Ассалаума алейкум устазлар! бир сорауым бар еди. Кандай адамлар менен карым катнасты узиуге болады? мысалы бурын дос болып казир арасы бузылса, гунах, масият, фахш пенен айланысатын дослар орталыгын, осек гап айтылатугын орталыкты тарк етиуге рухсат барма динимизде? толыгырак тусиндирип берсениз, илтимас. Алдыннан рахмет. Алла разы болсын
Ўа алайкум ассалам. Жаманлыққа, бузықлыққа баслайтуғынлардан узақ болыў керек. Бирақ соны да умытпаў керек, ағайин-туўысқан, ата-ана, қоңсы-қобаның қаншелли жаман болса да, өз ҳақылары болады, олардан кешип, байланысты үзиўге болмайды, олар жаман болса да, жақсылықта даўамлы болыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum! Ustaz bomdot namazin oqip bolip quyash shiqqannan keyin bizar uyqlap alaman. Sebebi kundiz uylawga imkaniyat joq jumista bolaman. Bul isim tuwrima?
Ўа алайкум ассалам. Қуяш шыққаннан кейин уйқылаўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алейкум сізге сорауым мен ажрасқан болсамда рамазан айында пітір берсем болама жауабыңыз үшін міннетдаршылығымды білдіремін Аллаһ разы болсын
Ўа алайкум ассалам. Питир садақаны мал-мүлки нысабқа жеткен адамлар береди, егер мал-мүлкиңиз нысабқа жеткен болса, бересиз. Бунда ажырасқан болыў әҳмийетли емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум уа рахматуллохи уа баракатух устаз. Сорауым усыдан ибарат: мен мешитке жакын жерде тураман, намаз уакты киргенде муаззиннин азанды айтып атырганын гейде еситемен, гейде еситпеймен көшедеги шаукым себепли. Сол себептен мен хардайым азанды озим айтаман. Бул дурыспа ямаса надурыс?
Ўа алайкум ассалам. Мешитте айтылған азан даўысы еситилетуғын болса, азан айтыў шәрт емес, бирақ ҳәр бир үйде азан айтыў сол үйге қут-берекет алып келеди. Мешиттеги азан даўысы үйге еситилетуғын болса да, үйде қайтадан азан айтыў жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз сорауым..куйеуимнин аты Рашид кайнимнин аты Рахман екеуиде Алланын аты енди булар атын озгертиу керекпе??екеуиде атларына ылайык емес отирикти коп айтады дастурхан басындада согинип сойлейди аузы дым жаман кайним аракта ишеди
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ тааланың исимлериниң алдына Абду сөзин қосып кейин ат қойыў керек. Рашид емес Абдуррашид, Раҳман емес Абдурраҳман.
Раҳман исми Аллаҳға тән болып, бул исмниң жалғыз өзин бендеге қойып болмайды, бендешиликти билдиретуғын бир сөзди қосып кейин қойыўға болады.
Атларының алдына Абду сөзин қосып мүрәжат етиң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум устазлар.
Сорауым: Жайнамаздагы шайтанлар хаккындагы видеоларды корип едим. Менинда жайнамазымда сол видеодагы шайтанга уксас сурет бар екен. Мен не кылайын енди? Сол затлар распа? . Сол затлар хаккында маглумат берсениз.
Ўа алайкум ассалам. Сол видеоны ислегенлер шайтанды қаяқта көрипти, соның шайтанның сүўрети екенин қаяқтан биледи екен? Ондай гәплерге исенбең!
Жайнамаз алғанда бир реңли, ҳеш қандай сүўрети жоқ түринен алыў керек. Жайнамазда Каабаның ямаса басқа мешитлердиң сүўрети болмасын, сондай ақ адамның көзин шалғытатуғын гүлли түрлеринен де алмаған мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалау Алейкум устазлар сорауим
сорауим мен озим уси жил ораза услап баслаганима 2 жил болади .Менин келинимде ораза услагизи келеди бирак баласи 2 жасар баласинин кате кемшилигим болса кеширерсизлер нажасларин жуи соган уксас нарселер уй жагдайинда болган сон оразасина зиани жокпа сорауима толик жуап бере аласпа
.Оразада тукирик жутиу болама деген сорауга кенлеу жуап берсениз .Мен озим аз жутаман окиганларим солай деп жазилган ал биреулер болмайди деп жерге тукиреди . АЛДИННАН РАХМЕТ СИХЛЕРДЕН АЛЛА РАЗИ БОЛСИН
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала ибадатларыңызды қабыл етсин! Балаға қараў оның кийимлерин жуўыў оразаға зыян емес. Биймәлел тута берсин.
Аўыздан шығармаған болсаңыз жутыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
1. Менин жасым 22де мен тан намаз окыб жургениме 1жылга жетежак, 5 уакит окыйн десем жумысыма байланыслы казирше тан намаз окыйман бырак бир кезлери танда уйхлаб калатын уахитларимда болады. Сол кезлеры азанда саат 9дан оте каза етиб окысам болама, ямаса тан намазды каза етиб окыу ушын белгиленген уахыт барма?
2. Алла талам буйрса ораза жакынласыб келятир. Мен туберкулезный больницада ислеймен. Енди ораза тутайн десем бизлер жумиста тойб журмесек болмайды, иммунитет тусиб кетпеуы ушын. Сораум: мен намаз окыб журиб, ораза тутпасам гунахкар боламанба?
Илтимас сораум оринсиз болса кеширин койуынызды соранаман. Сорауларима толык тусиник берсангиз илтимас.
Ассаламу алайкум.
1. Болады. Қаза қылмаўға, қаза болып қалған тәғдирде, оянғанда дәрриў оқыўға ҳәрекет етиң.
2. Намаз оқыў бөлек парыз, ораза тутыў бөлек парыз. Биреўин орынламай екиншисин орынлаў гүна болады, деген гәп жоқ. Намазды да, оразаны да орынлаўға ҳәрекет етиң. Биреўин орынламай атырған болсаңыз, бул екиншисин де таслап қойыў керек, дегени емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум коз тийиуден калай саклануга болады
Ўа алайкум ассалам. "Фатиҳа", "Ихлас", "Фалақ", "Нас" сүрелерин оқып өзиңизге дем салып жүриң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Аллахым хар Бир ийгиликли ислеринизге рауаж берсин. сорауым бар еди.хижрий камарий жыл атларынын манилери барма кандай манилерди береди?
Ўа алайкум ассалам.
Имам Сахаўий «Ал-машҳур фий асмаи аййами ўаш шуҳур» деген китабында ҳижрий айлардың мәнилери ҳаққында былай деген:
1. Муҳаррам — мәниси ҳарам етилген, дегени. Айға қарап есапланатуғын жыл есабының биринши айының бундай аталыўына себеби, бул ай - мусылманшылықтан алдыңғы дәўирлерде де урыс ҳарам етилген болғанынан усындай аталған.
2. Софар — бир мәниси сары рең, деген мәниде. Екинши мәниси босап қалыў, дегени. Алдыңғы дәўирлерде усы ай киргенде көпшилик саҳралы адамлар тижәрат ушын үлкен қалаларға шығып кеткен ҳәм саҳрадағы үйлер босап қалған, сонлықтан усындай аталған.
3-4. Робиул аўўал - Робиул ахир. Үшинши ҳәм төртинши айлардың мәниси, бәҳәр, көркемлик, дегени.
5-6. Жумадул аўўал. Жумадул ахир — жумад сөзи музлаў, қатып қалыў деген мәниде. Аўўал - биринши, ахир - екинши дегени.
7. Ражаб - уллылаў дегени.
8. Шаъбан — бөлиниў дегени. Саҳралылар усы айда топар топар болып бөлинип суў излеген.
9. Рамазон - ыссы дегени.
10. Шаввол — таўсылыў, тоқтаў дегени.
11. Зул қаъда — отырып қалыў деген мәнини аңлатады. Усы айда ҳәмме ҳәрекетлер тоқтап, әскерлер үйлеринде отырып қалғаны ушын усындай аталған.
12. Зул ҳижжа — ҳаж ийеси дегени. Алдыңғы дәўирлерде усы айда ҳажға шыққанлығы ушын усындай аталған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Ислеринизге сат Алла разы болсын. Менин сорауым бар еди.
1. Ораза услаганда тунимен уйкламай сахарликте ауызды жауып болып уйкласак болама танда туралмай калаберемен сол дурыс болама.
2.Жатар алдында куран еситемен жаткан халымда бул кате емеспа . Жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Оразаңыз дурыс бола береди, бирақ таң атқаннан кейин Қуяш шыққанша уйқылаў мәкруҳ
2. Ҳүким тәрептен жатып Қуран еситиў жайыз болғаны менен, жатып Қуран еситиў ҳүрметсизлик болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз. Менин сорауым томендегише.Мен 1- марте ораза тутажак едим. Егер ораза бузылып кетсе, мысалы ауырып калсак хам тагы баска да жагдайлар болып бузылып кетсе оразамыз гунасы кандай болады? Жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Қатты аўырып қалыў ямаса соған уқсас мәжбүрий ҳалларда аўыз ашылса, оразадан кейин бир күнге бир күн етип ораза тутып береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!!!Сорау бар еди:Менин сойлесип жургени кизим тан намаз окип баслап еди бизлер жакын мунасибетте болиуга болама мисали кушаклауга колинан услауга бетинен суйиуге
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыйтуғын болсын ямаса намаз оқымайтуғын болсын, намәҳрам қызлар менен некесиз ҳалда сиз айтқан дәрежеде жақын болыў ҳарам ис. Дүньяда да, ақыретте де жазасы болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар, мен намаз окыгым келеди, ораза услап мусылман парызларын аткарсам деймен,Бирак уйимизде ораза услап намаз окушылар жок сорап уйренейн десем. Озимда ким болса содан сорап уйренуди емес арнайы устазлар яки даллиленген китаплар аркалы уйренгим келеди. Кыз бала болганым ушын мешитке бара алмайман,(негизи кызларга сондай шеклеу бары распа? ) Сорагым келгени мен мусылман парызларын орынлауды (намаз оку, ораза услау х.т.б )калай уйренсем болады ?хам сол туралы кен маглумат алгым келеди ..Китап хам колланбалар болса айтсаныз маслахат берин.
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў бойынша "Намаз қағыйдалары" деген китап бар. Ораза тутыў бойынша "Ораза пазыйлети", деген китап бар. Солардан үйренсеңиз болады. Сондай-ақ, paziylet.uz сайтында ҳәм оның социаллық каналларында намаз ҳәм ораза ҳаққында мағлыўматлар берилип барылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Сорауым төмендегише:
Кийеуим менен турмыс қурғанымызға 2жыл болды, 3 айлық баламыз бар.Алла Таалам суннетлеп берди аты Суннетулла. Бирақ елеге дейин некеден өтпедик. Некемиз болмаса баламызға Азан оқылмайды деп еситтим. Бизлер некеден өткеннен соң Азан оқытыу кеш боладыма? Некесиз тууылған бала харам дейди сол ыраспа? Қулағына Азан оқылыуын кеулиме туйип едим.
Жууап ушын алдыннан рахмет! Алла разы болсын!
Ўа алайкум ассалам. Неке болмаса да, баланың қулағына азан айтыўға болады. Неке оқытыў ушын үшинши бир адам шәрт емес. Еки ер адамның гүўалығында күйеўиңиз сизге: маған ҳаял болыўға разысыз ба?, десе, сиз: разы болдым, деп өткен мәҳәлде жуўап берсеңиз, сол жерде мәҳр келисип алынса, болды.
Сондай-ақ, баланың қулағына азан айтыў ушын басқа адамды шақырыў шәрт емес. Өзлериңиз азан айтылатуғын сөзлерди ядлап алып баланың оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтасыз ҳәм баланың ҳақына жақсы дуўалар ҳәм тилеклерди айтасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Асалаума алейкум устаз игликли ислериниз ушын Алла разы болсын.Сораум тазалап жай салдым бурын жол болган план уактында казир есигим алдынан адамлар отеберед енди болды жазсам болама ягнй забор лап таслайман . Адамлар отип уйренип калаган азрак журсен улкен коше тур. Естиумше жол жабуга болмайт дид.маган унамайт есигим алдынан адамлар откени
Ўа алайкум ассалам. Өзиңизге тийисли жер орнын жаўып қойыўыңыз сизиң жеке ҳуқықыңыз. Жолды жабыўға болмайды делингени бул - адамлар жүриўи ушын арналған өтиў жолларын ҳеш бир себепсиз жаўып қойыўға болмайды, дегени.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум устазлар. Сорауым бар еди: биреулер айтады Аллаберди Алланияз Алламурат усындай атларды койуга болмайды деп. пикиринзди айтып отсениз жуап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Биз өз пикиримизди айтпаймыз. Шәрияттың гәпин айтамыз. Бундай атларды қойыўға болады. Бирақ жазғанда туўры жазыўыңыз керек. Аллаҳберди - Аллаҳ берген перзент, деген мәниде. Аллаҳнияз - Аллаҳ берген, сыйлаған перзент, дегени. Аллаҳмурат - Аллаҳ ирада еткен дегени.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз сизге берген сорауим жуабсыз калмакта сол дуриспа.
Ўа алайкум ассалам. Айырым сораўлар он мәртеге шекем қайталанып берилип атыр. Қолдан келгенше жуўап бериўге ҳәрекет етип атырмыз. Илажы болса, излеў хызмети арқалы сораўыңызды каналымыздан излеп көриң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ASSALAWMA ALYKUM MENIN SORAWIM MENIN AKEM QAYTIS BOLGAN MEN BUNNAN BIR JIL ALDIN AKEMDI TABITTA KOTERIP QABIRGE TASTAP JIBERGENIN JANE OL JER BIRDEN ALISIP OT KUSHEYIP KETKENIN ISHINEN JILANLAR QASHIP SHIGIP KETIP ATIRGANIN TUSIMDE KORE BERDIM KUNDE SON NAMAZDI UYRENIP ALDIM HAM NAMAZDAN KEYIN DUGA OQIDIM SON OL TUS QAYTIP KORMEDIM SORAWIM SOL TUS MANISI QANDAY JANE MEN OYLAGANDAY HAQIQATI ALLA TALANIN GAZEBI TUSKEN ADAM BOLGANIMA SOL ELEGE SHEKEM YADIMNAN KETPEYDIII JUWAB USHIN ALDINNAN RAXMET ALLA RAZI BOLSINN
Ўа алайкум ассалам. Биз түс жорыўшы емеспиз. Бирақ намаз оқыўды баслағаныңыз туўры болған. Намаз қәбирге киргеннен баслап соралыўы ҳәдислерде баян етилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алейкум ва рахматуллоху баракатух. Без алкогольный напиток (пиво) ишуге боладима.
Ўа алайкум ассалам. Ишпеген мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы