КАРАНТИН ШАРАЯТЫНДА ҚАЛАЙ ҚУРБАНЛЫҚ ҚЫЛЫЎЫМЫЗ МУМКИН?
58-CОРАЎ: Карантинде қурбанлық етиўде айырым қыйыншылықлар болып атыр. Бундай жағдайда қурбанлық етиўдиң қандай қолай жоллары бар?ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Раҳманир Раҳим. Ҳǝзир журтымызда карантин даўам етип атырғаны ҳǝм ǝйне қурбанлық күнлеринде транспорт қуралларының ҳǝрекети шекленгени себепли қурбанлық етиўде айырым қыйыншылықлар болыўы тǝбийий.
Қурбанлық орынланыўы ўǝжип болған инсанларымыз мүмкиншилиги барынша қой сатып алып, қурбанлық етеди. Буның илажы болмаса, қой таба алатуғын қандайда бир танысын таўып, оны сатып алыў ҳǝм қурбанлық етиўге ўǝкил етеди. Себеби, Қурбанлық етиўде ѳзинен басқасын ўǝкил ҳǝм орынбасар етиў жайыз болады. Егер бир адам басқа адамды қурбанлыққа ўǝкил қылса, жǝниўарды сатып алыў ҳǝм сойыў ўақтында ўǝкил қурбанлықты нийет етиўи жеткиликли болады. Сатып алыўда баҳасы келисилсе болғаны, ақшасын несийе де етиўи мүмкин. Телефон ямаса байланыс қуралы арқалы қандайда бир адамды “мениң атымнан қурбанлық қыл” деп ўǝкил етсе, ўǝкилдиң қурбанлығы оның атына ѳтеди.
Ҳанафий мазҳабына кѳре бай (яғный, нысап муғдарына ийе) адамлардың қурбанлық етиўи ўǝжип болып табылады. Буның үстине қурбанлық ибадаты қан ағызыўға байланыслы болып, сол сойылған жǝниўардың баҳасы муғдарындағы сўмманы садақа етсе де қурбанлық орнына ѳтпейди. Бул ҳаққында аллама Алауддин Касаний раҳимаҳуллаҳ сондай дейди:
لَوْ تَصَدَّقَ بِعَيْنِ الشَّاةِ أَوْ قِيمَتِهَا فِي الْوَقْتِ لَا يَجْزِيهِ عَنْ الْأُضْحِيَّةَ ؛ لِأَنَّ الْوُجُوبَ تَعَلَّقَ بِالْإِرَاقَةِ وَالْأَصْلُ أَنَّ الْوُجُوبَ إذَا تَعَلَّقَ بِفِعْلٍ مُعَيَّنٍ أَنَّهُ لَا يَقُومُ غَيْرُهُ مَقَامَهُ
яғный: “Бир адам қурбанлық күнлеринде қойдың ѳзин ямаса сол қойдың баҳасы муғдарындағы сўмманы садақа қылса, қурбанлық орнына ѳтпейди. Себеби, қурбанлықтың орынланыў шǝрти қан ағызыўға байланыслы. Тийкарғы қағыйда сонда, егер ўǝжиплик ǝйне бир иске байланыслы болса, оның орнына басқасы ѳтпейди... ” (“Бадоеъус саноеъ” китабы).
Қурбанлық қылыў ўǝжип болған, бай адам қурбанлық күнлеринде жанлық соя алмаса, қурбанлық күнлери ѳтип кетсе, қазасы ушын орташа қойдың баҳасындағы сўмманы садақа етиўи ўǝжип болады. Бирақ пақыр (мүтǝж) адам қурбанлық ушын жанлық сатып алып, оны қурбанлық күнлеринде соя алмаған болса, қазасы ушын жанлықты тири ҳалында садақа етеди. Бирақ, бундай садақа етиў менен ѳз ўақытында сойылған қурбанлыққа ўǝде етилген саўапқа ерисилмейди.
Қурбанлық гѳшин бѳлистириў ҳǝм тарқатыўға келсек, усы ǝмел шǝриятымызда мустаҳаб ǝмел есапланады. Бүгинги эпидемиологиялық талаплар қатаң белгиленген бир ўақытта жағдайдан келип шығып, гѳшти тарқатыў ǝйне ҳайыт күнлеринде болыўы шǝрт емес. Бǝлки, кейинирек те тарқатылыўы мүмкин. Ўǝкил арқалы узағырақ орында қурбанлық еттиргенлер, қǝлесе сол орында тарқатыўы да жайыз. Ўаллаҳу аълам.
Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы
Пǝтиўа ҳайъаты. @diniysavollar
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Меърож түнин қалай өткериў керек?
Жуўап: Бирадам ораза тутыўды түнде нийет қылып, субҳи садық кирместен турып нийетинен қайтса, оразадар болмайды. Рамазан күнлери усындай болып қалса, оның мойнына сол күнниң қазасы болады, каффаратыемес. Егер түнде нийет қылып, субҳи садық киргенинен кейин нийетинен қайтса, нийети бузылмайды, оразадар есапланады. Егер оладам жеп-ишсе, сол күндеги оразаның қазасыҳәм каффараты лазым болады.Бир адамазанда сәҳәрликке тура алмай қаламан деп түнде нийет қылса, соңсәҳәрликке турып қалса, сәҳәрлик қыла береди ҳәм нийетин жаңалап алады. Оразадар оразасын бузыўды нийет қылса, бирақҳеш нәрсе ишип-жемесе, онда оразасы бузылмайды. Умдатул-Фиқҳ Оразаның бәршесинде түнде нийет қылып соңнийетинен субҳ кириўинен алдын қайтса, қайтыўы дурыс болады, яғныйораза тутыў нийетибийкар болған болады. Фатаўаи Ҳиндия.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза қашаннан нийет қылынады?
Жуўап: Қуяш батыўы мененертеңги күнниңоразасын нийет қылса, нийети дурыс болады. Мысалы бир адам усындай нийет қылғанынан кейин есинен танып қалды, өзине келмеўи ертеңги күнниңқуяштың батыўына шекемдаўам етсе де, сол күндеоразадар болған есапланады. Қуяш батыўынан алдынямасабатып атырғанда ертеңгикүнниң оразасыннийет қылыў жетерли емес, бәлким қуяш батқанынан кейинқайтадан нийет қылыў зәрүр. Умдатул-Фиқҳ Оразаның нийети қуяш батыўынан алдын қылынса дурысболмайды. Егер қуяш батыўынан алдынертең ораза тутыўды нийет қылса, соңуйқылап қалса, есинен тансаямаса ғәплетте қалыпертеңгикүнги қуяш заўалданаўғанша нийет қыла алмай қалса, нийети дурыс болмайды. Егер нийетти қуяшбатқаннанкейин қылса нийети дурыс болады. Роддул Муҳтар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Оразаны нийет қылыў қандай әмел есапланады?
Жуўап: Оразаға нийет бул оразаның ораза болыўы ушын шәрт қылынған әмел. Егер жеп-ишиўден, жақынлықтан өзин тыйса, бирақ нийет қылмасаоразасы дурыс болмайды.Умдатул-Фиқҳ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы