Ассалаума алейкум. Ислеп атырган кайырлы ислеринизге рауаж тилеймен.
Менин сорауларым томендегише:
1. Менин жасым 43те. Еле улыума турмыска шыкпаганман.Кишкенелигимнен ер баллар менен сойлесиуге болмайды деп тарбияландым. Студент уактымда да соз айткан жигитлерди кайтардым. 22 жасымда уйге катты ыкласы менен келген саушылардыда кайтардым. Халкымызда ыклас калас деген гап бар. Олар маган катты окпелеп кеткен. Бул жерде менин айыбым барма? Ыкласты кайтарыушы дууалар барма?
2. Усындай себеплер менен коп тауиплерге, палкерлерге гуна екенлигин билместен жолымды аштырыуга бардым, енди бунын ушын не ислеуим керек, кандай дууаларды окып журсек болады. Итибар хам жууапларыныз ушын рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Ҳәдиси шәрийфте үш нәрсени кешиктирмеў ҳаққында айтылған, солардан биреўи, разы болынған бир жерден саўшы келгенде қызды узатыўды кеширтирмеў керек екени айтылған.
Палкер ҳәм соған уқсасларға барыў шәриятымызда қатаң тәризде қадаған етилген, егер алдын барып қойған болса, билгенинен кейин тәўбе етиўи зәрүр.
Аллаҳ таалаға ықлас пенен дуўа етиўде даўамлы болың, әсиресе, дуўалар қабыл болатуғын ўақытларда, бес ўақыт намаздан кейин истиғфар айтып кейин дуўалар қылсаңыз, иншаАллаҳ қабыл болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум хурметли узтазлар.. менин сорамакшы болганым шаууал айында 6 кунлик ораза тутып атырып ыссыга шыдамай 1 кунин ашып койдык. Енди бул бир куннин казасын тутып беремиспа тусинбей атыр едим.
Ўа алайкум ассалам. Егер сәҳәрде нийет етип, кейин күндизи аўыз ашып жиберген болсаңыз, онда бир күнге бир күн тутып бериўиңиз керек. Егер улыўма нийет етпеген болсаңыз, онда тутыў шәрт емес, бирақ Шәўўәлдиң алты күнин толық етиў ушын тутқаныңыз абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум хурметли устазлар. Сорауым бар еди. Ози карыз ораза менен шауел ораза отдельно тутылама? Шауел ораза усласан карыз оразан отеледи деп еди,егер карыз оразан алты куннен асса изиндегисин косып тутасан деп еди. Сол дурыспа анык маглыумат берсениз илтимас!
Ўа алайкум ассалам. Рамазанның қаза оразасы өтелиўи шәрт болған ораза, Шәўўәл оразасы ықтыярый ораза. Шәўўәлдиң алты күнлик оразасын Шәўўәл айы ишинде тутылса жетерли. Айырым китапларда Шәўўәлда қаза ораза тутылса, Шәўўәлдиң алты күни орнына да өтеди, делинген. Бирақ толық тутыўды қәлеўшилер алдын қаза оразаларын, оннан кейин Шәўўәлдиң алты күнин тутқаны мақул болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Әссалаума әликум уа рахмаиуллохи уа боракатух устаз меның сорауларым төмедгешие
Сорау: 1- Көпшилик бирадарларымыздан еситемыз мәселен жанындағы адамға бир гәп аитса сол гәпине жанындағы адам исенбесе мина сөзды аитады
(Гудаилығы, Аспанда гудаи бар, нан бар, анамның аппах сүты, алдасам анам өлги х.т.б сөзлер) ол адамды исендирыу ушын усы сөзлерды қолланад сол түрады бир аитып өтсеңыз Ол гәпты аитыу күна емеспа.........
Сорау: 2- Мен бир инсанлар гунах ис ислеп атырған болса ол инсанға қои олаи етпе гунах болады димен брақ олар маған билаи жүап қаитарады (Гунах ис ислесем меның мөиныма).....деиды оларға қалаи тусындыру мүңкин қалаи жоладан қаитарыуға болады
Жүаплар үшын: сизден рахметлер аитаман аллах сизге мыңнан мың саүаплар берсын....
Ўа алайкум ассалам.
1. Биреўди исендириў ушын ант ишилгенде тек Аллаҳ тааланың аты менен ишиў керек, басқа нәрселер менен ант ишиў дурыс емес. Мусылманшылықта көп ант ишиўден, болар-болмасқа ант ишиўден қайтарылған.
2. Қәте исти бир мәрте айтып қойыўыңыз шәрт болады, кейингиси шәрт емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлейкум устазлар. Мениң турмыска шыкканыма 15жылга жакын уакыт болды. 3жылдан кейин болек шыгып кеткенбиз. Мине соннан берли квартирадан квартирага кошип конып журмиз. 4баламыз бар. Куйеуим еш ойланбайды участка не уй алу туралы. Жыл сайын колигин ауыстырады. Айдап жургенин сатып баскасын алады. Акшасы жетпей калса кредит алады. Жане сонгы шыккан телефонды кредитке ала береди. Мен калай айтсамда еш кулак асар емес. Жакпаса кет дейди. Бундай жагдайда кандай шара колдануыма болады??? Узак болып кетсе кеширесизлер.
Ўа алайкум ассалам. Биринши нәўбетте сабыр-тақатлы болың. Төменде ер адамның ҳаялы алдындағы ўазыйпалары келтириледи, соны жақсылап оқып түсинип алыўы керек. Булар шәриятта жазылған қағыйдалар. Орынлаўы шәрт, қыяметте сораўы болады.
Ер адамның ҳаялы алдындағы миннетлери бул – ҳаялдың күйеўиниң мойнындағы ҳақысы дегени.
1. Ҳаялдың күйеўиниң мойныдағы ҳақы күйеўиниң өзине де, мал-дүньясына да тийисли. Ҳаялдың күйеўиниң мойнындағы ҳақы мәҳр, напақа сыяқлы финанслық ҳәм жеке ҳақларын күйеўи мәртлерше орынлаўы тийис.
2. Күйеўи ҳаялына хош пейилли болыўы, оның менен жақсы қатнаста болыўы, бирге абадан турмыс кешириўи, оған азар жеткермеўи керек. Себеби, ҳәдисте: «Сизлердиң ең жақсыларыңыз ҳаялларына жақсы қатнаста болғанларыңыз», делинген.
3. Күйеўи ҳаялының азарларын көтериўи, ол ашыўланғанда, мүләйимлик көрсетиўи, оның қәтелерин кешириўи керек.
4. Күйеўи ҳаялы менен өз қәдирин түсирмейтуғын дәрежеде ҳәзиллесиўи, ойнаўы керек. Бул ислер ҳаял қәлбине заўық бағышлайды, оны жуўапкер қылады.
5. Күйеўи ҳаялын қызғаныўы, оның ар-намысын сақлаўы тийис. Ақыбети бузық болатуғын ҳәр қандай ҳалатқа бийпарық болмаўы керек. Бирақ, жаман ой, жүдә талапшаңлық ҳәм иштегини билиўде ҳәдден асыўы дурыс емес.
6. Күйеўи ҳаялына өз алдына бѳлме таярлап бериўи, онда Күйеўиниң жақынларынан ҳеш ким болмаўы керек.
7. Күйеўи ҳаялына бериўи тийис болған мәҳрды, ол қанша болыўына қарамастан, толық бериўи керек. Мәҳр ҳаялдың ҳақы есапланады. Күйеўи кейиншелик қайтарып алыўға ҳақысы жоқ, ҳәттеки ажырасып кетсе де.
8. Күйеўи ҳаялының азық-аўқат, кийим-кеншек сыяқлы итияжларын ысырапқа жол қоймаған ҳалда жеткиликли етип тәмийинлеўи зарүр. Ол буған сарыпланған қәрежетлери ушын саўапқа ериседи.
9. Күйеўи ҳаялына диний мәселелерди, шәрият ҳүкимлерин үйретиўи, ибадатқа шақырып турыўы керек.
10. Егер ҳаялы шаўқым шығарса ямаса әдепсизлик қылса, күйеўи оны туўры жолға салыў ушын әдеп үйретиўи тийис. Бул ис басқышпа-басқыш алып барылады: дәслеп ақыл-кеңес бериледи, ескертиледи, үгит-нәсият қылынады, шәрияттан шықпаған ҳалда қорқытылады. Булар пайда бермесе, төсекте оған терис қарап жатады, соң бир суткадан үш суткаға шекем бир ханада орнын бөлек салып жатады. Бирақ, ҳаялының жалғыз өзин бир ханада қалдырмайды.
11. Күйеўи ҳаялының ийбесин сақлаўы, оны ҳарамнан қорғаўы керек. Әсиресе қосылыў ўақтында ҳаялының қәлеўин инабатқа алыўы тийис.
12. Күйеўи ҳаялын сөз бенен де, ҳәрекети менен де сөгип, айыплап, қәҳәретлеп, жаманлап, жерге урмаўы, оның денеси менен қулқын, шаңарағы менен жақынларын кемситпеўи зәрүр. Себеби, бул мусылман әдебине улыўма туўры келмейди.
13. Күйеўи ҳаялын жақсы көрсе, оны ҳүрметлеўи, қәдирлеўи тийис, жаман көрсе, зулым қылмаўы керек. Қәлесе, шыдап жасасын, яки жақсылықша ажырассын. Ҳаялды тек мәртлер қәдирлейди, пәскешлер хорлайды.
Булардан тысқары, күйеўдиң әдебине кириўши жүдә көп ўазыйпалар да бар, төменде булардың да әҳмийетлилерин келтирип өтемиз:
- Күйеўи ҳаялының алдына көшеден келгенде сәлем берип кириўи ҳәм аўҳалын ҳәм де кейпиятын сораўы;
- Ҳаялы менен жалғыз қалғыз қалғанда, оны еркелетеди, сүйип, ҳүрметлейди.
- Ҳаялын қайғылы, қапа ҳалда көрсе, оған мийрим-шәпәәт көрсетеди, аўҳал сорайды, жақсы сөзлер менен тәселле береди.
- Күйеўи ҳәр қыйлы шийрин сөзлер, тәселле ҳәм ўәделер менен ҳаялының кеўлин көтереди. Себеби, ҳаял күйеўиниң үйинде басқалардан үмитсиз, жақсы сөзге мүтәж болады.
- Ҳаялына бала тәрбиясында жақыннан жәрдем береди, бул салада оның жумысларын жеңиллестиреди. Балаларға ийман-исенимди түсиндириў, кәсип-өнер үйретиў, физикалық жақтан шынықтырыў көбирек әкелердиң мойнында болады.
- Ҳаялын ҳеш урмайды, дүньялық ислердеги айырым қәте-кемшиликлери ушын сөгип-тергемейди. Дин ислеринде жол қойған қәте ушын бир күннен артық ѳкпелестип жүрмейди, ҳаялы жүдә ҳәдден асқанда, исламый ескертиў шарасын қолланады.
- Күйеўи ҳаялының жаман қылықларына сабыр етеди, оны тәрбиялаў шараларын излейди. Ҳаялы ғәзепке киргенде, индемей турады. Ҳаял адам әззи болғаны ушын, әне усы индемей турғанға тәслим болады, ғәзебине пушайман шегип, күйеўинен кеширим сорайды.
- Ҳаялы жақсы қулықлы, азада болып, хызметлерин толық орынласа, оның ҳаққына дуўалар қылады, Жаратқанға шүкиршилик етеди.
- Тиришилик ҳәм руўзыгер тәшўишлери ҳаққында ғана күйеўи ҳаялы менен мәсләҳәтлеседи, буннан басқа үлкен жумыс, жуўапкершиликлерди жүклемейди. Ол ҳаялына өзиниң қайғы-мүсийбетлер ҳәм тәшўишлерин, жумысындағы кеўилсизликлерди, душпанлары ҳәм мойнындағы миннетлерин айтып, оның тынышлығын бузбайды.
- Ҳаялының гүна болмаған майда-шүйде ҳийлелерине көз жумып, оларды билмегенликке алады, оның барлық сыр ҳәм айыпларын басқалардан сыр тутып, жасырады.
- Ҳаялының намәҳрем, бийгана ер адамлар менен бирге отырыўдан, олар менен жалғыз қалыўдан, апақ-шапақ болып кетиўден қызғанады.
- Күйеўи ҳаялына Аллаҳ буйырған әмеллерди, дин әдеплерин үйретеди.
- Ери ҳаялының руқсатысыз сапарға кетпейди, оны узақ ўақыт айралыққа салмайды.
- Ҳаялдың күни-түни күйеўиниң хызметин қылғаны, руўзыгериниң барлық жумысларын орынлағаны, перзентин бағып-тәрбиялағаны, шаңарақтың сақшысы, ғәзийнебаны, яры болғаны ушын оның алдынан да, артынан да тек жақсы дуўалар қылады, ғарғамайды, миннетдаршылық билдирип турады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар. Менин сорауым кайним бес уакыт намаз окыйды ал келиншеги ашык хам еркек сымак кийинеди. Бул каншелли дурыс ямаса надурыс. Еситиуимше намаз окыйтын еркектин хаялыда намаз окыуы керек екен. Усылар хаккында толыгырак маглыумат берсениз
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў ҳәр бир мөмин-мусылманға балағат жасына жетиўи менен парыз болады. Ҳаял адамның еркексымақ болып кийиниўи күйеўи намаз оқыйтуғын болса да, оқымайтуғын болса да дурыс емес. Ҳәдислерде ҳаяллардың еркексымақ болып кийиниўинен қайтарылған.
Намаз оқыў жеке парыз әмел. Күйеўиниң намаз оқыўы ямаса оқымаўы ҳаялына байланыслы емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар. Пайгамбарымыз МУХАММЕД САЛЛАЛЛАХУ АЛАЙХИ УАСАЛЛАМ хаккында толыгырак маглыуматты каяктан алсам болады
Ўа алайкум ассалам. Шамаили Муҳаммадия китабынан мағлыўмат алсаңыз болады. Бул китаптың қарақалпақшасы китап дүканларында бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Men oraza ayindagi qariz orazamdi uslap atir edim bugin sonģi kunim edim Kiyewimnin qistawi menen jinsiy baylanista bolip qoydiq Bolmaydi orazam buziladi desem tinlamadi endi 60 kun dawaminda oraza uslap beremenba maslahat berseniz
Ўа алайкум ассалам. Қаза ораза тутып атырғанда қастан бузылса, бир күнге бир күн тутылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллахи уа баракатух. Сорауым кызым 12 жасын толтырды. Бирак ее балагатка жетпеди. Сонда да менин менен размазан айында 30 Кун шаууал айынын 6 Кун оразасын тутты. Туткан оразасы дурыспа.
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте дурыс.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma áleykum. Men bes waqit namaz oqip ùyrenbekshi edim. Oqiw ushin bes namazdiń bárin oqiw shartpe yamasa uyrengenimshe oqiwima bolama. Eger bolsa qaysisinan baslap oqip uyrengenim duris.
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў қағыйдалары китабында ҳәммеси баян етилген. Ҳәмме намазды оқыў парыз. Таң намазды оқып үйрениң, қалғанында әсте ақырынлық пенен үйренип аласыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum.
Menin' ku'yewim tez-tezden ishedi. 20 jildan beri birge jasaymiz. Balalarimizda u'lkeyip qaldi. Ari beri qoyar dep u'mit penen jasap keldim biraq paydasi bolmadi. Minezi de o'jet,qirsiq ja'ne hesh zatti umitpaydi. Mayda sebeplerdi jipke dizip uris shig'ara beredi, mag'an azap beredi, uradi ko'p jaraxat aldim odan. Basimnan da insult awiriwina tap boldim. Ha'r 6 aydan emlenip turaman. Endigi jag'inda densawlig'im menen perzentlerimnin' keleshegin ne boladi: dep oylayman. Mag'an qanday ma'slahat beresiz. Atim familiyam sir bolip qalsin. Tez arada juwabin'izdi ku'temen.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала шаңарағыңызға қут-берекетин жаўдырсын. Жасы үлкенлер арқалы Аллаҳға тақўа етиў, ақыреттеги жуўапкершилик, дүнья-ақырет ислерин, арақтың харам екени, оны ишкен адам дүньяда да, ақыретте де жаза алыўын түсиндириң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Ustazlar. Sorawim bar edi meshitte Imam fatixa suresin oqip bolg'an son' Amin dep ishden aytiw kerekpa yaki dawis shig'arip aytiwimiz kerekpa? Biraq basqa mazxablarda dawisin shig'arip aytadi
Ўа алайкум ассалам. Бизлердиң Ҳанафий мәзҳабымызға көре, иштен айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар куниниз хайырлы хам пайызлы болсын!!!
Сорауым мен жакында кыз перзентли болдым март айында карантин себепли мешитке барып азан окыттырып атын койдырмаган едим енди мине 3 айга шамаластык, енди окыттырып койдырсак боладыма
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаўма алейкум! Мен жүдә қыйын жағдайuа түсип қалдым. Ҳәр күни Алладан тәўбе етип гүнадарымнан кешиўин сорайман. Турмысым келиспей үйдемен. Сол ўақыттан баслап 4 жыл даўамында бир жигит пенен сөйлесип жүрдим. Арамыз жақынлап кетти. Көп тартысып қала беретуғын едик. Көп ўақытқа шекем өкпелесип сөйлеспей жүрдик. Сол арада мен басқа инсан менен жақын болып қойдым. Ол буннан забар таўып, мени бузықсаң, харамсаң деп айыплай береди. Олай жасағаншы өлгениң жақсы дейди. Еле қудайдың алдында көп жуўап бересең гүнакарсаң деп тынбай айыплай береди. Өзимди ақлап бир зат айта алмайман оған
Ўа алайкум ассалам. Намәҳрам адам менен некесиз ҳалда жақын болыў әлбетте ҳарам ис. Бундай ислерден сақланыў зәрүр.
Ақ пенен қараны танып, ҳарам-ҳадалды аңлағаннан кейин, бул ислерге тәўбе етиў керек. Китапларда айтылыўынша: "Денеде жан бар екен, еле тәўбе есиги ол бенде ушын ашық", делинген.
Ҳеш бир гүнасы жоқ адам болыўы мүмкин емес, гүнасыз адамлар Аллаҳға жағын пайғамбарлар ғана болады. Мусылман адам өмири даўамында өз нәпси менен гүресип, туўрылыққа қарай жүриў менен даўамлы болады. Бир үлкен гүнаны қылып қойып, енди ҳеш пайдасы жоқ, мен ибадат қылыўымның пайдасы жоқ, деп ойлаўы қәте. Денеде жан бар екен тәўбе есиги ашық болады. Бирақ қайта қайта гүна қыла бериў қәлбти қарайтады, Қәлб қарайса дурыс пенен надурысты ажырата алмай қалады, нәтийжеде ҳадал-ҳарамды парықламайды. Аллаҳ таала ҳәммемизди инсап-таўфиқтен ажыратпасын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз. Таң намазда фатиха суресинен кейин, фалак суреси менен нас суресин оқыса болама?
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar!!! Sorawim to'mendegishe:
1. Oraza tutqanimizda awizdan ishke suw ketip qalmaw kk, biraq namaz oqiytug'in bolsaq taharat alganimizda murin ha'm de awizdi shayganimizda ishke suw ketip qaliw itimali bar emespe???
2. Payg'ambarimiz ( s. a. v) sunnet kiraplarin qay jerden tapsaq boladi ha'm qaysi kitaplarda berilgen? Juwap ushin raxmet!!!
Ўа алайкум ассалам.
1. Соның ушын ораза тутқанда аўызды шайғанда, ғарғара етпестен деңилирек шайылады.
2. Ҳәдис ҳәм турмы китабында көп ғана ҳәдислер ҳәм олардың түсиндирмелери берилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум. Сизлерден Аллах разы болсын. Сорауларым:
1. Мен тислеримди емлетип атыр едим. Бир тисимнин пломбасы тахаратсыз уактымда койылып кетти( умытып кетгенмен). Енди онын хукми кандай болады?
2. Мешит касындагы китап дуканы хазирги карантин дауринде ислеп турма?
Ўа алайкум ассалам.
1. Усы ҳалда ибадатларыңызды даўам еттирсеңиз болады.
2. Китапхана ислеп турыпты.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алайкум устаз.мен тез тезден стресске тусп қалп атрм.бир кунаһ ислеп қтисамда соған қиналп стресс болп атр.жанеде умітсізлікке тусп атрмн.Аллаһ мағфиратлы екенін билсемде умитсизлік пайда болп атр.һам тез тезден ғазабланп атрмн қандай жол тутаин өзіме келіу ушн
Ўа алайкум ассалам. Мусылман адамның өмири үмит ҳәм қорқыў арасында болады. Яғный гүна ислердиң ҳәр қандай көринисин қылыўдан Аллаҳтан қорқып жасаў керек. Соның менен бирге инсан болғаны ушын гүна қылыўы тәбийий. Сондай бир гүналарды қылып қойғанда, енди пайдасы жоқ, мен үлкен гүнаға баттым деп биратала гүнаға шунғымастан, Аллаҳ тааланың мийриминен үмит етип, және туўры жолға түсип кетиўи керек.
Толық гүнасыз болып жасаў мүмкин емес. Әҳмийетлиси, билип-билмей гүна қылып қойғанда тәўбе етиў, өзин оңлап алыўы, Аллаҳтан гүнасын кешириўин сорап туўры жолға тезирек түсип кетиўи. Көп гүна қылыў қәлбти қарайтады, соны да умытпаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум устаз сизлерге коп коп урахмет азмаз болсада динимизди коргауга, динимизден шетке шыкпауга колдан келгенше харекет етип атырмыз Аллах разы болсын сорауым 1 Гужим теректи жасы кайткан адам егиу керек деген гап бар халкымызда екен адам кашан кайтыс болады содан кийин барып рауажланады оседи дийди бул гап ырымба я хакыйкатпа жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Тийкарсыз гәплер. Гүжимди қәлеген адам егиўи мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум ва рахматуллаху баракату сорау егер суу тазалайтын ускене менен сууды филтрлеп (дисвода) тазаланган суу сатыуга мусылманшылыкта кандай каралады гуна болмайма?
Ўа алайкум ассалам. Ҳадал кәсип.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы