Ассалаума алейкум! Сорауларым төмендегише:
1. Хәзирде халқымыз арасында дәстүрге айланып баратырған "қыздың қулағына сырға салыу" ға шәриятымыз не дейди?
2. Биреу мениң устимнен мысқыллап сөйлесе хәм бул гәп мениң зейниме тийсе, ишимнен ашыуланып "ғарғыс" келеди, оны тилеуге Қудайдан қорқаман, оның орнына не десем болады? (Оның себеби маған салынған сырға ески уақыттан киятырған хәм хәзирде "мода" болмағаны, усыны айтып қатарларым да, көргенлер де куледи, сөйлеп қалады)
Ўа алайкум ассалам. 1. Тойға шекем атастырып қойыўға болады, бирақ бул олардың ушырасып, сөйлесип жүриўине болады, дегени емес, олар алдыңғыдай намәҳрамлығынша қала береди. 2. Бундай ўақытта инсап берсин, деп айтыў керек, ғарғаў мусылман адамға жараспайды. Бирақ сизиң, ески нәрсе екен деп айтыўыңыз дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллахи уа баратух сорауым бар еди устаз халкымызда кияткан ырымлар.. 1кун карыз бериуге болмайды биреумен урысып калып жылайсан.азанда ешкимге ешнарсе берме сипсени тикейтип кой. биржерге барсан нан ауыз тиймей шыкпа.акшаны колга берме биржерге койып бер.деген ырымлары бар. усылар каншелли дурыс
Ўа алайкум ассалам. Булардың ҳеш бирине исенбең, тийкарсыз гәплер.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум игиликли ислеринизге рауаж тилеймен.Балларыма аукаттан сон, зыяратларга барганда окылатугын сурелерди уйретпекши едим, казир бос уакытлары коп .Сурелерди жазсаныз мумкин болса егер, казир уйден шыгалмаймыз китап алыуга .жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Пазыйлеттиң бәрше каналларында қойып барыўға ҳәрекет етемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alykwm istexpar qalay oqiladi tasfix qalai sanaladi
Ўа алайкум ассалам. Истиғфар - әстәғфируллоҳ сөзин тәкирар-тәкирар айтыў менен болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума əлейкум ! Сорауым қолайсызлау еди... сорау төмендегише:
Намаз оқыйтуғын хаял адам хеш бир еркек адам менен қол берисип көриспейме ? Егер болмайтын болса, бир ағайын əжағалары менен яки əкеси менен қушақласып көрисиуге болама ? Жууап ушын алдыннан рахмет ! Булар хаққында тусинигим жоқ еди...
Ўа алайкум ассалам. Мәҳрам ер адамлар менен қол берип көрисиўи мүмкин. Намаз оқыйтуғын болсын, оқымайтуғын болсын, мусылман ҳаял-қызлар намәҳрам ер адамлар менен қол берип сәлемлесиўи мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум устаз, балагатка жеткен адам ушун намаз окуу парыз кылынган, ал балагат жаси 18 жаспа? Жууап ушун алдиннан Рахмет, ислеп атирган иигиликли ислеринизге Аллах таала рази болсин.
Ўа алайкум ассалам. Ер балаларда иҳтилам болғаннан баслап балағатқа жеткен есапланады. Әдетте ер балалар 12-15 жаслар арасында балағатқа жетеди. Қыз балалар ҳайыз көрип баслағаннан баслап балағатқа жеткен есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Vadali zino dan tuwilg'an perzent kelejekte musulman emes ya'ki buziq perzent bolip jetileme nekesiz tuwilg'an perzent gu'nakxar emes shig'ar dep oylap atirman. Valadi zino degen so'zdin' ma'nisi ne onday adamlarg'a qanday mu'nasebette boliw kerek aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Бала гүнакар болады, деген гәп жоқ. Ата-аначы гүнакар болады. Басқа мусылманлар менен бирдкй мүнәсибетте болына береди. Ўәләди зина дегени Зинадан туўылған бала деген мәнини аңлатады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сизлерге сорауим бар еди мен намаз окыуды калеймен бирак (азан дуасы менен аятал курсын ) окыуга тилим айланбай кала береди кейинлау болип тур бирак баска сурелерди ядлап алдим енди не кылсам болади соган тусиник берип отсениз дегеним алдиннан жуап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Намаздың парызлары ушын булар шәрт емес. Намаз оқыўды баслап жибериң. Буларды кейинлеў ядласаңыз да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устазлар! Мениң сорауым төмендегише бир жақын жорамның еки жайы бар еди, соның бир жайын өзиниң бажасына пулсыз ижираға берип қойыпты 1_2жылдан бери сол ЗАКАДКҚА есапланама. Алдын ала жауабыңыз ушын рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Ижараға берилгенде, соннан табылған дәрамат есапланады. Бирақ үй алды бердиси менен шуғылланғанда, толық пулы есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Аль Беруний билим журтындагы уш айлык окыу курсын шет мамлекетлерде жасап атырган уатанласларымыз онлайн таризде окыса болама?
Ўа алайкум ассалам. Үш айлық курслар ушын онлайн оқыў жолға қойылмаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум сорауым бар еди
мен 19 жастаман намаз окый жак едим маган боладима? сосин намаз окиган аял кызлар ашык кийниб журуге болмаиди дегени распа?
сосин ораза устаи жак едим мен оразамди ашарда жабарда тек ауз ашар, ауз бекитуу окиганнан кейн ямаса одан алдин окийтин дуа барма? маган жол жорик корсетип жибере аласизба?
Ўа алайкум ассалам.
Балағатқа жеткен ҳәр бир мусылманға намаз оқыў парыз. Намаз оқыйтуғын болсын, оқымайтуғын болсын, ҳәр бир ҳаял-қызға әўрет жерлерин жаўып жүриўи лазым.
Оразада аўыз жабыў ҳәм ашыў дуўалары шығарылды. Пазыйлет каналын бақлап барың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. 1. Er adam shashin buwip juriwi dayusliqqa kiredime. 2. Xuftanda utir namazinda Kunut duwasinin ornina Rabbana atina duwasin oqisaq bolama. Sorawlar orinsiz bolsa keshirin.
Ўа алайкум ассалам. 1. Ер адам ҳаял адамға, ҳаял адам ер адамға уқсап жүриўи дурыс емес, ҳәдис китапларында қыямет белгилеринен саналған. 2. Қунут дуўасын ядлағанша, яғный бир күнше айтып турса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумаалейкум устаз ийгиликли ислеринизге Аллах берекет берсин сорауым томендегише арасында адамлардан еситемтз кеширмес бабаны зияратлап ол жерден аурыуларга шыпа таптык деп бул каншелли дурыс жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Бул қәте гәп. Қәбирстанды зыяратлаў тек ғана ақыретти еслетиў, өткенлердиң ҳақына аят оқып бағышлаў ушын болыўы керек. Шыпаны Аллаҳ таала береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар
сорауым томендегиш
1.мен Домда жасайман туалет ваннасы бир жерде намаз окыу ушин тахарат алып болып лагенды туалет ваннанын ишине кайтып орнына койсам тахаратим бузилама?
2.сорауим Тан намаз окыганда азан дууасын
азан шакырмай турып айтилуи керекпа? азан дууасын отырып окыймызпа? я тык турып окыймызба? Жууаплар ушын алдын ала рахмет
Ўа алайкум ассалам. 1. Яқ, таҳәратыңыз бузылмайды. 2. Азан дуўасы азан айтылғаннан кейин оқылады, дуўаны турып айтыўға да, отырып айтыўға да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalama alaykum islerinizden Allax Taala razi bolsin
Korinbes jaw bolgan korona virusin Allax Taala tez arada joq etip Meshitlerimiz tez arada ashilip jamaat namazlarin oqiliwin Allax Taala nesip etsin xalqimiz jane dunya juzi bul jawdi jenip shigiwin Alla nesip etsin 《A'miyn》
Sorawim: Qanday jagdayda talaq berse boladi iltimas toligiraq tusinik berseniz aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Бирге жасаў ушын ҳеш бир жол қалмағанда талақ бериўге болады.
Талақ жеңил гәп емес, талақтың әлбетте жуўапкершилиги бар. Себепсиз ямаса арзымаған себеп пенен талақ бериў үлкен гүнаға алып барады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумағалейкүм сорауым томендегише аятул курси менен қунут дуғасин қайси намазда қай жеринде оқилади жане толиқ тексти барма жаддауға жауап ушин алдымен рахмет
Ўа алайкум ассалам. Қунут дуўасы ўитр намазының үшинши рәкатында зам сүреден кейин оқылады. Аят ал курсий ҳәр намаздан кейин оқыўға мусылманлар әдетленген. Булар пазыйлет каналымызға қоямыз, каналымызды гүзетип барың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Салем сорауим томендегише кiндi мен құптан намаздарының алғы сүннеттерi ғайри муаккад сүннетке жатады. Бұлардың екiншi рәкатында отырғанда, “әттәхият”тан кейiн “Аллаһумма салли” және “Аллаһумма барик” дұғалары ақырына дейiн оқылады. Үшiншi рәкатқа тұрғанда, алдымен бисмиллаһ айтылмай тұрып, “Субханака” дұғасы оқылады. Ал, бесiн намазының алғашқы сүннетi Муәккад сүннет. Яғни қуатпен әмір етілген. Сондай-ақ бұл сүннеттiң сауабы да көп. Бiрiншi отырыста парыз намазындағыдай тек қана “Әттәхияту” оқылып кейiн үшiншi рәкатқа тұрады. Тұрғанда алдымен Бисмиллаһ айтылып кейiн “фатиха” сүресi оқылады. Усилай оқу паризба я намаз китапта жазылғандай оқийберемизбе
Ассаламу алайкум. Намазды "Намаз қағыйдалары" китабында көрсетилгендей етип оқың!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Хаялым менен жакында бес уакыт намаз окып баслаган едик. Тусининкиремей турган еки сорауым бар еди.
1 сорауым зуха намазы хаккында тусиник бере аласызба, уактын, неше ракат, азан айтылама.
2. Сорауым тахажжут намазы неше ракат окысак болады. Жууапларыныз ушын алдыннан рахмет. Ислеринизде рауаж болыуын тилеп каламан.
Ўа алайкум ассалам.
1. Зуҳа намазы нәпил намазлардан болып, оны оқыў ықтыярый, яғный қәлеген адам оқыўы мүмкин, оқымаса да гүна болмайды. Бул намаздың ўақты Қуяш шығып бир найза муғдары көтерилгенде киреди, шама менен қуяш шығып он бес минутлардан кейин киреди. Рәкатлар саны еки рәкаттан сегиз рәкатқа шекем.
2. Таҳажжуд намазы түнде оқылатуғын нәпил намаз, буны да оқыў ықтыярлы. Рәкатлары саны да ықтыярый.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma alaykum. Vitr namazi bir jerlerde sunnet muakadda al bir jerlerde uajib delingen. Vitr namazi qanday amel?
Ўа алайкум ассалам. Сүннети муаккадалық ўәжибликти билдиреди. Бизлердиң ҳанафий мәзҳабымызда ўәжиб, делинген айырым әмеллер басқа мәзҳабларда сүннети муаккада, делинеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hu'rmetli usrazlar! Sorawim sodan ibarat edi eger adam tu'sinde muqaddes Kaba ni ziyarat qilg'anin korgeni neni bildiredi? Aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Биз түс жорыўшы емеспиз. Каабаны көриў жақсылықтың белгиси, әлбетте.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы