Әссәләму аләйкум ўә роҳмәтуллоҳи ўә бәрокәтуҳ ұстаз менің сізге сорауым
1.Мәнийдің "Дафх" болып шығыуы не дегені хәм бұл жерде "Дафх" деген сөз қандай мағынаны білдіреді кеңнен түсіндіріп берсеңіз?
2.Құран кәрімде "Сізлер жақсы деп ойлаған нәрсеңіз жаман болыуы мүмкін жаман деп ойлаған нәрсеңіз жақсы болыуы мүмкін" деген мағынадағы аят кай сүреде екенін айтып жіберсеңіз хәм сол аяттың тәпсірін тусіндіріп берсеңіз?
Жууапларыңыз ұшын алдыннан рахмет Аллаһ разы болсын !
Ўа алайкум ассалам.
1. Дәфқ дегени тезлик пенен дегени, яғный адам жунуб болыўы жағдайларынан бири жақынлықтан басқа ўақытта мәнийдиң дәфқ пенен, яғный атылып шығыўы керек. Айырым адамларда кеселлик болып, әдеттте аязлап қалғанда мәний әсте шығып кетиў ҳаллары болады, бунда ол жунуб болмайды.
2. Бир исти қылғанда асығып, ойланбастан ислеў дурыс емес, әдетте бизлер жаман деп ойлаған нәрсемиздиң де бир тәрепи жақсы болып шығады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Сорауым төмендегише
1.Қаза намазы қай тəртипте оқылады?
Нийети қалай айтылады?
2.Жыллар дауамындағы қаза намазы оқылыуы тəртиби қандай болады?
3.Мойнында қаза намазы көп болған адам тахажжут намазын оқыған дурыспа?
4.Байн талақ хаққында түсиник берсеңиз?
Ўа алайкум ассалам.
1. Қаза намазларды есаплап шығып, бир шетте оқыла береди. Бир неше қаза намазды бир ўақытта оқыў мүмкин. бунда ең биринши бир азан айтылады, қалған ҳәр бириниң алдында бир тәкбир айтылады. Нийет еткенде қаза намаз екени айтылады.
2. Жыллар даўамындағы қаза намазлар да бир шеттен есаплап шығылып оқыла береди.
3. Қаза намазы бар адамлар қаза намазын оқығаны мақул.
4. Байын талақ - Қатаң тәризли ажырасыў. Бунда шаңарақ бузылады. Төмендеги жағдайларда байын талақ түседи:
1.Киная менен ямаса мубалаға ҳәм қатты сөзлер менен ажырасыў.
2.Ҳаялдың қәлеўине көре бир нәрсе бериўине келисип ажырасыў.
3.Үшинши талақ ҳаққын қоллаған болыўы. Байын талақ еки түрли болады:
а)байнунати суғра — кишкене ажырасыў. Бир ямаса еки байын талақ қойса, кишкене ажырасыў есапланады. Бунда ҳаял разылығы ҳәм еки гүўа менен некени қайтадан оқытып алыўы мүмкин. Ражъий талақта болғаны киби, тек ер адамның разылығы, пушайманлығы ҳәм қайтыўы жетерли емес;
б) байнунати кубра — үлкен ажырасыў. Талақ үшеўи бирден ямаса үшиншиси болса, бунда үлкен ажырасыў болады. Бул байын талақтың ҳүкими: ҳаял еркекке ҳарам болады. Биргеликтеги турмыслары тоқтайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam aleykum bir sorawim bar edi qabirstanga ziyaratka barganda kob adamlardi korem tobiraklarin ustap aylanad sol durspa zaborlap koysa ustap basina tiygized koli men tagi ziyarat kilganda ayak betinde otirip kuran okiydi kay jaginda okiw kerek tusindirip bersenz raxmet
Ўа алайкум ассалам. Бундай ислердиң ҳәммеси бидъат-хурафат. Шәрият бундай ислерге буйырмайды Бундай ислерден сақланыў зәрүр. Қәбир басында Қуран оқыў жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Неге Пайгамбарлардын атын айтканда жазганда алахис салам, саллалаху алайхи уассалам делинеди?
Ўа алайкум ассалам. Буның мәниси, оған Аллаҳтың салаўаты ҳәм сәлеми болсын, дегени. Пайғамбарымыз алайҳиссаламның аты айтылғанда салаўат айтылыўы лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алейкум. Мени копден бери кийнаб журген саволим бар. Хар тахорат алганимда ишимде бир зат тахоратин бузилди, тугри тахорат алмадин дийвереди. Бу ойлар мени кийнаб жиберди.Соган тахорат алиу ушин коп сувды исрап килватман. Не килайин? Илтимас маслехет берин!
Ўа алайкум ассалам. Әдетте усындай ўасўаса да болып турады. Буған итибар бермең, таҳәратты китапта көрсетилгендей етип алың, оннан артық та емес, кем де емес.
Убай ибн Каъб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Таҳәрат ушын Ўалҳан деп айтылатуғын шайтан бар. Cyў ўасўасасынан сақланың», – деди».
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar sizlerden soramaqshi bolganim usi sizlerdin allberiuniy bilim jurtinda oqiw ushin qanday hujjetler kerek boladi jane men 5.6 surelerdi biliwim kerekpa juwap ushin aldinnan raxmet alla razi bolsin sizlerden.?
Ўа алайкум ассалам. Ислам билим журтына кириў имтиханларында диний сораўлар соралмайды. Әдеттеги мектеп ҳәм колледж программасы тийкарында өткериледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Алла таала илиминизди зияда кылсын. Мен жакыннан баслап бес уакыт намаз окып баслап едим, Тусинбей атырган жерим кайсы намазды дауыс шыгарып, ал кайсы намазды иштен дауыс шыгармай окыу кереклигин билмей атырман, илтимас тусиндирип жиберсениз.
Ўа алайкум ассалам. Жалғыз оқығаныңызда ҳәмме намазды иштен оқыйсыз. Жәмәәт пенен оқылғанда таң, шам ҳәм қуптан намазларында Имам намаздың алдыңғы еки рәкатын ҳәм тәкбирлерин даўысын шығарып оқыйды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар.
1.Имамга уйып намаз окыганда, саждеге, рукууге барыу ушын айтылган такбирди озин де косылып астен айтсан макриу болмайма?
2.Жумыска байланыслы еки парыз намазды каза кылмай бир-бирине жакын кылып окысак болама
Ўа алайкум ассалам.
1. Имамға уйыған адам, имам тәкбир айтқанда ишинен тәкбир айтады.
2. Өз ўақытларында оқыўыңызға болады. Мысалы, песинди ақырғы ўақтында оқып, намазлыгерди кирген ўақтында оқыўға болады. Сонда бир-бирине жақын болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар.
Намаз уакыты киргенине бираз уакыт отсе азан шакырылмайды деген гап дурыспа?
Сонда неше минут отсе азан шакырмаган макул? Алла разы болсын хызметлеринизден.
Ўа алайкум ассалам. Ондай гәп жоқ. Азан айтылмаған болса, намаз ўақтының ортасы болса да азан айтылыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum. Ustaz telefonlarda quran kitaplar bar sureler jazilgan mp3 ler bar. Keyde telefondi daretsiz uslaymiz. Quran kitapri daretsiz uslaw gunah.
Ўа алайкум ассалам. Телефон яки басқа қурылмаларда Қуран китабы бағдарламасы болса, сол бағдарлама экранда ашық турғанда таҳәратлы ҳалда услаў керек. Экранда ашық болмағанда таҳәрат шәрт емес. Мусылман адам мудамы таҳәратлы жүриўге ҳәрекет етиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
1)Ассалаума алейкум мен тан намазын уйренип атырман, сизлерден сорауым кайта кайта еситип тынлап айта бериу гуна емес пе
2) хаел адамга азан айтыу керекпе
Жауаплар ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Бул гүна емес. Тезирек ядлап алың.
2. Ҳаял-қызлар намаз оқыў ушын азан ҳәм тәкбир айтпайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз! Сизлерге Алла разы болсын! Мениң сорауым бар еди. Мен бираздан бери таң намазын оқыуға таярланып жүр едім. Бугин таңда баслайман деп таярланып жаттым. Таңда турсам куяш шығыуга шамалас болып калган. Еплеп улгерсем оқыйын деп ойладым. Дәрет алып болганша күн шығар уакыт болып кетті. Енді бул биринши куним усылай албырап калдым. Бул маған карыз болдыма? Соны билейин деп едим. Каза намаз калай окылады? Еле мениң булар туралы кеңирек тусинигим болмай тур.
Ўа алайкум ассалам. Ҳәр бир балағат жасына жеткен ақыллы мусылман адам, балағат жасынан баслап қалдырған намазлары мойнында қаза болып турады.
Сиз усы таң намазды қаза етип оқыўыңыз керек. Қаза намаз өз ўақтында оқылатуғын намаздан тек ғана нийетте парықланады. Қаза намазды нийет еткенде қаза екени айтылыўы керек. Таң намаздың қазасы сол күни қуяш тиккн келгенге шекем оқысаңыз сүннетиниң де қазасын оқыйсыз, оннан кешиксе, сүннетиниң қазасы оқылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.
Кийеуы мас халатта аели менен катнасык кылса болама, аели бас тартуга болама?
Ўа алайкум ассалам. Бундай жағдайда ҳаялы мәжбүр емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum wa rahmatullohi wa barakatuh. menin' bir sorawim bar edi hayal adam shashin qinadan basqasina boyamaw kerekpa misali hazir shig'ip atirg'an pallet, garnier, eclair sog'an usag'an kraskalarg'a boyasaq g'usil qilg'anda suw o'tkermeyma hazirgi hayal-qizlardin ko'bisi shashin ku'ydirip kraskag'a boyaydi kraskaga boyasa suw o'tkermeydi dep esittim sol haqqinda toliq mag'liwmat bersen'iz.Juwap ushin aldinnan raxmet iygilikli islerin'izde tabislar tileymen
Ўа алайкум ассалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum wa rahmatullohi wa barakatuh. menin' bir sorawim bar edi hayal adam shashin qinadan basqasina boyamaw kerekpa misali hazir shig'ip atirg'an pallet, garnier, eclair sog'an usag'an kraskalarg'a boyasaq g'usil qilg'anda suw o'tkermeyma hazirgi hayal-qizlardin ko'bisi shashin ku'ydirip kraskag'a boyaydi kraskaga boyasa suw o'tkermeydi dep esittim sol haqqinda toliq mag'liwmat bersen'iz.Juwap ushin aldinnan raxmet iygilikli islerin'izde tabislar tileymen
Ўа алайкум ассалам. Егер бояў шаш даналары үстинде қатламды пайда етсе, ғусылы дурыс болмайды. Қәнигелердиң айтыўынша, шаш талалары үстинде шаш бояўы қатлам пайда етеди. Сол себепли шаш бояўының ғусылға тосық болыўы анық. Хинадан басқа бәрше бояўлар қатлам пайда еткени себепли оларды қоллаў жайыз емес. Шашқа сүртилетуғын май шаштың астына суў жетпейтуғын дәрежеде қалың сүртилсе, бул ғусылға тосық болады. Егер шаш астына суў жетсе бул ғусылға тосық емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум. Акшасын банкке койыу хаккында айтып берсениз илтимас. Шариятымызда не делинген? Бул сутхорлыкка жатама? Жууап ушын алдыннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Банкке сақлап турыў ушын пул қойыўға болады, бирақ үстинен пайыз алыўыңыз дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma Aleykum. Pariz namazdarimizdi oqip bolganson Allahumma antassalamdi oqiymiz. Sosin tasbix sanardan aldin ham tasbix sanap bolgannan keyin qanday dugalar oqiymiz? Aldin ala raxmet
Ўа алайкум ассалам. Тәсбиҳтен алдын Аят ал курсийди оқыйсыз. Тәсбиҳтен кейин қәлеген дуўаны айтыў мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз менин куйеуим 5уакыт намаз окыйды аллахым намазын кабыл еткей ал мен жакыннан баслап тан намазын окып баслап атырман нийетим дузиу аллага шукир орамал тагып журиу шартпе мен орамал тагып келистире алмай атырман
Ўа алайкум ассалам. Намаздың дурыс болыўы ушын намаз оқып атырғанда әўрет ағзалар жабық болыўы керек. Ҳаял-қызларда шаш әўрет есапланады, соның ушын намаз оқып атырғанда шаш, мойын жабық турыўы керек.
Ҳаял-қызлар намаздан басқа ўақытлар да намәҳрам еркеклер бар жерде әўрет ағзаларын жаўып жүриўи керек. Күйеўи, балаларының алдында шәрт емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз , менин бир достымнын акеси суудан счетчиксиз пайдалынып отырган екен соган счетчик койдыр десе акеси кылмапты , сол суудан жузимлерин суугарады екен жузим урлык суу ишкени ушын жеуге болама тек урлык суу менен суугарылады екен жууап ушын рахмет алла разы болсын сизлерден
Ўа алайкум ассалам. Айырымлар мәмлекеттиң нәрсесинде ҳәммениң ҳақы бар, деп есапсыз пайдаланыўға, урлық жолы менен пайдаланыўға өтеди. Бирақ булар қатты адасады. Мәмлекеттиң нәрсеси миллионлаған адамлардың ҳақы дегени. Оның ишинде неше жетим, неше мүтәж адамлар бар екенин ойлаў керек.
Суўға счётчик қойыў керек. Коммунал хызметлер ишинде ең арзаны суўдың төлеми. Бир еки сумды деп ҳадалды ҳарамға араластырыўдан аўлақ болсын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устазлар Рамазан мубарек болсын
Менин Сорауым томендегинше менин колымда сызыу ягный наколка бар бул тахаретти бузады дейди не кылсак болады жууабыныз ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Татуаж қылыў, қылдырыў ҳарам ис. Мусылман адам бундай ислерди қылмайды, қылдырмайды. Егер алдын қылдырып қойған болса, оны өшириўдиң илажын қылады. Ҳәзирде буны өшириўдиң жоллары шыққан. Өширип боламан дегенше намаз ушын таҳәрат, керек ўақытта ғусыл ете береди. Намазы дурыс болады. Кейин қайтарып оқымайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы