Сораў: Assalamu aleykum, qanday jaģdagda para beuge boladi jane para berushige de alushiga da ortada jurgen adamdi da Allax laģnetlegen ( La'anatlagan ) degen soz raspa? eger ras bolsa sol adam omiriniñ aqirina shekem laģnetlenip ketema? Iltimas keñinen tusindirip berseniz?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сиз айтып атырған сөз ҳәдисте келген, бирақ сөзлерин қәте айтып атырсыз. Пайғамбарымыз алайҳиссалам былай деген: «Пара бериўшини де, пара алыўшыны да, екеўиниң арасындағы дәлдәлшыны да Аллаҳ нәлетлесин!», деген. «Әл-Жәмеъ ас-сағийр». Демек, бул ҳәдисте параға тийисли үш адамды, яғный алыўшы, бериўши, ортадағы адамды Пайғамбарымыз алайҳиссалам ғарғап атыр. Негизинде Пайғамбарымыз алайҳиссаламның ғарғысы бир шетте турсын, ҳәттеки әпиўайы адамның ғарғысынан да қорқыў керек. Әдетте, параға араласқан адамлардың кейини жақсы болмаўын турмыстың өзи көп мәртелеп көрсетеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Салем?Напил оразаны, рамазан айынын каза болган оразасынан өтеп болып устаймызба?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Нәпил ораза, бул ¬– қосымша ораза болып, ол парыздың орнына өтпейди. Егер адамның мойнында қаза ораза болса, сол қаза оразаны алдын тутып алып, кейин нәпил ораза тутқан мақул. Негизинде қаза ораза менен нәпил ораза ямаса ўақтында тутылып атырған парыз ораза, булардың арасында тек нийетте ғана парық бар. Яғный оразаны тутып атырғанда қәлбтен қайсы оразаны тутып атырғаныңды өткериўиң менен олар бир-биринен парықланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому алейкум. Нукусте əйел қызлар ушын оқытып уйрететин курс ашылды деп еситтим. Сол хаққында мағлыумат бере аласызба?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен диний салада көплеген жақсы өзгерислер болып атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Буның ушын әлбетте ол кисини мудамы дуўалар етиўимиз керек. Июнь айынан баслап, Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында үш айлық Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд курслары ашылғанын хабарлаған едик. Бул ашылған Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд курсларына ерлер ҳәм ҳаял-қызлар да қатнасса болады. Жазылыў ушын Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журтына хабарласыўыңыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawmaa aleykum. Shawal ayinda 6kun oraza tutsa bir jil oraza tutqanmen ten boladi dep esittim... Oraza ayinda bir ay oraza tutpagan adam sol 6kun oraza tutsa duris boladima....juwap ushin aldinnan raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Рамазан оразасын тутып болып, кейин Шәўўәл айында алты күн ораза тутылса, бир жыл ораза тутқан менен тең болады, делинген ҳәдисте. Егер Рамазан айында ораза тутпаған болса, кейинги айларда Рамазан айы оразасын қаза етип тутыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Тан намазынын казасын кандай уакытта окып алсак болады. Куяш зауалга шыкканда окыса болады дегенди окып едим. Куяштын зауалга саат нешелерге туура келеди. Жууап ушын алдыннан рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Таң намаздың қазасы есине түскен ең жақын ўақытта оқылады. Мысалы азанда тура алмай таң намаз қаза қалса, оянған ўақытта турып қазасын оқып алады. Бирақ оянған ўақытта қуяш шығып атырған болса, онда сол күнги намазды қуяш толық шығып болғаннан кейин оқылады. Қаза намазды күнниң ҳәмме ўақтында да оқыса болады. Заўал ўақты бул қуяштың тик келип турған ўақты. Қуяш заўал ўақтында тек нәпил намазларды оқыса болмайды. Қуяштың заўал ўақыттан шығыўы календарда көрсетилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma alikum. Men jumis isleymen kafede 5 waqit namaz oqiyman biraq jumistta namaz oqiyin desem sharayit joqlaw jane bul jerde ispirtli ishmlikler satliadi, ishledi oqiwga bir jaginnan jerkenemen sol namazlarimdi qaza qilip uyime barip oqip jurmen sol durispa qatema
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Намазлар өз ўақтында парыз етилген. Билип турып кешиктирип оқыў мақул жол емес. Спиртли ишимлик шәриятымызда ҳарам етилген. Мусылман адамның тек ғана ишиўи ҳарам емес, ал оны басқа мусылманларға сатыўы ҳәм соған тийисли ислер де сондай. Аллаҳ таала ҳадал қылған жумыслардан ырысқы териў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума галейкум жума кунги кутпаны телеграмга (paziylet.uz) га толык кылып жарым сагаттыгын жайластырудын имканы бар ма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Имканы бар. Иншааллаҳ қойып барамыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум зам еситиу бойынша маглыумат береаласызба?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сораўыңызға түсинбедик.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalayma aleykum.Menin bir dosim Ixlos suresin 11marte aytip oqilsa namaz oqiganmen ten ..keyin kunnin qalegen waqtinda aytsan boladi dep edi sol durispa ......basqa namaz oqimaytugin adamga oqisa bolatin sureler haqqinda aytsaniz raxmet
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ихлас сүресин көп оқыўдың пазыйлетлери ҳаққында ҳәдиси шәрийфлер бар. Бирақ бул ҳеш ўақытта парыз намазлардың орнын өтемейди. Парыз намазлар тек ған сол парыз намазларды оқыў менен өтеледи. Қураны кәриймди оқыўдың өзи үлкен пазыйлет. Негизинде ҳәр бир мусылман адам ҳәр күни Қураны кәриймди тиләўат етип, Аллаҳ тааладан ийманының беккемлигин, шаңарағының берекетин, ел-журттың тынышлығын, абатлығын ҳәм басқа да қәлбиндеги тилеклерин сораўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma aleykum. nokiste qaraqalpaq tilinde ham ozbek tilinde diniy kitaplar barma. eger bar bolsa qay jerden alsaq boladi
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Нөкис қаласында еки орында диний китаплар сатылады. 1. Орайлық мешит – Имам ийшан Муҳаммад мешитиниң қасында арнаўлы китапхана бар. 2. Орайлық базардың ишинде арнаўлы китапхана бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому алайкум.Жууап ушын алдыннан рахмет. Админлерге Аллахтың нуры жаусын. Бес уахыт намаз оқыу ушын кимгедур жығылыу керек деп айтады.Сол дурыспа?Өзбетинше ядлап уйренип соң оқып кетеберсе болмайма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бес ўақыт намаз оқыў ушын Аллаҳға жығылыў керек. Ҳәзирде намаз китаплары китап дүканларында бар. Солардан үйренип алса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Joqaridagi sorawga juwap ishin raxmet. Jane vitr namazin oqiw parzba? Vitr namazinda qunt tuwasinnin ornnina qaysi duwani oqiwga boladi? Qaza namazin oqip atirip 4 rakat namazda da 2 rakat namazda da dawis shigarip oqiymizba ya ishimnnen oqisamda bolama? Juwap ushin raxmet sizlerdin bul saytti ashqaniniz juda jaqsi boldi alla razi bolip nur jawsin
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ўитр намазды оқыў ўәжиб әмел. Қунут дуўасының орнына, бул дуўаны ядлап алғанша «Роббәнәә әәтинәә фид дунйәә ҳасәнәтәў ўә фил әәхироти ҳасәнәҳ, ўә қинәә азәәбән нәәр», дуўасын оқыса болады делинген айырым китапларда. Бирақ бул дуўаны қунут дуўаның орнына даўамлы тәризде оқыў дурыс емес. Соның ушын тез арада қунут дуўасын ядлап алыў зәрүр. Қаза намазды, ол төрт рәкәәтлы болсын, еки рәкәәтлы болсын, жалғыз оқылғанда иштен оқылады. Егер қаза намаз жәмәәт болып оқылса, жәҳрий намазлар жәҳрий ҳалда оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Asr namazi qaza qilsan putin qilgan ibadatin qaza boladi degen gap bar sol durispa?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Намазлыгерди қаза қылсаң, пүткил намазың қаза болады, деген гәп жоқ. Бирақ «саҳиби тәртийб» адамлардың өзине тән ҳүкими бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум уа рахматулохи уа баракатуху устаз. Əуелембар қылып атырған бул хайырлы ислериңиз ушын Алла ыразы болсын. Бизлер жас шаңарақпыз. Бир мəселе бойынша жəрдем керек еди, қатты ойландырып турыпты. Банкке жыллық проценти 17% болған вклад бар екен. Банкке пулды қойсақ, хəм үстиндеги пайызын алып сарып хəрежетлеримизге хəм маршрут пулларымызға жумсасақ. Ол дурыс болама? "Рибо" ға кирип кетпейма? Хəмде кредит мəселери бойынша мағлыумат берсеңиз. Динимизде оған деген көз-қараслар қандай? Кредит алыу-алмау бойынша қандай фатво бересиз. Жууап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бизлер пәтўа бермеймиз, тек ғана бар пәтўаны көрсетип беремиз. Бул мәселеге Өзбекстан Мусылманлары басқармасының Муслим.уз сайтында, сондай-ақ, ислом.уз сайтларында дурыс емес екени ҳаққында жазылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Quranda adrenalin flesh zip qusagan quraminda taurin bar zatlardi ishiw qadaganba usi soraw ga juwap berseniz men kop istimal qilaman da
Жуўап: Қурамына ҳарам нәрсе араласқан болған шәриятта қадаған болады. Бундай нәрселердиң зыянлы екени айтылмақта. Сиз өзиңиз ушын тәбийий ишимликлерди таңлаң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалауму алайкум 1 Телевизрлерде корсетилип атырган вакф фонды хаккында маглыумат берсениз. 2 Бизлер питир садакамызды мешитке берсек кандай максетлерге жумсалды. Алдынан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1.Ўақф фонды Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрелдеги «Диний-мәрипий сала ислерин түптен раўажландырыў илажлары туўрысында»ғы ПФ-5416-сан пәрманы бойынша шөлкемлестирилген болып, ол өз алдына мешитлер ҳәм диний тәлим орайларының биналарын қурыў, оңлаў, реконструкция етиў, диний тәлим орайларының профессор-оқытыўшылары, изертлеўшилери, қәнигелери ҳәм оқыўшы талабаларын материаллық ҳәм жәмийетлик тәрептен қоллап-қуўатлаў, халықтың мүтәж қатламларын, солар қатары, имканияты шекленген пуқараларды материаллық ҳәм мәнаўий қоллап-қуўатлаў киби бир қатар ислерди өз алдына мақсет етип алған. 2. Мешитке берилген питир садақалар мүтәж адамларға тарқатылды. Сондай-ақ, быйыл ашылған Ўақф фондына өткерилди. Ўақф фонды журтымыз бойлап, мүтәж адамларға материаллық тәрептен жәрдем көрсетеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум мешит жанында ярым жаланаш келте кийимлерде келип отырыушы жакын камолот домынан келип перзентлери менен отырыушы хаял-кызлар перзентлерин мешит атрапына хажетке шыгармауына ким кепиллик береди имам ишон жомье мешити ибадат орны ма яки кешки сейил етиу мадений дем алыу орайыма еркек адамлар хуфтан намазын окыуга мешитке кирип бармакта ал хаял кызлар мешит атрапында ярым жаланаш кейимде марожный жеп отырса жигит квзлар сведания курып отыырса бул шараятка тууры келеме мешит минарына да жас жигит кызлар + - жазып кеткен буларды сапластырыу ушын ишки ислер уйымларына муражаат етип мешитке тек гана ибадат етиу ушын келген адамларды киритип баскааларды ярым жаланаш хаял кызларды киритпеуге асирече тунги уакытлары шеклеуге болмайма мешит иши алланын уйи ал сырты не шайтан уйиме ким калегенин кылып кететин мадений дем алыу орын емеско тунги уакытлары мешит атрапына ярым жаланаш хаял кызларды балалары менен ктритпесенлер?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Мешит Аллаҳ тааланың үйи есапланады. Ол жерге адамлардың кириўин шеклеў дурыс емес. Аллаҳ тааланың үйине қәлеген адам кирип, ибадат етиўи, зикир етиўи, кеўлин тынышландырыўы, дуўа етиўи мүмкин. Әлбетте, кириўшилер мешитке келиў әдеплерине сай кийинип келсе мақул болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Raxmet sizlerge kop kop bul saytti ashqanniz ushin men ozime kerekli kop juwaplardi alip atirman alla razi bolsin sizlerge. Jane sorawlarim bar edi. Mal.qoy eshki soyip satatin qasaptin bul talabi durispa yagniy olarga soyip satqan guna emespa men esitiwim boyinsha qassap bala shagasin sol talappen bagadi eken sonda onin isi hadalma.biraq jane bir jerde esitkenimde alla jolna soyilmagan janlik hadal emes onin goshin jegende bolmaydi delingen sol durispa.duris bolsa bizler kundelikli gosh satip alip jep jurgen goshimiz hadal bolmayma iltimas usi sorawima toliq mazmunda juwap berseniz
Жуўап: Қассапшылық бул – кәсиптиң түри. Бул – ҳадал кәсип. Бирақ оның өзиниң арнаўлы билимлери бар, әне соларды жақсылап билип алыўы керек. Мысалы, шалмастан алдын «Бисмилләәҳи, Аллооҳу әкбәр»ды айтыў, пышақты көрсетпестен алып барыў, қыйнамастан шалыў, қублаға қаратыў ҳтб. Бирақ жанлық пәленши атаға аталса, гөши ҳадал болмай қалады. Айырым адамлар қәбирстанларға жанлық атайды, әне солар егер пәленши атаның жолына деп сойылса, ҳақыйқатта гөши ҳадаллықтан шығыўы Қураны кәриймде баян етилген. Ҳәзирги күнде қәбирстанларда жанлық сойыўға тыйым салынды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ekki kun 5 waqit namaz oqilmay qalsa qazasi oqilama.?aldin 5 waqt oqip jurgen adamga jane namaz oqiwdi 20 jastan baslasaq aldingi yagniy (erkek adam 13 jastan baslap)ogilmagan jildagi namazlardin qazasn otep beremizba
Жуўап: Әлбетте, оқылмай қалған күнлердеги намаздың қазасы оқылыўы керек. Алдыңғы жылларды есаплап, қазасы оқылыўы керек. Парыз намаздың орнын ҳеш бир нәрсе баса алмайды, тек ғана сол намаздың қазасы оқылса ғана өтеледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Кылып атырган кайырлы ислеринизден Алла расы болсын! Шукир саждеси калай кыламыз? Жуап ушын алдын ала рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳәр бир неъмат ушын Аллаҳға шүкир етиў мусылман бендениң миннети. Ал айрықша бир шадлық ўақыя болғанда, шүкирди де айрықша етип билдириў керек болады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айрықша шадлыққа себеп ўақыяларды шүкир сәждеси менен билдирген. Соның ушын да сиз бенен биз мөмин мусылманлар турмысымыздағы айрықша бир шадлық ўақыялар болғанда шүкир сәждеси менен өз шүкиршилигимизди билдириўимиз керек.
Шүкир сәждеси де тиләўат сәждеси киби болады. Туўрыдан-туўры сәжде етип, Аллаҳ таалаға ылайық ҳамд-сана, тәкбирлер айтылады, дуўалар етиледи. Дерлик ҳәмме уламалар «Бир неъмат келгенде яки бир бәле-апат кеткенде, шүкир сәждесин қылыў сүннет», деп айтқан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы