Сораў: Assalauma aleykum. Biz obal sauapti jaqinda bildik. Aldinlari procentke pul beriu arqali tirishlik etkenbiz. Biraz mal du'nyada jiynag'anbiz. Bunin' haram ekenin jaqinda bildik. Hazir bul talapti toqtattiq. Aldin jiygan tergenimiz ne boladi. Jesek paydalansaq haram paydalang'an bolamizba.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳ таала жақсылықларға жеткерсин. Ең басында тиккен өзиңиздиң пулыңызды есаплап жыйнағаныңыздың арасынан алып қаласыз, қалғанларының ҳәммесин жетим-жесир, бийшараларға садақа етип жибересиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум. Еки қабат хаял ораза устауға болама? Врачлардан сорасам болмайды диди, бирақ илажи болса устағым кеп атыр? Илтимас кеңнен жууап бересизба алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ораза еки түрге бөлинеди: Парыз ораза, нәпил ораза. Рамазан айындаға бир ай даўамында тутылатуғын ораза парыз ораза есапланады. Бул оразаны ҳәр бир балағат жасына жеткен адам тутыўы лазым. Бирақ Аллаҳ таала еки топардағы адамларға, яғный сапарда мүсәпиршиликте жүргенлерге ҳәм кесел адамларға бул оразаны ўақтыннан кейин тутып бериўине руқсат берген. Уламаларымыз ҳәмиледар ҳаял әдеттеги ҳаялларға қарағанда аўҳалы басқаша болғанлығы себепли, олар да кесел адамлар ҳүкиминде, соның ушын кейиншелик қаза етип тутып берсе болады, деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алекум хурметли устазлар. Мениң сорауым, мениң 1жаста балам бар енди инша Алла ораза киятыр ораза устасам болама? Тез-тез ден емеди сол қалай болады. Жууап ушын алдыннан РАХМЕТ.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Емизиў – оразаны бузбайды. Егер сүт шықпай қалыў итималы болып, бала аш қалатуғын болса, кейиншелик тутып берсеңиз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум Президент карары бойынша район мешитлеринде уш айлык окыу курслары кашан басланады?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жақын арада ашылыўы айтылды. Бирақ анық бир күни белгиленбеген. Аллаҳ таалаға дуўа етип турсаңызлар, иншааллаҳ тез арада ашылып қалады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалауму алейкум ва рахматуллоху баракотух. Баслаган ислеринизне Алла рауаж берсин. Алла сизлерден разы болсын. Сизлерге сорауым бар еди. Менин ата-анамнын жаткан кабири хазир ойылып кеткен. Сол кабирди жаналасам болама ягный ойылган жерин кайта ислесем болама? Жууап ушын алдыннан рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сол жердиң топырағы менен тегислеп қойылса болады. Бирақ, қәбирдиң үстине ҳәр түрли имаратлар салыў қадаған. Қәбирдеги өсип турған шөплердиң марҳум ушын пайдалы екени китапларда айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu alaykum wa rahmatullohi wa barakatu! Jaqin aradan baslap ozim internetlerden arab hariplerin uyrenip atirman ele biraq toliq bilmeymen! Qurandi oqip tilawat etiwge ixlasim kushli! Toliqtay uyrenip bilgim keledi sonday waqitlarda armanlayman qane ayel adamlargada arab tilin uyretetin kurslar ashilsa dep ! InshaAllax tileklerim qabil bolgay! Menin sorawim mende Yasin , Baqara h.t.b da sureler kiril haripleri menen jazilgan kitap bar hazirshe sol kitap benen surelerdi tilawat etemen qoldan kelgenshe yadlayman! Sol kitaptan tilawat etkenlerim Qurandi tilawat etkensheli ajr sawabqa iye bolamanBA? Yaki qate is qilip atirmanba dep qorqaman! Wallaxu alam!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәзирги күнде ер адамлар ушын оқыў курслары Нөкис қаласындағы Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында ашылған. Бул жерде 15 адамнан төрт группа оқыйды. Жақын арада ҳаял-қызлар ушын да усындай курслар ашылып қалады иншааллаҳ. Әлбетте, ҳәр бир мусылман қолдан келгенше Қуран оқыўға ҳәрекет етиўи керек. Өйткени Қуран оқылған жерге Аллаҳ тааланың файз-берекети болыўы көпшиликке мәлим. Әжр-саўап бериў мәселеси Аллаҳ таалаға байланыслы ис болып, ықласыңызға жараса Аллаҳ таала әжр-саўап береди, иншааллаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu alaykum wa rahmatullohi wa barakatu! InshaAllax jaqin arAda Ana bolaman! Balamdi hamiyshe daret penen emiziwdi niyet etip otirman! Sorawim hayz waqtlari balani emiziwde daret alip kokirek sutin beremizbe yaki hayz waqtindi uzrli bolgannan keyin kesHirimli bolama?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әлбетте баланы таҳәрат пенен емизген абзал. Бирақ таҳәратсыз емизсе гүна болады, деген гәп жоқ. Көпшилик уламаларымыздың, алымларымыздың өмир баянларында аналары удайына таҳәратлы емизгени жазылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum wa raxmatullaxi wa barakatux !!! Men endi namaz oqip uyrenip atirman "A" haribi ornina A' haribin yamasa kerisinshe aytip oqip qoyaman sonda oqiģan namazim qabil bolmayma ? Iltimas keñinen tusindirip berseñiz. Juwap ushin aldinnan raxmet !!!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қолдан келгенше дурыс оқыўға ҳәрекет етиў керек. А ҳәриби менен ә ҳәриби бир-бирине жақын ҳәриплер. Деген менен ҳәриплердиң өз қәсийетлери бар. Айырымлары жуўан, айырымлары жиңишке оқылады.
Намаз оқығанда қасдтан қәте оқыў намазды бузады. Бирақ көпшилик адамларда толық туўры оқыў имканияты болмағаны ушын имакан дәрежесинде туўры оқыўға ҳәрекет етиўи керек. Намазда қирәәт еткенде мәни бузылмайтуғын дәрежеде болмаса, намаз бузылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Мен жакында уйлендим. Келиншегиме Ислам дини парызлары хаккында, шариятымыз буйырган нарселер хаккында, улыума обал-сауап тууралы калайынша, кандай жоллар менен тусиндирсем болады?
Жуўап: Аллаҳ таала мүбәрек етсин! Қарақалпақ тилинде шыққан, динди туўры түсиндиретуғын китаплар бар. «Кәмил инсан» китабында адамға керек болған жүдә көп әдеплер баян етилген. Усы ҳәм усыған уқсас китапларды алып берсеңиз, өзиңиз де қолдан келгенше түсиндирсеңиз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум менин 1 жаска толмаган балам бар. Баламды зиярат хам кабристанларга алып барсам болама?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қәбирстанды ер адамлар зыярат етиўи мустаҳаб әмел. Ҳаял-қызлардың қәбирстанға барыўы, егер фитна қәўипи болмаса, өлимди еслеп ибрат алыў ушын болса, оларға да дурыс болады. Әдетте ҳаял-қызлар көбирек бидъат ислерге, яғный шәриятта көрсетилмеген, қәбир айланыў ҳәм соған уқсас ислерге бейим болады. Демек усындай ислерди қылмайтуғын болса, қәбирди зыярат етиўден мақсети ақыретти еслеў болатуғын болса, дурыс болады екен. Балағатқа жетпеген жас балаларды, яғный шама менен он еки жасқа толмаған қәбирстанларға алып бармаған мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Сорау. Алла тала тарепинен тыйым салынган ислер ен улкен гуна есапланган ислердин бирин исеп ислеген исимди улкен гуна екенин биле тура иследим ислеген исимди адамлар алдында тан алмадим. Тан алсам еркинлигимнен айрламан, озиме исленетин жазадан кашканим жок изимде кишкатай балаларым бар солардин кыйналип осиуин адамлар алдинда жузлери томен карамасин деген ой пикир болды. Ислеген исимнен пушайман болгандайман коп ойга талып намаз окымакшы болып Жакында Ислам дининин кагыйдалары деген тилиндеги китапта окып калдым Алла тала тарепинен тыйым салган ислер Адам олтириу, урлык истеу, алдау хтб. Истерди ислегенлер акиретде сазайын тартады мойындамаганлар Ислам дининин шыгады деп жазылган. Калган жагинда кандай жолды корсетесизлер не ислесем тууры болады.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тәўбениң төрт шәрти бар. 1. Қылып атырған гүна исинен дәрриў тоқтаў; 2. Қылған гүна иси ушын қәлбиниң түбинен өкиниў; 3. Енди бундай гүна исти қылмаўға шың кеўилден нийет етиў; 4. Қылған гүнасы биреўдиң ҳақысы болатуғын болса, оны қайтарыў. Мысалы, биреўдиң бир нәрсесин урлаған болса, қайтарып апарып бериў, биреўди өсек еткен болса, барып кеширим сораў ҳтб.
Уламаларымыз тәўбе қылыўшы гүнадан тәўбе қылғаннан кейин бир жақсы ис ислеп қойсын, деп те айтқан. Мысалы жарлыларға садақа берсин, қурбы жетпесе, нәпил ораза тутсын болмаса нәпил намаз оқып қойсын, деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Paziylet.uz kanalinda eger parz orazalardan qarzi bolip turip nafl oraza tutgannan qarzlarin tutip bergen maqul degensiz. Usi parzlardi qanday tutamiz 30 kun dem almasdanba yaki bo'lip tutiwga bolama? Parz namazlardan qarzimiz bola turip Tarawix namazin oqisaq maqulma yaki ornina 20 rakat qarzimizdan oqig'animiz maqulma?
Juwaplariniz ushun ulken raxmet. Alla razi bolsin.
Жуўап: Оразаның қазаларын бөлип тутсаңыз болады. Мысалы бес күн, он күн яки олардан кем я көп. Бунда имканыңызға қарайсыз. Бирақ илажы барынша тезирек тутқан абзал.
Әлбетте, қаза намазы бар адам нәпил намаздың орнына қаза намазларын оқыған абзал есапланады. Өйткени парыз намаздың қазасы да парыз бола береди. Ал нәпил намаз қосымша ретинде оқылатуғын намаз есапланады. Бирақ Рамазанның өзине тән қәсийет бар. Бул айда мешитлерде хатмы Қуранлар болады. Устазымыз Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтен бул ҳаққында, яғный Рамазанда тараба оқыған абзал ма ямаса қаза намаз оқыған абзал ма, деп соралғанда, екеўин де оқыйбер деп жуўап берген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Кирип келген Рамазан айы мубарек болсын. Алла туткагн оразаларымызды кабыл етсин. Менин сорауым: Куйеуим намаз окымаса менде окыуыма хаккым жокпа? Мен намаз окыйман десем бир жас улкен солай деп айткан куйеуин окымай турып сенин хаккын жок деген. Акыры намаз парызымызго
Жуўап: Ўә аләйкум. Парыз намазлар ҳәр бир адамға жеке тәризде пазыз болады. Намазды ҳәр бир мусылман оқыўы шәрт. Динимизде ҳаял адамлар күйеўине бойсыныўы айтылған, бирақ бул толық ҳәмме исте дегени емес, буның өз шегарасы бар. Аллаҳ таала буйырған ис, мысалы бес ўақыт намаз, ораза ҳтб ларда күйеўиниң рухсаты шәрт емес. Бирақ нәпил намазлар ҳәм нәпил оразаларда күйеўиниң рухсаты керек болады.
Дин ҳаққында тек ғана динди жақсы билетуғын имамлар ҳтб лардан сораў керек. Бул жүдә дыққат етерли мәселе. Егер ҳәр кимнен дин мәселесин ол билсин, билмесин сорай берсек, сорағанға да, соралғанға да қыйыншылық жаратып қоямыз. Соралған адам уялғаннан билмесе де қәте жуўап айтып жибериўи мүмкин. Ҳәдиси шәрийфте: «Ким мениң атымнан бир өтирикти айтса, дозақтағы орнын таярлай берсин», делинген. Ҳәзирги күнде жаназа ҳәм басқа мәселелерде айырым бир бидъат-хурафат ислердиң бар екени де, динди өз әҳлинен емес, илимсиз адамлардан соралғанынан келип шыққан десек адаспаймыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawmaliykim. Ramazan ayi qutli bolsin. Alla ibadatlarimizdi qabil etsin. Sorawim Telegram kanallarinan qaysilarinan paydalansaq boladi?
Жуўап: Телеграмдағы диний каналлардан Өзбекстан Мусылманлары басқармасына қараслы мешитлер, медреселер ҳәм илимий мектеплер тәрепинен рәсмий тәризде ашылған каналларынан пайдалансаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum ustazlar menin bir sorawim bar edi adamlardan magazinden qarizim bar edi sol qarizimdi usi ramazan ayinda bersem bolama biraq ozim oraza ustap basladim insha allax ramazan ayinda qariz islewge bolmaytin eken biraq qarizlarimdi usi ramazan ayinda tolesem bolama orazam buzilip ketpiyma aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Оразада қарыз берсе, қарыз алса ораза бузылады, деген гәп жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Бизин масхабымыз кандай?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәзирги күнде мусылманларды тийкарынан Суннийлер ҳәм Шийъалар қурайды. Суннийлер төрт мәзҳабқа бөлинеди, бул төрт мәзҳаб та туўры деп тән алынады. Өзбекстанда, улыўма Орта Азияда, Пәкстан, Ҳиндстан, Қытай, Туркия, Россиядағы Шененстаннан басқа мусылманлар тийкарынан Ҳанафий мәзҳабында, сондай-ақ, араб мәмлекетлеринде де кеңнен тарқалған. Дүнья мусылманларының ярымын Ҳанафий мәзҳабы қурайды. Бул мәзҳабтың тийкаршысы Нуъман ибн Сәбит. Халық арасында Әбиў Ҳанийфа, Имам Аъзам деп те аталады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawmaliykim. Ramazan ayiniz qutli mubarek bolsin. Sorawim Ramazan ayi orazasin xalqimizda kopshilik basinda ortasinda ham aqirinda 3 kunnen tutadi. Bul narsenin qate ekenin jaqinlarima tusindire almay atirman. Sol haqinda tudinik berseniz. Aldinnan raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Рамазан оразасы бул парыз ораза болып отыз күннен ибарат. Ҳәр бир балағатқа шыққан мусылман адам усы оразаны тутыўы парыз болады. Қыяметте бул ораза соралады. Енди ким бул отыз күн ишинен бес күн ямаса он күн тутып, қалғанын тутпаса, тутпаған күнлери мойнында қаза болып қала береди. Егер ким басында үш күн, ортасында үш күн, ақырында үш күн тутса, демек жигирма бир күн оразасы қаза болып қалады. Соның ушын Рамазан оразасын толық отыз күн тутыў керек. Басқа айларда нәпил ретинде ай ортасында үш күн тутса болады. Бирақ Рамазан айының басында үш күн, ортасында үш күн, ақырында үш күн тутып жүргенлерге, бул тутып жүрген оразаңыз дурыс емес, деп айтыў қәте гәп. Өйткени, ол адам азрақ болса да мойнындағы парызын жеңиллетип атыр. Бундай етип тутып жүргенлерге, толық етип тутқаныңыз жақсы, деп дурыс гәп пенен түсиндириў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Оразаны биринши марте тутып атырман. Ауызды жауып болганнан кейин, сакал мурт алыуым керек болып калды. Алмасын озгертип атырып бармактын ушын кесип кетти, бармакты бирден аузыма салып жибериппен, сол уакта тутык екеним ядыма тусип тупирип тасладым. Бул жагдайда оразам бузылдыма екен деген гуманым бар. Алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Алқымнан өтип кетсе бузылады. Алқымнан өтпеген болса, бузылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma a'liykum! Ramazan ayi mu'barek bolsin. Orazan'iz qabil bolsin! Sorawim oraza tutqan insan shomilsa orazasi buzilmayma? Juwabin'iz ushin rahmet!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Әдеттеги үстимизден ағып кететуғын суўда, душта шомылса, ишке суў кирип кетпесе бузылмайды. Бирақ канал ҳәм жапқа уқсас, суўдың ишине кирип шомылатуғын жерлерде адамның ишине суў кирип кетиўи итималы көп болғаны ушын дурыс болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu alaykum wa rahmatullohi wa barakatuh!i Muxaddes Ramazan ayi barshemizge mubarek bolsin! Sorawim : saharlik waqtinda ulgermey qalsa Junub halda awiz jabiwga bolama?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳ таала ҳәммемизге мүбәрек етсин! Жунуб ҳалда аўыз жаўса болады. Бирақ илажы барынша аўыз жабыўдан алдын ғусыл қылыў керек. Имканы болмаса, мысалы сәҳәрликке уйқылап қалып, оянғанда таң атыўға аз ўақыт қалған болса, я ғусыл қылыў я бир нәрсе жеп алыўдың биреўин таңлаў керек болса, бир нәрсе жеп алған мақул. Бирақ ериншеклик етип кешиктириў мусылманға жарасатуғын ис емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы