Cораў: assalawma aleykum ustazlar islep atirgan iygi islerinizge alla razi bolsin sorawim meshitlerimizde azannin dawisi qashan dawis kotergishlerde yagniy (kalonkalarda) shigadi juma uagizlarinda da osi dawis kotergishler arqali paydalansaq meshit awmagindagi adamlarda esiter edi.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тилеклериңиз ушын рахмет. Мешитлеримизде бир неше айлардан берли даўыс күшейттиргишлерде азан айтылып атыр. Солар қатары Нѳкис қаласындағы орайлық мешитте де даўыс кѳтергиш арқалы тек жума емес, ал бес ўақыт намаз ушын да азан айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Assalamu Aleykum wa rahmatulloh.Kredit esabinda mashina yaki telefon yaki basqa da kerekli buyimlardi satip alsa bolama
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ортада дүзилген шәртнамаға шәриятқа кери ис киргизилмеген болса, онда алса болады. Мысалы, тѳлей алмай қалған тәғдирде қосымша пул, ямаса % ти артық тѳлеўге уқсаған гәплер киргизилмеген болыўы керек. Бѳлип-бѳлип тѳлеў шәриятта нәсия саўда делинеди ҳәм бул саўда жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Assalaamu Aleykum.Adminstrator menen qalay baylanis jasawga boladi.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қарақалпақстан Республикасы Мусылманлары қазыятының рәсмий сайты есапланады. Қазыяттың телефон номери: +99861 229 02 24
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Ассалаума алейкум! Усы сайт ашылгалы тусинбеген ,билмеген сорауларыма жуап алып атырман. Сизге коп рахмет. мен тан намазын гана окыйман. Сизге сорауым бар еди мен намаз окымайтын адамга турмыска шыгыуыма боладыма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Пикирлериңиз ушын рахмет. Неке байланыў ушын намаз оқыўы шәрт етилмеген, ал мусылман болыўы шәрт етилген. Мусылман болыў ушын кәлиймаи шәҳәдатты тил менен айтып, кеўил менен тастыйықлаўдың ѳзи жетерли.
Бирақ, намаз оқыў ҳәр бир адамға жеке парыз болып, биреў басқаның намаз оқый алмайды, оқыта да алмайды. Бундай қылса да орнына ѳтпейди. Соның ушын бул бойынша сѳйлесиўиңиз, ҳаялдың ҳәмме итияжларын қандырыў күйеўиниң мойнындағы ўазыйпа екенин, солар қатары намаз оқыў ушын имканият жаратып бериў де күйеўдиң мойнындағы ўазыйпа екенин жай сѳз бенен түсиндириў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Assalauma aleykum uoraxmatuloxiy ua barakatu menin sorawm juma kuni juma namaziga barganda arasinda jayau baraman jol sal uzaqraq uyden taqarat alib shiqsam ol jaqta tagi taqarat alamanba ya shart emespa juabinis ushin aldinan raqmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәр жума күни мешит тәрепке басып келген ҳәр бир адымыңыз арқалы жүдә үлкен саўапларды жыйнап атыр екенсиз. Бул ҳаққында кѳплеген ҳәдислер бар.
Үйде таҳәрат алғаннан кейин, мешитке келип және таҳәрат алыў шәрт емес. Егер жолда таҳәратыңыз сынатуғын болса, мешитке келип таҳәрат алыў керек болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссәләму алайкум. Айырым ўақытлары намаз оқып болғаннан кейин, неше рәкәәт оқылғаны естен шығып, гүмән болып қалғанда сол намазларды қайтадан бастан оқып алыў керек пе? Рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бундай жағдайда гүманның кѳбирегине қаралады мысалы, сиз намазда турып үшинши рәкәәт пе, тѳртинши рәкәәт пе билмей қалдыңыз, сол ўақытта сиздиң гүманыңызша кѳбирек үшинши рәкәәтте турған болсам керек болса, онда сол рәкәәтиңизди үшинши рәкәәт деп есаплайсыз ҳәм намаздың ақырында сәждәи сәҳў етип намазды таўысасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aliykum 1. hayallarg'a ne maxsette hijap tag'iladi? 2. Bazi hayallar oni jaqtirmag'anliqlarinan oni taqqan hayal ja'ma't jerde ju're almaydi ham de hijap taqpay ku'wil pa'k bolsa boldi hamde bul bes ku'lik dunya da oynap ku'lip qaliw kerek degen pikirlerdi bildiredi. Solarga qanday juwup beresiz. Juwap ushin raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Ҳижаб сѳзи тосыў, жабыў мәнилерин аңлатады. Ҳаял киси әўрет жерлерин намәҳрәм еркеклерге кѳрсетиўи мүмкин емес. Соның ушын әўрет жерлерин намәҳрәмлардан жабыўы “Нур” сүресиниң 31-аятында Аллаҳтың буйрығы менен парыз етилген. Әўрет жерлери бул жүзи, алақаны ҳәм аяғының тобығынан пәсинен басқа ҳәмме жери. Арабларда ҳаяллардың әўретин жабыўшы кийим “Ҳижаб” делинеди. Негизинде ол арнаўлы кѳринис ҳәм арнаўлы реңли кийим емес. Ҳаяллар ѳз әўретлерин ѳзге еркеклердиң нәзерин ѳзине тартпайтуғын, денениң ағзаларын кѳрсететуғын дәрежеде жүдә жуқа ҳәм тар болмаған ҳәр қандай кийим менен әўрат ағзаларын жапса, Аллаҳ тааланың парызын бежерген болады. “Нур” сүреси, 31-аят мәнисин Шайх Абдулазиз Мансур ҳәм Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф раҳимаҳумаллаҳлардың ѳзбек тилиндеги тәфсирлеринен оқып алыўы мүмкин. Ҳижабты тағыўдан тийкарғы мақсет Аллаҳ тааланың парызын орынлаў. 2. Аллаҳ таалаға шүкиршилик етип жасаў, басқаларға мусылманшылықты жақсы тәреплери менен кѳрсетиў, олардың ҳаққына қайырлы дуўалар етиў менен болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Әссәләму алайкум. Сизлерден илтимас, сораўларыма анығырақ жуўап берсеңиз. Берилген сораўда «Айырым ўақытлары намаз оқып болғаннан кейин» делинген, яғный сәлем берип болғаннан кейин, намаз ақырында емес!!! Солай екен, айырым ўақытлары намаз оқып болғаннан кейин неше рәкәәт оқылғаны естен шығып, гүмән болып қалғанда сол намазларды қайтадан бастан оқып алыў керек пе? Жуўабыңыз ушын алдыннан рахмет! Барлық ийгиликли ислериңизге табыслар болғай!
Жуўап: Егер намаз оқып болғаннан кейин яғный сәлем берип болғаннан кейин гүман пайда болса, онда намаз қайта оқылмайды. Бул ўасўасадан болатуғын ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Assaliamualaykum Ua Rahmatullah Allah islerinizge bereke bersin : Bir agayinimizdin' u'yine janazaga barganimizda Janaza namazi uaqtinda Dawir Aylandiriu dep bir narselerdi isledi Mayitti jerlep kelgennen keyin Haulikpe namazin oqiymis dep Mayitti saqlagan xanada namaz oqidi : Namaz kitabinda Janaza namazi babibda bul narseler keltirilmepti Bular haqqinda ken'leu magl'umat bersen'iz??? Juap ushin raxmet!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тилеклериңиз ушын рахмет. Дәўир айландырыў дурыс емес екени ҳаққында пәтўа шыққан. Соның ушын оған артықша тоқталып отырмаймыз.
Екинши сораўыңызға келсек, Қураны кәриймде Аллаҳ таала: «(Аллаҳтан) сабыр ҳәм намаз (оқыў) менен жәрдем сораң. Әлбетте, ол (намаз) (Аллаҳға) бойсыныўшылардан басқаларға жүдә үлкен ис», деген. Усы аятқа тийкарларынып қәлеген адам ѳзиндеги қәлеген итияжы себепли сабыр ҳәм намаз арқалы Аллаҳ тааладан жәрдем сораўы мүмкин. Бул итияж жақын ағайин-туўысқанынан айырылыў себепли бола ма ямаса басқа мәселеде бола ма парқы жоқ.
Енди ҳәзирги ўақыттағы ҳаўл намазларына келсек, буны ҳәзиргидей етип, оқымаса болмайды, деп шәрт етип алыў надурыс. Бунда ол бидъат иске айланып қалады. Нәпил намаз оқыў ықтыярлы ис. Буны молла-имамлар оқыўы шәрт деген гәп те ҳеш жерде жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты тәрепинен жаназа мәселелерин тәртипке салыў, оны шәрият кѳрсетпелери тийкарында ѳткериў бойынша жүдә кѳплеп жумыслар исленбекте, буны ҳәммемиз сезип-билип жүрмиз.
Бизлер де бул ислерге ѳз үлеслеримизди қосыўымыз керек. Яғный усы ислердиң алып барылыўын орынларда қоллап-қуўатлаўымыз керек. Буның артында иншааллаҳ үлкен саўаплар турыпты.
Ҳәдиси шәрийфте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам, бир адамды туўры жолға салыўдың үлкен саўаплары ҳаққында айтқан. Бизлер де усындай ўақытлары үлкен саўапларға ерисип қалыўымыз, халқымыздың ийгилиги жолында хызмет етиўимиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Әссәләму алайкум. 1) Туўылған перзентке ақиқа ушын ешки сойылыўы дурыспа? 2) Сондай-ақ, егер дурыс болса, ешкиниң теке яки серке болыўының парқы жоқпа? Себеби, бундай ҳайўанлардың барлық мүшелери толық болыўы, ҳәттеки қулағының шети де қырқылмаған болыўы кереклиги жөнинде еситкен едим. Иләжы болса, усы мәселеде толығырақ етип жуўап берсеңиз, миннетдар болған болар едик. Жуўап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ешки сойса болады. Ақиқа да қурбанлықтың бир түри. Қурбанлықта болмаўы шәрт болған айыплар ақиқада да болмаўы шәрт. Сүннетте ақиқаға қой-қошқар сойылғаны айтылған. Буннан басқа мүмкин ҳайўанларды сойыўға да болады. Бирақ илажы болғанша сүннеттеги исти қылған абзал.
Ҳайўанның қурбанлыққа шаланыўына тосық болатуғын кемшиликлери төмендегилер:
1. Кеселлиги анық билинип турса;
2. Сүйеклеринде жилик майы қалмаған дәрежеде арық болса;
3. Еки ямаса бир көзи көрмейтуғын болса;
4. Ақсаңлап турған аяғын жерге басып, қурбанлық шалынатуғын жерге шекем бара алмайтуғын дәрежеде болса;
5. Тислериниң көбиси түсип қалған болса;
6. Қулағының ямаса қуйрығының ярымынан көби үзилген болса;
7. Шақларынан биреўи ямаса екеўи тамырлары менен қосып кесилген болса;
8. Қойдың бир, қарамалдың еки желининиң ушы үзилген болса;
9. Қуйрығы ямаса қулағы туўылған ўақтынан берли болмаған болса;
10. Мурны кесилген болса;
11. Тек шығынды жеген болса;
12. Тилиниң көп бөлеги кесилген болса;
Бирақ қурбанлық ҳайўанларының көзи қыйсық, қотыр яки жилли болыўында, қулақлардың тесилген ямаса кесилген яки ушынан кесилип асылып турған ҳалатта болыўында, жынысый ағзалардың жоқлығында яки пишилген ҳалда болыўында зыян жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Assalawma aleykum ustazlar. Allah hayirli sawapli iskerinizde kush quwat bersin. Sarawim: 1. Er adam ushin altin, temir juzik, moyinga mayda shinjir qusagan buyimlardi tagip juriwden qaytarilganin bilemiz, gumis juzikke ruhsat barma ham qaysi barmaqqa juzik tagiwimiz jayiz? 2. Coca cola ishimligi tuwrali har hil gap sozler bar: coca cola sozi shriftin awdarilsa basqasha- arabsha manide dinimizge qayshi keletugin soz shigadi eken, bul haqqinda toliq maglumat berseniz. Juwaplariniz ushin raxmet.
Жуўап: 1. Бир адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның алдына келди. Оның қолында мыс жүзик бар еди. Нәбий алайҳиссалам оған: «Не болды, мен сеннен бутлардың ийсин сезип турман!?» деди. Кейин, ол адам жүзикти таслады. Кейинирек ол және бир мәрте келди. Оның қолында темир жүзик бар еди. Нәбий алайҳиссалам оған: «Не болды, мен сенде дозақ әҳлиниң зийнетин кѳрип турман!?» деди. Кейин, ол жүзикти таслап жиберди. Кейинирек: «Я Расулуллаҳ, жүзикти неден ислетиўим керек?» деди. Нәбий алайҳиссалам: «Оны гүмистен исле ҳәм аўырлығын бир мисқалға жеткерме» деди». Сунан ийелери рәўият еткен.
Бул рәўияттан мусылман еркек жүзик тақпақшы болса, тек гүмистен болған жүзикти тағыўы дурыс екенин билип аламыз.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оң қолына гүмис жүзик тақты. Оның кѳзи ҳабаший еди. Нәбий алайҳиссалам жүзиктиң кѳзин алақанына қаратып алатуғын еди».
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның жүзиги мынандай болатуғын еди», деп, шеп қолының кишкене бармағына ишара етти».
Муслим ҳәм Насаий рәўият еткен.
Биринши ҳәдисте Нәбий алайҳиссаламның жүзиги оң қолына тағылғаны айтылған. Бул рәўиятта шеп қолының кишкене бармағына тағылғаны айтылған. Бул еки ҳәдистен Нәбий алайҳиссалам арасында оң қолына, арасында шеп қолына тағылғаны түсиниледи. Яғный жүзикти оң қолға тақса да, шеп қолға тақса да дурыс болады. Айырым китапларда тѳртинши бармаққа тағылатуғыны айтылған екен.
2. Бийкар гәп.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Assalamu aleykum. Sorawim qaza oraza haqqinda.Men oraza tutuwdi 20 jasimda baslag'anman onnan aldin oraza tutpadim.Qaza orazalardi qa'legen waqitta tutuwg'a boladi dep esitken edim.Sol qaza bolg'an orazalardi usi qis ku'nlerinde tutpaqshi edim.Biraq neshe ku'n tutuwdi, qanday niyet etiwdi bilmey turman.Men qaza orazani 30 ku'n tutamanba ya'ki 60 ku'nba? Iltimas qaza oraza haqqinda ko'prek mag'lumat bersen'iz.
Жуўап: Қаза оразалардың қанша екенин есаплаў қыйын емес. Себеби ол жылына бир мәрте Рамазан айында ғана парыз болады. Сиз балағатқа жеткен жылыңыздан баслап ораза тутып баслаған жылыңызға шекемги жыллардағы Рамазан күнлерин қосың. Қаза оразаға нийет еткенде кеўилден ең ақырғы қаза еткен ораза нийет етиледи. Қаза оразаны қосып тутыў шәрт емес. Ажыратып тутса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Assalamu aleykum wa rahmatulloh.Alla taala qilip atirg'an iygilikli islerin'izge ku'sh-quwat bersin bul islerdin dawamli boliwin nesip etsin..Soraw janaza namazi haqqinda.Qaraqalapaqistan musulmanlari qaziyati ta'repinen o'tken jil baslarinda janaza namazinda awqat asilmasin degen patwa shiqqan edi ha'm ko'pshilik jerlerde janazada awqat asilmaytin boldi biraq bazi jerlerde atap aytqanda arqa rayonlarda janazada awqat asilip atir sebebi bul isti ko'pshilik o'zimizdin u'rip-a'det dep oylaydi, bul na'rseni birden joq etiw qiyin, sebebi bul na'rse xalqtin qan qanina sin'ip ketken biraq usi temag'a arnalg'an ko'rsetiw islenip televizor arqali xalqqa ko'rsetilse,qayta qayta aytilaberse jaqsi bolar edi.Eger televizor arqali ko'rsetilse ha'm bul is u'rp-adet emes ekeni aytilsa joqari natiyjege eriser edik..
Жуўап: Бил иллеттен қаншелли тезирек қутылсақ соншелли халқымызға жақсы болады. Буның ушын ҳәммемиз бир жағадан бас шығарып жумыс ислеўимиз керек. Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен халық ийгилиги жолында усындай ислер алып барылып атыр. Телевидениеден де кѳрсетиўлер таярланып, бир неше мәртелеп кѳрсетилди, бул ис еле де даўам етеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Жақында маған биреу көмек сорап науқас балаға көмек беруимди сорады . Маған баланың документи мен суретин көрсетти. Қағазда жазылған жас пенен суретлери баланың жасы көринисинен тура келмейтин еди. Сорауым бундай жағдайда не ислеуим керек еди? Жуап ушын алдын ала рахмет
Жуўап: Ўа алайкум. Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Егер бир фасық хабар жеткерсе, анықлап кѳриң, бир адамлар билместен мүсийбет жеткерип қойып, қылғанларыңызға ѳкиниўши болып қалмаң», деген. Соның ушын мағлыўматты тексерип кѳриў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому алайкум. мен бир одамнинг уртасина тусиб бирувден пул олиб берип едим енди ол одам олмадим деб тур мен не килувим керек илтимос магон маслахат берингда
Жуўап: Ўа алайкум. Сиз ол адамға биринши орында қарызды алып қайтып бермеўдиң жаман ақыбетлеринен ескертиўиңиз керек. Аллаҳ таала Ниса сүресинде былай деген: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Бир-бириңиздиң мал-мүликлериңизди жаман жол менен жемең!» (Ниса, 29). Биреўдиң мал-мүлкин жаман жол менен жеўге парахорлық, алдаўшылық, баҳаны жасалма түрде ѳсириў, урлық, қарызды тән алмаў, сүтхорлық киби ислер жатады.
Қарызды алып болып тән алмай атырғанлар билип қойсын, ондайларға ақыретте жүдә үлкен азаплары үстине және кѳп бәле-апатларға да ушырайды.
Муаўия разыяллаҳу анҳудиң мәўласы Қасымнан рәўит етиледи: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: «Ким қайтарып бермеў нийети менен қарыз алса, оны қайтарып берместен дүньядан ѳтип кетсе, оған «Сен пәленшениң ҳаққын Биз толық алып бермейди, деп ойладың ба?!», делинеди. Кейин оның жақсылықларынан алынып, қарыз ийесине бериледи. Егер қарыз алғанның жақсылықлары жоқ болса, қарыз бергенниң жаман ислери оның мойнына жүклетиледи».
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деген: «Мѳминниң руўхы мойнындағы қарызы ада етилгенше оған байланып турады».
Әбиў Муўса разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: Нәбий алайҳиссалам: «Аллаҳтың алдында Аллаҳ қайтарған үлкен гүналардан кейин ең үлкен гүна мойнындағы қарызын үзиўге ҳеш нәрсе қалдырмай ѳлип, Аллаҳға жолығыў».
Нәбий алайҳиссалам айтты: «Аллаҳға ант болсын, бир адам Аллаҳтың жолында үш мәрте ѳлип тирилсе де, егер оның мойнында қарызы болса, қарызы ада етилмегенше жәннетке кирмейди».
Пайғамбарымыз алайҳиссалам ант ишип айтыўы бул истиң ѳте әҳмийетли екенин билдиреди. Аллаҳ жолында, халық хызметинде ѳтип кетиў ең уллы дәрежелерден бири. Әне ҳәттеки усындай уллы мәртебелерден үшеўине ерискен адам да егер қарызын бермеген болса, жәннетке кире алмай тура береди екен. Ѳйткени қарыз биреўдиң ҳақы, оның ийеси разы болмағанша басқа бир ҳәр қандай жақсы әмел менен ол қарыз ѳтелмейди. Буны жақсы аңлап алыўымыз керек.
Еки адамның ортасына түсиў, бул – егер ол адам бермей қалса ѳзим беремен, деген мәниде болса, тѳлеп бериўиңиз керек болады. Егер араға гүўа мәнисинде түскен болсаңыз, тийисли орынларда сабыт турып қарызын бермегенине гүўалыққа ѳтиўиңиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Bizlerdegi adamlar qaytis bolg'anda u'yine erkeklerdin' dawis shig'arip bariwi duris na'rseme? Eger aljaspasam, qaza bolg'an adam haqqinda ko'p azar shegiwge, jilawg'a bolmaydi deytug'in edi. Usi haqqinda bir aniqliq kiritip o'tseniz. Aldinnan raxmet.
Жуўап: Даўыслап жылаўдың қайтарылған ис екенине сарийҳ ҳәдислер келгени ҳеш кимге сыр емес. Муғыйра разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Кимге айтып жыланса, өзи айтып жыланыў менен азапланады», деди».
Еки шайх ҳәм Термизий рәўият еткен.
Ҳәдистен көринип турыпты, өлген адамның артынан айтып жылаў өлиге пайда бермейди, ал оның азапланыўына себеп болады екен.
Әбиў Муўса разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Умар разыяллаҳу анҳу мүсийбетке ушырағанда Суҳайб:
«Ўай бирадарым!» деп жылай баслады. Сонда Умар:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның, әлбетте, мәйит тириниң жылаўы менен азапланады, дегенин билмейсең бе?» деди».
Басқа бир рәўиятта:
«Әлбетте, мәйит оған өз әҳлиниң айырым жылаўлары менен азапланады», деген.
Бесеўи рәўият еткен.
Жоқарыдағы ҳәдислерден даўыслап, ўай пәленшим деп жылаўдың ҳарам екенин билемиз, себеби бунда өлген адамға азап бар.
Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Ким бетине урса, жағаларын жыртса ҳәм жәҳиялияттағы сөзлерди айтып шақырса, бизлерден емес», деди».
Бул ҳәдиси шәрийфте биреў дүньядан өткенде оның жақын ағайинлери өзин қайғылы етип көрсетиў ушын, өзин өзи урып, кийим-кеншеклерин жыртып, ўай сүйенген таўым, исенген бағым, пәленим, төленим, деп исламға туўры келмейтуғын гәплерди айтып, дат салып жылаў ҳаққында сөз кетпекте. Булар ҳәммеси жүда жаман ислер болғаны ҳәм мусылман адамға улыўма туўры келмейтуғын болғаны ушын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бундай еткенлерди бизлерден емес демекте. Бул жүдә аўыр гәп, «бизлерден емес» дегени мусылман емес, дегени.
Өкинишлиси, көп жерлерде усы ҳәдиске әмел етилмей келинбекте. Адамлар, әсиресе, ҳаяллар басқалардың жәҳилият өлшеми менен айтатуғын гәплеринен қорқып, өзлерин усындай жаман ислерге урып, жүзлерин жулады, кийимлерин жыртады. Есинен танып қалғанда дат салады. Мөмин-мусылман аўзына алып болмайтуғын нәрселерди айтады.
Негизинде бул ҳәдиске көре, қадаған етилген ислерди улыўма ислемеў керек. Өлген адамға қайғырыўдың исламий, саўаплы жоллары бар, соларды ислеў керек. Мусылман адам жақын адамы қайтыс болғанда, мүсийбет жеткенде сабыр етеди, Аллаҳға дуўалар етеди, Аллаҳ тааланың тәғдирине разы болады. Мүсийбетке шыдамай бақырып жылаў, бидъат-хурафатқа берилип, шашын жулыў, кийимлерин жыртыў мушрик, кәпир ҳаяллардың иси. Ал мөмин ҳаяллар, Пайғамбарлары көрсеткен жолдан барып, ол киси қайтарған ислерге жоламаўы лазым.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен Әбиў Сайф Қайнның алдына бардық. Ол Ибраҳимди емизиў ушын берип қойған ҳаялдың күйеўи еди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Ибраҳимди алып сүйди ҳәм ийискеди.
Кейин және сол жаққа Ибраҳим өлим алдында турғанда бардық. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның көзинен жас сызлай баслады. Сонда Абдурраҳман ибн Аўф ол кисиге:
«Сиз де ме, Я Расулуллаҳ?!» деди. Ол киси:
«Ҳәй Ибн Аўф, бул мийрим», деди ҳәм және кѳзинен жас сызлады. Соң ул киси саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Әлбетте, көз жас төгеди, қәлб қапа болады, бирақ Рәббимиз разы болатуғын нәрседен басқасын айтпаймыз. Әлбетте биз сеннен айырылғанымыздан қапамыз ҳәй Ибраҳим», деди».
Төртеўи рәўият еткен.
Бул ҳәдиси шәрийфтен Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның Мәрия Қибтийя анамыздан көрген баласы Ибраҳимди Әбиў Сайф ал-Қайн лақаплы адамның ҳаялы емизгенин билип аламыз.
Пайғамбарымыз алайҳиссалам баласын қаладан шетте жасайтуғын адамларға сол дәўирдиң әдети бойынша берип жиберген. Арада барып көрип туратуғын болған. Бирақ Ибраҳим деген бул баласы көп жасамай дүньядан өткен. Сонда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның көзинен жас аққан екен. Буны көрген саҳабалардан бири: Я Расулуллаҳ өзиңиз жылаўдан қайтарар едиңиз, ҳәзир өзиңиз жылап турсызғой деген мәниде сөз айтқан. Сонда Пайғамбарымыз оған, даўыслап жылаў қәте екени, қәлбтен келген қапалық басқа нәрсе екенин түсиндирген.
Биз бул ҳәдис арқалы мүсийбетте илажы барынша өзимизди услап турыўымыз лазым екенин үйренемиз. Себеби Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам баласы қайтыс болып атырған болса да өзин услап турғаны, бақырып жыламастан, көзинен сызлап жас аққаны ҳаққында айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума Алейкум сорау. Уйленген гезинде шымылдыққа киргеннен кийин окылатын дуалар намазлар хаккында тусиндирип берсеңиз һам қандай дуалар окылады. алдынан рахмет.
Жуўап: Күйеў келинниң алдына дәслепки кириўи
Той таўсылып, мийманлар тарқап кеткеннен кейин, әдетте, келин-күйеў ушын бѳлек таярланған ханада күтип отырған келинниң алдына дәслепки кириўине айырықша итибар бериўи турған гәп. Әлбетте, бир ѳмирлик саўда болған некели турмысты әмелий баслаў ҳәдийсеси айырықша сезимлер, арзыўлар менен толып-тасады. Бундай ўақытта исленген ҳәр қандай ис, басылатуғын ҳәр қандай қәдем ҳәм айтылатуғын ҳәр қандай сѳз ѳмир бойы есте қалады.
Бул мүнәсибет пенен келешек турмыстың бахытлы болыўына тийисли деп ойланған ырымлар да кѳбейеди. Әсиресе, ҳаял-қызлар ишинде, келин-күйеўге берилетуғын мәсләҳәтлар да кѳбейип кетеди.
Айырым жерлерде бурынлар, келинниң ырысқысы ѳзи менен кирсин деп, шыра жағып келеди, келин менен күйеў ѳз ханаларына киргенде ким екиншисиниң аяғын биринши болып басса, шаңарақта соның гәпи ѳтетуғын болады, дейди. Бәлким буннан басқа да бир талай усыған уқсас гәп сѳзлер бар шығар. Бундай ислер шәриятымызда бар ма?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның күйеў баласы ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳудың Фатимаи разыяллаҳу анҳаға үйленгенде,
Расулуллаҳ алайҳиссалам Әлий ибн Әбиў Талибке:
«Ҳәй Әлий, келинге бир той да қылыў керек», – деди.
Сонда Саъд ибн Муъаз разыяллаҳу анҳу:
«Менде бир қошқар бар!» – деди.
Ансарыйлардан бир топары бир неше соъ жүўери жыйнап келди. Әне сол нәрселерден той зыяпаты берилди. Зыяпаттан кейин Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Әлий ибн Әбиў Талибке:
«Маған ушырамағанша бир нәрсе қылмай тур», – деди. Кейин Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Фатима разыяллаҳу анҳа турған жерге барды, оған: «Маған суў әкел», – деди.
Келинликке таярланып турған Фатима разыяллаҳу анҳа бир ыдыста суў әкелди. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ол суўдан Фатима разыяллаҳу анҳаның кѳксине ҳәм басына сеўып:
Аллаҳым, мен Сеннен буған ҳәм буның зүрядларына қуўылған шайтанның жаманлықларынан пана тилеймен», – деди.
Кейин және суў әкелиўин сорады. Бул сапар Әлий разыяллаҳу анҳу барып сол ыдыста суў әкелди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оған да Фатима разыяллаҳу анҳаға қылған ислерди ҳәм дуўаларды айтты ҳәм:
«Аллаҳым, екеўине берекет бер, екеўиниң үстине берекетти түсир ҳәм екеўиниң зүрядларын берекли ет», – деди.
Кейин Нәбий алайҳиссалам еки «муъаўўизатайн»ды (Фалақ ҳәм нас сүрелерин) тиләўат етип, Әлий разыяллаҳу анҳуға:
«Ѳз шаңарағыңның алдына Аллаҳтың аты ҳәм берекети менен кире бер», – деди».
Бул ҳәдистен келинниң алдына биринши мәрте кириўден алдын жас үлкенлеримиздиң қылатуғын ислери ҳәм дуўалары ҳаққында мағлыўмат алыўымыз мүмкин.
– Күйеў келинниң алдына биринши мәрте киргенде қуўаныш, ашық жүзлилик ҳәм мүләйимлик пенен кириўи керек екенлиги китапларымызда айтылған. Ѳйткени келин күшли ҳаяжанда, қорқынышта, уят ҳәм ѳзгеше бир жағдайда турады. Күйеў бала «бисмилләәҳ»ты айтып, оң аяқ пенен сәлем берип ханаға киреди. Соң келинниң маңлайына қолын қойып турып, тѳмендеги рәўиятта келген дуўаны оқыйды.
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:
«Қашан бириңиз бир ҳаялға үйленсе, «Аллооҳуммә! Инний әсъәлукә хойроҳәә ўә хойро мәә жәбәлтәҳу аләйҳи ўә әъуўзубикә миң шәрриҳәә ўә миң шәрри мәә жәбәлтәҳу аләйҳи», – десин».
Дуўаның мәниси: «Аллаҳым! Сеннен оның жақсылығын ҳәм Сен оған берген минездиң жақсысын сорайман. Сеннен оның жаманлығынан ҳәм оған берген минездиң жаманлығынан пана сорайман».
Келин-күйеўлерге басқалар дуўа етиўи менен бирге, олар да ѳзлерине, бир-бирлерине қайырлы дуўалар етиўи зәрүр. Әлбетте, сондай бахытлы ўақытларда Аллаҳ тааладан ѳзине ҳәм ѳмир жолдасына бахыт-саадат тилеп дуўа етиўи әҳмийетли. Ѳйткени бул ўақытта айтылған дуўалар қабыл болыўы ҳаққында рәўиятлар келген.
Соң екеўи бирге – күйеў бала имам болып, келин арқада иқтида етип еки рәкәәт намаз оқыса, жүдә жақсы болады. Бѳлек-бѳлек оқыса да болады.
Салман разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:
«Қашан бириңиз бир ҳаялға үйленсе, қосылыў түнинде еки рәкәәт намаз оқысын, келинге де артында еки рәкәәт намаз оқыў керек екенин айтсын. Әлбетте, Аллаҳ үйде жақсылықты пайда етиўши».
Әлбетте, бул киби намазлар қайырға, берекетке, жақсылыққа себеп болыўы турған гәп. Мусылман инсан ушын намаз оның ѳмириндеги ең уллы ис.
Жоқарыда келтирилген ислер күйеў ҳәм келин ушын олардың биринши түнинде жақсы нийет пенен ықтыярлы рәўиште исленетуғын ислер ҳәм дуўалардан ибарат. Жақсы үмит пенен исленсе, жақсы болады. Бирақ бул ислерди ислемесе, гүна болады деген гәп жоқ. Бул ислерди қылмағанлар «бул ислерди қылмаған едик, енди не болады?» деген ойларға барып жүрмесин. («Бахтыяр шаңарақ» китабынан). Ўаллоҳу аълам!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Пайгамбарымыз Дəуыдтин тутқан оразасын ең жақсы ораза екенин айтқан. Сорауым қызбалаға сол оразаны тутуга боладыма? Егер болса хайз келиуине байланыслы сол кунги оразанын қарызын қалай өтеуге болады?
Жуўап: Туўры Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Даўыт алайҳиссаламның оразасын тутыўды мақтаған, адамларға усы оразаны усыныс еткен. Бул ораза ѳзиңиз билгендей, тақаты жеткен адамлар, жүдә ораза тутқысы келсе, Даўыт алайҳиссаламның ораза тутыўындай етип ораза тутса болады, яғный бир күн ораза тутып, бир күн аўызы ашық жүриў.
Бирақ бул ораза нәпил есапланады. Сонлықтан тутылмаған күнлердиң қазасы қайта тутылмайды, яғный бул ораза – ықтыярлы ораза. Қыз балалар ҳайыз күнлери бул оразаға нийет етпейди. Ҳайызы таўсылғаннан кейин және даўам етип тутып кете берсе болады. Ората ҳайыз күнлери тутылмаған оразаларының қазасы тутылмайды.
Тек ғана Рамазан айындағы ҳайыз күнлери тутпаған оразаларының қазасын тутып береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Sorawlar berilgen, biraq oni'n' juwaplari' qayda? Quri' soraw bergen menen juwabi'n bermesen'iz qalay bolg'ani'?
Жуўап: Аллаҳ таала несип еткенше жуўап бериўге ҳәрекет етемиз. Айырым күнлери жуўаплар 4-5 күнлеп кешигип қалыўы мүмкин. Себеби, бул түсип атырған сораўлардың дерлик ҳәммеси фиқҳ китапларында жарытылған. Биз бул сораўлардың жуўабын сол китаплардан излеп табыўға ҳәм сиз әзизлерге жеткериўге ҳәрекет етемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleikum,
Qilip atirg'an hayirli islerin'izge Allah Taala ajri hasanatlar jazsin!
Ruxsat etsen'iz eki sorawim bar edi:
1) Namazda zam su'resin oqip atirg'an gezimde eger shatasip ketsem, yag'niy zam su'renin' qaysi ayatin oqip atirg'animdi umitip qalsam, bunday jag'dayda ne qiliwim kerek? Zam su'reni basinan baslap oqiwim kerek pa?
Yamasa zam su'reni oqip atirip, sol oqip atirg'an ayatinda (misali ushin Na's su'resinin' u'shinshi ayatin oqip atirip) qa'telesip ketsem, sol qa'telesip ketken jerinen baslap oqiwim kerek pa yamasa su'renin' basinan baslap oqiwim kerek pa?
2) Namaz oqiw ushin taharat alip, ayag'imdag'i ma'sige mash tarttim. Keyin ayag'imdag'i ma'sini sheship taslasam, taharatti qaytaldan aliwim kerekpa yaki tek g'ana ayaqlardin' o'zlerin juwip qoysam jetkilikli ma?
Жуўап: 1. Ақырғы аятынан қайттан оқысаңыз болады. Қәтелесип кеткен аятыңызды қайта оқып, даўам етсеңиз болады.
2. тек аяғыңызды қайта жуўасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы