Ассалам алейкум устаз. Менин сорауым уакыя суресин кызларына кеште окыуды буйырган болса 40 кун узбей окыу керек болса хайыз уактында окыуга болама?
Улыума уакыя суреси хаккында кенрек маглыумат берсениз. Жууаплар ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудың қызларына Ўақыя сүресин ядлатып қойғаны ҳаққындағы ҳәдисте, қырық күн делинбеген, ҳәр күни кеште, делинген.
Ҳаял-қызлар жағдайы болған күнлери Қуран оқыўы жайыз емес.
Ҳәдиси шәрийфте: "Ким Ўақыя сүресин ҳәр күни кеште оқыса, жарлылық ҳәм мүтәжлик көрмейди", делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламуалейкум
Мусилман адамниң тойи калай откерилиу керек. Хазирги заманда арақ коймасаң ийат санайди .биз сони билемиз бирақ тойимиз болса.100% қарсилиқ корсетеалмайтуғинизди билемиз.егер араққа рухсат берилип ағайн туған коңси қудалардан ийат болип .арақ койилса .ахиретимизге кандай жуапкершилиги бар.қолдан қатти барип арақ койдирмаған дуриспа .
Тойда кешкисинде 2жас хаммениң алдинда валис ойнаған дурис болма.жууап ушин рахмет аллах рази болсин
Ўа алайкум ассалам. Арақ берместен той беретуғынлар да бар. Сиз көрген тойларда арақ қойылды дегени ҳәмме жерде арақ қойылады, қойылмастан той өтпейди, дегени емес.
Халқымыз әсте-ақырыноық пенен арақсыз тойлар берип атыр, әсиресе ҳәзирги карантин жағдайларында тойларға ҳарам нәрселер жақынластырылып атырған жоқ. Илажы барынша ҳарамнан узақ той өткериўге ҳәрекет етиў керек. Негизиндн тойында спиртли ишимлик қоятуғынлар да, сол ҳарам суўды қойыўды жақтырмаўы бар гәп. Аллаҳ таала ҳарам еткен нәрседе берекет болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. sorawim bar edi. Muskat yong'og'i degen orex bar edi soni jep jurip edim imunitetti qatti kusheytedi uyqini jaqsi qiladi adamga kush beredi eken. biraq bir jerde korip qaldim Islam dininde ol zatti jewdi haram dep qoyipti. solhaqqinda tusinik berseniz jewge bolama ya bolmayma . aldinnan juwap ushin raxmet Allah razi bolsin
Ўа алайкум ассалам. Ол ҳадал нәрсе, жеўге болады. Бирақ ҳарам нәрселерге араластырып жеў дурыс болмайды. Мысалы шошқаның майына араластырыў ҳәм басқа сондай ҳарам нәрселерге араластырып жеў дурыс болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! 1-Сорауым каза намазлар хаккында еди. Намаз окыу кагыйдалары бойынша китапта егер каза намазлары жуда коп болса окылмайды деп окып едим(ислам дини жениллик дини деп) кенрек тусиник берип отсениз?!
2-сорауым, мажнун халаттагы адамга намаз окымаганы гуна болмайды дегенди маселен ишкилик себепли, ауыр кайгыдан яки хаттеки ашыклыктан психикасында кемшилиги бар адамлар деп тусинсек болама? Жууаплар ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Қаза намазлар оқылады.
2. Ҳақыйқатта ақылында кемшилиги бар адамлар намаз оқыўы шәрт емес. Ақылында кемшилиги бар адам бул - аспан менен жерди ажырата алмайтуғын, пайда-зыянды ажырата алмайтуғын адам.
Арақ ишкен адам мәс ҳалында намаз оқымайды, мәслиги тарқағаннан кейин қаза етип оқыўы керек. Ҳарам нәрсени ишкени бир гүна болса, намазды қаза еткени бир гүна болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum!Tañ namazdi oqip bolip uyqlap qaliwga bolama?
Ўа алайкум ассалам. Таң намаздан кейин уйқылаўға болады, уйқыламақшы болған адам қуяш шыққаннан кейин уйқылағаны абзал, оннан да абзалы күнделикли жумысқа ертерек кирисиў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкун мен усы жылы биринши марте ораза тутыуым ораза айында каза балган 5 кунлик оразамды тутып атыр едим сарилик уактында уйыклап калып куйаш шыгыуынан алдын турдым хам сууда ишпестен ораза нийетин кылып аузымды жаптым. 1. Менин сорауым бугинги туткан оразам кабыл боладыма. 2. Кейинги сорауым егер усындай кылып сарилик уактында тура алмай лекин куйаш шыкпастан алдын турса сарилик кылып болып аузын жауса боладыма.
3. Каза оразасын кун аралап тутсада боладыма жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Қаза оразаға таң атпастан алдын нийет етиў керек. Бирақ әдетте көпшилик уйқыламастан алдын ертең ораза тутыўды кеўлине түйип жатады, оянғанда ўақыт өтип кеткен болса да, кеште қылғаны нийет орнына өтеди. Тек ғана бир күн алдын ертең ораза тутыўды ойламай, режелестирместен ертеңине азанда бүгин қаза ораза тута берейин деп даўам етиўи дурыс емес. Бирақ нәпил оразаны таң атқаннан кейин нийет етсе де болады.
2. Нийет етиў ушын алдын бир нәрсе жеў шәрт емес. Таң атқаннан кейин жеп-ишкен болсаңыз, ол күни улыўма ораза тута алмайсыз.
3. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!!! Менин сорайын дегеним, бурын кишкенелигимде АКЕМ ораза услайтын еди. Сонда кеште далага тас лактырып коретин еди тас коринбей калса ауыз ашуга болады, егер лактырган тас коринсе ауыз ашуга балмайды деп тусиндиретин еди. Уакыт бойынша тутканымыз дурыспа?
Ўа алайкум ассалам. Ўақыт бойынша тутың. Қуяштың батыўын гүзетиў имканы болса, сол ең дурысы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum. Sorawim bar edi, aldinnan raxmet. O'lgen adamnin' su'wretin diywalg'a asip qoyiwg'a bolama ?
Ўа алайкум ассалам. Жаназа шығарып атырып мәйиттиң сүўретин қыстырып қойыў мусылманшылықта жоқ ис. Бундай қылыў дурыс емес, бидъат болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Кураны кариймнин каракалпакша аудармасы берилген программанызды тартып окып атыр едим. Марьям суресинде пайгамбарларды сажде кылганлыклары хаккында аят келипти. Бул енди сажде аяты. Мен де сажде кылдым. Сорайын дегеним: мен каракалпакша аудармасын окыдым бул аяттын, маган сажде кылыудын хукми кандай болады бул жагыдайда?
Ўа алайкум ассалам. Сәжде аятын арабшадан оқығанда, оқыған да, еситкен де сәжде етеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma a'leykum wa' raxmatulloh wa' barakatuh
sizden bir sorawim bar edi. Men bo'lemdi jamanlap edim. Bir dos balag'a. Quday saqlasin qaytip aldim dedim
Jan'ag'i dos bala aytti Quday saqlasin dep aytpa dedi. Man'layina saqlaydi deydi. Sol durspa.
Maģan aytti oniñ jolin arimaģay deysen' dedi. Sol durspa ya nadurspa. Soni aytip bersen'iz. Aldinnan Raxmet ko'p ko'p!
Ўа алайкум ассалам. Қудай сақласын, деп айтыўға болады. Диний мәселеде ҳәр ким ойына келгенин айта бериўи дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Мен 5 уакыт намаз окып баслаганыма бир айдан жана асып атыр. Намазды дауыс шыгармай окысам алжасып кетип атырман. Суннет хам парыз намазларын дауыс шыгарып окыганым каншели дурыс?
Ўа алайкум ассалам. Даўыс шығармай оқыў дегени аўызды қыймылдатпай оқыў дешени емес. Бул - тек өзи еситетуғын дәрежеде оқыў дегени. Аўызды қыймылдатпастан оқыў дурыс емес.
Намазды жалғыз оқығанда бәрше намазды даўысыңызды пәсейтип, тек өзиңиз еситетуғын дәрежеде оқың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
АССАЛАУМА АЛЕЙКУМ УСТАЗЛАР
СОРАУЫМ БАР ЕДИ.МЕН БЫЙЫЛДАН БИРИНШИ РЕТ ОРАЗА ТУТЫУДЫ БАСЛАДЫМ. РАМАЗАН АЙЫНДА САХАРЛИККЕ БИР КУН УЙКЫДАН ТУРА АЛМАЙ КАЛДЫМ.СОЛ КУНИ ХЕШ НАРСЕ ЖЕМЕЙ ОРАЗАМДЫ ДАУАМ ЕТТИМ.БИРАК НИЙЕТ ЕТИП ДУУА(САХАРЛИКТЕ ОКЫЙТУҒЫН) ОКЫМАДЫМ .КЕШТЕ АУЫЗ АШАТУҒЫН ДУУАНЫ ОКЫП АШТЫМ.ШАУУАЛ АЙЫНДА27-МАЙ КУНИ ДА УСЫЛАЙ БОЛЫП КАЛДЫ. СОЛ КУНГИ ОРАЗАМ КАЗА БОЛҒАН БА
2-СОРАУЫМ.МАЙ АЙЫНЫҢ 25-САНЕСИНЕН БАСЛАП ШАУУАЛ АЙЫНЫҢ ОРАЗАСЫН БАСЛАП ЖИБЕРДИМ.ТАНЫСЫМНЫН АЙТЫУЫНША 1-СОРАУЫМДАГЫ КАЗА БОЛДЫ,2-СОРАУЫМ 24,25,26-МАЙ САНЕСИНДЕ ХАЙТ БАЙРАМ БУЛ КУНЛЕР ТУТЫЛМАЙДЫ ДЕДИ. УСТАЗЛАР ИЛТИМАС ТУСИНЕ АЛМАЙ КЫЙНАЛЫП АТЫРГАН СОРАУЛАРЫМА ЖУУАА БЕРСЕҢИЗ.АЛДЫННАН РАХМЕТ.
Ўа алайкум ассалам. Еки мәселеде де сиз туўры қылғансыз. Рамазан оразасында сәҳәрликке тура алмай қалғанда, даўам етип тутып кете бериў керек.
Рамазан ҳайытының ертеңинен баслар ораза тутыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum hu'rmetli uztazlar! Sorawim; men Ramazan ayi baslanbastan aldin, niyet etken edim.Yag'niy Ramazan ayindag'i orazani bir ay tolig'i menen tutaman dep, biraq tilekke qarsi ayirim sebep penen awizimdi 5 ku'n ashtim ha'm ele qazasin toliq tuta almay atirman, endi tutip atirsam ku'n issi bolg'ani ushin awirip qaldim.Orazamnin' Qazasin qashang'a shekem tutip boliwim kerek?
Ўа алайкум ассалам. Қаза оразаны имканиятыңызға қарап кейинлеў тутыўыңызға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!Бугин Рамазан айынын каза оразасын тутыуды нийет етип едим. Сахарликтен кейин мурным канап кетти. Кейин терен тупирсем кан шыкты. Илтимас маслахат берин. Жууабыныз ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Мурын қанаўы оразаны бузбайды. Бирақ ишке кетип қалмаўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумаликум Устаз Зыян жабсканды кайтаратын дини мамандар барма
Ўа алайкум ассалам. Мешит имамларына хабарласың!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar! Sorawim bar edi qate soraw qoygan bolsam keshirim sorayman. Sorawim tomendegishe 1) 6 jildan berli oqiwga tapsiraman biraq kiralmayman, turmis babindada mashaqatli bolip ketti. Aldiga qaray umitilaman esh bir oylaganim oylaganday bolmay atir. Men ushun jolim jawiqtay bolaberedi. Usinday qiyin jagdaydan surnikpey qagilmay otip ketiwim ushin ne qilsam boladi? sonday jagdaydan ansat otiwim ushun oqilatin sureler bolsa iltimas tusindirip otseniz? 2) Adamlar aytip atir kishkantay kezinde tsawinin kesilmegen sonliqtan senin esh narsen kelispey atir ya oqiwin ya turmisin kelispeydi! Joli jaqsi bala shagali bolip, esh surnikpegen murat maqsetine hamiyshe erisken adamga sawinindi kestirip jiber sonda jolin ashilip baxitli bolip ketersen deydi! Bunday jagdaylarga dinimizde ne delingen?sorawim orinsiz bolgan bolsa keshirim sorayman! Aldinnan rahmet, Alla razi bolsin!
Ўа алайкум ассалам. Сабыр-тақат пенен ҳәрекетте болың! Ҳарам нәрселерден, ҳарам ислерден аўлақ болың. Ибадатларыңыздан кейин Аллаҳ тааладан дуўа етип жақсылықты сораң. 2. Тысаў кестириўдиң жол ашылыўға байланысы жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu álaykum! ustazlar namaz oqiu qaǵiydaları kitabinan sorawım bar edı. 1. Paziylet kanalinda oqip edim uyqilaudan aldin Ixlas, Falaq, Nas súrelerin oqip jatqan jaqsı dep, men bularǵa qosimsha Azan, Azan duwası, Fatiha, Káwsar súrelerin oqiyman bul isim durıspa? 2. Kitapta tek Fatiha súresi Áwwzu billáhi..., Bismilláhir...menen baslanǵan qalǵan Káwsar, Ixlas, Falaq, Nas súreleri Áwwzu billáhi..., Bismilláhir... menen baslanbaǵan men súrelerdi izbe iz oqiǵanimda tek Fatiha súresinde Áwwzu billáhi..., Bismilláhir...menen baslap oqiyman qalǵan súrelerdi Áwwzu billáhi..., Bismilláhir... menen baslamay oqiyman bul oqip atirǵanim qate emesbe? Juwaplar un aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. 1. Фатиҳа, аят ал курсий, ихлас, фалақ ҳәм нас сүрелерин оқып жатыўыңыз жетерли. 2. Әъуўзу менен бисмилләҳ ҳәр бир сүрениң басында оқылады. Егер ҳәммесин избе из оқып атырған болсаңыз, басында бир мәрте әъуўзу оқылады, кейин ҳәр бир сүрениң басында бисмилләҳ оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алайкум устаз намазда еки сажда арасында отырыста қадада Раббиғфирли айтылуы шәртба
Ўа алайкум ассалам. Усындай деп айтыў ҳәдислерде келген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
1.сорауым каза болган намазга азан айтып басланама яки фарз болса табкир айтип басланама?
2.каза болган намазга тек фарызы окыладима яки толык окыладыма?
3.намаз окып болып кадеге отырылып ташахуд аттахйат хам салауатлар окылады сонда аллохуммагфирлий кайсыларында окылады?
4.ораза таусылган нан кейн 6-кун туттылады екен сол хаккында тусиндырсеныз? ЖУУАПЛАР УШИН РАХМЕТ
Ассаламу алайкум.
1. Қаза намазлардың тек парызы оқылады. Қаза намаз ушын азан ҳәм тәкбир айтылады. Бир неше қаза намазларды оқымақшы болсаңыз, онда бир азан ҳәм ҳәр бириниң алдында тәкбир айтылады.
2. Қаза намаздың тек парызы оқылады. Таң намаз қаза болғанда, сол күни қуяш қыямға келемен дегенше қазасын оқысаңыз, онда сүннетиниң де қазасы қосып оқылады.
3. Салаўаттан кейин оқысаңыз болады яки намаздан кейин оқысаңыз болады.
4. Бул ҳаққында сайтта, каналда көп мәртелеп жазылды, излеў хызметинен пайдаланың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar Allah ilminizdi ziyada qilsin. Sizge birneshe sorawlarim bar edi, orinsiz bolsa keshirim sorayman. 1. Men tan namazin oqiwdi qaleymen biraq jaynamazim joq, jaynamazdi uyimizdegi tigiw mashinasinan tigip alsaq boladima, eger bolatugin bolsa nelerge itibar qaratiw lazim.
2.Tan namazinin waqtin qalay aniqlaymiz.
3. Quran surelerin tezirek yadlaw ushin oni telefonnan qulaqshin menen tinlasaq boladima tik turgan halda
Ўа алайкум ассалам.
1. Жайнамазда намаз оқыў шәрт емес. Таза бир орамал, таўар яки гилемниң үстинде оқысаңыз да болады, итибар берилетуғын тәрепи пәклик. Қолдан таўарлар арқалы жайнамаз тигип алсаңыз да болады.
2. Таң намаздың ўақты таң атқаннан Қуяш шыға баслағанша аралық. Усы ўақыттың ишинде оқылады.
3. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы