Сораў: Ассалаума алейкум.
1. Хаял адам намаз окыса ал куйеуи намаз окымаса сол хаялдын намазы дурыс боладыма?
2. Гей уакытлары намазды окыуга ериншеклик тутса не ислеу керек?
Жууап ушын алдыннан рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм.
1. Парыз намазларды оқыў ҳәр бир адамға жеке парыз әмел. Ҳаялдың парыз намазы дурыс болады. Ҳаял адам парыз намазды оқыўы ушын күйеўинен рухсат алыўы шәрт емес.
2. Бундай ҳал ҳәр бир мусылманға өз нәпсисиниң қылатуғын иси. Аллаҳ тааланың еске түсириў менен, ақыреттте жуўап бериў бар екенин сезиниў менен, бул ериншеклик басқа ислерге де тәсир етиўин сезиниў менен жоқ болады, иншааллаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma alaykum. Sorawim hayal adam orazada hayzdi Irkiwshi darilerdi paydalansa bolama oraza toliq biray Tutiw u. n
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул ҳаққында алдыңғы заман уламаларынан ҳеш бир гәп келмеген. Бирақ ҳәзирги заман уламалары ҳаж ўақтында ҳаяллар ўақтынша ҳайызды кешиктиретуғын дәрилерден пайдаланса болыўы ҳаққында айтқан. Ораза айы да, басқа айлардан абзал ай есапланады, бул айдың пазыйлетин басқа айлардан таба алмаймыз. Сонлықтан, ҳажға қыяс етип бунда да пайдаланса болады, деп айтқан айырым уламаларымыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Awiz ashiw h jabiw waqitlari kalendarda aniq tochno duris emes eken dep esittim. Usigan aniqliq kiritseniz.
Жуўап: Соның ушын календарьдың астында бул ҳаққында, егер қуяштың батыў ҳәм шығыў ҳалларын гүзетиў имканыңыз болса, сол бойынша аўыз ашың ҳәм жабың, деп жазылды. Сондай-ақ, Шайх Абдулазиз Мансур 5-6 минут қосып ашыўды усыныс еткен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Орзаларыныз кабыл болгай
1. Альхамдулиллах биыл ораза устап бастадым сорауым ишке тупирик ауыздагы су кетсе ораза бузылама жыйналган су емес аузым суласа береди жыйналса тукирип таслайман бирак арасында кишкене мугдарда кетип калады жатырганымла мысалы билмей каламан я жутынаман сол кезде.
2. Устимизди сабын шампунь менен жусак оразамыз бузылмайма Алдыннан ракмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм.
1. Аўызға келетуғын түпирикти жутыў менен ораза бузылмайды. Бирақ аўызға түпирикти көп етип топлап, кейин жутса мәкруҳ болады, бирақ бузылмайды.
2. Душта шомылса, яғный үстимизден ағып өтетуғын суўға шомылғанда, егер ишимизге суў кирип кетпесе ораза бузылмайды. Жапқа уқсаған ишине кирип шомылатуғын жерлерде суў ишке кирип кетиў итималы болғанлықтан шомылыў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Хамледар хаял карнындагы тууылмаган баласы ушын питр садакасын бериуи керекпе;
Жуўап: Ҳәмиледар ҳаял қарнындағы туўылмаған ҳәмилеси ушын питир садақасын бермейди. Питир садақасы мал-дүньясы нысапқа жеткен ҳәр бир мөмин мусылман бериўи керек. Бундай нысапқа жеткен мал-дүнья бир жыл айланған болыўы ҳәм өскен болыўы шәрт емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум уа рахматуллаху баракотух. Алла сизлерден разы болсын. Мектеп хакы 7000 сум деп белгиленген. Халкымызда мынандай сораулар коп туседи: Мектеп хакы дегенимиз не? Бул шариятымызда бар ма? Бар болса соларга силтеме берсениз илтимас. Халкка тусиндириу ансатласар еди. Жууапларыныз ушын алдыннан рахмет, Хайрли ислеринизге рауаж тилеймен.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қарақалпақстан аймағында гүллән халықты саўатлы, оқыў-жазыўды билетуғын қылыў ушын алдынлары мешит-мектеп системасы болған. Бунда ҳәр бир аўыл ямаса мәлим бир аймақ бир мешит-мектепте бириктирилген. Ол жерде саўатлы имам-хатиблер болып, халықтың жас балаларына басланғыш тәлимди берген. Сондай-ақ, ол жердеги имам хатибтиң буннан басқа да ўазыйпалары болған. Мысалы ретинде халықтың диний тәрептен саўатлы етиў, халық арасындағы диний ислерди, неке оқытыў, нәрестениң қулағына азан айтыў, жаназа оқыў ҳтб ислерди алып барған. Сондай-ақ, өзи үстинде де, тынбай исленген. Ал халқымыз сол мешит-мектептеги имам хатибке бир жыллық дәраматын жыйнап беретуғын болған. Кейиншелик СССР қурылғанда сол мешит-мектеплерде тәлим бериў қадаған етилген. Имам-хатиблер қуўғынға ушыраған.
Ҳәзирги ўақыттағы мешит-мектеп деген түсиник әне соннан қалған. Ҳәзирги ўақытта да мешит-мектеп моллаларымыз солардың даўамшылары есапланады. Олар алдыңғы дәўирдегидей мешит-мектеплердиң ислерин толық алып бармаса да, көпшилик бөлимлерин атқарады. Мысалы ретинде, жаназада мейитти таярлаў, ҳтб. ислер.
Енди мектеп ҳақы бериў мәселесине келетуғын болсақ, бул белгиленген шегарадан илажы барынша көбирек бериўге ҳәрекет етиўимиз керек. Себеби, бир адам ҳәмме жумысын қойып, жыл даўамында, ол күндиз бола ма, түн бола ма, сол халықтың хызметинде болады. Бай адамлар, имканияты бар адамлар қолынан келсе көбирек бериўи керек. Әне сонда мақсетке муўапық болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum Rahmatullahi u barakat. Ramazan ayi qutli mubarek bolsin. Orazadar adam saharlikke tura almay qalsa quyash shigip ketkennen keyin tursa ham niyeg etip qoysa orazasi qaza bolmayma?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қаза болмайды. Егер сәҳәрликке туралмай қалған болса, онда қуяш заўал ўақытқа шекем нийет етип қойса, оразасы дурыс болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum ua Raxmtullaxu ua barokat. Ramazan ayi qutli mubaek bolsin. Menin' sorawim oraza tutiwshi adam oraza baslang'an waqitta tutip baslamay aradan 3-4 kun o'tkennen keyin tutsa baslang'an waqitta tutpag'an ku'nleri qazasin tutip bereme? Juwap ushin aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тутпаған күнлериниң оразаларын қаза етип, оразадан кейин тутып бериўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawmaliykim. Ramazan qutli bolsin. Orazalarimizdi Alla qabil etsin. Berip atirgan mag'lumatlar ushin raxmet. AlhamdulIllah oraza tutip atirmiz. Oraza tarbiyashi degeni ras eken. O'zimde kop ozgerisler sezdim. Qalbim Allani, paygambarimiz(s.a.u)di endi tanip kiyatir kesh bolsada. Men namaz oqimayman. Oqiw niyetim bar. Biraq ishimde gures bolip atir. Bir dawis oqi deydi. Birewi toqtap tur keyinrek oqirsan jora joldas degen bar qatnasiq qaladi, a'trapin'dagilar kuledi deydi. Namaz baslaganinnan keyin har tarepleme duris boliwin kerek qolinnan kelermeken deydi. Iman menen shaytan guresip atir. Usi oylardan duris shigiw ushin jardem berin. Menin pikrimshe kopshilikte bolatin shigar bunday. Maslahat berseniz. Alla razi bolsin raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Намаз Ислам дининиң екинши рукни болып, калимаи шаҳадаттан кейинги ең уллы парыз есапланады.
Ол мусылман бенде Аллаҳтың сансыз неъматларына бенде шүкир келтириўи ушын шариятқа киритилген болып, оның диний, тәрбиялық, жеке, медициналық, жәмийетлик ҳәм басқа да бир қатар пайдалары көп.
Әўели, намаз бендениң Аллаҳ пенен байланыў ўәситасы.
Намазда бенде Аллаҳ пенен жалғыз қалып, оған мунажат қылады. Усы ибадат пенен руўҳый, мәнаўий ләззет алады.
Намаз оқыў менен бенде өзиниң бәрше ислерин Аллаҳ таалаға тапсырады. Усы намазы менен Өзине аманлық, арқайынлық ҳәм утыс тилейди.
Екиншиден, намаз ислердиң раўажы ҳәм утыс жолы.
Намаз қәте ҳәм гүналарды жуўыўдың ең исенимли жолы болып, ол ҳәмме ўақыт өз ийесине көплеп жеке пайдалар келтиреди.
Намаз намазханды Аллаҳға жақын қылады, оның еркин беккемлейди, бул дүнья мал-дүньяларынан өзин жоқары тутыўға үйретеди ҳәм өз ийесине теңи жоқ рәҳәт ҳәм руўҳый жеңиллик әкеледи.
Намаз оқыйтуғын адам ғәплет уйқысынан оянып, өмирге тереңирек нәзер салыўды үйренеди. Ол, адамға интизамлы болыўды, ҳәмме ислерди тәртипли рәўиште жолға қойыўды, ўақытты тежеў ҳәм тәртипке салыўды үйретеди.
Намаз оқыўшы адам жуўаслық, басықлық, албырамаўшылық, салдамлылық, сабыр киби көплеп жоқары инсаний пазыйлетлерге ийе болады.
Намазды мешитлерде жәмәәт пенен оқыў абзал болып, намазханлар арасындағы жәмийетлик байланысларды беккемлейди, күш жәмәәтте бирликте екенин аңлатады, жәмийетлик байланыс ҳәм бирге ислесиўди күшейтеди.
Жәмәәт намазы адамлар арасында теңликти көрсететуғын ең әҳмийетли фактор. Намазда бенделер ким болыўына қарамастан, бир жерде, бир сапта турады бирдей әмелди қылады ҳәм Аллаҳ таалаға ғана бенде екенин изҳар қылады.
Бенделердиң намазда жәмәәт көринисинде имамға бойсыныўы, бир мақсетке жөнелис көринислери болады. Ҳәтте жәмәәт намазы арқалы мусылманлар бир-бирлери менен танысып, бирадар болады, жақсылық ҳәм тақўа жолында бирлеседи, бир-бирлериниң ҳалларынан хабар алыўға әдетленеди. Араларында кесел, зулым көрген, бир нәрсеге мүтәж адамлар шығып қалса, жәрдем береди.
Соның менен бирге, олар бир-бириниң қәтелерин де туўрылайды.
Намаз мусылманды ғайрымусылманнан ажыратып турыўшы ең тийкарғы белги. Соның ушын да намазхан адамды ҳәмме ҳүрмет қылады, оған исенеди, оннан арқайын болады.
Қалаберсе, намаз пәкликтиң белгиси.
Намазхан адамның ең әўели, қәлби пәк болады. Оның тек қәлби емес, бәлки денеси, кийими ҳәм мәканы да пәк болады. Намаз адамның руўҳый, мәнаўий ҳәм дене саламатлығы ушын жүдә зәрүр екени ҳәзирде ҳеш кимге сыр емес.
Намаздың пайдаларын қатар аят ҳәм ҳәдислерде толық үйренемиз, иншааллаҳ.
«Намазды кәмил оқың. Әлбетте, намаз мөминлерге ўақтында парыз қылынған», (Ниса сүреси, 103-аят)
Бул аяты кәрийма намаздың парызлығы ҳаққындағы аятлардың бири болып, ондағы намазды кәмил қылыў ҳаққындағы буйрық парызды аңлатады. Намаздың ўақтында парыз қылынғаны болса оны өз ўақтында оқыў лазымлығын аңлатады.
«Намазды кәмил қылып оқы. Әлбетте, намаз бузықлық ҳәм жаман қайтарады», (Анкабут сүреси, 45-аят)
Түсиндирме: бул аяттағы буйрық та парызды аңлатады. Соның менен бирге, аятта намаздың ҳикметлеринен бири, ҳақыйқый намаз өз ийесин бузықлық ҳәм жаман ислерден қайтарыўы тәкидленбекте.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламға Исро кешесинде елиў ўақыт намаз парыз қылынды. Соң қысқартылып, бес ўақытқа келтирилди. Ал кейин:
«Ҳәй Муҳаммад, әлбетте, Мениң ҳүзиримде гәп өзгертилмейди. Әлбетте, саған усы бесеўинде елиўдиң (саўабы) бар», деп нида қылынды».
Бесеўинен тек Әбиў Даўыт рәўият қылмаған.
Түсиндирме: Исро кешеси ҳаққында Ал-Исро сүресинде баян етиледи. Бул ҳәдийсе толық баян қылынған ҳәдиси шәрийфлер де көп, ҳәммеси иншааллаҳ, өз орнында үйрениледи. Ал ҳәзир мағлыўмат ушын қысқаша етип, төмендегилерди билсек жетерли:
«Исро»ның сөзликтеги мәниси «түнде сапар қылыў» дегени.
Шәриятта болса, «Аллаҳ тааланың буйрығы менен Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасалламның түнде Бураққа минип, бир демде ҳүрметленген Мекке қаласынан Байтул Мақдиске сапар қылыўы түсиниледи.
Бул ҳәдийсе базы ҳанафий уламаларының үйрениўинше, ҳижраттан бир ярым жыл алдын, Рамазан айның он жетинши күни болған.
Соң пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Байтул Мақдистен аспанға, Миърожға алып шығылған. Сол жерде Аллаҳ таала менен сәўбет болған. Күнине елиў ўақыт намаз парыз қылынған. Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам қайтып атырғанында Муўса алайҳиссаламға дус келген ҳәм ол:
«Аллаҳ сениң үмметиңе нени парыз қылды?» деп сораған. Ол:
«Елиў ўақыт намазды», деген.
Муўса алайҳиссалам:
«Рәббиңе қайт. Үмметиң буған тақат қыла алмайды», деген.
Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Аллаҳ тааланың алдына қайтып, намазды кемейтиўди сораған. Аллаҳ таала бир аз кемейтирген.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Муўса алайҳиссаламның алдына қайтқанында ол және алдыңғы гәпин айтқан. Усылайынша, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам бир неше мәрте, барып қайтқанынан соң Аллаҳ таала намазды бес ўақытқа түсирген:
«Ҳәй Муҳаммад, әлбетте, Мениң ҳүзиримде гәп өзгертилмейди. Әлбетте, саған усы бесеўинде елиўдиң (саўабы) бар», деген.
Муўса алайҳиссалам және қайтыўды усынғанында, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Рәббимнен уяламан», деп қайтпаған.
Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:
1. Намаздың Аллаҳ таала тәрепинен парыз қылынғаны.
2. Намаз Исро кешесинде парыз қылынғаны.
3. Намаз әўел елиў ўақыт парыз қылынып, кейин бес ўақытқа түсирилгени.
4. Аллаҳ тааланың алдындағы сөз өзгертилмейтуғынлығы.
5. Ислам үмметине Аллаҳ таала меҳр көрсетип, бес ўақыт намазына елиў ўақыт намаздың саўабын бериўи.
6. Ислам аңсатлық дини екени. Әўел елиў ўақыт намаз парыз қылынып, кейин бес ўақытқа қысқартырылыўы әне сол аңсатлықты бенделерге еслетип турыў ушын.
Демек, бес ўақыт намазды жәнеде шын ықлас пенен оқыўымыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Bir masele meni kop oylantiradi. Bizler shanaraqta kopshilik bolip jasaymiz. Bir neshe shanaraq birge turamiz. Hammenin tabisi bir jerge jiynaladi, ata-anamizdin qolina tapsiramiz. Ortaliqtagi aqsha kop jiynaladi artigi menen deseda boladi. Alhamdulillah mutajlugimiz joq. Men ozimnin ayligimnan ata anama aytpay juda az muqdarda alip qalip jiynasam hadal bolama. Aytsam qapa boladi. Duris joldi aytsaniz. Alla razi bolsin.
Жуўап: Өз табысыңыз өзиңиздиң мүлкиңиз есапланады. Ортаға жыйнаў ықтыярлы ис. Бунда билдирмей алып қалса ҳадаллықтан шығады, деген гәп жоқ. Бирақ, аўыз биршилик пенен ортаға жыйнап, пайдаланып атыр екенсиз Аллаҳ таала берекетин берсин. Мүтәжлигиңизге керегин айтып, мәлим етип алғаныңыз туўры жол.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawmaliykim. Ramazan qutli bolsin. Orazalarimizdi Alla qabil etsin. Berip atirgan mag'lumatlar ushin raxmet. AlhamdulIllah oraza tutip atirmiz. Oraza birinshi martebe tutib atirman oraza tutgan adam uyinde auiz ashar beriu k.kpa soni bilmekshi edim juap ushin raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳ таала оразаңызды қабыл етсин. Ораза тутқан адам аўыз ашар бериў керек, деген гәп жоқ. Бирақ қайсы бир себепке көре ораза тутпаған адамлар аўыз ашар бергени мақул, себеби ҳәдис шәрийфте айтылыўынша, ким ораза тутқанға аўыз аштырса, оның ораза тутқанындай саўап алады, делинген. Улыўма айтқанда аўыз ашар бериў ықтыярлы ис. Қылған адам саўап алады, қылмаған гүнакар болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум хурметли устазлар оразалар кабыл болсын. Менин сорауым кирбтикен жеуге болама? Бир аурыуларга ем дейди. Алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шәриятымызда кирптикенниң гөши ҳарам есапланады. Сонлықтан, оны жеўге болмайды. Ем ушын да пайдаланыўға болмайды. Тек ғана қайсы бир кеселликтиң оннан басқа ҳадал дәрилер, ҳадал нәрселер менен емлеў имканы болмаса ғана руқсат. Ҳадал жол менен емлеў имканы болып турып, ҳарам нәрселер менен емленилмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум хаммеге ораза айы кабыл болсын! Сорауым бар еди Ораза айында туткан кызлар ораза айында Местрация келген кезде ашыу керек деп еситип едим кейннен карыз есапланып кайтадан тутама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳаял-қызлар өз әдетиндеги ҳайыз күнлери Рамазан айында келгенде, сол күнлери ораза ҳәм намазын тоқтатады, ҳайыз күнлери таўсылғанда, рамазан оразасын даўам етип тута береди. Ортада қалып кеткен күнлерин Рамазан айы таўсылып, Рамазан ҳайыты күнинен кейинги күннен баслап қаза етип тутып берсе болады. Илажы барынша, көп кешиктирмей ертерек қаза оразаларын тутып бергени мақул. Ҳайыз күнлери қалып кеткен намазларын қайта оқып бермейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссалаўма әлейкум! Рамазан айы мубарек болсын! Сизлерге бир еки сораўым бар еди жуўап ушын алдыннан Рахмет!
1. Намазда Зам суре оқығанда сәжде аятларын қосып оқыса (мысалы ушын Алақ суресин) қалай болады, намазда қылынған сәжде, аяттың да сәждесине жүреме?
2. Намаз оқып атырғанда алдынын кесип өтиў үлкен гүналардан екенин оқып еситкенбиз. Бирақ не ушын өзлеримиздиң мешитимизде үлкен байрамларда (мысалы Тараўиҳтиң биринши күни, қатым күни, Ҳайит намазларында) оператор, суўретши инилеримиз арқайын алдында жүре береди Олардың гүнасын ким көтереди?
3. Рамазан айында витр намазын бир өзи оқыса әшкар оқылама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм.
1. Намазда зам сүреге сәжде аяты оқылғаннан кейин үш аятқа шекем оқылса, кейин руку етилсе, сол рукуси тиләўат сәждесиниң орнына өтеди, бирақ сәжде аятынан кейинги аятлар үш аяттан көбейип кетсе, онда намаздан кейин сәжде етип алыўы керек. Сиз айтқан Алақ сүресиниң ақырғы аяты сәжде аяты есапланады. Сол сүрени ақырына шекем оқып руку қылынса, тиләўат сәждесиниң орнына өтеди.
2. Туўры, бул адамның намаздағы хушусын бузыўы мүмкин. Бирақ илажы барынша намазда басқа нәрселерге итибар бермей турыў керек. Фиқҳ китапларында имамның сутрасы жәмәәттың сутрасы болады, делинген. Оператор жигитлерге де қолдан келгенше бул мәселе түсиндириледи. Сонлықтан, олар жүдә мәжбүр болып қалған ўақытларда ғана, онда да ең шетинен ҳәрекетленеди.
3. Жалғыз намаз оқыўшы адам даўыслап оқылатуғын намазларды да ишинен оқыса жайыз болады. Даўыслап оқылатуғын намазлар жәмәәт пенен оқылғанда ғана даўыслап оқылыўы ўәжиб болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum kesellerge sadaqa beriwdin' qanday paydasi yaki sawabi bar?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Кеселлерди барып аўҳалын сораў үлкен саўаплы ис есапланады. Бул шәрият тилинде «Иядатил марийд», деп аталады. Бул бойынша жүдә көп ҳәдислер келген. Солардан биринде былай делинген: Қыямет күни Аллаҳ таала бендеге: неге мен аўырғанда барып көрмедиң?, дейди. Бенде: Я Аллаҳым, сизде аўырасыз ба?, дейди. Сонда Аллаҳ таала: «Пәлен бенде аўырып еди, сен барып көрмедиң, егер барғаныңда Мени сол жерден тапқан болар едиң, дейди. Усы ҳәдистиң өзи бизлерге кесел адамды барып көриўимиздиң қаншелли зәрүр ислерден екенин билдиреди. Себеби Қыямет күни жүзимиз жерге қарап қалмаўы ушын да барып көриўимиз керек.
Әдетте, кесел емлениў ушын жүдә көп қаржысын жумсап, пулға тарыққан болады. Сондай ўақытлары садақа алыўға ҳақлы болса, берсе болады. Садақа алыўға ҳақлы болмаса, садақа берилмейди. Бирақ ҳәр қандай кесел адамға да жәрдем сыпатында, Аллаҳ тааланың разылығы ушын қаржылай бола ма, ямаса басқа нәрсе менен бе, парқы жоқ, жәрдем берсе саўаплы ислерден болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум!!! Хурметли Каракалпакстан мусылманлар казияты жамааты. Мен буны сорау депте айта алмайман, себеби каракалпакша яки озбекше мусылманша китабларда айлардын атлары баскаша атлар менен корсетилген, сол себебли айлардын мусылманша таклетте жазылган атлары дизимин алсак болама. Сизлерге хурмет пенен, жууабыныз ушын алдындан рахмет айтаман.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Негизинде айлар мусылманша, мусылманша емес болып бөлинбейди. Бирақ халық арасында қамарый-ҳижрий есаплаў календарындағы айларды мусылманша айлар, деп аталыўы бурыннан бар. Дүнья жүзи халықларында өтип атырған күнлерди есаплаў ушын бир неше есаплаў календарлары әййемги заманлардан берли бар. Солардан ең көп тарқалғанлары бул – қуяштың шығып батыўына қарап есапланатуғын шамсий календар ҳәм айдың шығып батыўына қарап есапланатуғын қамарый календар. Бул еки календар да ерте заманлардан берли болған. Ҳәзирги ўақыттағы миладий календар сол шамсий календар есапланады. Қамарый календарда мусылманшылықтағы ҳәмме байрамлар ҳәм сәнелер есапланады. Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам Мәккәдан Мадинаға көшип өткен жылды алымлар биринши жыл деп сәнени есаплаўды баслаған. Соның ушын да бул есаплаў календары ҳижрий деп аталады. Бул календарда да он еки ай бар, олардың атлары: Муҳаррам, Софар, Робиъул әўўәл, Робиъус Сәний, Жумәдул әўўәл, Жумәдус сәний, Ражаб, Шаъбан, Рамазан, Шәўўәл, Зул қаъда, Зул ҳижжә.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому алайкум. Аллоҳ таоло ишларингизга барака берсин. Саволим: Муслим.уз ва Узбекистон мусулмонлари идорасига карашли расмий вакиллик сайтларнинг каналларида куйилаётган мпз қуръонлар, маърузалар, саловатларни телефонимизда олиб юрсак бўладими?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм, бўлади. Расмий сайтлардан бемалол фойдаланиш мумкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому алайкум. Фитр садакасы кимлерге бериледи?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм, бўлади. Питир, зәкат, үсир, нәзр киби садақалар өз орнына берилиў керек. Өз орнына берилмеген болса, дурыс болмайды. Булардың орынлары – нысапқа жетпеген мал-дүньсы бар жарлы адам, ҳеш нәрсеси жоқ мискин, мәмлекет тәрепинен белгиленген садақа жыйнаўшы, мукатаб қуллар, мал-дүньясы нысапқа жетпеген қарыздарлар, Аллаҳ жолында жүриўшилер талиби илимлерге уқсас ҳәм пулы таўсылып қалған мүсәпирлер. Бул орынларды Аллаҳ таала Тәўбе сүресинде Өзи белгилеп берген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Oraza ayi qutli bolsin. Menin' bilmegen sorawlarim ju'da ko'p sizge. Sol ushin o'zim oqip uyreniwdi qa'leymen. Islam dinin u'yreniw ushin da'slep nelerdi biliwim kerek ha'm qaysi kitaplardi oqip ju'rsem boladi.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Динимизди үйрениў ушын ҳәзирги күнде жүдә көп китаплар баспадан шыққан. Қарақалпақ тилинде баспадан шыққан Шамсуддин дамланың «Кәмил инсан» китабында мусылман адам дәслеп нелерди билиўи кереклиги жазылған. Өзбек тилинде Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың «Расулуллаҳ», «Ижтимои одоблар», китаплары дин ҳаққында, мусылман адам қандай болыўы кереклиги ҳаққында кеңнен түсиник береди. Нөкис қаласында орайлық мешиттиң қасында ҳәм орайлық базар қасында диний китаплар сатылатуғын арнаўлы дүканлар бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum shavvol ayinin rozasin tutqanda ne dep niyet etip roza tutamiz.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Нәпил ораза, деп нийет етиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы