Ассалаума алейкум устазлар ийгиликли ислериңизден алла разы болсын сорауым томендегише: қуптан намазынан кейин қажет намазын оқуға болама қайтип нийет етемиз жууап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Әдетте қуптан нааздан кейинги нәпил намазлар таҳажжуд болады. Ҳәжет намазы әдетте Шемби күни сәҳәр ўақтында оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар ийгиликли ислериңизден алла разы болсын сорауым томендегише: қуптан намазынан кейин қажет намазын оқуға болама қайтип нийет етемиз жууап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Әдетте қуптан нааздан кейинги нәпил намазлар таҳажжуд болады. Ҳәжет намазы әдетте Шемби күни сәҳәр ўақтында оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу Алейкум Устаз бир сорауып бар еди бопе туылганда 7 куннен кийин шашын алыу суннен екенин окып калдым сорау кайшы менба я бритва менен алсакта болама жуабыныс ушын Рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Баланың басына зыян жеткермейтуғын нәрсе менен алынады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум.
Устаз мулк суреси хаккында маглыумат берсениз? Кайсы уакытта окылады, тек жума куни окылама?
Ўа алайкум ассалам. Мүлк сүреси жүдә пазыйлетли сүрелерден. Бул сүрени ядлап, оқып жүргенге, бул сүре шәпәәтши болыўы ҳаққында ҳәдиси шәрийфте айтылған, Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳәр күни уйқыға жатпастан алдын усы сүрени оқыған. Сондай-ақ, Пайғамбарымыз алайҳиссалам бул сүре ҳәр бир мөминниң қәлбинде болыўын қәлер едим, деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Устаз.
1) Аллага шукир тан намаз окып уйрендим. Намаз окып атрыганымда еки рет диуалга карап койдым намазым бузылган есапланама?
2) Енемде намаз окыйын деп сурелерди ядлайын дейди, бирак китаптагы жазыуларды кози илмейди.
Сурелерди компьютерде улкейтип жазып берсем болама? Сурелер жазылган кагазларды кейин не ислеу керек?
Ўа алайкум ассалам. 1) Мәкруҳ болады, намаз бузылмаған. 2) Аяқ астында қалмаўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, Ата-Анага истигфор айтыу деген не, калай айтылады? Жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Мусылман болып дүньядан өткен болса, истиғфар айтыўға, истиғфардың саўабын бағышлаўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustaz. Hammemizge belgili mektep, kolledj hamde joqari oqiw orinlari dawirinde bir bilimli baladan bilimsiz balalar kòshiriw jaĝdayi boladi buni hamme guwahi bolĝan shiĝar. Misali bir adamniñ tapsirmasin basqa adam qilip beredi. Sol adam òzi qilĝan bolip tapsirip ustazinan jaqsi baha aliwi mumkin. Bunday islerge sharayatta ne delingen. Sawapli ispa bul misali halis jardem retinde yaki guna islerden bolama. Xizmetiñiz Alllahtan qaytsin. Juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Бундай ислер алдаўшылық, делинеди. Ҳәммеге мәлим, мусылманшылықта алдаўшылық ең аўыр гүналардан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Asalawma aleykum ustaz. Xizmetiñiz Allahdan qaytsin.
1. Men bomdad ham peshin namazin keshlew oqiytin edim. Misali bomdadti 4:30 larda turip taharat alip oqiyman. Peshin namazdi 13:40 tan otelew oqiyman. Sebebi bir hadiste hajetke ham awqat tayar waqitta namaz oqimañ delingen eken. Sebebi diqqatiñ buzilip namazdi ada ete almaysañ delingen. Bunday isler qanshelli tuwri.
2. Namaz oqiw waqtinda tushkirip jiberse ham murninan azgana suw aqsa namazi buziladima?
3. Namaz oqiw waqtimda attaxiyattan aldin bismillahti aytip qoyaman. Ruku ham sajdede aytilatugin takbirlerdi adastirip jaĝdayi bolip qaladi. Bunday jaĝdaylarda ne islew kerek.
4. Juma kuni tirnaq aliw sunnet delingen. Egerde tirnaq aliwda tirnaq har qiyli jerge tusse misali adam ayagi basatin jerlerge buniñ ziyani joqpa. Uydegiler ayaq baspaytugin jerge al deydi.
Juwaplariñiz ushin raxmet sheksiz minnetdarman.
Ўа алайкум ассалам.
1. Ўақтында оқыған болсаңыз, сол жетерли.
2. Намаз бузылмайды.
3. Тәкбирлерди өз орнында айтыў керек. Намазда тәкбирлерди алмастырып қойыў, намазды бузбайды, бирақ тәрки сүннет болады.
4. Үйиңиздегилер туўры айтыпты. Адамнан шыққан тырнақ, шаш ҳтб лар топыраққа көмиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Егер хаял-кызлар араб алипбесин уйренип Куран сурелерин окып уйренгиси келсе кай жерге муражат етиуге болады.Егер бар болса кандай жагдайда амелге асырылатугыны хаккында маглыумат берсениз.
Ўа алайкум ассалам. Муҳаммад ал Беруний медресесинде Қуран оқып үйрениўди қәлеўшилер ушын үш айлық курс бар. Бирақ ҳәзирде пандемия себепли басқа оқыў орынлары киби бул да ўақтынша тоқтатылған. Иншааллаҳ, ҳәмме нәрсе бурынғыдай орын-орнына түскеннен кейин биймәлел келип үйрениўиңизге болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Hurmetli Ustazlar.
Sorawlarim tomendegishe..
1. Ata-anaga qanday istiqpar ayttiladi
2. Men Tan Namazdi oqip bolip uyqlap qala beremen Bul isimnen Namazim qabil bolama..
3. Taqarat alg'anda Suw sa'l jan-jaqqa shashrap ketedi bunda taqarat buzilmayma..
4. Al Beruniy Medresesine oqiwga Tapsirmaqshin edim qanday Hujettler tapsiramiz ham qashanga deyin...Tesler bolama qanday sorawlar Tusedi... Juwap ushin kop-kop raxmetimdi aytaman Alla razi bolsin sizlerden Jumislarinizga tabislar tileymen....
Ўа алайкум ассалам.
1. Аллоҳуммәғфир ләнә... дуўасын айтсаңыз болады.
2. Оның намаз қабыл болыўына байланысы жоқ.
3. Таҳәратты әдеп пенен алыў керек. Суўды шашыратыў мәкруҳ.
4. Ҳүжжет қабыл етиў басланды. Телеграм каналымызда қалай ҳүжжет тапсырыў кереклиги хабарланды, соннан көриң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!сорауым бар еди. Танысымнан еситип едим тахораттан алдын нажасаттан тазаланган суудан артып калган сууды пайдаланып болмайды екен. усы хаккында тусиндирип берсениз.
Пайгамбарымыз соллоллоху ъалайхи уасаллам гусыл куйынганда 3.5литр суу пайдаланган екен.егер биз буннан кобирек суу пайдалансак гуна болмайдыма ?
Ўа алайкум ассалам. 1. Ҳәжетке кирип шыққанда суўға нажасат түспесе, ол суўдан пайдаланыўға болады. 2. Ҳәдден көп суў ислетиў мәкруҳ болады. Бул жерде суўды үнемлеўге шақырық бар, 3,5 литр суўдан көп ислетиў мүмкин емес делинбеген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Тис жууганда тис етинин азмаз канауы менен дарет бузыладыма?
Ўа алайкум ассалам. Тистиң қанаўы таҳаратты сындырады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Alla taalam razi bolsin! Sorawim tòmendegishe: 1.Xalqimiz arasinda hamiledar hayal shash qiydiriwga, qas juldiriwga bolmaydi delingen bul gap qanshaliq tuwri.Bul tuwrali shariyatimizda ne delingen?
2. Ayirimlar tusken shashti jagiwga bolmaydi deydi.Bul raspa? Biz gòzzalliq salonlarga kirgende shashimizdi qiydirsaq oni jiynap shigindi shelekke taslaydi. Shash jagiw tuwrali aytilgan pikirler qanshelli duris. Juwabiniz aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Ҳаяллар күйеўи менен мәсләҳәт етип еркеклер дәрежесин келте етпестен шашын қыйыўы мүмкин. Ҳәмиледарлықтың оған байланысы жоқ.
Ҳәр қандай адам қасын жулдырыўы жайыз емес. Буннан сақланыў керек.
Шаш ҳәм тағы басқа адамнан шыққан нәрселер жерге көмиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Аллага сын катле шукир 4июнь 2020 жыл аклыклы болдык. Кулагына азан айттырсак па дер едик. Карантин кагыйдаларын саклаган халда мешитке апарып айттырсак. Кимге хабарлассак болады? Жууап ушын алдыннан рахмет! Аллаҳ разы болсын!
Ўа алайкум ассалам. Жасыл аймақлардағы мешитлерде имам яки имам наиблары болады. Үйиңизде өзиңиз айтсаңыз да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar! Sizlerden Allah razi bolsin. Menin sorawim bar edi. Men namaz oqip atirip birinshi rakatti ekinshi rakat dep oylap eki marte sajdeden keyin "Attahiyat" ti oqip qoyippan. Endi buni janadan baslap oqiw kerekpe? Juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Намаздың ақырында сәждәи саҳў қыласыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума әлейкум устазлар сауаплы ислериңизде Аллаһ таала рауаж берсин, хәзирги күнде халал деп сатылып атырған гөш өнимлери (колбаса сосискалар) бар соларды жеуге болама, мен улыума бул өнимлерди жемеймен, олардың халал екенине исениуге болама сол хаққында анығырақ айтып өтсеңиз, сизлерден жаратқан ийем разы болсын
Ўа алайкум ассалам. Ҳақыйқатта ҳадал болса, жеўге болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum.
1. Keshirersiz qaraqalpaqshasi qanday boladi taba almadim. "Xojat namozi" degen namaz haqqinda oqip edim. Bul namazdi 6-kuni yag'niy shembi kuni Alladan mu'tajligindi, tilegindi sorap oqilatin namaz eken. Usi namaz tuwrali ken'irek aytip o'tsen'iz iltimas. Tan' namazdan keyin oqilama? Neshe rakat? Qanday duwa oqiladi?
2) Usi jili Alla nesip etip oraza ustadim izinen Shawal ayininda 6kun orazasin usladim.
Biraq 7kunlik qarizim bar. Biliwimshe qarizimizdi endigi orazag'a shekem uslap beriwge boladi emespe? Sonin ushin men kun isip ketkenligi sebepli jane awirip jurgenligim sebepli keyinrek o'tep beremen dep jur edim. Biraq keshe bir ko'rsetiwde olay etiwge bolmaydi, orazanin izinen darxal tutip beriw kerek, guna boladi degendiy aytildi. Sol tuwrali aytsan'iz. Sol 7 kundi bo'lip tutip bersem bolama ya izin uzbey tutiwm kerekpa?
Juwapti telegram kanalinizgada salsaniz iltimas.. Juwaplariniz ushin aldinnan raxmet. Alla razi bolsin...
Ўа алайкум ассалам.
1. Толық мағлыўматты телеграм каналымыздың излеў хызмети арқалы тапсаңыз болады. Бул намаз шемби күни сәҳәр ўақыт, яғный таң атпастан алдын оқылады.
2. Қаза оразаны илажы барынша тезирек тутыў керек, бирақ әлбетте жағдайға қараған ҳалда. Кесел болып, қыйналып жүргенде, кейинирекке қалдырса болады. Сонда-ақ, бөлип-бөлип ҳәр ўақыт бир күннен тутсаңыз да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalwma aleykum ustazlar ALLAX hamenizden razi bolsin.
1. Menin jasim 18-de tawiq soyganda Bismillahti aytip soyaman. Uluwma haywan soyganga guna jaziladima sol haqqinda toliqraq maglumat berseniz?
2. ALLAX taalanin 99-isimlerini manileri qanday?
3. Uyge is juritetugin duwasi degen qagazdi qistirip qoyiwga bolama ?
juwap kutip qalaman aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам.
1. Шәриятымызда таўықтың гөши ҳадал. Таўықты пайдаланыў мақсетинде дурыс жол менен сойыў гүна емес. Таўықты ҳарам өлтирип қойыў гүна болады.
2. Телеграм каналымызда бар, излеў хызметинен пайдаланың!
3. Ондай нәрсе жоқ. Оның орнына Азанда ҳәм кеште Фатиҳа сүресин оқып, Аллаҳ тааладан берекет сораң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustoz sorawim tomendegishe hazir issi kunlerde taqarat almay tuwri dushqa kirip gusil qilip namaz oqisaq bolama yaki taqarattin parizin orinlaw kerekpa?juwap un raxmet
Ўа алайкум ассалам. Душта таҳәрат алғанда жуўылатуғын жерлер жуўылатуғын болса, таҳәраттың орнына өтеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ас саламу аликум.менин сорауларым бар еди беретин жуапларынска алдын ала Рахмет Алла разы болсын.
1. Мен бир агайын Синлиме карыз акша берип едим соны алалмай жургениме еки жыл болды. Ол енди маган баламнын алемент пулын алагой картышкамды берип койайын диди.Мен жетимнин хакысын жегенлерден болмайманба деген гуманым болып тур? Бирак алмайын десем озим квартира да тураман муктажбан.Усы маселе бойынша жуап берсенис илтимас.
2.Жане бир агайын ажапама колымда бар кезинде Мухтаж болып турганда акша берип турып едим. Бирак ол айма ай квартира пулынды берип тураман саганда комек болсын бирак мен акшанды саудама пайдалана турайын деди. Мен оган берсенде бермесенде озин бил Бирак беремен десен як демеймен. Бермеймендесенде разыман карсылыгм жок дедим. Бирак ол берип атыр. мен протсент жеп отырган кунакар болып калмайманба усы сораумада жуап берсениз илтимас.
Ўа алайкум ассалам.
1. Пайдалансаңыз болады. Бирақ қыйналып қалған адамға жәрдем бериў, қарызды кешиктириў, бир бөлимин кешип жибериў үлкен саўаплы ислерден.
2. Биреўге қарызға пул бергенде, оның үстинен үстеме сораў, пайдаланыў дурыс емес.
Берилген пулға анықлық киргизиў ҳәм гүўалардың алдында жазып қойыў керек. Биреўге пулды музараба шәрти менен бериўге болады. Музараба бул - бир тәреп пул береди, екинши тәреп мийнетин тигеди. Түскен пайда өз ара бөлисиледи, егер банкрот болса, бир тәреп пулына күйеди, екинши тәреп мийнетине, бул ҳадал жол. Бирақ, қарызға пул берип үстеме алыў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы