Assalamu aleykum ustazlar. Inshallax hammemizdin' halis allaxim jolina tutqan orazalarimiz qabil bolgay. Maqsetim soraw beriw emes, biraq men tan namazin oqiwdi niyet etken edim. Har kimnin aytqanin tinlamay hurmetli ustazlardan jol joriq sorayjaq edim. Aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқып үйренбекши болсаңыз, Намаз оқыў қағыйдалары китабын алың, соның ишинде ҳәммеси баян етилген. Түсинбеген сораўларыңызды сайтымыз арқалы жоллаң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!!! Алла сизлерден разы болсын.1. Сорауларым бар еди. Тутык адам аухат писирип атырганда, аухаттын ийсине ауыз ашылама? 2. Намаз окып атырганда бир созинде 1 харипте баскаша айтылса намаз дурыс окылмаган есапланадыма? Жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. 1. Аўқат писирип атырған адам аўқаттың ийиси себкпли оразасы ашылмайды. 2. Ең кеминде намазға жетерли сүрелерди дурыс ядлап алыўға ҳәрекет етиў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ас саламу аликум. Кылып атырган кайырлы ислернистен Алла разы болсын.сорауым былай менин атым Абадан.атымнын манисин изленип карасам абадий ягный к.к.ша аудармасы мангилик дегенди билдиреди екен.енди менин ойымша Мангилик тек бир Аллагой дурыспа.бул ат маган Шаригат бойынша дурыс койылганба я катеме соны билейин деп едим.жуабынысты тез кунлерде кутип каламан алдын ала рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Абадан аты мәңгилик, деген мәниде емес, ол Ибадат қылыўшы, деген мәнини аңлатады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ас саламу аликум. Намаз уакытлары турысында сорайын деп едим.бысалы ушын Песинди Асыр кирерге 15.20.мин бурын окып болса болды.Ал Асрды шам киргенше окп болса болды.Ал Куптанды тан намаз 15.20.алдын окп алса болады деп еситим.усы айтылгандай кылып окыса болама бомайма.жуап ушын алдын ала рахмет.Алла разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Өз ўақтының ишинде оқылса, дурыс болады. Намазлыгерди Қуяш батарға жақын оқыў мәкруҳ. Шам намазды да қараңғы қаплап кеткенше кешиктириў мәкруҳ болады. Мусылманлар әдетине көре қуптан намазы ертелеў оқылады ҳәм қуптан намазынан кейин уйқыға жатылады. Таң намазын сәл жарық түскен оқыў усыныс етиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум. Менин сорауым мынандай еди. Биз озимиз патер жаллап турамыз. Бир болмели патерде. Куйеуим консыга коп комек колын созады. Акшалай жане продуктамен. Ол консы куйеуимен айели де жумыссыз. Сол консынын баласына да коп нарселерди акелип береди. Ишип жеуге. Бирак озимиздин балларга да акел десем, аштан отырган жоксызлар сизлер дейди. Айелинен жасырып консыны солай акшамен тамакпен камтамасыз етуи каншалыкты дурыс. Жауап ушын алдыннан рахмет сизлерге.
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте ең биринши нәўбетте адам өзине, бала-шағасына қараўы керек. Бул ер адамның шаңарағы алдындағы ўазыйпасы, қыяметте соралатуғын миннети.
Бирақ соны да умытпаў керек, адамларға жәрдем бериў, жоқшылық ўақтында қарасыў үлкен саўапларды алып келеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma Aleykum!!! Sorawim Oraza ne ushin tutiladi tolig'raq mag'lumat berin?
Ўа алайкум ассалам. Оразаның бир неше түрлери бар. Соның ишинде Рамазан оразасын тутыўды Аллаҳ таала Қураны кәриймде мөмин-мусылманларға парыз еткен. Усы себепли Рамазан оразасы тутылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Оразада тутык уакытында асрдан кейин хайз келип калса сол кунги оразага есапланама18:45келген уакты.
Ўа алайкум ассалам. Сол күнги оразасы бузылады, кейин қаза етип тутып береди
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устазлар рамазан айы мубарек болсын ден саулыгы жок бирак ораза тутыуга куши жетеди бир жерде жатыр ораза болама пазилетте берилиб атырган дууаларды калдырмай окыйды жуап ушун рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Ден-саўлығы көтерсе, ораза тутыўына болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar.
Sorawim to'mendegishe;
Bir kisinin malin satip aliw maqsetinde malin sorasam magan satin deb, ol kisi hazir satpayman keynen sataman dese ,narxin soramasam , mina narxqa ber demesem basqa mal alip ketsem men sawdani buzg'an bolamanba bug'an sharyatimiz ne deydi? Juwap ushin Raxmet Allax razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам. Сиз айтқан жағдайда саўда бузылған болмайды. Себеби бунда саўданың өзи болмаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum
Xayel adam kueyui tarepinnen 3 talaq alsa, biraq zakonno ajraspay sol erkekpen bir uyde qonip jasasa gunama? Tosegi bolek bolsa eger.
Ўа алайкум ассалам. Үш талақ болғаннан кейин олар бир-бирине намәҳрам болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум устаз менин жасым 26 да жакында тан намаз окып баслаган едим.кыз бала 15 жаста балагат жас деп еситтим мен сонда алдынгы окымаган жыллар ушын каза болып есапланама соны тусындирсениз алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Қыз балаларда балағат жасы ҳайыз көрип басланған ўақыт болады, соннан баслап намаз, ораза парыз болады. Сол ўақыттан берли намаз ҳәм оразаларыңыз қаза есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamualiykum. Ballarimnin siymay qalgan kiyimlerin ayaq kiyimin qonsinin balalarina bersem bolama
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.устазлар.бир сорауым бар еди. Шанаракта акенин орны болек. бирак акемизге.не кылсакта жакпаса.хар турли гаплер айтып каргаса.бизлер не кылсак болады.Ол каргыс бизлерге тийе ма?
Шариатта не делинген.илтимас кеннен тусиник берип отсениз. Жуап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Бундай жағдайларда жүдә сабыр тақатлы болыў керек. Ата-ана ҳәттеки мусылман болмаса да, перзент олардың хызметинде болыўы керек, олардың ата-аналық ҳақы болады. Аллаҳ тааладан мудамы туўрылық, ҳидаят сорап дуўада болыў зәрүр.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar!Ramazan ayinda tutip atqan orazalariniz alla dargayinda qabil bolsin!Sorawim perzentim shetnep qaldi tan namazin oqip uyrenejaq edim alhamidullax biraq oqiw qagiydalarin bilmeymen hayal adamlar ushin namaz oqiw tartibi berilgen kitaplardin elektron variantlarin qay jerden alip uyrensek boladi.Oz betimizshe uyreniw dinimizde guna emespe?
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў қағыйдалары китабында ҳәммеси сүўретлери менен көрсетилген, сол арқалы үйрениўиңизге болады. Бул китап мешит жанындағы китапханада бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, устаз! Рамазан айы мубарек!
1-Сорау: Напил оразаны тутканда сахарлик хам ифтарлык уакытларын калай аныклаймыз?
2-сорау: Хаптенин тек Бир кунин белгилеп алып тутып журиумиз макулрак па? Себеби Рамазан айы басланбастан Бир кун алдын тутсан гуна болады екен деп еситип едим уламалардан социаллык тармактан.
3-сорау: Напил ораза нийети кандай болады, бунда каракалпакша манисин айтсак болама ямаса арабша шартли турдеме?
Алдыннан миннетдарман.
Ўа алайкум ассалам.
1. Пазыйлеттиң телеграм каналына қараң. Сәҳәрликтиң таўсылыўын таң атыўы, ифтардың басланыўы шам намазы ўақты менен билесиз.
2. Ҳәптениң дүйшеби ҳәм пийшемби күнлерин арнайы ораза тутыў мүмкин. Бул күнлери Пайғамбар алайҳиссалам ораза тутқан, сондай ақ, уламалар, әўлиялар да усы күнлери ораза тутқан.
3. Қарақалпақ тилинде мәнисин айтыўға болады. Аллаҳ таала ушын бүгин нәпил ораза тутыўды нийет еттим, деп.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, устаз!
Сорауым томендегише:
Рамазан айы оразасынан Бир кун откерип изинен бес кун ораза тутыу жайызба? Ораза тутылмауы керек болган бес куннин ишине кирмейди ме? Аллах разы болсын, Рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Бул ҳаққында телеграм каналымызда жазылған еди. Ораза тутылмайтуғын бес күн бул Рамазан ҳайыты, Қурбан ҳайыты ҳәм Қурбан ҳайытынан кейинги үш күн. Булар жәми бес күн болады. Рамазан ҳайытынан кейинги үш күн ораза тутыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Мен тан намаз окыйман. Баска уйге мийманга барганымда кубланын кай тареп екенин билмедим. Ондай жагдайда кубланы алжастырып баска тарепке карап окысак кеширимли болама
Ассаламу алайкум. Журтымызда ҳәмме жерде қубланы сорасаңыз қайсы тәрепте екенин айтып береди. Алдын адамлардан сораў керек. Ҳақыйқатта ҳеш ким қубланы билмейтуғын болса, өз илимиңиз бенен қубланы анықлайсыз ҳәм сол тәреп деп нийет етип оқыйсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, мен бир кызга кеуил койып уйленип едим, уйге алып келген сон ол кыз болмай шыкты, енди хамме мени кайтарды уят болады адамлар не дейди деп, уакыт отип ойланып жане уйине апарыуга харакет кылдым, уйимдегилер жане бул жолдан кайтарды, ушинши марте тынламай уйине алып барып тасладым, енди мен бул кылган исиимнин кате яки дурыс екенин анлай алмай атырман, кандай жол тутыуым керек еди яки тутсам болады?
Ўа алайкум ассалам. Қураны кәриймде, пәк ҳаяллар пәк ерлер ушын, делинген. Ҳәр бир ер ҳәм ҳәр бир қыз соны шынтлы тәризде түсинип жетиўи зәрүр, болмаса усы аўҳал даўам ете береди.
Бундай мәселе бул сораў-жуўап пенен шешилетуғын мәселе емес, алдын ҳәмме нәрсени анықлап жасы үлкенлер менен шешиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар! Сорауым томендегише: еки уш жыллыкта айелим кеселленип, районлардагы максымларга барганда кагазга дууа жазып, тумар ислеп уйине асып кой деди. Хазир сол тумарларды алып тасласам болама, алганнан кейин жагыу керекпе яки комиу керекпе? Рахмет жууап ушын!
Ўа алайкум ассалам. Бундай нәрселерди жағып жиберсеңиз болады. Дин мәселелкрин рәсмий мешит имамлары яки олардың ўәкиллери арқалы ғана ислеў керек. Көринген, көринбеген адамлардың айтқаны менен емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum Ramazon muborak bolsin. Kush quwat sabir toqat bersin. Ustaz eki adam menen din tuwrali tartisip qaldim olar aytadi dindi adamlar oylap tawgan deydi negizinde joq narse deydi. Oni kim aytti deb sorasam. Inistiytutta din taniw degen sabaq bar deydi. Sol mugalim aytti deydi. Ozi dinnen sabaq berse biraq dindi biykarlasa ol qalay bolgani. Bul jerde menin tusinigim qate bilimim joqligi. Ya bolmasa baqlawdin joqligima
Ўа алайкум ассалам. Динге, Исламға исенбеў адамды мусылманшылықтан шығарады, соның ушын бул мәселеде сөйлеўден алдын жақсылып изленип, ойланып сөйлеў зәрүр. Әлбетте, өткен динсизлер дәўиринде толығы менен усы идеялогия тийкарында жасаўға мәжбүр болынды, буны тән алмаўдың илажы жоқ. Соның ушын усындай пикирлейтуғын, тек ғана қағаздағыны ғана ҳақыйқат деп билетуғын, илимди, ақылды ислеп көрмейтуғынлардың бар болыўы тәбийий.
Ҳәзирде илимли айырым батыс алымлары мусылманшылықтың ҳақ екенин илимий тәризде анықлап мусылман болып атыр. Мусылманшылық мәлим бир адамлар тәрепинен ғана ибадат қылынатуғын дин емес, ол пүткил инсанияттыкы, ҳақ жолды тапқан, ҳадал жасаўды қәлеген Аллаҳ таада ҳидаят еткен ҳәр бир адам мусылман болып жасаўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы