Ассалаума Алейкум менин сорауым бар еди Бизлер турмыс Курмасымыздан алдын некеден оте алмадык бир балалы болганымыздан сон некеден оттик енди алдын некеден отпегенимиз Гуна есапланадыма? Жуап ушын
Ўа алайкум ассалам. Қалған жағында некени беккем тутып жасаў, өмирди шәрият көрсетпеси тийкарында өткериў де мусылман адам ушын үлкен ўазыйпа. Некениң не екенин түсинип, ўақтында оқытыў да ҳәммеге несип ете бермейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum. Sorawim tomendegishe men nasbay sawdasimen shuwgilanajaq edim bul dinde hukmi qanday iltimas ilaji bolsa toliq tez juwap berseniz gunkar bolip qalmaymanba juwap ushin aldinnan raxmet
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауларымызга шаршамай жууап берип атырганыныз ушын ,рахмет. Анам намаз окыйды, аягы ауырганнан окыуы кыйын болып атыр, соган аягын созынкарап окыса болады ма? Аягы бугилсе ауырады шыдап болмас дарежеде дейди. Маслахат берсениз. Алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Турып намаз оқыўға қыйналатуғынлар отырып намаз оқыйды, отырып намаз оқыўға қыйналатуғынлар, жатып намаз оқыйды. Отырғанда бүгип отырыў қыйын болса, аяғын созып отырып оқыўына да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум! Сорауым орынсиз болса кеширин. Мен закаттын мугдарын тусиналмай атырман. Менин айлык табысым негизинде 890 мын. Бырак баскада жеке касип пенен шугылланаман, улыума барлыгын косканда айына 3 млн га шамалас акша тауаман. Сонда мен канша закат берсем болады? Соны есапла алмай атырман. Жанеде закатты кай жерге берген абзал? Алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Өзиңизге керек нәрседен тыс пуллар зәкат нысабынан асса ҳәм бир жыл айланса, оннан зәкат бериледи. Мысалы, жынап қойылған пул 80 млн болса, соннан қырықтан бирин мискинлерге бериў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. менин бир сорауым бар еди.Тан намазын оқығанда сүннет кылып окыймызба я парыз кылып окыймызба неше рәкат болады соны тусиндирип берсениз жууап ушын алдыңнан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Сиз намаз китапты толық оқып, үйренип шығың, соның ишинде барлығы айтылған.
Таң намазы еки рәкат сүннет ҳәм еки рәкат парыздан ибарат.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум Рамазан айы мубарек болсын! Жуап ушын алдыннан рахмет кыз бн бала ортасында дослык боладима?
Ўа алайкум ассалам. Мусылманшылық жүзесинен қыйыншылыққа түсип қалғанларға жәрдем бериў мүмкин, маҳрамлар арасында меҳир тәрептен кеўилге жақын болыўы мүмкин, бирақ, сиз сорап турған мәнидеги ҳеш бир себепсиз намәҳрамлар бирге жүриўи, нашәрий ислерди қылыўы ҳарам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar,allax kush quwwat bersin menin sorawim tomendegishe omirlik joldasimmen Tez-tezden urisip qala beremiz ham sol waqitta,uyine ket dep ayta beredi bul sozida talaq kirema?
Ўа алайкум ассалам. Шаңарақта урыс жәнжелден сақланыў зәрүр. Бул балаларға кери тәсир көрсетеди, соның менен бирге бир урыс болған жерде қырық күн берекет болмайды деген де гәп бар.
Сиз айтқан гәпти ислеткенде нийет ке байланыслы болады, егер ажырасыў мәнисирде айтқан болса, талақ түседи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сизлерге сорауым бар еды Шәәуал аиы каисы айга шекем ? Май ма или июньба?
Ўа алайкум ассалам. Быйыл Шәўўәл айы 21-июньға шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
хазирги уаккытта аймакларда нан жаптырыу уйлери ашылган сорайым нанды куйдирмей жауып берин деп нан жабатынга айтып бакырып едим бир неше марте болды нан ды куйдиргениниз десеммаган уйиинин иши менен жабылып косып кетим солнанын пуларын бермяккойдеп нанын орнына нан аламан деп айтып хазирги аккытта тапаганымыз нан деп . был масала бойынша махаллег барып айтым а сам тусинеди урсыуга дейин бардык озиниз бир тусиндирсениз деп илтмос к ылдым шакырып айтылган екен .мен бугин нанжабдырыуга барсам жаумайман деп декор жиберди сен маххалеге айткансан деп
Ассаламу алайкум. Жақсы мүнәсибетте болың! Мусылман адам мудамы басқаларға жақсы мүнәсибетте болады. Урыс-жәнжел бул машқаланы шешиўдиң туўры жолы емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум мен оразаны бир кун кешигип туттым енди карыз боп калган бир кун оразасын калаи отеимсис
Ўа алайкум ассалам. Бир күн ушын бир күн қаза ораза тутасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Ustaz.Kanalda berip atirgan bilimleriniz ushin raxmet. Minnetdarman. Menin taxarat parizlari haq soraw bar edi.Namaz oqimastan aldin taxarattin pariz ham sunnetlerin islew kerekpa ya quri daret alip oqiybersek bolama?Men aldin tek daret alip namaz oqip jur edim,keyin bilsem kitapta taxarattin pariz ham sunnetleri bar eken.Endi hazir daret almay taxarattin pariz ham sunnetlerin islep oqip jurippen.Endi aldin tek daret alip oqigan namazlarim buzilgan bolama?Juwaplar ushin raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў ушын Таҳәрат алыў шәрт. Сиз дәрет дегенде тек ғана ҳәжетке шығып, тазаланып шығыўды айтып атырған болсаңыз, бул ис пенен намаз оқылмайды. Ишки тазалықты ҳәжетке шыққан ҳәр бир адам ислеўи керек. Бул улыўмалық тазалық. Ҳәр намазда ҳәжетке шығыў шәрт емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаляму алейкум ва рахматуллахи ва баракатух. Домла мен алдында сорау жиберип едим, бирак еш жуап келмеди. Кайттан жазуды тууры деп билдим. Сорау усыдан ибарат, шариатда ягни Ислам диниде аел адамнын кийингени туралы айтып отсениз. Аел адам кайтып кийину керек. Алдыннан жуап ушин рахмет. Жуап келеди деген умиттемен. Мен бул сорауды коп марте жиберип едим, ойлайман бул рет жуабы келеди. Рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Бул сораўға жуўап берилди. Ҳаял адам әўрет ағзаларын жаўатуғын етип кийиниўи керек. Бунда жүзи, еки аяғының тобығының пәси ҳәм еки қолы (алақан ҳәм оның үсти) усылардан басқа ҳәмме жери намәҳрамлардың көзи түспейтуғын етип жабыўы керек. Кийим жүдә жуқа болмаўы керек (иш тәрепи сезилетуғын дәрежеле), жүдә тар болмаўы керек (ағзалары билинип туратуғын дәрежеде).
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум уа рахматуллох устаз. Бир еки сорауларым бар еди.
1. Куръан аятларын окыганда озбекше китапларда "У" харибинин орнына "В" хариби жазылады (валам юлад-уалам юлад, васвасил хоннас-уасуасил хоннас х.т.б). Арабларда "В" хариби жок "В" айтылса кате айтылган болады деп еситкен едим сол дурыспа?
2. Имам Бухорий 600.000 хадис билген деп айтады бирак Пайгамбарымыз с.а.у айткан хадислери саны 65.000 шамасында деп еситкен едим. Сахих хадислердин анык саны нешеу?
3. Хадиси Кудсида неше хадис бар? Хадиси Кудси болек болып жазылган китаплары барма? Егер болса кайсы китаптан табыуымыз мумкин толык вариантын?
Ўа алайкум ассалам.
1. "У" ҳәм "В" ҳәриплерин емес, ал "Ў" ҳәрибин ислеткен туўрырағы болады.
2. Ҳәдис рәўият етилиў жоллары менен қосып есапланса, саны көбейеди. Мысалы, бир ҳәдисте басқа ҳәдиске қарағанда қосымша және бир қатары болады. Негизин айтылған гәп бир болғаны менен еситкенлер, биреў азырақ, биреў көбирек етип рәўият етиледи.
3. Ҳәдиси қудсийлер көп емес. Әлбетте қудсий ҳәдислердиң өзлери жазылған китаплар бар. Өзбек тилинде "Қырық ҳәдиси қудсий", китабы ҳәм тағы басқа китаплар бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар менин сорауим намаз окигим келеди тан намазин округа харекет етиб атирман 《Ташаххуд》《салауат》《Аятал курсий》 окиуга ядлауга кийналиб атирман кийнинде окилатин дууани жазилганиндай емес озин нийет етиб айтсанда болама? Анык окиб басламадима бирак жол корсетин.
Ўа алайкум ассалам. Қолдан келгенше тезирек ядлап алыўға ҳәрекет етиң. Намаздан кейин өзиңиз нийет еткен дуўаларды қарақалпақша айтсаңыз болады, арабшасын айтыў шәрт емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Ийгиликли ислеринизден Алла разы болсын !сорауым томендегише еди.егер намазхан кыз бала ауырыуханда реанимацияда мийирбийке болып ислесе.намахрамлардын аурет жерлерин кориуге тууры келип калса.гуна боладыма?кенирек жууап бериуинзди сорап каламан. жууап ушин алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Мусылман ер шыпакер мусылман ер адамды емлеўи керек, ҳаял шыпакер ҳаялларды емлеўи керек, арада намәҳрамлық болады. Тек мәжбүрий жағдайларда ғана ер шыпакер ҳаялды яки кериси мүмкин, мәжбүрий жағдай дегени бул - емлейтуғын басқа адам табылмай қалған жағдай. Ҳәзирги дәўирде ҳаял шыпакерлер де, ер шыпакерлер де табылады. Ер адамлар, әсиресе, тек ҳаял-қызлар ислеўи мүмкин болған туўыў үйлеринде ислеўи мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmaaleykum namaz oqiw ushun sure yadlap atqanda onin tartip qagiydasi barma? Jatirgan yamasa tik turgan xalda yadlay beriwge bolama? Juwabi,ushun aldinnen raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Жатқан ҳалда ядлаў ҳүрметсизлик болады. Отырған яки тик турған ҳалда ядлаң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устаз сорагым келгени зыян жабыскан адамды емлитин маман барма сизде жын шыгаратын
Ўа алайкум ассалам. Жасаў жериңизге жақын жердеги мешит имамына хабарласың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aliykum. Ananin raziligisiz qarnindagi balani basqaga atawga bolama? Bugan shariyaatimiz qalay qaraydi
Ўа алайкум ассалам. Өз-ара разылық пенен перзентти сақлаўға бериў мүмкин. Бирақ бунда бала ер жеткенде сақлап алған адамның ҳаялы намәҳрам болса, намәҳрамлығынша қала береди, сондай ақ, қызлары да. Баланы өз әкесиниң аты менен шақырыў керек, яғный кимниң баласы болса, соның баласы екени жасырылмай айтылыўы керек. Оннан басқа да бала асыраў бойынша арнаўлы ҳүкимлер бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Men emizikli edim namaz okimakshi edim. Hesh bolmaganda tang namazdi oqisam. G'usil alip oquvim kerekpa. Raxmet juvap ushin allax razi bolsin
Ассаламу алайку. Ғусыл етиў ўәжиб болғанда ғусыл етип намазға кирисиледи. Басқа ўақытлары таҳәрат алынады. Намаз оқыў қағыйдалары китабында таҳәрат, ғусыл, намаз ҳәм тағы басқа ислер ҳаққында жазылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум! Мен тек гана Бамдад намазды охыйтин едим. Бамдад намаз каза болип калган жагдайда оны сразу охуга болмайды кун шыгып келатирганда, котерилип болганнан кейин оху керек деп еситтим. Хам сол каза болган намазды песин намаздын уахытынан алдын охылса еки ракаат суннат еки ракаат фарз кылып охылады, ал егерде песин намаздан сон охылса тек гана еки ракаат фарз охылады деп еситтим. егер мен оны кате тусинбеген болмасам. Жуап ушин Рахмет. Аллах рази болсын
Ўа алайкум ассалам. Қуяш шығып атырғанда таң намазы оқылмайды. Песиннен алдын қуяш тиккн келеди, сол қуяш тиккеге келемен дегенше таң намаздың қазасы оқылғанда сүннети менен қаза етип оқылады, Қуяш тиккеге келгенде де намаз оқылмайды. Оннпн кейин таң намаздың қазасы оқылғанда тек ғана парызының қазасы оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы