Ассаламу алайкум! Аллах таала рази болсын! Ильтимас жардем бересиз деген умидтемен.
Мен тан намаз охип жургениме бир жылдан отежак. Брак кейинги кунлер коп уйхлап калатин болватпан, содан катты кыйналватпан. Хар дайим Аллахтан намазымды Оз уахтында окуга сабр кушли иман тилеймен. Намаз калдырып койиу катты гуна екенин билемен, брак тан'да уйхлайн деп уйхлап калмайман. Оянганымнан бирден турип охып кетейн десем ойтип оянганымда ядымда болмайды. Мен будильник шынгырлаганын, ошерип койганымда азанда ядыма туспейди. Азанда турганымда катты ишим жанады неге ондай болды деп катты окинемен. Сондай жагдайда не кылуга болады? Алдынан жуап ушин Рахмет
Ўа алайкум ассалам. Бес ўақыт намазға ҳәрекет етиң.
Аллаҳ таала ҳәммени де намазға мүнәсип көрмейди, сизди намазға мүнәсип көрген екен, бунда беккем болың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assallawma aleykum menin sorawim kolbasa mahsulotlarin jew gunama?Aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Ҳадал нәрселерди жеў мубаҳ, ҳарам нәрселерди жеў гүна. Колбаса ҳадал нәрселерден таярланған болса ҳадал, ҳарам нәрселерден таярланған болса, ҳарам болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум сизлерден илтимас истиғфар дууасының қалай айтылыуын жазып жиберсеңизлер созин неше рет айтылыу керек я тек астафруллах деп айта беремизбе алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
"Әстағфируллоҳ"; "Әстағфируллоҳәл азийм"; "Әстағфируллоҳ ўә әтиўбу илайҳ.
Қанша көп айтсаңыз сонша жақсы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алаикум уа рахматуллохи уа боракатух
Менын сораум: Бир жакын танысларымыз, досларымыз бир гуна исти ислеп атирган болса аитаман ол исты ислеме гуна болады десем олар блаи жуап каитарады гуна ис ислесем гунасы менын моиныма диды. олар солаи жуап каитарады бундаи адамларды калаи жолдан каитарсак болады алдынан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Алдын гүнаның не екенин түсиндириң. Гүна қылыў Аллаҳ тааланың мийриминен узақластырыўын, көп гүна қылы бериў, ашықшасына гүна қыла бериў, бунда ҳеш кимнен айбынбаў, адам фәҳминиң гүнаны аңламайтуғын аўҳалға барып қалыўын түсиндириң. Гүна истен қайтарыўда тәсирли рәўиятларды айтыў да мақсетке муўапық ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmu aleykum. Menin sorawim qaza orazanin duwasi qanday boladi. Usi haqqinda tusinik berseniz aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Қаза оразаны тутқанда таң атпастан алдын нийет етмў керек. Бунда сол тутып атырған оразасы қаза екени айтылады. Кеште аўыз ашқанда әдеттеги дуўа оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Hazirgi kunde sotsialliq tarmaqlarda ateistler gruppasi kobeyip ketken. Olar Qurani Karimde har qiyli "qatelerdi" ozlerinshe tawip atir. Olar menen qanday munasibette boliw kerek? Olarga dinimizde qanday hukim bar? Jaslar olardin izinen ermew ushin ne qiliw kerek? Aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Дәҳрийлер әдетте көпшилик адамлар түсинбейтуғын сораўларды ортаға таслап адамлар, әсиресе, жасларды адастырмақшы болады, ал ҳақыйқый илимли адамлар менен жүзбе-жүз келиўден қашады. Соның ушын тек рәсмий каналларға кириўди мәсләҳәт беремен. Мысалы усы Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий пазыйлет сайты ҳәм оның социал тармақлардағы каналларына ағза болыў керек. Дин мәселесинде түсинилмеген орынларын усы сайтқа жолласа болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум сорауым Адам еснеуден озин токтау керек деп коп еситемиз не себептен? кишкене бопелер улкен адамларда коп еснеу жагдайы боладыго.жууап ушын рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Ҳәдиси шәрийфте: "Еснеў шайтаннан болып, егер еснеў келсе, илажы болғанша оны қайтарсын. Адам еснесе шайтан оннан қуўанады», делинген. Соның ушын да еснеў тутқанда усы айтылғанларға әмел етиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар. Мен откен ораза айында карз болип калган кунлериме ораза тутип атирман, бирак уакыт мәселеси болип тур. Ораза уакытларин аныгын калай билсек болади бизде куяш шыгыун хам батыуын анык коре алмаймизго.Жуап ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Пазыйлеттиң телеграм каналында намаз ўақытларын қойып барамыз, соған қарасаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум! Устазлар Баршенизге Рахмет кылган сауаплы ислериниз ушын. Сорауым: телевизорлардан да коремиз аирым пара бериу яки алыушылык туралы Егер коркытыу астынды пул алса биреу коркканы ушын пул берген адамга гуна есапланадыма.
Ўа алайкум ассалам. Пара бериў де, алыў да ҳарам есапланады. Аллаҳ таала бул истен қайтарған. Мусылманшылықта Аллаҳ тааладан басқадан қорқылмайды. Егер биреў мәжбүрлеп пара алып атырған болса, ол пара берген емес, ал басқыншылық болады. Булардың ҳәммесинен Аллаҳ сақласын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум
Рамазан Оразасыныан кейин тагы 6 кун ораза тутылуы керек дейди,сол дурыспа, Рамазан оразасы тек 30 кун емеспе?
Ўа алайкум ассалам. Рамазаннан кейин тутылатуғын алты күн нәпил ораза, оның Рамазанға байланысы жоқ. Ол алты күнди тутыў ықтыярлы. Шәўўәл айы 21-июньға шекем даўам етеди, ол алты күнди Шәўўәл айы ишинде тутсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алайкум. Ал беруний медресеңзде 3 айлқ под курста ер баллар да оқуға туссе болама жасы улкенлеу болсада. ол жерде 4жыл оқуға уақты жетпейді.
Ўа алайкум ассалам. Медреседеги үш айлық курс Қуран оқыўды үйрениўшилерге арналған, бунда жаслар менен бир қатарда жасы үлкен аталар да, әжелер де оқыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауым бар еди, сайидул истифар казак тилинде баскаша озбек тилинде баскаша жазылган, соны егер илажи болса жазып жиберсениз. Алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
Сәййидул истиғфар дуўасы
“Алло'ҳуммә әңтә Робби' лә' илә'ҳә иллә' әңтә холәқтәни' ўә әнә' ъабдук, ўә әнә' ъалә' әҳдик, ўә ўаъдикә мәстәтоъту. Әъу'зу бикә миң шәрри мә' сонаъту, әбу'у ләкә би ниъмәтикә аләййә ўә әбу' у бизәмби' фәғфирли' зуну'би' фәиннәҳу лә' йәғфируз-зуну'бә иллә' әңтә бироҳмәтикә йә' арҳамар ро'ҳими'н”.
Дуўаның мәниси:
“Аллаҳым! Сен мениң Рәббимсең. Сеннен басқа илаҳ жоқ. Мени Сен жараттың. Шубҳасыз, мен Сениң бендеңмен. Күшим жеткенше Саған берген сөзимде турыўға ҳәрекет етемен. Я Рәббим, ислеген гүналарымның жаманлығынан Сеннен пана тилеймен. Маған берген неъматларыңды билемен. Гүналарымды да билемен. Я Рәббим! Мени кешир. Өйткени, Сеннен басқа мени кеширетуғын илаҳ жоқ”.
Дуўаның көплик көриниси: “Алло'ҳуммә әңтә Роббәнә' лә' илә'ҳә иллә' әңтә холақтәнә' ўә наҳну ъыбә'дик, ўә наҳну ъалә' әҳдик, ўә ўаъдик мәстәтоънә'. Нәъу'зу бикә миң шәрри мә' сонаънә', нәбу у ләкә би ниъмәтикә аләйнә' ўә нәбу' у бизәмбинә' фәғфирләнә' зуну'бәнә' фә иннәҳу лә' йәғфируз зуну'бә иллә' әңтә бироҳмәтикә йә' арҳамар ро'ҳими'н”.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Устаз. Менин сораўым томендегише
1)Адет кунлери таўсылганнан кейин непил оразасын избе-из тутып кетиўге болама?
2) Жума кунлери ораза тутыўга болмайды деп еситтим сол туўрыма?
3) Непил оразадан кейин каза оразаларымызды болип тутсак болама?
Ўа алайкум ассалам.
1. Нәпил оразаларды избе-из тутыў яки арасын ашып тутыў ықтыярлы, тек ғана даўамлы тәризде тоқтамастан нәпил ораза тутыў мәкруҳ болады. Сондай-ақ, ҳаял адам күйеўиниң руқсаты менен ғана нәпил ораза тутыўы мүмкин, күйеўи руқсат бермесе тута алмайды.
2. Ҳәптеде басқа күнлер тутпастан тек жума күни ораза тутыў мәкруҳ болады. Бирақ ҳәпте даўамында тутып атырған болса, яки басқа күнлерге қосып жума күни де ораза тутса, мәкруҳ болмайды.
3. Қаза оразаларды имканиятқа қарап бөлип тутыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устазлар ажепам озинин куйеуи тарепке биринши кыз перзентин асырауга берди одан сон еки уллы болды бирак енди туумайтын болыб калды ол агайни енди арадан жыллар отиб тууды кыз перзент енди ажепам озинин кызын алса гунага батама жуап ушун рахмет
Ўа алайкум ассалам. Өз-ара келисим менен қайтарып алыўына болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаўма алейкум! Шариятта шарм жоқ дегениндей бир сораў бережақпан. Копшилик ерли-зайыплар қосылғаннан кейин ғусл алмайды. Сораў: ғуслсыз журген адам менен қол берисип салемлесиў тахаратты бузады деп еситип едим. Бул бойынша шариятта не делинген? Егер расында да сондай болса, қандай жол тутамыз. Жуўабыныз жуда аҳмийетли. Рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Ғусыл қылмаған адам менен сәлемлесиўге болады. Ғусылсыз адам менен сәлемлесилгенде таҳәрат бузылмайды.
Ғусыл ўәжиб болғанда тезирек ғусыл қылыўға ҳәрекет етиў керек. Ғусыл етпестен жүре бериў мусылманлық әдебине туўры келмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум турмыска шыкпадым жасым отинкиреп баратыр кандай дууа окыб журсем болады жазыб жиберсениз
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала дуўаларды қабыл қылыўшы. Бахыт ашылып кетиўи ушын арнаўлы дуўа ямаса әмел жоқ. Бирақ ҳәр бир инсанда тилеклерин сораў имканияты бар, бул имканият - Аллаҳ таалаға шын ықлас пенен дуўа қылыў. Дуўаларды дуўалар қабыл болатуғын ўақытларда қылған абзал. Ол ўақытлар - парыз намазларынан кейинги ўақыт, түнниң үштен үшинши бөлеги, яғный таң намазының ўақты кирместен турып қылынған дуўа, ораза тутып, аўыз ашыў ўақтында қылынған дуўа.
Дуўа қылғанда, тийкарғы әҳмийет бериў керек болған нәрсе, шын қәлбтен сораў, үмитсиз болмаў, гүналарға тәўбе еткен ҳалда, илтижа менен сораў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар. Сорауларым бар еди. Аср намазы шам намазы куптан намазлары уакты киргенде биринши азан айтамызба яки камат айтып парызды окып болгансон суннетине азан айтамызба? Тахаратымыз бузылмаса кейинги намаз уакты келсе мысалы песиндеги тахаратпен аср намазы уакты келсе тахарат алмай окыуга боладыма егер тахарат сынбаса . Жуаплар ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў қағыйдалары китабын жақсылап оқып алың!
Намазлыгерде азан айтасыз, кейин тәкбир айтасыз ҳәм төрт рәкат парызыңызды оқыйсыз. Шам намазда азан айтасыз, кейин тәкбир айтасыз, кейин үш рәкат парызды оқыйсыз, кейир еки рәкат сүннетти оқыйсыз. Қуптан намазда, азан айтасыз, кейин тәкбир айтасыз, кейин төрт рәкат парыз оқыйсыз, кейин еки рәкат сүннет оқыйсыз. Оннан кейин Ўитр намазын оқыйсыз.
Алған таҳәратыңыз сынбаған болса, онда кейинги намазды оқыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Асслаума алейкум! Жасым 24 де мен усы жасымда билип калдым Шахсанем деген ат ауыр болады екен. Маган атынды озгерит деп айтты. Бунын себебин билмекши едим . Итибарынс ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Сәнем дегени жүзи адам көринисиндеги бутларға айтылады, анығырағы бизлерде мүсин, делинетуғын сөздиң синоними. Ат өзгертиў бойынша айтатуғын болсақ, шәриятымызда бул ис жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум уа рахматуллохи уа баракатух! Аллах сизлерди жәннеттиң есиклеринен биринен кириулериңизди несийб еттиргей! Сорауым төмендегише: Инстаграм, Телеграм, Фейсбук, Одноклассники хәм усыған уқсаған социал-тармақлардағы уатанласларымыздың ( соған қосымша дуня халқы) өзлериниң, шаңарақ ағзалары менен, дослары менен туылған күнде , Рамазан ифтарлығында, хәр турли имаратларда, тәбият қойнында, уйинде, көшеде түскен фотосуретлерин көрип гуасы боламыз. Солардың ишинде көпшиликти жас жигит хәм қызларимиз көпшиликти қурайды десем алжаспайман. Сол фотосуретлерди қойыудан не пайда аламыз, сол сорау мени қатты қыйнайды. Кимлердиңдур қалай той берип атырғанларын көрип, усыдан да зор қылып беремен, ямаса мениң тойым ондай болмады, бизлер сол жерге барып суретке тусиуимиз керек еди ямаса гулянкамда машиналар бир реңде шыққанда әне сол пәлеңкестиң тойындағыдай зор видео шығар еди хәм инстаграмға қойған болар едик деген гәплерди көп еситемиз. Хәттеки усыған сыяқлы LOVE STORY ( Мухаббат қыссасы) видеоларын ислеуде көплеген студияларымыз өз жумысларың алып бармақта. Еситиуимше усы видеоның идеясы ушын 2 миллион сум ( шама менен) пул ажыратылар екен. Еле бул тек ғана идеясы ушын. 1) Булардың хәммеси исрапгершилик емеспа? 2) Ислам дини усындай фотосуретлерди ямаса видеоларды социал-тармақларға қойыуға қалай қарайды? Буларды интернетке қойып гунахкар болып қалмаймыз ба екен? Жууап ушын алдыннан рахмет. Ассаламу алейкум уа рахматуллохи уа баракатух!
Ўа алайкум ассалам. 1. Ысырапкершилик. 2. Бундай ислемеў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алэикум. Соруым талак маселеси боиынша кимге хабарласамыз жане хазир карантин уактын да мешитке барып хабарласа аламызба озимизге керек жуап ты калаи аламыз жууап ушын алдыннан рахмет баршенизге Аллахым разы болсын
Ўа алайкум ассалам. Ҳәзирде Қоңырат районынан басқа ҳәмме аймақлардағы мешитлер өз ислерин баслады, барып хабарласыўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы