buzatin hallardin' ishinde adamnan soraytin zatti yag'niy aqshani soraw namazdi buzadi dep esittim, bunda namazdi oqip bolip, dua qilip atirg'anda Allah Taaladan bayliq sorawg'a bolmaydima? Usi narseni tusindirip bersin'iz.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сиз айтып турған, адамнан соралатуғын нәрсени намазда дуўа етип сораўға болмайды, деп айтылғаны бул – намаздың ишиндеги дуўа, яғный намаздың ақырында еле еки тәрепке сәлем берместен алдын, салаўаттан кейин айтылатуғын дуўа. Әдетте кѳпшилик бунда «Роббәнәә әәтинәә…» дуўасын оқыйды. Ал намаз оқып болғаннан кейин дуўада Аллаҳ тааладан қәлеген нәрсени сораса болады. Дуўа еткенде Аллаҳ тааладан ийманның беккемлигин, Пайғамбардың шәпәәтин ҳәм соған уқсасларды сораған абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Ассалаума Алейкум хурметли узтазлар мине динимизди тереңнен уйренип оларды кунделикли омиримизге адетлеримизге сиңдирип атирмиз ин ша аллах. Усындай гезде мени кыйнайтын бир маселе, кеше мен ишан Салмен-ата кабирстанына зияратка барғанымда ол жерде коплеген бидиат ларды яғный Салмен- ата қабириниң басында коплеп адамлар тасларға колын тийгизип бетлерине сыйпап журипти бул адетлер муххадес динимзде де сол жерде зиярат адеплери деген тахта да жазылып койған (тахтаны кун жеп кеткен жазыуларыда анык емес)сол жерде моллаларда отирипты солардың айтыуына хақы бар емеспа олар сол каракалпакстан хазияты тарепиннен бекитилген кари молла аталар емеспа буларды ислеуде айтыуда не тоскынлык кылады. жуабыңыз ушын алдынан рахмет алла разы болсын сизлерге.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳ ислериңизге раўаж берсин. Сиз берген бул сораў жүдә әҳмийетли бир сораў. Ѳйткени сиз айтқан бул ислер бизлерди де қатты ойландырады.
2011-жылдан берли бәрше Қәбирстанлар ҳәкимиятларға қараўшы абаданластырыў басқармаларына ѳткерилген. Ҳәзирги күнде ҳеш бир қәбирстан Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына ямаса мешитлерге қарамайды.
Халқымыздың диний саўаты жүдә тѳменлеп кеткенинен, дерлик ҳәмме, қуран оқып билетуғын адам болса болды, соны молла деп атайтуғын болып қалған. Негизинде сол жерлерде отыратуғын адамлар абаданластырыў басқармалары тәрепинен таўып, сол жерлерге қойылған, адамлар оларды мешитке қарайды, деп ойлайды, ал негизинде олар мешитке улыўма байланысы жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Ассалому алайкум саволим шундай нима учун одам улган пайтида шу ханодонда жасадни чикармагунча курон укилмиди?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳанафий мәзҳабы бойынша мейит ғусыл қылындырылмай турып мейиттиң қасында Қуран оқыўға болмайды, делинген. Әдетте бир адам қайтыс болғанда, сүннетке муўапық оны тезирек жерлеўге ҳәрекет етиў лазым. Қанша ерте жығарылса, мейитке де, үй ишине де соншелли жақсы болады. Буны туўры қабыл етиў керек. Адамның да басқа жанзатлардай денеси бар. Денеден жан шығыўы менен, бул дене ѳз ўазыйпасын тоқтатып, ширип-сасый баслайды, ал Қураны кәрийм Аллаҳ тааланың кәламы, оны напәк жерде оқып болмайды. Сонлықтан бизлердиң Ҳанафий мәзҳабымызда усы ҳүким алынған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Assalawma aleykum, Nawqasti Quran oqip dawalawg'a boladi dep esitgen edim, usi narse haqqinda mag'liwmat bersen'iz ha'm qalamizda bul narse barma?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қуран оқып, дем салыў дегенде, Аллаҳ тааланың китабы Қураны кәрийм аятларын ҳәм Аллаҳ тааланың исмлерин, Пайғамбар алайҳиссаламнан рәўият етилген дуўаларды оқып, Аллаҳ тааладан пана сораў түсиниледи.
Айырым бир адамлар дем салыў мәселесин жоққа шығарып, тек медицинаға итибар бериў керек, дем салыў шәриятта жоқ, деп айтыўға урынады ҳәм бул гәплеринде мубалаға етеди.
Айырым бир адамлар дем салыўда, оның менен ҳәр қандай кеселликти емлеў мүмкин, дейди ҳәм олар да бул гәплеринде мубалаға етеди.
Негизинде бул бойынша аяты кәриймадар ҳәм ҳәдиси шәрийфлер үйренилип шығылғанда, ис орташа екени мәлим болады.
Орны келгенде дем салыўды узақ мүддет инкар етип жүргеннен кейин заманагѳй медицина да тән алғанын, оны дем салыў демесе де, руўхый емлеў, деп атап атырғанын айтып ѳтиў лазым.
Илимий излениўлер қәсте инсанның тәўир болыўы ушын, оған берилген дәрилердиң тәсирли болыўы ушын оның руўхый ҳалаты, ықласы ѳзине жараса жақсы ҳалда болыўы керек екенин ысбатлады.
Енди, ѳзимиз бир ойлап кѳрейик, усы мәселеде наўқас адамды Аллаҳ тааладан ықлас пенен шыпа сораўы қаншелли жақсы нәтийже береди?!
Соның ушын да, шәриятта дем салыў бар, бирақ, тек ғана шәрият кѳрсеткен шеңберде, кѳлемде ҳәм усылда болыўы керек, деймиз.
Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Биз Қуранды мѳминлер ушын шыпа ҳәм мийрим етип нәзил етемиз», деген.
Сиз бул бойынша мешит имамларына хабарласың. Бул бойынша айырым бир жалған мақсымлардың ислеп жүрген ислери надурыс.
Дем салыў ҳаққында толығырақ мағлыўматты Шайх Муҳаммад Садық раҳимаҳуллаҳтың «Ҳәдис ҳәм Турмыс» китабының 18-томынан тапсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Ислам дини адамзаттын тус кориуине хам оны жорыу(ына)га кандай назерде. Бул албетте кыйын сорау болыу мумкин. Асиресе егер адам тусинде арабша жазылган аятты яки сура корсе, лекин не деп жазылганын хам кайсы аят яки сура екенин билмесе. Жуабыныз ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шәриятымыз бойынша түс жорыў жайыз. Қураны кәриймде Юсуф алайҳиссаламның түс жорыўға шебер киси болғаны айтылған.
Бирақ кѳрген түсти билген билмеген ҳәммеге айта бериў дурыс ис емес. Сондай-ақ, ҳәр кимниң айтқан гәплерине исенип кете бериўиңиз де дурыс емес. Тақўалы, қудайдан қорқатуғын адамларға айтсаңыз болады. Олар әлбетте, жақсылыққа жорыйды.
Әлбетте, аят ҳәм сүрелер жақсылықтан дерек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Сорауым соннан ибарат, мениң жақын жораларымның арасында өкпе-гийне бирнеше жылдан бери сақланып келмекте. Оларды жарастыуға болған хəрекетлерден хешқандай нəтийже болмады. Оларды алдынғыдай бир-бирине жақын жора-жолдас қылыуым ушын не ислесем болады?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шәриятымызда бундай гийне етип жүриў дурыс емес екенин түсиндириң. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам үш күннен артық гийне дурыс емес екенин айтқан. Сондай-ақ, гийне етип жүргенлерден биринши болып жарасыўға ҳәрекет етиў жақсы ис екенин ҳәр бирине айтың. Аллаҳ тааладан досларыңыздың арасын дүзетиўин, ийманлы-инсаплы болып ѳмир гүзаранлық етиўин дуўа етип сораң.
Негизинде ѳмиримиз бир-бирлеримизде гийне етип жүретуғын дәрежеде узын емес. Егер ѳткен ѳмиримизге бир сер салып қарасақ, енди баяғыдай жас емес екенимизди, үстимизде үлкен жуўапкершиликлер бар екенин түсинип жетемиз.
Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Бирадарларыңыздың арасын дүзетиң!», деп буйырған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссалаўма әлейкум! Бизлер кишкене ўағымыз да анамыз: «Фаннада фийзулмати ла илаҳа илла анта Субҳан ака иний кунтий миназзолломийн» деген дуўа жазып берип үйретип еди. Ҳәзирги ўақытта китапларды оқыў мүмкиншилигимиз бар болғаннан кейин, қызығып сол дуаның мәниси қандай екенин билиўге қызығып изледим, бирақ таба алмадым. Сораўым -Усындай дуўа жазылған манба барма? Жуўап ушын Рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул ҳәммеге белгили Юнус алайҳиссаламның айтқан дуўасы.
فَنَادَى فِي الظُّلُمَاتِ أَن لاَّ إِلَهَ إِلاَّ أَنتَ سُبْحَانَكَ إِنِّي كُنتُ مِنَ الظَّالِمِين
Кирилша транскрипция: «Фәнәәдәә физ зулумәәти әлләә иләәҳә илләә әңтә субҳаанәкә инний куңту миназ зоолимийн»
Мәниси: Қараңғылықтан турып дуўа етти: «Сеннен бѳлек ҳеш бир қудай жоқ. Сен пәксен. Мен залымлардан болып қалдым».
Бул дуўаны Юнус алайҳиссалам киттиң ишинде турып айтқан.
Юнус алайҳиссалам ѳзиниң қәўимин ҳақ динге шақырғанда, олар қабыл етпеген. Кейин Юнус алайҳиссалам ашыўланып қәўиминен шығып кеткен ҳәм теңиздиң жағасына барған, теңиз жағасында бир кеме енди жолға шығайын, деп тур екен. Барып сол кемеге минеди, бирақ жолда даўыл болып, кеме шѳгиў ҳалына келеди. Сонда кемедегилер жыйналып, әдетте бундай болмайтуғын еди. Арамызда Аллаҳға бойсынбайтуғын бир гүнакар адам болса керек, соны теңизге таслаймыз, дейди, кейин кемедегилер ҳәммеге шек таслайды. Шек Юнус алайҳиссаламнан шығады ҳәм оны теңизге таслап жибереди. Теңизге түскенде оны үлкен бир кит жутып жибереди. Сол ўақытта Юнус алайҳиссалам үлкен балықтың ишинде, қараңғыда турып усы дуўаны айтқан екен. Аллаҳ таала ол кисиниң дуўасын қабыл етип, ол кисини балықтың ишинде балыққа сиңдирип жиберместен қырық күн сақлайды, кейин балық оны ишинен шығарып жибереди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума Алеикум менин сораум бар еди Сораум азир Озбекистан хуран мусабакасы болыб атыр хаменгизге 2-баскышта ауметлер тлимен лекин базы бир адамлардан еситемен хуранды неге жарыстырб атыр ол оншык емеско неге оншык кылыбытир деиди буган кандаи жуап каитарсак болады хуранды еситу хам еситирухам сауап емеспа алдынан рахмет
Жуўап: Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен быйыл Қуран жарыслары ѳткерилип атыр. Негизинде бундай Қуран жарыслары ески дәўирлерде де болған. Ѳткен советлер дәўиринде бул әдет жоқ қылып жиберилген еди. Мине ҳүрметли Президентимиз усы исти қайта тикледи. Бул иске шәрият тәрепинен де, басқа тәрептен де ҳеш қандай тосық жоқ. Бул ис пенен Қуранды ойыншық қылып атыр, деп айтыўға ҳеш қандай тийкар жоқ. Ески дәўирлерде тек ғана Қураны кәриймнен емес, ал фиқҳ, ҳәдис, сийрат ҳтб илимлерден де усындай жарыслар ѳткерилген. Ҳәзирги күнде де кѳплеген мусылман мәмлекетлеринде болып турады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum! qayirli jumislarinizga Alla Talla bereket bergey.Quran oqip uyrengim keledi arabsha xam qurandi toliq oqip uyrensem deymen,Qaraqalpaqstan Respublikasinda qay jerde oqip uyrenemiz? qalegen waqitta qabillay beredime?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тилеклериңиз ушын рахмет. Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журты жайласқан. Бул тәлим дәргайында тек ғана Қураны кәриймди емес, басқа да диний илимлерди үйрениўге болады. Сондай-ақ, жасы үлкенлер ушын араб тили курслары ашылды. Оқыў мүддети 3-ай болып, 4-топар шөлкемлестирилген, ҳәр топарда 15 адам оқыйды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: ASSALAWMA ALEYKUM sorawim sonnan ibarat doslarim magan kop soraw qoyadi nege namaz oqiysan nege oraza uslaw kerek dep solarga juwap beriuime bolama? ALLAH tagala qurani karimde aytadigoy ESKERT OYTKENI ESKERTIW MOMINDERGE PAYDA BEREDI DEP әз-Зарият сүресі, 55 - аят doslarima eskeritwime bolama?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сораў берилгенде жуўап бериў, бул әдептен. Жуўап бермеў мусылманшылық әдебине туўры келмейди. Адамларды жақсылыққа шақырып, жаманлықтан қайтарыў қырық парыздың бири.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Saytta jazilatug'in ha'r bir materialda qaraqalpaq tiline uyqaspaytug'in so'zler ju'da ko'p. Tuwridan tuwri awdarmalar ekenide belgili. Ms: Baspa xabarlarina ko're delinipti. Bul ga'p qaraqalpaq tilinde Baspaso'z xabarlarina qarag'anda yaki Baspaso'zdegi xabarda aytiliwinsha boliwi kerek. Iltimas ha'r qanday informaciyani taratiwda qaraqalpaq tilinin' barliq imla' qag'iydasi ha'mde tillik stiylin saqlap ha'reket etin.
Жуўап: Пикирлериңиз ҳәм итибарыңыз ушын рахмет. Қолдан келгенше ҳәрекет етемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu alaykum,
Qilip atirg'an ha'r bir hayirli isin'izge Allah Taala eselep sawaplar jazsin!
Ruxsat bersen'iz eki sorawim bar edi.
1) Ha'mmemizge belgili Peshin ha'm Asr namazlarinin' parizlari qupiya oqiladi. Biraq bilmesten dawis shig'arip qiraat qilip qoyilsa, bunin' namazg'a qanday ziyani bar? namaz buzilama? Sa'jdeyi sahu qiliw kerek pe?
2) Peshin ha'm Asr namazlarinin' parizlarinin' u'shinshi ha'm to'rtinshi rakaatlarinda zam su're oqilmaydi. Biraq bilmesten zam su're oqip qoyilsa ne boladi, namazg'a qanday ziyani bar? Sa'jdeyi sahu qiliw kerek pe?
Juwabin'iz ushin aldinnan raxmet! Alla razi bolsin!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Еки жағдайда да сәждәи сәҳў қылыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум ! Сизге сорауым бар еди. Рамазан айы жакынлап киятыр ин ша Аллах. Рамазан айынан алдын Раджап Шагбан айларында ораза устауга боладыма? Усы айларды ораза менен откериуге боладыма? Егер болса онын карызы калай отеледи? Жуап ушин рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ражаб ҳәм Шаъбан айларында да ораза тутыўға болады. Рамазан айынан басқа ўақытта тутылатуғын оразалар нәпил ораза есапланады. Бул оразаларды тутыў саўап, тутпаса гүна жоқ, қаза да болмайды. Нәпил ораза тутыўды нийет етип тутқаннан кейин қайсы бир себепке көре сол күни аўызды ашыўға туўры келсе, сол күнниң оразасын тутып бериў керек болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Kredit aliw yamasa kepil boliw sutqorliqqa kireme kirmeyme. Aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Дүканлардан буйым алғанда Нәсия саўда келисими менен сатып алсаңыз болады. Саўда малын сатыў ямаса сатып алыўда оның пулын бөлип-бөлип бериўге келисип, қәлеген баҳаға саўдаласыў – нәсия саўда болады. Буған шәрият руқсат берген. Бунда сатылатуғын нәрсе, оның баҳасы ҳәм төленетуғын мүддет анық белгилениўи керек. Сондай-ақ, мүддет кешиккени себепли артықшы үстеме төлениўи шәрт етилмеўи лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы