Сораў: Assalawma aleykum. pazilet uz telegram manzilinen alingan juma maruzalari wagzlardi mobile telefonlarda alip jursek ogan eshkimnin qarsiligi bolmaydima
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул сораўға алдын жуўап берген едик. Тек ғана пазыйлет.уз сайты емес, ал муслим.уз басшылығындағы барлық ўәкилликлердиң рәсмий сайтларындағы, солар қатары пазыйлет.уз сайтындағы жума маърузаларынан пайдалансаңыз болады. Жума маърузалары Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен тастыйықланған арнаўлы жума тезислери тийкарында болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawmaliykim. Ramazan hamde jaqinlasip atirgan Hayit ayyami mubarek bolsin. Sorawim uzaq jolga, maselen Qazagistanga poezda ketip baratirganda namaz qanday oqiladi toliqpa yaki qasr qilippa. Juwap ushun raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сапар қашықлығы муғдарындағы жерге сапар етилип атырғанда, жолда мүсәпир ҳүкиминде болады, сонлықтан төрт рәкәәтлы намазларыңызды еки рәкәәт етип оқыўыңыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Сорауым томендегиден ибарат:
1. Ата-аналарымыз, улкен ата хам апаларымыз улыума атап айтканда жасы улкенлеримиз "кыдыр ата жолдасын болсын, кыдыр ата жолынды берсин" деген созлерди патиясынын арасында еситемен. Солай деп айтканы катещилик деп еситтим. Солай патия бергени кате ма?
2. Хазирги уакытларда телеграм,ватсап хам тагыда баска социал тармакларда гейде смслердин акырында "усы смс ты 10,20,100 адамга таркатсан саган арадан уакыт отип бахтынды табасан, "егер сен алланы жаксы корсен усыны 20адамга таркат" " деген хам тагыда баска созлер болады. Усыларды тууры соз тауып бул негизи кате деп тусиндире алмадым. Усындай таркататын адамларга не деп жуап кайтарсам болады?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм.
1. Дуўа еткенде әлбетте мәнисине итибар бериў керек. Халық арасында тарқалған «Қыдыр ата» негизинде Хизр алайҳиссалам болып, Муўса алайҳиссаламның дәўиринде жасаған илимли бир адам болған. Дуўа ҳаққында арнаўлы китаплар бар, солардан үйренип дуўа етиў керек.
2. Бундай гәплер шәриятта айтылмаған. Айырым биреўлер адамлардың сезимлеринен пайдаланып усындай түрли гәплерди тоқыйды. Бул ислер итибар бериўге де арзымайтуғын ислер. Бундай ислерди қылып жүргенлерге де, усы гәплерди түсиндириў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawmaliykim. Jaqinlasip atirgan Hayit ayyaminiz mubarek bolsin. Qilip atirgan islerinizden Alla razi bolsin. Sizden iltimas sorawima tezirek juwap berseniz. Sorawim dinimizde arwahlarga iysi baradi dep tanda iys shigariw barma. Derli xalqimizdin bari usinday qiladi. Bul shirk bolmayma. Eger mumkin bolmasa uyimizge kelip xabar aytatin molla iys dep aytip ketedi? Bul sorawdi aldinda berip edim. Biraq juwapsiz qalip edi. Iltimas juwapsiz qaldirmasaniz. Juwap ushin aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳ таала жақынласып қалған Рамазан ҳайыты байрамын гүллан халқымызға мүбәрек әйлесин. Шәриятымызда өткен ата-бабаларымыздың руўхларына Қуарны кәрийм тиләўат етип, дуўалар етиў бар. Бирақ оларға атап ийис шығарыў, ата-бабалардың жолына жанлық сойыў, барып олардың қәбирин айланыў, топырағын маңлайына сүртиў ҳәм усыған уқсас ислер жоқ. Халқымызда еки ҳайыт күнлеринен алдыңғы күн ийис күни, деп аталады. Бул күнлер, яғный ҳайыттан алдыңғы күнлер әдетте ҳайытқа таярлық күнлери есапланады. Қудайға шүкир ҳәзирде түрли наз-неъматлар менен дастурханларымыз толы, бирақ өткен дәўирлерде ата-бабаларымыздың ҳәммеси усындай наз-неъматларға ерисе алмаған, халықтың көпшилиги барына шүкир етип жасаған. Халықтың көпшилигинде байрамларда дастурханларға қойылатуғын ең сыйлы тағам бул баўырсақ, шелпекке ҳәм соған уқсаған тағамлар есапланған. Сонлықтан ертеңги ҳайытқа таярлық сыпатында, ҳайытта келген мийманлардың алдына қойыў ушын баўырсақ, шелпек ҳәм соған уқсас нәрселер писирилген. Ҳайытты үлкен байрам етип күтип алыў ушын болған бул таярлық ийис шығарыў, деп те аталған. Бирақ бул ийис шығарыў руўхларға жетип барады, деп ҳеш ким түсинбеген. Бундай түсиниклер кейиншелик динсизлер дәўиринде пайда болған. Ҳәзирги күнимизде де бул әдет сақланып қалған, дерлик гүллан халқымыз писиреди. Сораўда айтылғанындай айырым адамлар буны басқаша түсинетуғын екен. Бизлер шелпек ҳәм соған уқсас нәрселерди писиретуғын болсақ нийетлеримизди туўрылап алыўымыз керек. Сонда ҳәммеси өз орнына түседи, ал нийет қәлб пенен қылынатуғын ис. Динимизде нийетке үлкен итибар берилген. Ҳәдиси шәрийфте: «Ҳәр бир әмел нийетке байланыслы», делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Жакынлап калган рамазан хайты кутлы болсын. Сорауым соннан ибарат. Намазда кате кемшилик болганда саждаи савхи калай кылынатугынлыгы хам кандай халда койылган кателерде кылынады усылар хаккында кеннен хам анык тусиник берсениз.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сәждеи сәҳў бул намаздағы ўәжиб әмеллер умытылып қалып кетсе ямаса намаздың неше рәкәәт екени умытып қалса қылынады. Сәждеи сәҳў – ақырғы ташаҳҳудты оқып болып, сәлем бериледи кейин және еки мәрте сәжде қылады кейин әдеттегидей ташаҳҳуд, салаўатлар ҳәм дуўа менен намазын жуўмақлайды. Жалғыз оқыўшы еки тәрепине сәлем береди, ал жәмәәтта болса, имам тек бир тәрепине сәлем береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Хайырлы кеш. Алла ислеринизге рауаж берсин. Туткан оразаларыныз Алла даргайында кабыл болсын. Сорауым 4 раккатли намазда билмей 3 ракааттнан сон ташаххудты салауатты айтып яки намаздан салем берип жуумаклап койсак саждаи сауху кылынама яки намазымызды кайталап бастан окылама. Менде сондай жагдай болса кайталап бастан окыйман. Жууап ушын алдыннан рахмет
Жуўап: Сәлем бергеннен кейин намазды бузатуғын бир ис қылмаған болса, тезлик пенен қыямға турып қалған рәкәәтти оқып, намазды тамамлайды, бирақ намаз ақырында сәждейи сәҳиў қылады. Егер, сәлем бергеннен кейин намазды бузатуғын ис қылып қойған болса, оқыған намазы нәпил болады, парызды басынан оқыўы лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссалаўма әлейкум! Рамазан айы мубарек болсын! Бул жылы рамазан айы 29-күн болды, сораўым бир күн кеш басланды ма я 29- күн болдыма егер кеш басласақ 1-кун қазасын тутамыз ба? Жуўап ушын Рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Айдың көриниўине байланыслы ҳижрий айлардың ярымы 29 күн, қалған ярымы 30 күн болады. Быйыл бизлерде Рамазан айы 29 күн болды, демек оразада 29 күн тутылады. Бул тәбийий ҳал. Бундай жағдайлар болып турады. Рамазан 29 күн болған жыллары ораза да 29 күн тутылады. 1-күн қаза етип тутып бериў керек емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Iygilikli jumislarinizda tabislar tileymen. Men Ibadati islamiya kitabin izlep jur edim. Keshegide qaraqalpaq tilinde basраqa usinis berildi degen xabardi oqip qaldim. Sol kitap shiqtima? Hazir ol kitap qalay tapsaq boladi? Internet arqali aliw imkani barma? Juwap ushin aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ибадаты исламия китабы еле толық баспадан шыққаны жоқ, бирақ жақын арада баспадан шығып қалады. Иншааллаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум ва роҳматуллоҳи ва барокатуҳ. Рамазан айы мүбәрак болсын.Сизге сорауым: Ораза тутып атқан адам егер өзи билмеген халда аузынан жаман гәп шығып кетсе, ойына жаман харам ойлар кеп қалса оразасы ашылама? Жуап ушын алдыннан рахмет.Ассаламу алайкум ва роҳматуллоҳи ва барокатуҳ
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Оразада бундай ислерден илажы барынша сақланыў лазым. Айырым китапларда көп урыс-жәнжел еткен, сөгисип урысқан адамлардың оразасы ашылады, деп жазылған. Бирақ улыўма қағыйдаға көре, билип турып ишип-жесе ямаса жынысый жақынлық етсе, яки соларға уқсас бир ис қылса бузылады. Қалған ҳалларда, яғный оразада сақланыўы керек болған ислер, урысыў, сөгисиў ямаса соған уқсасларында ораза мәкруҳ болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalauma aleykum uà raxmatulloxi uà barakatuh. Menin sorauim: Oqiwimiz qapilarinda har turli tañlaulardiñ daģazalari qistirilip turadi, bir qapilarda telegram kanaliniñ reklamasida turipti, endi sol qapiģa paziyletuz kanalin kistirip koysak bolama ? Maselen minanday etip jazip: Qaraqalpaqstan Respublikasi Musulmanlar qaziyati rasmiy telegram kanali PAZIYLETUZ dep jazip kistirsak bolama ? Onday qilip jazudan maqset - jaslarimizģa taza Islam dinin uyretu, hujdan erkinligi, til erkinligi bar ekenin usinday jollarmen korsetsek nur ustine nur bolar edi, raxmet sorauimdi oqiģaniñizģa, Musulmanlar qaziyatinan jauap kutip qalaman.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бундай ислерди, сол жердиң жуўапкерлери, яғный директор ҳәм директор орынбасарлары менен мәсләҳәтлесип ислесеңиз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Hayt bayrami hammege mubarek bolsin. Sorawim. Bizler hayt bayramlarinda iyis shig'aramiz yag'niy may ku'ydirilip bawirsaq shelpek pisiriledi. Yamasa basqa kewilsiz jag'day bolsada 7 shelpek pisirilip tarqatiladi. Bulardin' manisi neni bildiredi. Juwap ushin aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул сораўға алдын да жуўап бери педик. Ҳайыт байрамларында шелпек, баўырсақ ҳәм соған уқсас нәрселердиң писирилиўи, бул – ата-бабаларымыздың ҳайыт байрамына таярланыўы болған, өйткени алдыңғы дәўирлерде де, ҳәзирги күнимизде де ең жағымлы тағамлық сатлардың бири шелпек ҳәм соған уқсас майға қуўырылып писирилетуғын тағамлар. Ата-бабаларымыз ҳайыт күни келетуғын қонақлардың алдына қойыў ушын өзлериндеги сыйлы тағамларды таярлаған, солар қатары шелпек те таярланған. Халық арасында ийис шығарыў ҳаққында тарқалған гәп-сөзлер тийкарсыз. Сондай-ақ, кеўилсиз жағдайларда да айырым жерлерде шелпек писириў әдети бар екен. Бул да ҳәдиси шәрийфлердеги, «Бәлени садақа менен қайтар», «Ярым хурма берип болса да дозақтан өзиңди сақла» мәнилеринен келип шыққан. Яғный, адамлар қолынан келген тағамды садақа етип, бәле-апаттан сақланған. Өткен динсизлер дәўиринде халқымыз шәриятымыздан саўатсыз қалып кетти, нәтийжеде көп ғана жақсы ислеримизге бидъатларды араластырып қойды. Бизлер, түсинген адам бул ислерди туўры мәнилерде ислеўимиз керек. Мысалы жоқарыдағы шелпек писириў мәселеси. Негизинде өзиңдеги ең сыйлы тағамларды қойып қонақ күтиўдиң өзи үлкен саўаплы әмел, соның менен бирге жәмийетте адамлар арасындағы қарым-қатнасты беккемлейди. Енди усы шелпек писириўди, ата-бабаларымыздың руўхы келип ийискеп кетеди екен, деп исениў ҳәм усының ушын писириў барып турған илимсизлик, жәҳиллик, наданлық. Бундай нийетте ислеў шәриятымызға туўры келмейди, ақылға да уғрас ис емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум хайыт байрамларынз баршеге мубарек болсын! Кылган ибадатларыныз Алла даргайында кабыл болсын! Менин сорауым соннан ибарат: Тунде анам уйыклап атырган кезде Кул хуваллаху ахад, Аллахуссамад, Лам ялид ва лам юлад, Ва лам якун лаху куфуван ахад. Усы сурени 3-4 марте кайталап айтып шыкты. Анам уйыклап атыр бирак. Тусинде пышыклар асылып атырган екен усы сурени айтканнан кейин пышыклар токтап калган. Жане усы сурени айтканнан кейин: Усы окыган куранымыз Ата-бабаларымыздын рухларына тийеберсин аминь деди да жане сурени айтып баслады. Бунин манисин не екенин айтып берин илтимас.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Кеште жатардан алдын Ихлас, Фалақ ҳәм Нас сүрелерин оқып жатыў ҳәдиси шәрийфлерде де усыныс етилген. Аиша анамыз разыяллаҳу анҳу айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам көрпеге киргенде, еки қолын қосып, оған «Қул ҳуўаллаҳу аҳад», «Қул аъузу бироббил фалақ», «Қул аъузу бироббиннас»ты оқып, қоллары жеткен жерлерине шекем сүртер еди. Ол еки алақанын басына, жүзине ҳәм денесиниң алды тәрепинен баслап үш мәрте қылар еди». Имам Бухарый ҳәм Имам Муслим рәўияты. Мөмин-мусылманлар да, усы исти ислеўи керек. Бул сүннет әмел. Сондай-ақ, мәзҳабымыз бойынша аяты кәриймадан ҳасыл болған саўапларды марҳумаларға бағышлаў дурыс болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum, meni bir soraw qiynaydi, men tez tezden jaman negativ tuslerdi korip hesh umitalmay qiynalip juremen, jasi ulken adamlar ziyanlangansan deydi. Emshi tawiplerge isenbeymen. Bul negativten qalay qutiliwga boladi?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жатардан алдын «Ихлас», «Фалақ», «Нас» сүрелерин ҳәм «Аятул курсий»ди оқып жатыў усыныс етиледи. Пайғамбарымыз алайҳиссалам усы сүрелерди әдетте оқып жатқан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum, namazdin uakti jumis uaktimen turi kelip kalsa turip yaki otirip oquga bolama? usigan juap berseniz iltimas, juap ushin aldinnan raxmet!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Парыз намазларды қублаға қарап әдеттегидей етип оқылады, сүннет намазларды отырып оқысаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu alaykum. Ustaz harman. Menin sorawim sonnan ibarat ne ushin Shamsuddin maxdum Bahawitdinov. Maxdum sozinin ornina basqa: mushrif qazi, aga, hurmetli degen sozlerdi isletp saytqa jazsa bolmaydi ma? Juwap ushin aldinnan raxmet!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әдетте дин хызметинде жүрген адамларға махдум сөзи ислетиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum, orazada auzimdi bekittim, al bir kuni auiz bekitken uakitta telefonimnin saatina qarasam tan atuina 1 minut kalgan eken al uydegi saatka karasam tan atip ketken uakitti korsetip tur edi, keyin men dari ishuim, ukol aluim kerek edi sol kuni dari iship auzimdi aship jiberdim, sorauim endi qaza wàjib bolama ya kaffarat wàjib bolama iltimas tezirek jauap berseni. Jauap ushin aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тек қаза етип бир күн тутасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаумыу алейкум! Менин сорауым бес уакыт намаз окыуда баслайжак едим. Хазирше тан намазын окысам болама? Намаз окыуды мештке барып уренсем болама? жууапларыныз ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әлбетте бес ўақыттың ҳәммесин оқыў ҳәр бир мусылман адамға парызы айн есапланады. Бирақ, улыўма намаз оқымағаннан тек таң намазды болса да оқып жүрген абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum, raxmet sayt arqali koplegen bilmegen zatlarimdi bilip atirman. Tabis tileymen. Saytqa shigarmastan soraw berilse boladima?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әлбетте.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum, bid'at degen ne soni tusindirip berseniz, oni isleu gunama ?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. «Бидъат» сөзликте тазадан бир нәрсени пайда етиў мәнисинде. Бидъат еки түрли болады. Бидъати ҳасанаҳ, бидъати сәййиәҳ. Яғный, жақсы ҳәм жаман бидъат. Жәбир разыяллаҳу анҳудан рәўият етилген ҳәдисте: «Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Әлбетте, ең туўры сөз Аллаҳтың Китабы, ең жақсы ҳидаят Муҳаммадтың ҳидаяты. Ең жаман ис тазадан пайда болғаны. Ҳәр бир таза ис бидъат болады. Ҳәр бир бидъат адасыў. Бәрше адасыў дозақ болады», деген». Бул ҳәдисте динди бузып, ондағы әмеллердиң орнына басқа бир қәте әмеллерди тазадан қосыў ҳаққында сөз кетпекте. Демек, динде тазадан шәриятқа қайшы келетуғын әмеллерди қосыў – жүдә жаман ис. Бул бидъати сәййиәҳ, яғный тазадан пайда болған жаман ис, делинеди. Өйткени ҳәр бир адам өзинше бир әмел қоса бергенде, пайғамбарымыз алайҳиссаламның заманынан ҳәзирги заманға шекем шәрияттан ҳеш нәрсе қалмай өзгерип кеткен болар еди. Соның ушын бундай ислер қадаған етилген. Бирақ шәриятқа қайшы келмейтуғын айрым бир ислер, мысалы тараба намаз оқыў, булар бидъати ҳасанаҳ болады. Бунда Рамазан айының берекетинен көбирек пайдаланып қалыў имканияты бар. Демек бундай ислер бидъаты ҳасанаҳ болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum. procentke aqsha beru xaram delingenba ? Jane ol keshirilmeytin guna degen raspa?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шәриятымызда биреўге пул берип мәлим мүддеттен кейин оны көбейтип алыў қайтарылған. Кешириў Аллаҳға тийисли ис. Биз ол мәселени додалай аламаймыз. Бирақ инсанның жаны ғарғараға келмей турып, оның ушын еле тәўбе есиклери ашық болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы