Сораў: Әссәләму алайкум. Грипп (аязлаў) менен кеселленген адам жума намазына бармаўы керек пе? (Басқаларға кеселликти жуқтырып қоймаўы ушын). Жуўабыңыз ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Жуманың ўәжип болыў шәртлери
Жума намазын оқыў лазым болған адамларда төмендеги шәртлер табылыўы керек:
1. Ҳүр-азат болыўы. Қулға ҳәм қамақтағы адамға жума парыз болмайды.
2. Еркек адам болыўы. Ҳаялларға жума парыз емес.
3. Балағатқа жеткен болыўы керек. Кишкене балаларға парыз болмайды. 4. Ден-саўлығы саламат болыўы. Кесел адамға жума парыз емес.
5. Көзи жақсы көретуғын болыўы. Көзи әззилерге жума парыз емес.
6. Еки аяғында жүре алатуғын болыўы. Жумаға барыўға қүдирети жетпегенлерге жума парыз емес.
7. Қәтержамлық болыўы. Жолы қәўипсиз болмағанларға жума парыз емес.
8. Қалада жасап атырған болыўы.
9. Муқим болыўы, мүсәпир ушын жумаға барыў парыз емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Хəзир қабристанды зиярат етемиз деп көп жерлерде ширкке жол қойылып атыр. Кабристанның ишинде түнеу, басында ас бериу, қурбанлық шалыу, ақ шүберек байлау, Алладан сорамай аруақ рухлардан сорап х.т.б. улкен гүналарды ислеп атыр. Усындайларды болдырмау ушын қандай ис-шаралар алып барылып атыр?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Өткен шоралар дәўиринде халық арасында илимли адамлардың азайып кетиўи нәтийжесинде усындай шәриятымызға терис ислер көбейип кеткен. Ҳәзирде бундай ислердиң алдын алыў бойынша бәрше имам хатиблер ис алып бармақта. Мысалы, быйыл Қарақалпақстан бойынша барлық қәбирстанларда қурбан ҳайытынан баслап мал сойдырыў қалдырылды. Себеби бул ис шәриятқа да, ақылға да туўры келмейди. Буннан басқа да, усындай ислердиң алдын алыў ушын мешитлерде имамлар бул бойынша түсиндириў ислерин алып бармақта.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому алайкум хурматли устозлар.ХАММА га байрам муборак.яна бир саволим бор эди.хозир кишда шамоллаш куп учрайди .шунда купчилигимиз укол олип эмланамиз.уколдан олдин танага спирт/арок/ суркалади.шунда тахорат бузиладими.масалан аср ва шом оралигида. ЖАВОБ УЧУН РАХМАТ.ОЛЛОХ РОЗИ БУЛСИН
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Емленсе болады. Егер қан шықса таҳарат алынады. Спирт жағылған жерди жуўыў ўәжип емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум ! Алладан басқа тылсым күшлер барма? Мысалы жинлерге, аруақларға атап қурбанлық шалып жəрдем сорап жүриуге болама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәмме нәрсени басқарыўшы, ҳәмме нәрсениң патшасы – Жалғыз Аллаҳ. Аллаҳтан басқа ҳеш бир нәрсеге атап жанлық сойыў дурыс емес, бул ис ҳарам болады. Аллаҳтан басқаға атап сойылған гөштен жеўге болмайды. Мысалы пәленши бабаға атап сойдым, десе ол гөш негизи жеўге болатуғын ҳайўанның гөши болса да, нийети басқа болғанлықтан ҳүкими ҳарамға жатады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Ассаламу алайкум Шамсуддин аға! Өзиңиздиң өмирбаяныңызды қысқаша етип айтып берсеңиз. Сизге Алланың нуры хəм рахмети жаусын ислеп атырған уллы ислериңизге.
Жуўап: Шамсуддин дамла Баҳауддиновтың қысқаша өмир баяны Кәмил инсан атлы китабының артында берилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Әссәләму алайкум. Биз гейде ол ийшан болған, ол ахун болған деген гәплерди еситип қаламыз. Бунда «ийшан» ҳәм «ахун» дегенимиз кимлер болған, бул сөзлер қандай мәнилерди аңлатады? Жуўабыңыз ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ийшан сөзи парсы тилинен алынған болып «олар» деген мәнини аңлатады. Ески дәўирлерде тасаўўуфтағы диний баслықларды халық усы ат пенен атаған. Кейиншелик усы ийшанлардың әўладлары да усы сөз бенен атала баслаған.
Ахун сөзи де парсы тилинен алынған болып, «устаз» деген мәнини аңлатады. Тарийхта медреселердеги сабақ беретуғын оқытыўшыларды халық усы ат пенен атаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Ассаламу алейкум, ҳурматли устозлар! Агар ижозат берсангиз Сизларга бир таклифим бор эди. Фикримча, агар имкони бўлса, ўзбек ва қорақалпоқ тилидаги «Ҳидоят» журнали ва «Ислом нури» газеталарига сайтингиз орқали ҳам электорн таризда обуна бўлишни йўлга қўйсангиз аҳолимиз учун янада манфаатлироқ бўлар эди
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Усынысыңыз ушын рахмет. Инша Аллаҳ бундай ислердиң ҳәммеси басқышпа-басқыш әмелге асырылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: assalawma aleykum hurmetli ustazlar! 1)sorawim men namaz oqiwdi uyrenip jurmen hazirshe uyde oqip jurmen juma namazina qatissam 5 waqit namazimdida meshitke barip oqisam bolama ruhsat barma 2) bilimimdi asirgim keledi kurandi toliqlay uyrengim keledi mediresege ya bolmasa kurislarga meni oqiwga alama aldinnan raxmet alla razi bolsin
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Әлбетте мешитке барып жума намазды да, бес ўақыт намазды да оқыўға болады. Мешитлер адамлар намаз оқыўы ушын қурылған. 2. Инша Аллаҳ, жақын арада Қуран оқыўды үйренбекши болғанлар ушын медреселер қасынан алты айлық курслар ашылады
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Ассаламу алайкум! Пал ашатынларға соларға аштырыуға барғанларға Алланың қандай жазасы бар? Хəзир бир затын жойтса дəрриу палкерге жууырады. Затты уайымлап Алланың ғəзебине тап болмайма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Пал ашыў да, аштырыў да ҳарам екенин Аллаҳ таала Қураны кәриймде айтқан: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Әлбетте, хамр (мәс қылыўшы ишимликлер), қумар, бутлар ҳәм (пал ашатуғын) шөплер шайтанның исинен болған ипласлық. Солай екен, оннан шетлениң. Қәнекей, утысқа ериссеңиз». Ҳәдиси шәрийфте де: «Ким бир палкердиң алдына барып бир нәрсе ҳаққында сораса кейин палкер берген жуўапқа исенсе, сол адамның қырық күнлик оқыған намазы қабыл емес”, делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Ассаламу алайкум! Жаназа намазында 3-и,7-си, 40-ы, 100-и, жылы деп не ушын айтылады? Ондайлар басқаларда жоққо. Қоңсы Өзбекстан елинде хəттеки Жаназа намазында уйинде ас берилмейди,ауқат писирилмейди. Жəне өли денени көп сақламайды.Тез көмеди.
Жуўап:
Ўә аләйкум әссәләм! Журтымыздағы әҳли илимди қыйнайтуғын ең үлкен мәселе усы мәйитти қондырыў мәселеси. Алдынғы дәўирлерде халқымызда мәйитти қондырыў мәселеси болмаған, болса да мәжбүрликтен айырым жерлерде ғана болған. Себеби, журтымызда ислам дини соншелли раўажланған ҳәттеки ҳәр бир аўылда мешит ҳәм жасларды оқытатуғын басланғыш мектеплер болған. Буны тарийхшыларымыз жақсы биледи. Айырым шарўадарларда ғана халық узақ-узақ жасағанлықтан адамларды жыйнап келемен дегенше ўақыт өтиўи нәтийжесинде мәйит бир кеше жерленбей қалыў ҳаллары болған. Кейиншелик динсизлик ҳәм илимсизлик раўажланыўы, уламалардың жоқ етилиўи, дин илимлери үйретилмеўи нәтийжесинде өлгенлерди қондырыў жалпы тәризде халық арасында ең жайды.
Ҳәзирги ўақытта адамлар буны динимиздиң әмели деп биледи, ал негизинде болса бундай етиў шәриятта қадаған етилген. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Мәййитти ҳүрметлеў оны тез жерлеў менен болады”, деген. Демек, биз мәйитти қанша көп қондырсақ ямаса қанша көп сақласақ оған сонша көп ҳүрметсизлик етип атырған боламыз. Адамларға ҳайран қаласаң өмир бойы ата-анасының ҳүрметин орнына қоймайды, ҳәттеки өлгеннен кейин де усындай ислери менен ҳүрметин аяқ асты етеди екен.
Дүньяда жүдә көп исенимлер болып, олардың айырымларында инсан өлиги соншелли хорланады ҳәттеки жағып жибериледи, жыртқыш ҳайўанларға бериледи, биреўлери солайынша дәрьяға ағызып жибереди.
Ислам дини инсаниятты бундай хорлықлардан қутқарды. Динимиз адам баласы дүньядан өткенде тезирек жерге тапсырыўға буйырады. Дүньяда биринши адам яғный Адам атаның баласы қайтыс болғанда Аллаҳ таала ғарғаны жиберип, өлген денени не қылыў керек екенин үйреткен. Әдетте бир мусылман адам дүньядан өтсе, ең алды менен көзлери жумылдырылады, жағы бир шүберек пенен басынан айландырылып байланады, аяғының бас бармақлары қосып байланады.
Кейин жақын ағайин туўысқанларға хабар бериледи. Қайтыс болған адамды илажы барынша тезирек жерлеўге асығыў керек. Буны бизлерге Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам үйретеди. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Мәйитти тез апарың. Егер ол жақсы адам болса, бир жақсылыққа алдынырақ апарған боласыз. Басқаша болса (тез апармасаңыз), жаманлықты мойныңызға қоясыз”, деди”.
Жоқарыдағы ҳәдисте өлген адамды тезирек жерлеўге шақырық бар екенин билдик, бирақ бул тезирек алып барыў қаншелли екенин төмендеги ҳәдистен билип аламыз. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Өлилериңиздиң денеси суўымастан жерге қойың”, деген. Демек, бизлер илажы барынша, қолдан келгенше тезирек жерлеўге ҳәрекет етиўимиз керек екен.
Әдетте халыққа қуўаныш-байрам күнлери ямаса иҳсан етиў ушын халыққа аўқат берсе болады. Бирақ, бир адам өлип турған жерде, ағайинлери азадар ҳалда, шәриятта үш күнге шекем аўқат писириў мүмкин болмаған орында халыққа аўқат тарқатыў бизлерге жабысқан бир иллет болады. Бул иллеттен қаншелли тез қутылсақ, соншелли жақсы болады.
Динимиз бул писирилген аўқаттың ҳүкими төмендегише: әдетте бир нәрсениң ҳадал болыўы ушын оның еки тәрепи де ҳадал болыўы керек. Биринши тәрепи яғный ол негизинде ҳадал нәрсе болыўы керек. Мысалы, ҳадал нәрселердиң гөши болыўы керек. Негизи ҳарам болған нәрселерди ҳадал пулға сатып алып, бисмиллаҳ айтып сойылған болса да ҳарамлығынша қала береди. Мысалы ийттиң гөши ҳеш ўақытта ҳадал болмайды.
Екинши тәрепи яғный ол нәрсе ҳадал нәрседен табылған болыўы керек. Мысалы бир шөрек нан бар, бирақ ол биреўден пара алып сол пулға сатып алынған болса, онда ол нанды жеў ҳарам болып қалады.
Жаназада қайтыс болған адам сол үйдиң бағыўшысы болып, писирилген аўқат жетим-жесирлердиң ҳақы болатуғын болса, онда оннан жеўге болмайды. Себеби жетимниң ҳаққын жеў Қуранда шоқты жеўге теңлестирилген.
Бизлердиң журтымызда жақсы бир әдет жолға қойылған. Яғный қай жерде усындай мереке-той болса, халықтың өзи пул жыйнап, кеткен шығынды көтерип береди. Жаназада тарқатылатуғын аўқат жоқарыдағы еки тәрептен ҳадал болған тәғдирде де, ҳәдисте айтылған үш күнге шекемги азадарлық ўақытта писирилген аўқат болғанлықтан кеминде мәкруҳ болып қалады.
Үш күннен кейин қәлеген ўақытта иҳсан берсе болады, бирақ бунда ўақыт белгиленбейди, ықтыярый ҳалда, саўабы марҳумға болсын деген нийетте исленеди. Үрп әдет ямаса басқалардың алдында уялмаў ушын марҳумның атынан садақа-иҳсан қылынбайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссәләму алайкум. Мешитте биреў шығып сөйлегеннен кейин шаппатлаў мүмкинбе?
Жуўап: Мешитте дүньяўий ислер қылынбайды ҳәттеки сәлемлесилмейди, себеби мешит бул Аллаҳ тааланың үйи болып, ол жерде намаз оқыў, зикир қылыў, китап оқыў, итикаф отырыў, маруза тыңлаў киби ибадатлар қылынады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. Jolga qoygan hayirli islerinizde Allah kush quwat bersin. Sorawim. 1. Sawda satiq boyinsha : jaz mawsiminde zat alip jugen adamnan bir qalta qant alip pulin bergen bermegenindi esley almayman. Al zat bergen sawdagerdin esinde joq, arxiv dapterinende qarzim jazilmagan. Biraq kewlimde qarzga alip pulin bermegendeymen. Bul ahwalda qanday jol tutqan duris. 2. Bunnan 3-4 jil burin 1 sawdagerdin magazinnen birneshe marte kiyim kenshek aldim, bul araliqta ol kisini birneshe marte koshede kordim, keyin 3 jildan aslam waqit otkennen keyin jane kiyim magazinine barip edim, ol kisi, bayagida sen mennen kiyim alip edin, qanday kiyim alganin esimde joq biraq magan qarzin bar dedi, al men esley almadim. Bolip otken waqiyalardi tusintiriwge hareket ettim, biraq ol narazi bolip ay yaqshi dep qoydi. Bunday ahwalda qanday jol tutqan duris? Juwaplariniz ushin raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм 1. Ең әўели алды-берди мәселесинде жазып барылыўы ҳәм гүўалар болыўы керек. Себеби бунда биреўдиң ҳақы кетип қалыў итималы бар. Сиз айтқан бул жағдайда, екеўиңиз бир жерде отырып, келисип алыўыңыз керек. Яғный бериўге ямаса бермеўге, егер берилсе қанша бериўге келиўсип алыўыңыз керек. Уламаларымыз бул мәселеде елиўге елиў қылыў керек деген екен. Яғный екеўиңиз бир жерде отырып, екеўиңиз де сол нәрсениң пулын берилген, берилмегенин еслей алмасаңыз, онда сиз сол нәрсениң баҳасының ярымын бересиз, ол киси де соған келисиўи керек. Сонда еки тәреп те азырақ зыян көреди. Бирақ бул тек ғана усыныс. Өз ара бир нәрсеге келиссеңизде болады ямаса ол тәреп кешип жиберсе, ямаса сиз толық берсеңиз де туўры болады. 2. Гүўа талап етиўиңиз керек. Гүўалар болса, төлейсиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Рия деп неге айтылады?
Жуўап: Рия бул – хожакөрсинликке айтылады, яғный биреўдиң алдында көрсин деп бир ис қылыў. Сумъа – биреў еситсин деп бир ис қылыў, Ужб – бир исти қылып, буны мен қылып қойдым деп иштен мардыйыў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ас салəму алейкум! Хурметли устазлар . Жума куни дəрет алып уйден шығып баратыр едим, бир хурманы жеп кет бул муйүени пайғамбармиз суйп жегенғо деди , жедимда жолға шықтым . Мешитке киргенсоң дəретим бузылмадымакен деп гуманландым бырақ қайтадан дəрет алмадым . Дурыс қылдымба деген ой қынап жур ?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Гүман менен таҳәрат бузылмайды. Бирақ таҳәрат үстине таҳәрат алыўдың жақсы ис екени ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтқан. Илажы болса ҳәр бир намазға таҳәрат алған мақул ис. Мешитлеримизде таҳәратханалар заман талабында қайта қурылмақта, ҳәттеки айырым таҳәратханаларда сүлгилерге шекем қойыпты. Булардың ҳәммеси сиз бенен биз мөмин-мусылманлар ушын. Хурма жеген адамның таҳәраты сынады деген гәп жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Сизге сорауым бар еди. Таң намазын гана окыйман. 5 уакыт намаз оку ниетимда жок емес иншаллах. Сизге сорауым: окыган намазыма хеш конилим толмайды .не ислесем болады.жане бунын себебин билгим келеди. Жуап ушин алдын ала рахмет
Жуўап: сиз бул ҳалдан ҳеш сығылмаң. Шайтан адамларға, әсиресе намаз оқыйтуғынларға усындай ўасўаса етеди. Айырымлар усындай ўасўасадан кейин намазларын таслап қояды. Бул қәте ис. Намаз бойынша мусылманнан талап етилетуғын ис намазды оқыў, оның қабыл болыўы Аллаҳға байланыслы ис, намазым қабыл болмай атыр, деген ойлар ўасўаса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому алейкум. Компютерларда Қурони каримни ўқиганда таҳоратли бўлиш шарт қилинадими? Чунки, компютерларда сичқонча ва клавиатура ёрдамида бошқарилади? Агар нетбуклардачи? Жавобингиз учун олдиндан рахмат.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм! Мусылман удайына таҳәратлы жүриў абзал ис. Әсиресе, Қураны кәрийм тиләўат еткенде. Компьютер, телефон арқалы Қуран оқылғанда пәтўа бойынша айырым китапларда таҳәрат шәрт емес, делинген. Бирақ абзал исти қылған жақсы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Сорауым мен жолда коп журем. Асиресе поездда. Сол кезде кубланы аныклау кыйын болатын жагдайларда болады.сондай жагдайда калай намаз окуга болады?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм!
Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм
«Қубла» сөзи арапша «қибла» сөзинен келип шыққан болып, сөзликтеги мәниси «қарама-қарсысында, алдында турған нәрсе» деген мәнини аңлатады. Намазда Кааба намазханның жүзленетуғын тәрепи болғаны ушын «қубла» делинеди.
Намаз оқығанда қублаға жүзлениў намаздың сыртындағы алты шәртинен бири есапланады. Буған Аллаҳ тааланың мына сөзи дәлил болады.
Аллаҳ таала Бақара сүресинде:
«Қай жерден шықсаң да, (намазда) жүзиңди Масжидул Ҳарам тәрепке бур!» (150-аят), деп айтқан.
Уламаларымыз усы аяты кәриймадан келип шығып намаздың туўры болыўы ушын қублаға жүзлениў шәрт, деп айтқан.
Қәўип ўақтында ҳәм көликтиң үстинде нәпил намаз оқылғанда қубла тәрепке қараў шәрт емес. Яғный душпан, жыртқыш ҳайўан қәўип салып турғанда ҳәм көликте (ат, ешек, түйе, машина ҳтб) кетип баратырған адам нәпил намаз оқыйжақ болса, қублаға қарамай оқыса да болады.
Соның менен бирге, қублаға жүзлениўге қәдир болмағанлар да қәлеген тәрепине қарап намаз оқыса болады. Мысалы кесел адам жатқан жеринен қыймылдай алмаса, оны қублаға буратуғын адам да болмаса, жатқан тәрепине қарап оқый береди.
Ким Каабаның қасында болып, оны көрип турған болса, ол адамға Каабаның өзине қарап оқыўы парыз болады. Каабадан узақтағы адамлар, Кааба тәрепке қарап оқыўы Каабаға жүзленгени болады. Бунда намазхан Кааба тәрепке қарап, Каабаны нийет етеди.
Енди бир жерге кетип баратырып қубланы таба алмасақ не болады?
Онда әтираптағылардан сорайды, олар да билмесе, өзи шамалап, бир тәрепти қубла деп нийет етеди.
Кейинирек қубласының қәте екенин билип қалса да намазын қайта оқымайды.
Бул ҳаққында ҳәдиси шәрийфте былай делинген: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам менен қараңғы түнде жолда кетип баратыр едик. Қубла қаяқта екенин биле алмадық. Ҳәмме алдына қарап намаз оқыды. Таң атқаннан кейин буны Пайғамбар алайҳиссаламға айттық. Сонда ол кисиге: «Қаяққа жүзленсеңиз де, Аллаҳтың жүзи сол тәрепте» аяты нәзил болды».
Имам Термизий рәўият еткен.
Демек, бул аяты кәрийма саҳабаи кирамлардың шамалап қублаға оқығанының дурыс екенин тастыйықлап нәзил болған.
Булт ямаса қараңғылық себепли я болмаса қайсыдур бир себеп пенен қубланы анықлай алмаған адам өзи бир шешимге келеди, намаз оқып болғаннан кейин қәтелескени анық болып қалған тәғдирде де, көпшилик уламаларымыз, намазды қайта оқымайды, дейди.
Самалётта, поездта кетип баратырған адам да алдын билетуғынлардан, сол жердеги жуўапкер адамлардан сорайды. Олар Қубла тәрепти айтып бере алмаса, өзи ойлап «қубла усы тәреп» деген шешимге келеди ҳәм намазын оқыйды. Ўаллоҳу аъләм.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamuw aleykum sorawim bar edi. Massi kiygenen Son ogan qalay taxarat alganda Masx tartiladi maslaxat berseniz juwab ushun aldinan rahmet.
Жуўап: Мәси таҳәрат бар ўақытта кийилген болыўы шәрт. Мәси кийгеннен кейин таҳәрат сынса, әдеттегидей таҳәрат алынады, аяқты жуўатуғын ўақытта еки қол бармақлары жақсылап ҳөлленеди, аяқтыӊ бармақ ушлары тәрепинен тобыққа шекем үш бармақ пенен сызық тартылады. Сапарда болмаған адам 24 саат, үш күннен артық сапарда болатуғын адам 72 саат даўамында мәси менен жүриўи мүмкин. Бул мүддет биринши таҳәрат бузылған ўақыттан баслап есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ийман деген не?
Жуўап: Итиқад қылыў, яғный исениў. Пүткил әлемлердиң жаратыўшысы ҳәм ийеси болған Аллаҳ тааланың бар екенлигине, жалғызлығына, уллы сыпатларына, Муҳаммад алайҳиссалламның пайғамбар – елши екенине, оған жиберилген китап – Қураны кәриймның ҳақ китап екенине исениў – ийман.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Мусылман болыў ушын тек Ислам дининиң ҳақлығына исениў жетерли ме?
Жуўап: Ҳақыйқый мөмин болыў ушын адам шын кеўилден исениўи, исенгенин баян етиў лазым. Кеўлинде исенип, тилинде ықрар болмаса ямаса керисинше, тилинде айтса, кеўлинде тән алмаса, мөмин есапланбайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы