Assalawma aleykum ustazlar Allah sabir ku'sh quwat bersin ku'n dawaminda...
Sa'l basqashalaw soraw bersem ayipqa sanaman'lar... tazadan jay salip edim 4x7 qilip jataqxana saldim. Sonin' bir shetin kishigirim mehrob qilip Allah & Payg'ambarimiz ismlerin arabshalap jazip. Bir mu'yeshine spalnaya qoyip bala shag'am menen uyqilaw orini qilsam durisba ya'ki na durisba qa'te jazg'an bolsam aldinnan uzrli bolsin...???
Ўа алайкум ассалам. Бундай етиў дурыс емес. Ерли-зайып жататуғын ханада, басқа ислер де болыўы тәбийий, ол жерде Аллаҳ исми, пайғамбар исми турса ҳүрметсизлик болады. Басқа ханаларға қылың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалауму алейкум, алдыннан жууап ушын рахмет.
1.Мен жуда тан намазын окыгым келип жур. Бирак еле ядламадым.Ядлап аламан дегенге шекем китапка карап окыуга болама?
2. Тан намаз уактын калай аныклаймыз, корсетилген уакыттан кун шыгаман дегенге шекемги аралыкта окылама?
3. Уйде кубла тарепти кун шыккан тарепке салыстырып аныклауга болама? Мс: кун шыгыс, батыс, арка кубла деп анаклай аламыз ба?
Ўа алайкум ассалам.
1. Аллаҳ таала несип етсин. Ядлап алғаныңызша, үйрениў мақсетинде китапқа қарап үйренип оқысаңыз болады.
2. Таң намаз ўвқты таң атқаннан қуяш шыға баслағанша ўақыт ишинде.
3. Қарақалпақстан шараятында шәрий қубла - географиялық қубла менен батыстың ортасында.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устазлар менин сорауым томендегише мен тан намаз окып басладым бирак намаз окыу деген киемге байланыслыма келте немесе ашык шашык киенбесем болды емеспа хиджап орау шартпе ямаса толыграк жауап берсениз алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Мусылман ҳаял-қызлар әўрет жерлерин жаўып жүриўи шәрт. Буны бизлердеги киймешекке уқсаған миллий кийимлер яки оның орнын басатуғын кийимлер менен болады.
Намаздың парызлығы бөлек гәп. Намаз дурыс болыўы ушын мудамы оранып жүриў керек деген шәрти жоқ. Намаз дурыс болыўы ушын намаз ўақытта әўрет ағзаларды жабыў шәрт. Басқа ўақытлары әўрет ағзаларды жаўып жүриў ол бөлек парыз. Соның ушын оранбайтуғын ҳаял-қызларға сизлер намаз оқымаң, деп айтыўға ҳеш кимниң ҳақы жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум сорауим бар еди жууап ушин алдииннан рахмет мен кийеуим уси жилдан баслап ораза устап еди еки рет аузин ашип койди бириншиси менин айбим менен уйклап калдим сарликте екиншиси ози баси ауип шидамай наспай атип койди енди не килади бирак изин дауам етип атир оразанин соган тусиник берсениз илтимас
Ўа алайкум ассалам. Сәҳәрликке тура алмай ораза тута алмаған болса, сол күниниң қазасын тутып береди, екинши өзи аўзын ашып қойғанының қазасын ҳәм каффаратын өтейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Ustazlar..Iqilas Su'resin qayta qayta oqig'animizda keyingilerinde basinda BISMILLAQTI takralaymizba..Ya Bismilllaq aytpastan oqip kete beremiz ba..Basqa surelerdi Oqig'animizdashe..Juwap ushin Aldinnan raxmet Jumislarin'iz sa'tli bolsin.
Ўа алайкум ассалам. Еки сүрениң арасында яки бир сүрени қайта-қайта оқылғанда арасында бисмиллаҳты оқыў абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз! Менин сорауым: Хаял адам тан намазынан алдын азан окыйма я окымайма?
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял-қызлар намаз оқығанда азан ҳәм иқомат айтпайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalaum aleykum sorawim shukirshili ham tawbe kiliw Namazi qaysi waxitta oqiladi juwap ushin aldin ala Raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Тәўбе намаз гүна қылып қойғанда оқылатуғын нәпил намазы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллаху уа баракату, арак ишиудин гунаси хам жазасы кандай болатугынлыгын толыгырак айтсаныз , адамларга тусиндириу ушын . Бизлерде арак ишип мусулманбиз деп жургенлер хаттеки ийттин, щошканын гощин жегенлерди мусулманшалап комеди соган толыгырак жуап кайтарсаныз
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала Қураны кәриймде мәс етиўши ишимликлерди ҳәм шошқаның гөшин жеўди ҳарам еткен. Ким буларды ишсе, жесе, Аллаҳ тааланың азабына бул дүньяда да, ақыретте де дуўшар болады. Бул нәрселерди ҳадал деп билген адам мусылманшылықтан шығып кетеди, сонын ушын бир нәрсени ҳадал яки ҳарам деп айтыўдан сақланыў керек.
Аллаҳ таала ҳарам еткен ҳәр қандай нәрседе, әлбетте бир ҳикмет болады. Мәс етиўши ишимликлердиң инсанға зыян екенин айтып отырыўдың ҳәжети жоқ. Арақтың мәнаўия, материаллық зыянлары ҳаққында жүдә көп мағлыўматлар бар. Шошқанын гөшиниң де инсанға қаншелли зыяны бар екени ҳәзирде ҳәммеге мәлим. Ҳәр қандай өзин таныған адам бундай жеркенишли ислерден сақланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу Алейкум Устаз сизден бир сорауым бар еди сорауым Тан Намазын 2 ракат суннет 2 ракат парызын окып болып бурын каза болган Тан Намазын парызын окысак болама
Ўа алайкум ассалам. Қаза намаз оқыўға болады. Бул ўақытта нәпил намаз оқыўға болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam aleykum!Qaraqalpaqstan aymaginda Naqshbandiy bomasa Yassawiy tariqattin pir ustazlari barma?
Ўа алайкум ассалам. Ҳәзирде тасаўўуф устазлары жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому аллайкум ва рахматуллохи ва барокатухи. Хурметли устазлар сорауым бар еди. Жуап ушун алдыннан рахмет.
1. Жамаат менен намаз оқилип атирған жерге барып қалсақ, мисали 4 ракетлик парзди оқып атир 2 ракетин оқып ташахудтида оқып турди, ниет етип имамға уйип намазға қосилса. сана дуасын оқила ма, я болмаса жамаат 4 ракетин оқып салам берип болғаннан кейин, салам бермий орннан турып Сананы, Фатихани зам суре қосып қалған 2 ракет парызди қандай оқийман.
Ўа алайкум ассалам. Намазға кешигип қалған адам, мысалы сиз айтқандай еки рәкат кеш келген адам, имамға уйыйды, нийет етип, сол ўақытта сана дуўасын оқыйды. Қалған еки рәкатын имам сәлем бергенде турып даўам еттирип қояды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум сорауим не ушын бир хайуанларды кийели дейди хам кайсы хайуанлар кийели болады. Алдынан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Ондай гәплер қәте түсиник. Мусылманшылықта ҳәр бир ис шәрият шегарасында болады. Ҳайўанларды бийкарға, кеўил хошлыққа өлтириў жоқ, бул үлкен гүналардан. Керек ўақытта керегинше пайдаланыў ғана бар. Бул ислерде ҳәддинен асқанлар, яғный артықша оларға азар бергенлер, ысырап еткенлер, муқаддеслестиргенлер Аллаҳтың алдында жуўап береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazar! Ba'rshen'izge ulli Ramazan ayi mu'barek bolsin. Sorawim sonnan ibarat: Qaraqalpaq tilinde shig'arilgan Quran kitabin qay jerden alsaq boladi? Kitaptin Elektron versiyasi barma? Internetten tek g'ana "Muqaddes kitap" elektron versiyasin tawa aldim.
Ўа алайкум ассалам. Мына силтеме арқалы тапсаңыз болады: https://play.google.com/store/apps/details?id=com....
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу Алейкум...намазды Азан айтпай окыуга болама...уйде тек озым тан намазын окыман...алдыннен рахмет
Ўа алайкум ассалам. Азан айтыў қыйын ис емес, көп ўақыт та талап етпейди, бирақ оның пайдалары әлемге татыйды. Азан айтылған үйге қут-берекет жаўылады, жин-шайтанлар азанды еситип, сол үйден қашады, таза үйге көшкенде, таза бир жерге барғанда да әдетте азан айтылады, азанның сөзлери бул Аллаҳты уллылаў, Аллаҳға ийман келтириў, пайғамбарды мойынлаў, адамларды жақсылыққа шақырыўдан ибарат. Намаздан алдын азан айтыўдыў ҳүкими мәзҳабымызда сүннет, соған қарамай, көпшилик уламалар азан айтыўды шәрт деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаўма әлейкўм. Сораўим: Егер бала диндар бирак кыз ондай болмаса олар дос болип сойлесе алама? Буған динимизде не делинген толиқрак айтип өтсеңиз.
Ўа алайкум ассалам. Намәҳрамлық пайда болатуғын жағдайлар дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum.Men Allah dan qiz waqtimnan berli birinshi perzentime egizek qiz ber dep dua eter edim hazirda dua etemen.Ham Allahim men paygambarimiz Muhammed alayxis salamnin saliha ham salih umetlerin kopeytireyin ham magan ham omirlik joldasima egiz egiz perzentler bergeysen dep dua etemen.Allah sizler dua etin men qabil qilaman degen. Hamme zatti Allah dan soraw kerek men sol ushunda egizekler dep dua etemen.Al,oni esitken omirlik joldasim onday qilib dua etilmeydi dedi.Tek saliha salih perzentler ber dep dua etiledi dedi.Menin egizek qizlar ballar ber dep dua etkenim qateme?Juwap ushun aldinan raxmet.Allah sizden razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам. Бундай дуўа етиў жайыз. Бирақ ҳәдислерде келген перзент сораў дуўаларын айтқаныңыз мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum!
1. Bazi bir waqitlari menin' murnim qanap ketetin a'det bar, namaz oqip atirg'an waqitta murnim qanap ketken jag'dayda qanday jol tutiwim tiyis?
Ўа алайкум ассалам. Қан нажас есапланады. Қанап атарғанын сезген ўақытта, қол менен тосып, басқаларға зыян берместен турып кетиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар менин сорауым мен каза оразаларымды есаплап корсем 16 жыл екен соны айма ай жыл дауамында услап берсем болама жуап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте болады. Бирақ күнделикли өмирди өзгертип, бир шетке шегинип алып қылынбайды. Әдеттеги өмирди өткерип, қазалардан тезирек қутылыўға ҳәрекет етиледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынади:
“Ким илим талап қылыў жолында болса, жәннет оның талабында болады.
Ким гүна талабында болса, дозақ оның талабында болады”.
Ассалаума алейкум устазлар. Бул жерде "илим" дегенде тек диний илим козде тутылғанба?
Ўа алайкум ассалам. Ким қайсы кәсипти ийелесе ҳәм онда шәриятқа әмел етип ис алып барса, әлбетте ақыретте уллы дәрежелерге ерисе береди. Мысалы саўдагерлер ҳаққында айтылған ҳәдислерге қараң, бул тек ғана пайда табыўға тийисли гәплер емес. Ким қайсы кәсипти ийелесе, ҳадаллық сыпатларына ийе болса, шәриятқа әмел етилип алып барылса, әлбетте сол дәрежелерге ерисиле бериледи. Бирақ мақсет қәте қойылған болса, онда ҳәттеки шәрият илимлерин үйрениў де пайда бермейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. ул баланы хатна кылмасада боладыма егер болмаса хатна хаккында тийкаргы анык далиллери барма хам ул тууылса жанлык соймастан онын орнына гарип касерлерге акшалай садака берсе боладыма озим гош жегенди жактырмаганым себепли жанлыкты сойдырыугада хошым жок.
Ўа алайкум ассалам. Хатна етиў сүннет. Бул ис Пайғамбарымыз алайҳиссалам дәўиринде қылынған. Ул туўылса да, қыз туўылса да жанлық сойып ақыйқа бериў қәдир болғанларға сүннети муаккада, қәдир болмағанлар бериўи шәрт емес. Пайғамбарымыз алайҳиссалам ақиқа қылып қой сойып берген.
Ҳайўанлардың гөшин жеў мәселесинде инсаният үш түрли жолды тутқан, биринши топар қәлеген нәрсесин жейди, ҳалал-ҳарамына қарамайды, ҳайўанларды буйым сыпатында көреди ҳәттеки азаплап өлтиреди. Екинши топар, улыўма гөш жемеўди өз алдына мақсет етип қояды ҳәм мусылманларды жаўызлықта айыплайды. Үшинши ҳәм туўры жол бул мусылманлардың тутқан жолы. Бул жол Аллаҳ тааланың көрсеткен жолы. Мусылманлар тек ғана ҳадал ҳайўанлардың гөшин жеўи мүмкин, онда да ҳадал жол менен шалынған болса. Мусылман адам ҳеш қашан ҳайўанға азар бериўи мүмкин емес, ҳәттеки өзи, силекейи тийсе ҳарам ететуғын ийтлерди де азаплаўы, урыўы, мүмкин емес. Шалғанда да пышақ көрсетилмей алып барылып, толық жаны шықпағанша басқа ҳәрекетлер қылынбайды. Мусылманшылыкта ҳайўанларға азар бериў дозаққа түсиўге теңлестирилген. Бир пышықты үйде қалдырып кетип, кейин ол пышық аштан өлгенде, ол адамның дозақ әҳлинен болғаны ҳәдисте айтылған. Ҳәзирде айырым бир шығыс еллеринде гөш жемеўши адамлар бар, олар ҳайўанға азар бермеймиз деп даўа қылады, бирақ адамзатқа биймәлел азар береди. Бизлерде де айырым бир гөш жеўден қайтарыўшылар бар, мисли гөш жеўди ҳарам ис деп биледи, ал қылып жүрген ислери, басқаларға азары айтып таўысып болмайды.
Егер гөшти жеў мүмкин болмағанда Пайғамбар алайҳиссалам буннан қайтарған болар еди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы