Ассалаума аликум. Ислеп атырган ислеринизге Алла разы болсын. Бир сорауым бар еди. Намаз окыганда кандай кийимде болуымыз керек. Мысалы такыясыз ямаса келте женли койлекте хамде жалан аяк окыган дурыспа?Жуап ушын алдыннан рахмет Алла разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқығанда кийим нажас болмаўы керек, яғный пәк-таза болыўы керек ҳәм әўрет жерлерди жаўып турған болыўы керек.
Тақыясыз намаз оқыў тәрки сүннет болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум мен жакында тан намазын баслап едим намаз окып атырганымда куйеуим балаларып уйклап жатады касында ягный Бир комнатные ишинде отырып окыйман. оларга гуна болмайма алданан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Сизиң намаз оқыўыңыз себепли оларға гүна болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Ислеринизден Алла разы болсын. бир сорауым бар еди. Мен озим жаксы корген бир кыз бенен 2жылдан бери журемен журу харам Кудай кайтарган зат деп еситтим енди мен жургенимис харам болмауы ушын турмис кураман дегенши некеден отип махрамим кылып журсем мумкинба. Мен де ол да балагат жасина жеткенбис. Жуап ушын алдиннан Рахмет
Ўа алайкум ассалам. Турмыс ойыншық емес. Ҳарам нәрсени ҳадаллаў ушын шәрияттан астыртын пайдаланыў болады бул исиңиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam aleykum. Uwiz jewge bolama? Halalma?
Ўа алайкум ассалам. Уўыз сүтине қан араласпаған болса, оннан исленген нәрселерди жеўге болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум.
Непил оразаны тутып атыр едим, жума куни тутыуга болмайды деген гапти еситтим сол хаккында маглыумат берсениз.
Ўа алайкум ассалам. Ҳәптеде басқа күнлери ораза тутпастан тек Жума күни ораза тутыў мәкруҳ болады, себеби Жума мусылманлар ушын байрам күни, бирақ даўамлы ораза тутып атырғанда, Жума күни де қосып ораза тутыў мәкруҳ емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum alla isinizdi qayirli qilsin! Sorawim erli zayiplinin toseginde erinin jaqinlari yamasa qayin enesi jatiwga bolama ogan sharyatta ne delingen
Ўа алайкум ассалам. Ер адамның руқсаты менен жатыўына болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз! Аллах сизлерден разы болсын! Устаз, мен жақыннан баслап таң намазын хәм қубтан намазын оқып басладым. тек усы таң хәм қубтан намазларын оқып жүрмен. Усылай дауам етиуге болама? Лекин қалғанларында толық үйренип оқыу нийетим бар, иншааллах! Алдыннан жууап ушын рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Улыўма намаз оқымай жүргеннен таң ҳәм қуптан намазларын оқып жүрген абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Ұстаздар. Рамазан және Шәуәәл айында тұтқан оразаларыңыз қабыл болсын. Менің сұрағым :
Менің бір нағашы апам бар. Үйі жақын. Ораза тұтқан болатн, құрмамды алып барсам намаз оқып жатыр екен. Оның оқығанына қарап отырдым. Әр оқыған сайын көрсеткіш бармағын көтере береді. Кейн неге олай ете бересіз дегенімде. Осы бармағыммен шайтаннан көзін оюмын деп айтты. Кейн бір видеоларды көрдим, намаз оқып жатырған бір кісі де бармағн көтере берді. Не ушин олай етеді? Әлде намазға тұрғанға солай ету керек бекен? Алдыннан Жауап ушин рахмет
Ўа алайкум ассалам. Ташаҳҳудта отырғанда усылай исленеди. Бул ишараи саббаба, делинеди. Устазымыз Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳәзирет бул бойынша былай деген: "Ким намаз оқып үйренген ўақытта, үйреткен адам усы әмелди үйреткен болса, қылсын, үйретпеген болса, қылмасын, арада келиспеўшилик шығармасын".
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум курметти устаздар менин бир сорауым бар еди. Айрым бийперзент адамдар балалар уйинен ямаса тууыу уйинен перзент асрап алады базы биреулерди еситемиз озинин жакын туысканы перзентсиз болса сауап болсын деп дуняга келтирген перзентин сол жакынына береди. Бул ислер каншелли дурыс инсанга перзентти тек Алла талам бермейма я мен алжасып атырмынба соны тусиндирип берсениз. Жауап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Бала асырап алыў жайыз. Бул бойынша шәриятта арнаўлы қағыйдалар бар. Адамның перзентсиз болыўы Аллаҳ тааланың сынаўы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум меним бир женгем хар дайым мени гыйбатлайды айтпаган созлеримди айты дийди бар алла гууа хак екениме урысайын десем жаман менен жаман болгым келмейди хам напил ораза тутыб журмен ол мени гыйбатламауы ушун кандай дууалар окыб журсем болады
Ўа алайкум ассалам. Айтпаған сөзди айтты, деп айтыў, бул - дөҳмет болады.
Ҳәр бир мөмин мусылман адам басқаларды да дуўа етиўи керек. Сиз сол жеңгеңизди қайырлы дуўалар менен еслең. Аллаҳ тааладан оған да, өзиңизге де туўры жол, ҳидаяттан адаспаўды сораң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум устазлар сорауым томендегише мусульманшылыкда кыз бн бала дос болаладима
Ўа алайкум ассалам. Шәриятта олар арасында мәҳрам ямаса намәҳрам болады, деген түсиник бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Azan shaqirg'anda korsetkish barmaqdi qulaq jumsagina tiygizip oqiwga bolama. Yamasa qulaqdi basip tursin deyilgenbe. Juwap ushin rahmet
Ўа алайкум ассалам. Азан айтқанда көрсеткиш бармақлар қулақ ишине киргизип турылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum aziz ham qadirli ustazlar. Oqip atirgan bes waqit namazimizdin sawabini akemizge yamasa ata-baba hamde ulken apalarimizga bagish etsek bolama? Juma namazga barganimizda wagizda bizlerge boladi dep edi. Juwap ushin kop raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Әдетте намаздан кейин тиләўат етилип, сол тиләўаттың саўабы өткенлерге бағышланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmu aleykum. Menin sorawim shawil oraza tek usi ayda bolama usi ayda 2ewin kiyatrgan ayda qalgan 4kunin tutiwga bolama? Aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Шәўўәл айы оразасы тек Шәўўәл айында тутылады. Шәўўәл айы 21-Июньға шекем даўам етеди. Бул ораза нәпил, яғный ықтыярый.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Устазлар!! Бир айлик намаз уактин кайси сайттан алуга болади?
Ўа алайкум ассалам. muslim.uz islom.uz сайтларында бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar.
Sorawim to'mendegishe: Eger orazadan qariz bolsa 3 ku'nnen keyin baslaw kerek dep esittim sol durispa, duris bolsa men sol gezde bilmey oraza tawsilg'annan erten'ine qarizimdi tuttim sol 3 ku'n esaplanbayma jane tutayinba tu'sindirip jibersen'iz iltimas.
Ўа алайкум ассалам. Ҳайыттан кейин үш күн ораза тутыўға болмайды деген гәп Қурбан ҳайытына тийисли, Рамазан ҳайытының ертеңинен баслап ораза тутыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар
Мениң сорауым томендегише
усы жылдан баслап ораза туттым
рамазан айында бир кун уйкылап калыппан карасам ауыз жабыуга10минут отип кетипти .Хеш нарсе жемедим,бираз ауыз жауганда окылатугын дууаны (нийет етиуди)окымаппан.Шаууал айында жане солай болды.Усы кунги оразаларым дууа окымаганым себепли каза болама,бирак сол кунлери ауызды ашканда окып аштым.
2-сорауым.Мен май айының 25-санесинен баслап Шаууал айының оразасын ,,Насият.уз"дагы кестеге карап тутып едим.Бирак танысым 27-санесинен баслап тутыу кереклигин айтты.Хайт 3кун болады ол кунлери тутканын отпейди деп айтты. Илтимас тусиник берсеңиз.Алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Сол күни аўыз жабыў дуўасын оқымаған болсаңыз да, ораза тутпақшы екениңизди кеўлиңизден өткерген болсаңыз, сол жетерли, сол күнги оразаңыз дурыс болады.
2. Танысыңыз қәте айтыпты. Рамазан ҳайытының ертеңинен баслап ораза тутыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алыкум сорам акем ишкыш анама жыллар бойы азап берип озлермызде сол азапта жасап журмыз жазыксыз анамды урип согып не турлы жаман соз айтип гаргайды бызлерге де сондай даже бетине карай алмаймыз сойлемек тугы акемыздын пияншык быр созбен айтканда катти тунылып хорлыгым келед усындай акем барына бул адамга не ислесек болады созге тусынбейды де адам кусап сойлеспейдыде быр жолымыз кап тур тастап кетыу жалгыз озын каттты шаршатты асыресе анам 50 ден откен адам усы жасына дин тайак хорлык коргены акем 60 ка шыгад дурыс жол акыл айтсаныз екен деймен. Жуап ушун рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала арақты ҳарам етиўиниң тийкарғы ҳикметлериниң бири сиз айтып турған жағдай. Арақ ҳәм тағы басқа сол қатары ишимликлер инсаниятқа үлкен зыян алып келеди.
Сиз мудамы Аллаҳ таалаға дуўада болың, әсиресе дуўа қабыл болатуғын ўақытлары. Үмит пенен, илтижа қылып соралса, әлбетте қабыл болады. Сабыр-тақатты беккем услаң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma Alekum jumuslarinizga tasqin tabislar tileymen mende bir soraq bar edi 7 8 ayliq balam bar atin Rasul dep qoyip edik uzin qulaq gaplerden esitip endi Rasul dep qoyiwga bolmaydi degen gaplerdi esitip atirman sol qanshaliqli ras qoyiwga bolama bomayma jiwap ushin aldinan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Абдуррасул, деп қойыў дурыс емес. "Расул"дың өзин қойыўға болады. Мәниси, елши, дегени.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum uyiqlap atirip iqtilam bolip oyansa iqtilam bolip atirganda oyansa iqtilam bolip atirganin sezse oraza buzilama
Ўа алайкум ассалам. Бузылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы