Cораў: Ассалаўма алейкум. Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының paziylet.uz сайты ҳәм бул сайттың телеграмдағы каналы иске түскени биз ушын қуўанышлы болды. Бундай ийгиликли ислердиң даўамлы ҳәм беректли болыўын тилеймиз. Бул бойынша төмендеги айрым пикир ҳәм сораўлар бар еди. Бул ушын алдыннан рахмет. 1) Өзбекстан Мусылманлары басқармасының muslim.uz сайтында Қарақалпақстанда мешитлер саны 50 деп көрсетилген екен. Егер, иләжы болса, Қарақалпақстандағы усы мешитлер (одардың атлары, тарийхы, мәнзиллери) ҳаққында мағлыўматлар paziylet.uz сайты арқалы таныстырылып барылса, халқымызға еле де пайдалырақ болар еди, деген үмиттемиз. Мәселен, усы muslim.uz сайтында көрсетилиўинше, Ташкент қаласында 117 мешит бар екен. Ташкент қаласы ўәкиллигиниң vakillik.uz сайтында усы мешитлер (одардың атлары, тарийхы, мәнзиллери, ҳәттеки, мешитлердиң имам-хатиблери) ҳаққында районлар кесиминде толық мағлыўматлар берилген екен. 2) Қарақалпақстан жеринен қандай уламалар жетлисип шыққан? Олардың қандай мийраслары бизге шекем жетип келген? Усылар жөнинде ҳәм олардың бизге ибратлы өмир жоллары ҳаққында да газета, журналларда, соның менен бирге paziylet.uz сайтында азғантай болса да мағлыўматлар берип барыў мүмкиншилиги бар ма? Мәселен, Нөкис қаласындағы орайлық жами мешит Имам Ийшан Муҳаммад атына қойылған. Ал, Имам Ийшан Муҳаммад тарыйхта қандай адам болғанлығын көпшилигимиз дерлик билмейди екенбиз.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Пикирлериңиз ушын рахмет. 1.Қарақалпақстан Республикасында ҳәзирде ислеп турған мешитлердиң тарийхы, атлары мәнзиллери улыўма сол мешитлер ҳаққында барлық мағлыўматларды сайтымыз ҳәм телеграмдағы каналымыз арқалы инша Аллаҳ жайластырып барамыз. Бул ислер режемизде бар. 2. Ҳақыйқатта Қарақалпақстан Республикасында жүдә көплеп уламалар жетилисип шыққан. Булар ҳаққында да ҳәм ески мешит-медреселер, олардың халқымыз мәнаўиятына қосқан үлкен үлеслери ҳаққында да инша Аллаҳ мағлыўматлар берип барамыз. Сиз әзизлерден бул ислерге дуўа етип турыўыңызды соранамыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Әссәләму алайкум. Қыз балалар ушын қандай мәнили исмлерди қойыўды усыныс етесиз. Өзбекше китапларды оқып көргенимизде Оиша, Хадича сыяқлы сулыў исмлер бар екен. Бирақ, бул исмлерди қарақалпақша қайтып қойсақ туўры болады? Ер балалардын исмлерин қойыўда да усындай екилениўлер бар. Жуўап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Исмди әкеси мәнисин нийет етип қояды. Буннан басқа атасы, апасы (ата-ене) ҳәм басқа ағайин-туўысқанлары қойыўы мүмкин. Сондай-ақ, халық арасындағы ийги адамлар да нәрестеге исм қойыўы мақсетке муўапық. Аллаҳ таала ушын ең сүйкимли исмлер Абдуллаҳ ҳәм Абдурраҳман исмлери. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам деди: “Исмлериңиздиң Аллаҳ таала ушын ең сүйкимлирек болғаны Абдуллаҳ, Абдураҳман” (Имам Муслим рәўияты). Буннан кейингилери Абдурраҳим, Абдуллатиф ҳәм усыған уқсас Аллаҳ таалаға қуллық сыпаты болған исмлер ҳәм пайғамбарлардың исмлерин қойыў. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам деди “Өзлериңизге пайғамбарлардың исмлерин қойың!” (Имам Аҳмад рәўияты) Буннан басқа уламалар, солиҳ инсанлардың исмлеринен қойыў. Мысалы: Умар, Усман, Әлий, Сәййид, Талҳа, Урўа, Суҳайл, Мусъаб, Ясир, Анас ҳәм басқа. Ал қызларға Расуллуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның жупты ҳалалларының ҳәм қызларының исмлерин соның менен бирге солиҳалығы, диндарлығы менен ҳүрмет қазанған ҳаял-қызлардың исмлерин қойыў. Мысалы: Хадижа, Айша, Фатийма, Ҳанийфа, Умму Кулсум, Зайнаб, Асма, Сумайя, Нәсийба, Ҳаўла, Зыяда, Сара ҳтб. Егер исмлери шырайлы болса ата-баба, әжелеримиздиң исмлерин қойыў жақсы. Егиз перзентлерге исмлер қойғанда қатаң итибар берилиўи шәрт. Мысалы бир қыз бир ул көрсе Адам Ҳаўўа, Юсуп Зулайҳа (Злийха деп айтылып жүр), Фарҳад Шийрин, Таҳир Зухра деп қойыўға болмайды. Адам ата Ҳаўа ене дүньядағы биринши шаңарақты дүзген ерли-зайыплылар. Бизге мәлим Қураны кәриймде “Юсуф” сүреси бар. Олар туўысқан емес, Зулайҳа Юсупке ашық болған ҳалатлары бар. Фарҳад Шийрин, Таҳир Зухра бир-бирине ашық-машықлар. Исм қойғанда мазмунын оның жазылыўын бузбастан қойыў керек. Мысалы Ибраҳимди Ибраим. Маҳмудты Мамут, Аҳмадты Әмет, Исҳақты Исақ, сондай-ақ қызлардың атларында да Хадижаны Хатша, Фатиманы Патпа, Раҳиманы Раима ҳ.т.б Енди қойыўға болмайтуғын исмлерден: Аллаҳ тааладан басқаға қуллық сыпаты бар болған исмлер. Абдунабий (Пайғамбар бендеси), Абдурасул (Расул бендеси) киби Кәпирлерге, залымларға, жынаятшыларға тән болған исмлер. Фиръаўн (залым патшаның лаўазымы), Жәҳәнгир (парсы тилинен алынған болып дүняны алыўшы мәнисин билдиреди) сыяқлы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Әссәләму алайкум. Зинадан туўылған перзент өзиниң туўылыўына себепши болған ер ҳәм ҳәйелге қандай мүнәсибетте болыўы керек?
Жуўап: Перзент ата-анасына мудамы жақсы мүнәсибетте болыўы керек ҳәттеки ата-анасы кәпир болған жағдайда да. Бир күни Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға анасының үстинен шикаят етип келеди. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудың анасы сол ўақытлары ислам динине кирмеген болып ҳәр күни Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудың үстине бир шелек жуўындыны төгип жибереди екен. Сонда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳуға анасына жақсы мүнәсибетте болыўы керек екенин айтқан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Copaў: Assalawma aleykum! 1)Nas suresinde kelgen ins ham jin shaytanlar degen jerinde, ins shaytanlar degenine tu’sinbedim. 2) Jinler qaytis boladima? Sorawlarimda qatelikler bolsa keshirersiz.
Жуўап: 1. «Нас» – адамлар дегени. Бул сүреде инсанлар ҳәм жинлердиң жаўызлары, яғный шайтанларынан аман болыў ушын Аллаҳтан пана сораў тәлим бериледи. 6-аяттан белгили болыўынша, жинлердиң шайтаны болғанындай, адамлардың да шайтаны болады екен. Бул жерде шайтан дегенде усы еки топардың, адамлардың ишиндеги де, жинлердиң ишиндеги де адамларға зыян берип, бузғыншылық етип жүретуғынларын, жолдан азғырыўшыларын түсинемиз. 2. Жинлер де адамларға уқсап жасайды, ишеди, жейди, үйленеди, өледи, қыяметте дүньяда ислеген ислерине жуўап береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Copaў: Әссәләму алайкум. Халқымыз абаданлығы жолындағы барлық ийгиликли ислериңизге табыслар тилеймен. Мениң Сизлерге бир усынысым бар еди. Мәлим болғанындай, Ислам дини пәк дин. Ол адамларды татыўлыққа, туўрылыққа, биреўлердиң ҳақына көз алайттырмаўға ҳәм басқа да бизлер билмеген көп жақсылықларға шақырады. Ислам дининиң бундай ийгиликли идеялары, әлбетте, жәмийетимиздеги унамсыз иллетлерге (мәселен, урлық, алдаўшылық, парахорлық, нәшебентлик ҳ.т.басқаларға) қарсы беккем иммунитетти пайда етери сөзсиз. Усы мәниде Журт басшымыз өз шығып сөйлеўлериниң биринде бүгинги күнде жәмийетимизде ушырасып турған унамсыз иллетлерге қарсы гүресиўде имам хатиблерди еле де белсенди болыўға шақырған еди. Бунда, Өзбекистан телеканалында турақлы берип барылып атырған «Ҳидоят сари» ҳәм «Зиё» сыяқлы теле көрсетиўлер бүгинги күнде оғада пайдалы болып турғанын айтып өтиў орынлы. Не ушын бундай теле көрсетиўлер Қарақалпақстан телеканалында да турақлы берип барылмайды? Бул бойынша қарақалпақ тилинде де мазмунлы телекөрсетиў ҳәм радиоеситтириўлер таярлаўға болмай ма? Бундай ислер Журт басшымыздың шақырықларына ҳақыйқый мәнидеги әмелий жуўаплардан бири болмас па еди?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Пикирлериңиз жүдә туўры. Ҳәзирги күнде Ассалам Қарақалпақстан көрсетиўиниң пазыйлет рубрикасы алып барылып атыр. Сондай-ақ, Ислам нуры газетасы ҳәм ҳидаят журналы қарақалпақ тилинде баспадан шығып турыпты. Аллаҳ таала несип етсе, халықтың диний итияжларын буннан да көбирек қандырыў бизлердиң ўазыйпамыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссәләму алайкум. Мүтәәсиб деп кимлерди айтамыз? Намаз оқығанда көрсеткиш бармағы менен ишараи саббаба қылыў, намаз оқығанда аяқларын көбирек ашып турыў надурыс әмеллер есапланама? Жуўап ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Әлбетте, мутаассиблик динди қәте түсиниўден пайда болатуғын пикир болып есапланады. Себеби, мужтаҳидлер бир пикирге келе алмаған фикҳтағы айырым мәселелер мутаассубликке алып келеди. Ал, бирақ, мәселелердиң негизи анық болып, оны билмейтуғынлар кем болып есапланады. Ал, ижтиҳадий пикир Аллаҳтың алдында оған қылыныўы шәрт болып түспеген ҳәм ол ҳәр дайым да туўры бола бермеген: ол қәтеге де дуўшар болады ямаса қәте болыў итималы бар. Сол мәниде әўелги фақиҳлардан: «Мениң пикирим — қәте болыўы мүмкин болған туўры пикир. Ал, меннен басқалардың пикири — туўры болыўы мүмкин болған қәте пикир,» — деген сөзлер рәўият қылынған. Ал, салафи солиҳлар айырым мәселелердеги гүманлы пикирлери болса да өз-ара бир-бирлерин жақсы көретуғын, намазда айырымлары басқасына уйыйтуғын, бир-бирин зиярат қылатуғын ҳәм қайырлы ислерде өз ара бирге ислескен. Бир пикир ушын мутаассиблик ҳақыйқатта нәпсиге ериў болып есапланады. Аллаҳ таала айтады: «(Ҳәй Муҳаммад), ҳаўайы нәпсини өзине “илаҳ” қылып алған ҳәм Аллаҳ оны билген ҳалында жолдан аздырып, қулақ ҳәм кеўилин тамғалап, көз алдына перде тутып қойған кимсени көрдиң бе? Демек, Аллаҳ (жолдан аздырған)нан соң ким ҳидаят қыла алады?! Ақыры еслетпе-ибрат алмайсызлар ма?!». (Жасия, 23). Ҳәм және: «(Аллаҳға) қайтыўшы болған ҳалларыңызда (Оның динин беккем тутың) ҳәм Оннан қорқың ҳәмде намазды толық оқың! Мүшриклерден болмаң! Олар (яғный, мүшриклер) динлерин бөлип, топар-топар болып алған. Ҳәр бир топар өз алдындағы нәрсе менен қуўанышлы» (Рум, 31-32). 2. Саббабаи ишараға келсек, бул сораўға әллеқашан уламаларымыз жуўап берген еди. Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф өз мийнетлеринде бул ҳаққында: “Кимге устазы намаз оқыўды үйреткен ўақытта саббабаи ишараны үйреткен болса, қылсын, үйретпеген болмаса қылмасын, арада келиспеўшилик болмасын”, деген. Бизлердиң де жуўабымыз усындай. 3. Намазда аяқларды керип турыў бизлердиң Ҳанафый мәзҳабымызға туўры келмейди. Бизлердиң мәзҳабымызда ийин барабырнда, яғный еки аяқтың арасы төрт бармақ муғдарында ашық турыўы айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссәләму алайкум, ҳүрметли устазлар. Бүгинги күнде айрым тойларға барғанымда, алдыма бир қыз келип ойнай береди. Оған пул берсем ғана алдымнан кетеди. Мениң оған берген сол пулым исрап болып қалмайды ма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тойларға барғанда салдамалырақ болып жүргенлерге олар жақынламайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссәләму алайкум. Мурындық бала мурындық апасы менен қушақласып көрсиўи мүмкинбе?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Халқымызда жас келин-күйеўлерге турмыс қыйыншылықларында жәрдем бериўи мақсетинде мурындық ата ҳәм мурындық апалар тайынланады. Бул жүдә жақсы ис. Бирақ бәрибир намәҳрамлар менен қушақласып көрисиў дурыс болмайды. Мурындық апа мурындық бала ушын намәҳрам есапланады. Көрискенде әссәләму аләйкум деп сөз бенен көрисиў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссәләму алайкум. Еки жас жигит ҳәм қыз еки ер адамның қасында бири мен сени ҳәйелликке алдым десе ямаса усыған уқсаған сөзлерди айтса, бири разы болдым десе (ҳәзиллесип болса да) ортаға неке түседиме? Жуўабыңыз ушын алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бул ҳалда ортаға неке түсип кетеди. Үш нәрсениң ҳәзили де, шынтлысы да шынтлы есапланады, олар: неке, талақ ҳәм итақ. Бирақ бул туўры жол емес. Неке дегени бул үлкен бир мәресим. Оны ата-ана, ағайын-туўысқанлардың алдында болыўы, қайырлы дуўалар тийкарында болыўы мақсетке муўапық болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум. Жасым кырык жаска жакынлады. Намаз окып уйренбекшимен. Илажы болса сайтынызда ссылкасын берсениз. Алдыннан рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде намаз китаплары шыққан. Намазды сол китап тийкарында үйренген мақул ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому алайкум! Яратган эл-юртимизнинг маънавий юксалишида қилаётган барча эзгу ишларингизга баракалар ва савоблар берсин. Сизга қўйидаги саволлар билан мурожаат қилмоқчиман: Бир шаҳарда бир масжид бўлиб, унга 5 вақт намоз учун жамоат жуда ҳам оз келади. Ушбу масжид ёнгинасида эса битта мадраса бўлиб, ушбу мадрасадаги таълим берувчи ва таълим олувчиларнинг 5 вақт намоз учун ёнгинасидаги масжидга чиқмасдан, мадрасанинг ўзида жамоат намозини ўзлари адо этиши суннатга қанчалик тўғри келади? Агар улар ҳам 5 вақт намоз учун ёнгинасидаги масжиднинг ўзида жамоат намозини адо этишса, улар ҳам масжиднинг маънавий ободлигига катта ҳисса қўшган, суннатни тирилтирган, натижада, оддий номозхонларнинг ҳам 5 вақт намоз учун жамоат намозига янада кўплаб келишига сабаб бўлган ва кўплаб ажру-савобларга эришган бўлмасмиди? Жавоб учун олдиндан раҳмат!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Пикирлериңиз ушын рахмет. 1. Әзелден көпшилик медреселер мешитлерге узақ болмаған жерлерде салынған, соның менен бирге сол медресениң ишинде өзлерине тән бир мешитте болған. Сиз айтып турған медреседе де усы үрдис даўам етип атыр. Бул исте ҳеш қандай сүннетке терис ис болып атырғаны жоқ. Мысалы ушын Ташкент қаласынада жайласқан Ислам институтында да усындай. Буған себеп, медреселер тәлим дәргайлары болып, ол жерлерде тийкарынан имамлар, найып имамлар, мутаўәллилер, мәҳәлле имамлар шығады. Талабалар ушын бул дәргайда келешекте өзлерине керек болған шәрият илимлери үйретиледи, бунда олар ушын толық әмелият негизи болады десек адаспаймыз. Сонлықтан медресе талабалары медреседе жайласқан мешитте намаз оқығаны абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalamuw aleykum aziz ustazlar. Sorawim bar edi uyge agam shoshqanin goshin alp kelgen Men aldinda alp kelmen desemda alip kelgen men endi ne qilsam boladi
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Ҳақыйқатта шошқаның гөши шәриятымызда анық ҳарам етилген. Буны жеў Аллаҳға бойсынбаўшылық болады. Әке менен перзенттиң арасында ҳеш ўақытта урыс-жәнжел, бақыр-шақыр туўры келмейди. Сиз әкеңизге сөзи өтетуғын адам арқалы нәсият айттырыўыңыз керек. Әлий разыяллаҳу анҳу усындай жағдайларда усы исти усыныс еткен. Мудамы Аллаҳ тааладан әкеңизге рушти ҳидаят сораўыңызда керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассаламуалайкум! Сақал өсирсем болама? Пайғамбарымыздың суннетине жатама сақал өссе де оны қырып алып таслау?
Сораў: Ўә аләйкум әссәләм. Өсириў өсирмеў өзиңизге байланыслы ис. Шәриятта сақал қойыў сүннети муаккада есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссәләму алайкум. Айрым тансыларымыздың үйлери, автомабильлеринде ҳәр қыйлы затлар (мәселен, аяқ кийимлер, андай да бир ҳайўан яки қуслардың ағзалары, шийше, дуз, бурыш, тумар ҳ.т.б.) қыстырылып қойылғанын көремиз. Олар
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Аллаҳтан басқа сақлаўшы жоқ. Айырым адамлар көз тиймесин деп усындай нәрселерди асып қояды. Бул шәриятымызға туўры келмейди. Шәриятымызда көз тийиў ҳақ делинген. Бирақ буннан сақланыў мақсетинде арнаўлы дуўалар, аятлар айтып жүриў мақсетке муўапық болады. Сондай-ақ, айырым адамлар машиналарының айнасына мени сақлайды деген исенимде қызыл қағазларды илдирип қойыўды әдет қылған. Бул да қәте пикир болып, диний илимсизлик нәтийжесин келип шыққан. Ал сол қызыл қағазларды тарқатып отырғанлар диннен узақ кимселер.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Әссәләму алайкум. Түсинбеген сораўларға тез ҳәм түсиникли етип жуўап берип атырғаныңыз ушын Сизге рахмет. Барлық ийгиликли ислериңизге беректлер тилеймиз. 1) Кеширерсиз. Мен бир нәрсеге түсинбей атырман. Бир неше жыллық фарз қаза рузалары бар адам 2010-жыл қаза болған рамазан рузасын тутыўды нийет еттим дегени жақсырақ па яки мойнымдағы қаза оразаның ең ақырғысын тутыўды нийет еттим дегени дурыс па? 2) Қаза намазларды қалай нийет етиў керек? Жуўаплар ушын алдыннан раҳмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. 1. Егер усы оразалар қайсы жылдың Рамазан айының қайсы күни екени анық болмаса, есаплап қаза ораза деп тута бересиз. Егер анық болса, сол күнниң қазасы деп нийет етесиз. 2. Егер қаза қылынған намаздың ўақты қашан екени мәлим болса, сол намаздың қазасы деп нийет етип оқыйсыз. Егер мәлим болмаса, қайсы намазды оқымақшы болсаңыз сол намаздың ақырғысы ямаса адынғысы деп нийет етесиз. Мысалы: Ақырғы песинниң қазасын нийет еттим яки алдынғы песинниң қазасын нийет еттим, деп.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Әссәләму алайкум. Мен тәғдирдиң тек Жаратқанның өзинен екенине, ал, зыяннан сақланыў болса, буған бир себеп екенине исенемен. Мен усы исеним негизинде ҳәр дайым зыянлардан сақланып жүриўге ҳәрекет қылып жүремен. Сол ушын да ҳәр бир нәрсени дыққаттан қашырмаўға ҳәрекет қыламан. Бирақ, мениң бир достым мениң бул ислеримди көрип ашыўы келди ҳәм маған қапылта берме, егер сол нәрсе тәғдириңе жазылған болса, сол, әлбетте, болады, қашылып қутыла алмайсаң дейди. Ҳақыйқатында да мениң бул исенимим ҳәм усы исеним тийкардағы бундай ислерим дурыс емес пе? Яки мен дым қапылтып атырман ба? Қәлбимди еле де қәтиржам қылып, еле де арқайынлаў болыўым керек пе? Бирақ, сергеклик дәўир талабы деген гәплер де барғой. Динимиздиң буған мүнәсибети қандай? Жуўабыңыз ушын алдыннан үлкен рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Тәғдир мәселесине диний илимнен узақ адамлар шуқыр кирмегени мақул ис. Себеби буны түсиниў ушын жүдә көп илимлерди оқыған болыўы керек. Аллаҳ тааланың «Билиўши», деген сыпаты бар. Аллаҳ таала ҳәмме нәрсени, кешекте не болыўын, адамлар қалай жасаўын, оннан басқа да не нәрсе болса ҳәммесин биледи. Сонлықтан, адамлардың тәғдирине де келешекте не болыўын жазып қойыпты. Бирақ тәғдирим әлле қашан белгиленген екен, деп ҳеш нәрсе қылмастан отырыў ушын емес. Инсанлар Аллаҳтан жақсылықты сорап, өз өмирин даўам ете береди. Қәўип келгенде өзин сақлаўы керек. Мысалы, жолға азықсыз шығаман, тәғдиримде тири қалыў бар болса азық алып не қыламан?, делинбейди. Бунда әдеттегидей жол азығы алып шығылады. Бул тәғдирге исенбеўлик дегени емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Танысларымнан бири Ислам динин биледи ҳәм көрсетпелерин орынлайды. Ол басқаларға қарағанда пул жағынан әдеўир жақсырақ турады. (Мен буннан қуўанаман, әлбетте.) Ол соған ылайық, өзине көп сарып-қәрежетлер де қылып турады. Мен сарып-қәрежетлерди көбейттире бермей, қайтама сол қәрежетлерди жәрдемге мүтәжлерге сарыплаған жақсырақ деген мазмунда гәп басласам болды, ол меннен дәрриў ренжип баслайды. Себеби, мениң бул пикирлерим сол танысыма жақпаса керек. Сонлықтан өзиң билесең деп, мен оған индемеймен. Сонда мен ойланып қаламан, Ислам дини адамларды меҳир-ақыбетли болыўға шақыратуғын дин емес пе? Айрым ўақытлары бул түсиниклер кем-кемнен умытылып баратырғандай түйиледи. Яки мен бул жағдайда қәте пикирледим бе? Мениң бул пикирлерим динимиз көз-қарасынан алып қарағанда қандай баҳаланады?
Жуўап: Әлбетте муқаддес ислам дини жақсылыққа шақырыўшы дин. Мусылман адамның мойнында өзине тән миннетлери болыўы менен бирге ҳақ-ҳуқықлары ҳәм ықтыярлы ислери болады. Егер ол танысыңыз ислам динин билсе ҳәм көрсетпелерин орынлайтуғын болса, ислам дини ол адамға оннан басқа нәрселерди нәпил жүзесинен буйырады. Егер қосымша саўап аламай десе ислеўи мүмкин. Дос достың айнасы, делинген муқаддес китапларымызда. Достыңызға жақсы мәсләҳәтлер бериўиңиз сизиң дослық ўазыйпаңыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: assalawma aleykum!! Hurmetli ustazlar sizlerge sorawim bar edi jasim 27ge keldi menin ulken ajem ulken atam namazxan bolgan mende usi kunleri namaz oqiwga niyet etip jurmen 1)namaz oqiwdi uyrenetin kitapti qay jerden alsam boladi? .2) ya bolmasa ozim jasqytin qaladagi meshitke barip uyrensem bolama? aldinnan raxmet alla razi bolsin
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Намаз оқыўды үйрететуғын китапларды мешитлеримиз жанынан ашылған китапханалардан алсаңыз болады. Әлбетте, мешит имам хатиблери халықтың диний мүтәжликлерин қандырыў ушын сол мешитлерге тайынланған. Намаз оқыўдағы түсинбеген сораўларыңызды, сондай-ақ басқа да түсинбеген диний сораўларыңызды жергиликли имам хатиблерден сорап алыўыңызға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Ассалаума алейкум! Сизге сорау берместен алдын усы сайтты ашканыныш ушин улкен алгыс айткым келеди! Енди сорауыма келсем. Хайз уакытында калима кайтаруга боладыма?жуап ушин алдын ала рахмет.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Кәлимаи шаҳадат мәнисинде айтып жүриўи мүмкин, ҳәттеки дуўаларды, зикирлерди де айтып жүриўи мүмкин. «Бисмиллаҳ»ты, «әъузу»ны да айтыўы мүмкин. Бирақ бир шәрти бар, айтып атырғанларын Қуран аятларының бир бөлеги сыпатында емес, сол зикир ямаса дуўа мәнисинде айтып жүриўи керек. Себеби көпшилик дуўалар Қураны кәриймнен алынған, сол қатары кәлимаи шаҳадат та Қуран аятлары қурамында бар. Соның ушын да оларды Қуран аяты деп емес, ал дуўа, зикир мәнисинде айтып жүриў мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Əс сəлəму əлейкум уə рахматуЛлаһи уə барəкатуһ. Ең алдымен ұсы группаның ашылғанынан құуанышлыман. Группа ұжымына да өз міннетдаршылығымды білдіремен. Аллаһ разы болсын. Білгім келгені Нөкіс қаласының қай жерлерінен діній кітапларды сатып алсақ болады? Барынша алуға мумкін болған жерлерді толық кірітсеңіз екен Ин Ша Аллаһ. Əс сəлəму əлейкум .
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Пикирлериңиз ушын рахмет. Нөкис қаласында еки жерде диний китап сататуғын дүкан бар. Бириншиси «Имам ийшан Муҳаммад» мешитинде жайласқан. Екиншиси Орайлық дийқан базарының қасында жайласқан китап дүканлары қатарында жайласқан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы