Сораў: Assalawma aleykum. Men juma namazi 4 rakat sunnetinde : 1 rakatta Kavsar. 2 rakatta Ixlos. 3 rakatta Falaq. 4 rakatta An-Nos zam surelerin oqiyman. 2 rakat parzdan son 4 rakatli sunnettinde jane qanday qisqa zam surelerin oqiwdi maslahat beresiz?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сиз кейинги төрт рәкәәтке де усы сүрелерди қоссаңыз болады. Бирақ бул төрт сүреден басқа да қысқа сүрелер бар, соларды да ядлап алып, намазларға қосып жүрсеңиз жүдә жақсы болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум .Сорауларды көрдик бирақ жууап таппадық.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сайтымыздың ҳүрметли ықласбентлери! Сораў-жуўаплар бөлимине жиберип атырған сораўларыңызға қолдан келгенше, ҳанафый фиқҳи тийкарында жуўаплар жазылып атыр. Егер қайсы бир сораўға толық жуўап алалмаған болсаңыз ямаса бизлер қысқа етип жазып, сиз әзизлер буған түсинбей қалған болсаңыз, түсинбеген жерин қайтадан жоллаўыңызға болады. Бизлер және оны оқып, кеңирек жарытыўға ҳәрекет етемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Усындай сайт бары куандырады. Жакында намаз уйрениу бойынша озбекше китап саытп алдым. Сорауым хазир мен намазда окылатугын сурелерди ядлап атырман. Бирак алдыма китап ашып содан корип турып намазды окысам боладыма,? екиншиси, жумыс жагдайыма байланыслы тек тан намазын окысам барлыгын окымаганым ушын гуна болмай ма
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Пикирлериңиз ушын рахмет. 1. Намаз оқыўды үйрениў ушын болады. Бирақ намаздың өзине жараса шәртлери бар. Намазға нийет етип киргеннен кейин ядтан оқыў керек. 2. Аллаҳ таала бес ўақыт намазды парыз еткен. Бул намазларды оқыймай жүриў, өзиңиз билгендей гүна есапланады. Ҳәр намазды өз алдына болады. Улыўма намаз оқымай жүргеннен таң намазын болса да оқып жүрген абзал есапланады. Себеби, ол өзиниң мойнындағы бес ўақыт парыз намазының биреўин өтеген болады. Енди ол қалған төрт ўақыт намазға жуўап береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Нөкисте Қурьан жарысы қашан- болады? Диний Курс ашылдыма? Неше жерде?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қарақалпақстан Республикасында Қуран жарысы Нөкис қаласында болып өтеди. Өткерилиў сәнеси 2018 жыл 19-21 январ сәнелери аралығында. Бул ҳаққында сайтымызда мағлыўмат берип барамыз. 2. Араб тили курслары ушын қабыллыў басланды. Қабыллаў үш күн даўам етеди. 25,26,27 декабрь күнлери. 2-январь күнинен оқыў басланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламуалейкум жаназа намазларында ( уай уайлап ) дауыс шыгарыуга боладыма, болмайтын болса не ушын болмайтынын толык жуап берсениз ?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Жаназаларда даўыс шығарып ўай-ўайлап жылаў дурыс емес. Бул ҳаққында бир неше ҳәдис шәрийфлер бар. Төменде солардан айырымларын келтиремиз. Даўыслап жылаўдың ҳарам екени Даўыслап жылаўдың қайтарылған ис екенине сарийҳ ҳәдислер келгени ҳеш кимге сыр емес. عَنِ الْمُغِيرَةِ عَنِ النَّبِيِّ قَالَ: مَنْ نِيحَ عَلَيْهِ يُعَذَّبُ بِمَا نِيحَ عَلَيْهِ. رَوَاهُ الشَّيْخَانِ وَالتِّرْمِذِيُّ. Муғыйра разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Кимге айтып жыланса, өзи айтып жыланыў менен азапланады», деди». Еки шайх ҳәм Термизий рәўият еткен. Ҳәдистен билинип турыпты, өлген адамның артынан айтып жылаў өлиге пайда бермейди, ал оның азапланыўына себеп болады екен. عَنْ أَبِي مُوسَى قَالَ: لَمَّا أُصِيبَ عُمَرُ جَعَلَ صُهَيْبٌ يَقُولُ: وَا أَخَاهُ فَقَالَ: عُمَرُ أَمَا عَلِمْتَ أَنَّ النَّبِيَّ قَالَ: إِنَّ الْمَيِّتَ لَيُعَذَّبُ بِبُكَاءِ الْحَيِّ. وَفِي رِوَايَةٍ: إِنَّ الْمَيِّتَ يُعَذَّبُ بِبَعْضِ بُكَاءِ أَهْلِهِ عَلَيْهِ. رَوَاهُ الْخَمْسَةُ. Әбиў Муўса разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: «Умар разыяллаҳу анҳу мүсийбетке ушырағанда Суҳайб: «Ўай бирадарым!» деп жылай баслады. Сонда Умар: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның, әлбетте, мәйит тириниң жылаўы менен азапланады, дегенин билмейсең бе?» деди». Басқа бир рәўиятта: «Әлбетте, мәйит оған өз әҳлиниң айырым жылаўлары менен азапланады», деген. Бесеўи рәўият еткен. Жоқарыдағы ҳәдислерден даўыслап, ўай пәленшим деп жылаўдың ҳарам екенин билемиз, себеби бунда өлген адам ушын азарланыў бар. http://paziylet.uz/index.php?r=site%2Findex https://t.me/paziyletuz
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Неге намаз уакытларын шыгармай койдыныз?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Инша Аллаҳ ертеңги ўақыттан баслап қоямыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Тəрезиден жеген дурыспа? Қандай жаза алады Аллах Тағаладан?
Жуўап:
Ўә аләйкум әссәләм. Тәрезиден урып қалыўдың қәте ис екени ҳәммеге мәлим. Аллаҳ таала саўдагерлерди өлшеп ҳәм тәрезиде тартып бериўде алыўшының ҳаққын урып қалмаўға шақырады. Саўдагерлердиң бул қылмыслары дозаққа азабланыўына себеп болыўының хабары берилип төмендегише баян етиледи:
(Саўда-сатықта өлшем ҳәм тәрезиден) урып қалыўшы кимселердиң аўҳалы жаман болады. Олар адамлардан (бир нәрсени) өлшеп алған ўақытларында толық етип алатуғын, оларға өлшеп ямаса тартып берген ўақытларында урып қалатуғын адамлар. Олар (өлгенинен кейин) қайта тирилетуғынын ойламай ма?
Жоқарыдағы аятларда адамлар ҳаққынан урып қалыўшы алдап кететуғын адамлар ҳаққында сөз жүритилген. Олар тәрезиде, литрде яки басқаша өлшеўде, бәри бир адамлардан нәрсе алып атырғанында толық ҳәм артықша алады, бирақ алыўшыларға өлшеп берип атырғанда, кем береди. Олардың бул иси қияметтен қорықпаўдың белгиси. Лекин, ақыретте анық есап-китап болыўы менен ескертилмекте.
«Ўайл» сөзиниң еки түрли мәниси бар: бири-«аўҳалы жаман», екиншиси-«Ўайл» дозақтың атларынан бири, яғный, өлшемден урып қалыўшыларға «Ўайл дозағы» болады, дегени.
Бул истен ҳәр бир мусылман адам сергек болыўы керек. Себеби биреўдиң ҳақысы дүньяда да, ақыретте де адамның басына тек бәле алып келеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalwma alikum. Qaraqalpaq tilindegi quranni'n' tu'sindirmesi qashan shigiwi rejelestirilip stir. Bul boyinsha jumi'slar islenip atirma? Geybir musilman biradarlarimiz o'zbek tilindegi bazi' so'zlerge tu'sinbeytug'i'nlig'in aytadi. Soni'n' menen basqada musurmansha kitaplar qaraqalpaq tilinde shiqsa jaqsi bolar edi. Raxmet!
Жуўап:
Ўә аләйкум әссәләм.
1. Қарақалпақ тилиндеги Қураны кәрийм мәнилери аўдармасы бир неше жыллар даўамында әмелге асырылды ҳәм электрон көриниси ислеп шығылды. Ҳәзирде оны китап етип баспадан шығарыў ушын InDesign программасында ислеп шығылмақта. Инша Аллаҳ 2018-жылы баспадан шығарыў үмидиндемиз.
2. Қарақалпақ тилинде бир неше китаплар баспадан шыққан. Оларды төменде санап өтемиз:
1. Намаз китабы;
2. Салаўатлар, дуўалар, тәсбиҳлер;
3. Мусылманшылықтан дәслепки сабақлар;
4. Өлим ҳәм жаназа мәселелери;
5. Сарф китабы (Араб тили сабақлығы);
6. Кәмил инсан;
7. Ислам мәрипаты;
8. Ҳаж қолланбасы;
9. Ораза китабы;
10. Саламат бала;
11. ИШИМ фитнасы;
12. Интернетке ин қурған өрмекшилер;
«Ҳидаят» журналы ҳәм «Ислам нуры» газетасы да қарақалпақ тилинде баспадан шығып атыр. Сондай-ақ, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты болған paziylet.uz сайтында да диний мағлыўматлар, түсинбеген диний сораўларыңызға жуўап алыўыңызға болады.
Сондай-ақ, алдымызда да бир неше китаплардың электрон көриниси ислеп шығылған ҳәм келешекте инша Аллаҳ буннан да көбирек китапларды қолымыздан келгенше ислеп шығыўға ҳәрекет етемиз.
Cиз әзизлердер бул ислердиң даўамлылығын тилеп дуўа етип турыўыңызды соранамыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум сизге сорауым Мен жакында уйленейн деведим тойымда араксыз халал той откизгим келеди бирак буған ата анам келиспей атыр не ислесем болады жуабыңызға алдыннан рахмет
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳ таала бул мақсетиңизге жеткерсин. Сиз бул мәселени ағайин-туўысқанларыңыздың арасындағы жасы үлкенлер менен, үйиңизге жақын мешит имамлары менен мәсләҳәт етиң ҳәм олар арқалы ата-анаңызға ҳалал жол менен той өткериў керек екенин түсиндириң. Ата-ана менен перзенттиң арасында ҳеш ўақытта урыс-жәнжел, бақыр-шақыр туўры келмейди. Сиз ата-анаңызға сөзи өтетуғын адам арқалы нәсият айттырыўыңыз керек. Әлий разыяллаҳу анҳу усындай жағдайларда усы исти усыныс еткен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Бизге белгили Ислам дининде харам менен хадал деген угым бар. Мусылман адам харамнан озин тыйыуы керек екенинда билемиз. Сизге сорауым Пайгамбарымыз хайуанларга азар бермеу кереклигин оларга мийримли болыуды айткан. Бирак олар тийген тамак харам есапланады деп та еситкенбиз.мысалы ит тийген тамакты жеуге болмайды деген да бар. Пайгамбарымыз итке караганда пышыкты таза деп есаплаган. Бизге белгили озинин жаксы коретин Му'изза деген пышыгыда болган. Сорауым пышык тйген суу ямаса тамакты жеу харам есапланадыма?
Жуўап: Кабша бинти Каъб разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи: «Ол киси айтты: «Әбиў Қатода үйимизге келди. Мен оның таҳәратына суў таярлап бердим. Кейин, бир пышық келип, оннан ишти. Ал ол пышық оннан ишип алыўы ушын ыдысты еңкейтип турды. Кейин, мен оған қарап турғанымды көрип: «Ҳәй бирадарымның қызы, ҳайран қалып турсаң ба?» деди. Мен: «Аўа», дедим. Ол: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Әлбетте, пышық нәжас емес, ол сизлердиң әтирапыңызда айланып жүреди», деген, деди». «Сунан» ийелери рәўият еткен. Яғный, пышық үй ҳайўаны болғаны ушын удайына әтирапыңызда айланып турады, соның ушын оның аўызы тийген нәрсе напәк болып қалмайды, дегени. Соның менен бирге, бул ҳәм басқа ҳәдислерде пышық тийген суў ҳаққындағы рәўиятлар мәлим ҳалатларға тийкарланыўы ҳәм тышқан ҳәм де соған уқсас нәрселерди пышықтың жеўи итибарынан уламаларымыз пышық тийген суў мәкруҳ, деген. Яғный, пышық тийген суўдан басқа суў болса, сол басқа суўда таҳәрат қылыў жақсырақ, дегени. Даўыд ибн Солиҳ ибн Дийнар анасынан рәўият етиўинше,анасы Аиша разыяллаҳу анҳаға ҳарийса берип жиберди. Даўыттың анасы барса, Аиша разыяллаҳу анҳа намаз оқып атыр екен. Ол ҳарисаны қой, деп ишара қылыпты. Сонда бир пышық келип, оннан жепти. Аиша анамыз намаз оқып болып, ҳарийсаның пышық жеген жеринен алып жеди ҳәм: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ол напәк емес. Ол сизлердиң әтирапыңызда айланып жүреди”, деген. Мен Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам пышықтан қалған суў менен таҳәрат еткенин көрдим”, деди (“Ҳарийса” ун, май ҳәм қумшекем қосып таярланатуғын нәрсе) Бул рәўиятта да пышықтың пәк екени, оннан қалған аўқатты жеў, оннан қалған суў менен таҳәрат алыў дурыс екени айтылып атыр. Имам Әбиў Ҳанифа ҳәм ол кисиниң шәкирди Имам Муҳаммад ибн Ҳасан Шайбаныйлар пышық гөши желинбейтуғын ҳайўанлардан болғаны ушын ол ишкен суў яки оннан қалған аўқат мәкруҳ есапланады, деген. Демек, пышықтан қалған суў сақланыў қыйын болғаны себепли напәк есапланбайды. Себеби, пышық удайына үйде жүретуғын ҳайўанлардан болғанлығы ушын оның нәрселерге тийиўинен сақланыў қыйын. Бирақ, пышықтан қалған суў ҳәм соған уқсас нәрселерди ишиў ҳәм ислетиўде мәкруҳлик бар. Имам Әбиў Ҳанифа раҳматуллаҳи алайҳ: “Пышық та жыртқыш ҳайўан киби напәк. Бирақ оның ҳүкими жеңил есапланады. Оннан қалған нәрсе мәкруҳ есапланады”, деп айтқан. Демек, ҳанафий мәзҳабына көре пышық ишкен ямаса жеген нәрсе мәкруҳ есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум! Хазирги уакытта копшилик ахиретти , олгеннен кейинги Аллах алдында сорау жуап болыуын умытып кетти. Копшилик шайтаннын алдауларына ерип кетти десе де болады. Сонын ушин ЖАННЕТ пенен ДОЗАКтын кандай болатынын. Жаннетте адам калай омир суретинин, дозакта калай кыйналатыны тууралы жазсаныз жаксы болатын еди.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Пикирлер ушын рахмет. Бул ислер де келешек режемизде бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламу алайкум! Усы сайттағы мағлыуматларды (өзгертпестен) басқаларға айтсам маған Алланың қандай сыйы бар?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Адамларды жақсылыққа шақырыў жүдә үлкен саўап әмел. Сайттағы рәўиятлар, жақсылыққа шақырық ислерин айтса болады, бирақ фиқҳқа, ақоидқа тийисли жерлерин динди туўры ҳәм терең билетуғынлар айтқаны мақул ис. Соның ушын сиз адамларға усы сайттан пайдаланыў мүмкин екенин айтқаныңыз жөн болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aleykum.Qilip atirgan jaqsi islerin'izge Alla taala ku'sh quwat bersin.Sorawim qaza bolg'an tan' namazin sol kuni peshin namazinan aldin oqiw kerekpe? Eger qaza bolg'an tan namazin peshin namazdi oqip bolgannan son yadina tu'sse ne qiladi? Peshin namazdida qayttan oqiydima ya'ki tek qaza tan namazin oqiyma?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тилеклериңиз ушын рахмет. 1. Егер намазханның улыўма қаза намазы болмаса, онда сол күнниң таң намазының қазасын песиннен алдын оқып алады. Қаза намазларды илажы барынша биринши есине түскен ўақытта оқыўы керек. Таң намаздың қазасы қаза қылынған күни песинге шекем оқылатуғын болса, сүннетиниң қазасы да оқылады. Қуяш заўалға келгеннен кейин тек парызының қазасы оқылады. Басқа намазлардың сүннетиниң қазасы оқылмайды. 2. Песин оқып болғаннан кейин есине түссе, таң намазының тек парызының қазасы оқылады. Ўақтында оқылған бул песин қайта оқылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aliykum sajdi sahu haqqinda qisqasha mag'lumatbersen'iz ham onin' duwasi qanday boladi juwap ushin raxmet.
Жуўап: Намаздың парыз ямаса ўәжиблеринен биреўи ўақтынан кешиктирип исленсе ямаса ўәжиблеринен биреўи умытылып қалып кеткен болса, қаъдаи әхирда (ақырғы отырыўда) тек «Аттаҳийят» оқылып, жәмәәт пенен болса тек оң тәрепке, жалғыз болса еки тәрепке де сәлем берилип, кейин «Аллаҳу әкбар», де пеки мәрте сәлем береди ҳәм және отырған ҳалда «Аттаҳийят», «Салаўат», «Роббана» дуўаларын оқып, оң ҳәм шеп тәрепке сәлем берип намазын таўысады. Бул еки сәжде «сәждәи сәҳў» (умытып ислеген қәтени туўрылайтуғын сәжде) делинеди. Сиз айтып атырған арнаўлы дуўа сәждәи тиләўәтта бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Халкымызда адамлар арасында палкерге, максымга ямаса тауипке барыу жагдайлары ушырасып турады. Жакында гана менин танысларымнан болган бир инсанды сондай тауипке алып барыпты. Барса ол тауип саган коз тийген деп айтыпты хам кагазга бир нарселерди жазып берип мынаны жети кун ишесен деп айтыпты. Бундай маселелерге шариатымыз калай карайды.
Жуўап: Бул сораўға алдын да жуўап берген едик.
Адамлардың диннен узақласыўы ақыбетинде ѳзлери түсинбеген нәрселер ҳаққында айтқан адамлардың бәрин диндар деп түсиниў дәрежесине жетип қалған. Мусылман адам палкерге барса, оны тастыйықласа, ол ийманынан айырылады. Соның ушын бундай мәселеде оғада абайлы болыў керек.
Адамлардың садалығынан пайдаланып атырған «мақсымлар» да шығып қалғаны сыр емес. Соның менен бирге ҳақыйқатта дин жолын услап жүрген уламаларымыз да жоқ емес. Булардың арасында аспан менен жердей парық бар.
Илгери дәўирлерде шѳп пенен емлейтуғын адамларды тәўип, деп атаған. Бирақ кейинги әўлад буны түсинбей Қуран кәрийм менен дем салса, ҳәммесин тәўип деп атай беретуғын болып кетти. Ортадағы ѳткен динсизлер дүзими дәўиринде алдыңғы ҳәмме нәрсе жаман атлық етилип ескилик сарқыты, деп атала баслады.
Кѳз тийиў мәселесине келсек, Пайғамбарымыз алайҳиссалам: «Кѳз түйени қазанға, адамды қәбирге киргизеди», деген. Бул ҳәдистен кѳз тийиў ҳақыйқат екенин билип аламыз. Бирақ буннан сақланыў ушын ҳәр түрли «мақсым»ларға бара берместен Қурандағы «Фатиҳа», «Ықлас», «Фалақ», «Нас» сүрелерин азанда ҳәм кеште оқып жүриўи керек. Жақсы оқый алмаса, Қураны кәриймди жақсы оқыйтуғын динди туўры түсинген, тақўалы адамға барып дем салдырса болады.
Бирақ айырым бир, дуўа жазып берип атырғанлар, қандайдур бир қызыл қағазларды принтерден шығарып адамларды ақмақ етип сатып атырғанлардың қылып атырған ислери жүдә қәте.
Усындай дин атынан бир исти қылып атырғанлар Пайғамбарымыз алайҳиссаламның: «Ким мениң атымнан бир ѳтирик нәрсени тоқыса, дозақтағы орнын таярлай берсин», деген ҳәдисин жақсылап түсинип алыўы, тезирек тәўбе етиўи ҳәм ҳасла бул жолына қайтпаўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamu aliykum tilawat sajdesinin' duwsi qanday boladi ? Juwap ushin raxmet.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Сәжде аятын оқыған яки еситкен адам бир мәрте сәжде етиўи ўәжиб. Тиләўат сәждесин етиў ушын да, намаз оқыў болған ушын шәртлер керек болады.
Тиләўат сәждесин еткенде қол кѳтерилмейди. Бир тәкбир (Аллаҳу әкбәр) айтып, сәждеге барылады ҳәм үш мәрте «Субҳаанә роббийәл аълә» делинеди. Соң және бир тәкбир айтып, бас кѳтериледи.
Тиләўат сәждесинде ташаҳҳуд дуўасы оқылмайды ҳәм еки тәрепке сәлем берилмейди.
Сәждеден кейин қәлегенше дуўа етиў мүмкин. Әдетте мына дуўа айтылады: «Сәжәтту лир Роҳмәән ўә әәмәнту бир Роҳмәән. Фәғфирлий зунуўбий йәә Роҳмәән».
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Assalamu aliykum er adamnin' hayalina bertugin' napaqsi qanday boladi ha'm qanday jollar menen boladi? Juwap ushin Allah razi bolsin.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ер адамның ҳаялына беретуғын напақасы булар – азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм турар жер менен тәминлеўи түсиниледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Assalamu aliykum sharia toy qala o'tkiziledi
Жуўап: Сораўыңызға онша түсинбедим. Егер шәриятқа сай той қалай ѳткериледи демекши болсаңыз, шәрияттың шегарасынан шығылмай ѳткерилсе, сол тойды шәриятқа сай той деп атасақ болады. Тойдағы шәрияттың шегарасы бул – еки тәрептиң разылығын алып, неке оқытып, шәрият ҳарам еткен нәрселерсиз, ысырапкершиликке жол қоймастан адамларға зыяпат етип берип, еки жастың некесин адамларға билдириў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссәләму алайкум. Базарларда сатылып атырған дермантин мәсилерден пайдаланып, бундай мәсилерге масҳ тартыў мүмкин бе? Илтимас мәсләхат бериң.
Жуўап: Ўә аләкум әссәләм. Фиқҳта алдыңғы уламалардың истинбаты айтылады. Ҳәр ким ѳзинше мәсләҳәт бере алмайды.
Динимизде мәсиге масҳ тартыў жайыз екенин ҳәммеге мәлим. Сондай-ақ, мәсиниң орнын баса алатуғын аяқ кийимлерге де масҳ тартыў жайыз. Бирақ буның ушын, сол аяқ кийимлер еки аяқтың да тобығына шекем жаўатуғын, байламаса да ѳзи тик тура алатуғын ҳәм оның менен жүрип сапар етсе жарайтуғын дәрежеде болыўы лазым. Бул сапардың ең азы бир фарсах, яғный 5544 метр қашықлық болыўы керек. Егер усы қашықлықты басып ѳткенше жыртылып кететуғын аяқ кийим болса, оған масҳ тартыў дурыс болмайды. Басқа аяқ кийимлер усыған салыстырылады.
Егер сиз кѳрген дермантин мәсилер усы шәртлерге жуўап бере алса, онда масҳ тартыў дурыс болады, усы шәртлерге жуўап бере алмаса, яғный ең кеминде 5544 метр қашықлыққа оның ѳзин кийип жолға шыққанда жыртылып кететуғын болса, ямаса жуқалығынан ѳзин қойғанда қәддин услап тура алмайтуғын болса яки тобықты жаппайтуғын болса дурыс болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалам алейкум Намазди кайтип окип уйреныуге болади
Жуўап: Ўә аләкум әссәләм. Намаз оқып үйрениў ушын ҳәзирги ўақытта арнаўлы намаз китаплары шығарылған, оның ишинде бәрше сүўретлери менен бар. Солар арқалы үйренсеңиз болады. Кѳплеген мешитлеримиздиң қасында арнаўлы китапханалар да шѳлкемлестирилген. Китапларды сол жерлерден табасыз.
Диний тәрептен түсинбеген сораўларыңыз болып қалса, халықтың диний итияжларын қандырыў ушын Қарақалпақстан Республикасында елиў мешит ислеп тур. Сол мешитлердеги имамлардан жуўап алыўыңызға ямаса усы сайт арқалы жуўап алыўыңызға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы