Assalawma aleykum ustazlar. Oraza tutqanda sa'ha'rlik korsetilgen waqit misali 5:10da bolsa sol waqitta awiz jawatin duwa oqiladima?. Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Ораза тутыўға нийет етиўиңиздиң өзи жетерли. Дуўасын айтсаңызда болады. Аўыз жаўылғаннан кейин айтсаңыз болады, ўақты келиўин күтиў шәрт емес, бирақ ўақтының ақырына шекем күтиў абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hu'rmetli usrazlar! Sorawim sodan ibarat edi eger adam tu'sinde muqaddes Kaba ni ziyarat qilg'anin korgeni neni bildiredi?
Aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Биз түс жорыўшы емеспиз. Каабаны көриў әлбетте жақсылық.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Ustazlar, aldin ala sizlerge xalqimizga islep atirg'an qayirqomliq islerin'izdi Alla talam qabil qiliwina tileklespen sorawim to'mendegishe Quda qalese usi jildan baslap Alla ushin oraza tutip baslayman sol ushin iltimas ma'slahat bere alasizba birinshi ma'rte baslayjaq edim tan' namaz oqiwdi uyreniwim ushinda maslahat bere alasizba aldinnan raxmet juwabin'iz ushin.
Ўа алайкум ассалам. Дурыс шешимге келгенсиз. Негизинде ҳәр бир мөмин мусылман балағатқа жеткеннен баслап парызларын орынлаўы керек. Ҳештен көре кеш болса да баслағаныңыз ең туўры жол. Сиз алдын Намаз оқыў қағыйдалары ҳәм Ораза пазыйлети китапларын алып бир бастан оқып шығың! Ядлаў керек болған аят, дуўаларды ядлаң! Китаптың ишинде көрсетилген тәртип бойынша ибадатларыңызды баслаң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Әссәләму аләйкум ўә роҳмәтуллоҳи ўә бәрокәтуҳ ұстаз менің сізге сорауым
1.Мәнийдің "Дафх" болып шығыуы не дегені хәм бұл жерде "Дафх" деген сөз қандай мағынаны білдіреді кеңнен түсіндіріп берсеңіз?
2.Құран кәрімде "Сізлер жақсы деп ойлаған нәрсеңіз жаман болыуы мүмкін жаман деп ойлаған нәрсеңіз жақсы болыуы мүмкін" деген мағынадағы аят кай сүреде екенін айтып жіберсеңіз хәм сол аяттың тәпсірін тусіндіріп берсеңіз?
Жууапларыңыз ұшын алдыннан рахмет Аллаһ разы болсын !
Ўа алайкум ассалам.
1. Мәний еки түрли ҳалда шығады. Айырым бир кеселленген ер адамларда суўықта жүргенде ҳеш қандай шаҳўат болмаса да мәний ағыўы мүмкин, буған ғусыл қылынбайды. Екиншиси, әдеттегидей шаҳўат келгенде мәний атылып шығыўына дафқ, делинеди. Усындай болғанда ғусыл ўәжиб болады.
2. Бундай мәнидеги аятлар бир неше орында келеди, мысалы Ниса сүреси 19-аятында. Бул жерде ҳаялларды жаман көрмең, деген мәни бар. Яғный, сизлер оларды жаман көрсеңиз де, бәлким Аллаҳ онда көп жақсылықты қылып қойыўы мүмкин, делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma Aleykum Ustaz. Sorawim tomendegishe.
Bir tanisim bar edi ol murnina dāri sewip jur edi kunine 4-5 ret. Sorawim sol adam Oraza uslap jurip sewip juriwine bolama tutiq waqtinda?. Juwap ushin aldinnan raxmet. Jumislarinizda awmet tileymen ...
Ўа алайкум ассалам. Тамақ арқалы ишке өтип кететуғын болса, оразаны ашады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Сорауым төмендегише
1.Қаза намазы қай тəртипте оқылады?
Нийети қалай айтылады?
2.Жыллар дауамындағы қаза намазы оқылыуы тəртиби қандай болады?
3.Мойнында қаза намазы көп болған адам тахажжут намазын оқыған дурыспа?
4.Байн талақ хаққында түсиник берсеңиз?
Ўа алайкум ассалам.
1. Әдеттеги намаз нийетиндегидей нийет етиледи, тек ғана қаза сөзи қосылады, мысалы таң намазының еки рәкат парызының қазасын, жүзимди қублаға қаратып оқыўды нийет еттим, холисол лилләҳи Аллоҳу әкбар.
2. Жыллар даўамындағы қаза намазларды есаплап шығыў керек, буны қыйын деп ойламаң, қырық жыллап намазлары қаза қалған адамлардың қаза намазларын оқып болғанлары бар.
3. Таҳажжуд намазын оқыўы дурыс, намаз оқыў ҳеш ўақытта қәте болмайды. Тек ғана қаза намазды оқығаны абзал. Қыяметте парыз намазлардан сораў болады, нәпил намазлардан емес.
4. Ажырасыў нийети менен кинаялы сөзлер айтыў, мысалы үйиңе кет, ҳтб. Байын талақ түскенде некени жаңалаў шәрт. Мәҳрди де қайтадан береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз сизге сорауым хаял адамлар тан намаз окыган уакыт азан айтпай нийет етеди сано дууа одан кейин фаитха жане зам суре руку сажде одан кейин рообина дууа окылама мен тусинбей втырман егер мен кате окысам кеширилеме жакынан баслап тан намазын окып атырман
Ўа алайкум ассалам.
ТАҢ НАМАЗ
Таң намазы еки рәкәәт сүннет, еки рәкәәт парыз - жәми төрт рәкәәттен ибарат.
Таң намазының еки рәкәәт сүннети төмендегише оқылады:
• Нийет. «Аллаҳ разылығы ушын қублаға жүзленип, бүгинги таң намазының еки рәкәәт сүннетин оқыўды нийет қылдым», деп кеўилден өткизиледи ҳәм тил менен айтылады (1-2-сүўретлер).
• Тәкбири таҳрима. «Алло`ҳу акбар», деп намазды баслаў такбири айтылады. Бул такбирде еркеклер қолларының алақанын қублаға қаратып, бас бармақларының ушын қулақларының жумсақ жерине тийгизеди (3-сүўрет). Ҳаяллар қолларын желке барабарында көтереди (4-сүўрет).
• Қоллар байланады. Еркеклер оң қолының алақанын шеп қолының үстине қояды. Оң қолының бас ҳәм киши бармақлары менен шеп қолының билеги усланады (5-сүўрет).
Ҳаяллар оң қолын шеп қолы үстине қойып, қолларын көкрекке қоядылар (6-сүўрет). Бундай турыў «қыям» делинеди. Қыямда (тик турған ҳалда) сәжде қылынатуғын жерге қарап турылады ҳәм нәўбети менен төмендегилер оқылады.
• САНА ДУЎАСЫ
سبحانك الله وبحمدك وتبارك اسمك وتعالى جدك ولا اله غيرك
«Субҳа`нәкалло`ҳумма ўа биҳамдика ўа тәбәра`касмука ўа таъа`ла жаддука ўа ла` илә`ҳә ғойрук»
Мәниси: Я Аллаҳым¨ Сен пәк ҳәм мақтаўлысаң. Сениң атың мүбәрек ҳәм мәртебең жүдә бәлент. Сеннен басқа ҳеш қандай қудай жоқ
• ФАТИҲА СҮРЕСИ
أعوذ بالله من الشيطان الرجيم
بسم الله الرحمن الرحيم
الحمد لله رب العلمين الرحمن الرحيم مالك يوم الدين اياك نعبد واياك نستعين
اهدنا الصراط المستقيم صراط الذين انعمت عليهم غير المغضوب عليهم ولا الضالين
«Аъу`зу билла`ҳи минаш-шайтонир рожийм»
«Бисмиллаҳир роҳманир роҳийм»
«Алҳамду лилләҳи Роббил ъа`лами`йн. Арроҳма`нир роҳи`йм. Ма`лики яўмидди`йн. Ийя`ка наъбуду ўа ийя`ка настаъи`йн. Иҳдинас сиро`тол мустақи`йм. Сыротол лази`йна анъамта ъалайҳим ғайрил мағду`ўби ъалайҳим ўалад до`лли`йн»,
Мәниси: Барлық мақтаўлар пүткил әлемниң ийеси, Меҳрибан ҳәм Рейимли, есап-китап күниниң ийеси болған Аллаҳ Таала ушын. Саған ғана ибадат қыламыз ҳәм сеннен ғана жәрдем сораймыз. Бизлерди туўры жолға басла, (Ол сондай туўры жол) Сен ҳидаят еткенлердиң (туўры жолдан баслағанлардың Пайғамбардың, Сыддық ҳәм шәҳийдлердиң) жолы Ғәзепке ушыраған (яҳудийлер) ҳәм адасқанлардың (насранийлер) жолы емес.
• Зам сүре: Фатиҳа сүресинен кейин бир зам сүре оқылады.
Намазды таза үйрениўшилер төмендеги киши сүрелерден бирин оқыса болады:
КАЎСАР СҮРЕСИ
Инна` аътойна` калкаўсар. Фа солли либбика ўанҳар. Инна ша`ниака ҳуўал абтар.
Мәниси: «(Ҳәй Муҳаммад,) ҳақыйқатта, Биз саған Каўсарды бердик. Енди, Рәббиңиз ушын намаз оқың ҳәм (түйе) сойып қурбанлық қылың! Әлбетте, сизди жаман көрип абтар деўши адамның өзи абтар (изи кесилген)».
(Каўсар — жәннеттеги бир дәря ямаса ҳәўиздиң аты. Оның суўы палдан татлы, қар ҳәм суўдан ақ. Оннан ишкен адам мәңги шөллемейди.)
ИХЛАС СҮРЕСИ
Қул ҳуўалло`ҳу аҳад. Алло`ҳус-сомад. Лам ялид. Ўа лам ю`ўлад ўа лам якуллаҳу` куфуўан аҳад.
Мәниси: (Ҳәй Муҳаммад,) Айт: «Ол Аллаҳ жалғыздур. Аллаҳ – Cамаддур(бийҳәжет). Ол туўмаған ҳәм туўылмаған ҳәм Оған ҳеш ким тең болмаған».
ФАЛАҚ СҮРЕСИ
Қул аъуўзу бироббил фалақ. Мин шарри ма` холақ. Ўа мин шарри ғо`сиқин иза` ўақоб. Ўа мин шаррин-наффа`са`ти фил ъуқад. Ўа мин шарри ҳа`сидин иза` ҳасад.
Мәниси: «(Ҳәй Муҳаммад,) айт: «Таң Рәббисинен панаҳ тилеймен. Ол жаратқан нәрселер жаманлығынан, кирип келген қаранғы түнниң жаманлығынан, түйинлерге дем салыўшылардың жаманлығынан ҳәм ҳәсет қылған ҳәсетшиниң жаманлығынан».
НАС СҮРЕСИ
Қул аъуўзу бирробинна`с. маликинна`с. ила`ҳинна`с. мин шаррил ўасўа`силхонна`с. Аллазий юўасўису фий судуўринна`с. минал жиннати ўанна`с.
Мәниси: «(Ҳәй Муҳаммад,) айтың: «Инсанлардың Рәббисинен, инсанлардың Патшасынан, инсанлардың Иләҳинен панаҳ тилеймен, жасырынып, көринип турыўшы ўасўасашының адамлардың қәлбине ўасўаса салатуғын жинлер ҳәм адамлардан болғанның жаманлығынан».
• руку
Зам сүре таўсылғаннан кейин, «Алло`ҳу акбар», деп руку қылынады. Еркеклер шығанақларын ҳәм дизелерин бүкпей, бармақларын ашқан ҳалда, дизелерин беккем услайды, арқасы менен басын бир тегис қылады. (7-сүўрет).
Ҳаяллар өзлерине қарағанда азырақ ийиледи. Дизелерин азғана бүгеди. Бармақларының арасын ашпастан дизесин услап турады. (8-сүўрет).
Рукуде үш мәрте «Субҳа`на Роббиял ъазийм» (Я уллы Рәббим, Сен ҳәмме нуқсанлардан пәксен), делинеди.
Рукуден «Самиъалло`ҳу лиман ҳамидаҳ» (Аллаҳ Оны мақтағанларды еситиўшидур), деп рукуден көтериледи, бундай турыўға «қаўма» делинеди.
Қаўма ҳалында: «Роббана` лакал ҳамд» (Я Рәббимиз, ҳәр мақтаўлар сениң ушындур), делинеди (9-10-сүўретлер).
• сәжде
«Алло`ҳу акбар» деп алдын дизелер, кейин қоллар, соң маңлай ҳәм мурын жерге тийгизилип, сәжде қылынады. Сәжде қылынып атырғанда аяқ бармақлары қублаға қаратылады, еркеклердиң шығанағы жерге тиймейди (11-сүўрет). Ҳаяллар да сондай қылады бирақ шығанақларын жерге тийгизип, қарны санына жабысып турады. (12-сүўрет). Сәждеде үш мәрте: «Субҳа`на Роббиял аъла`» (Уллы Рәббим пәкдур), делинеди.
«Алло`ҳу акбар» деп сәждеден бас көтериледи ҳәм дизерлеп бир аз отырылады, бундай отырыўға «жалса» делинеди. Жалсада қоллар, бармақлар еркин ҳалда, санның үстине қойылады. Бармақ ушлары дизе менен тең болыўы лазым (13-14-сүўретлер).
Еркеклер шеп аяғының үстине отырады. Оң аяқтың бармақлары қублаға қаратылады (15-сүўрет). Ҳаяллар аяқларын оң тәрепине шығарып жамбасы менен жерге отырады (16-сүўрет).
«Алло`ҳу акбар», деп екинши мәрте сәжде қылынады. Сәждеде үш мәрте: «Субҳа`на Роббиял аъла`», делинеди (17- 18-сүўретлер).
«Алло`ҳу акбар», деп қыямға турылады, яғный тик турылады.(19-20-сүўретлер).
Усы жерден екинши рәкәәт басланады онда биринши рәкәәттағы ҳәрекетлер тәкирарланады:
Қыямда «Бисмилла`ҳир роҳма`нир роҳи`йм»нен баслап, Фатиҳа сүреси, кейин бир зам сүре оқылады.
«Алло`ҳу акбар», деп руку қылынады. Рукуде үш мәрте «Субҳана Роббиял ъази`йм», делинеди (21-22-сүўретлер).
«Самиъалло`ҳу лиман ҳамидаҳ», деп тик турылады, изинен «Роббана` лакал ҳамд», делинеди (23-24-сүўретлер).
«Алло`ҳу акбар», деп сәждеге барылады. Сәждеде үш мәрте «Субҳана Роббиял аъла`», делинеди (25-26 сүўретлер).
«Алло`ҳу акбар», деп сәждеден бас көтериледи ҳәм бир аз отырылады (27-28 сүўретлер).
«Алло`ҳу акбар», деп екинши мәрте сәжде қылынады. Сәждеде үш мәрте: «Субҳана Роббиял аъла`», делинеди (29-30 сүўретлер).
«Алло`ҳу акбар», деп сәждеден бас көтерилип (31-32 сүўретлер) қаъдада отырылады ҳәм төмендегилер оқылады:
• АТТАҲИЙЙАТ
Аттаҳийя`ту лилла`ҳи ўассолаўа`ту ўаттоййиба`т. Әссәлә`му ъалайка аййуҳан набиййу ўа роҳматулло`ҳи ўа барока`туҳ. Әссәлә`му ъалайна` ўа ъал`а иба`диллаҳис солиҳи`йн. Ашҳаду алла` ила`ҳа иллалла`ҳу ўа ашҳаду анна Муҳаммадан ъабдуҳу` ўа росуўлуҳ.
Мәниси: Тил менен, дене менен, мал менен қылынатуғын барлық ибадатлар Аллаҳ таала ушын. Я Набиияллаҳ! Аллаҳ Тааланың раҳматы ҳәм берекети сизге болсын. Бизлерге ҳәмде жақсы бенделерге Аллаҳ тааланың сәлеми болсын. Гуўалық беремен, бир Аллаҳтан басқа ҳеш бир қудай жоқ. Және гуўалық беремен, Муҳаммад әлайҳиссалам Аллаҳтың бендеси ҳәм Расуўлидур (елшисидур).
• САЛАЎАТ
Алло`ҳумма солли ъала` Муҳаммад ўа ъала` а`ли Муҳаммад. Кама` соллайта ъала` Иброҳийм ўа ъала` а`ли Иброҳийм. Иннака ҳамийдум-мажийд.
Алло`ҳумма ба`рик ъала` Муҳаммад ўа ъала` а`ли Муҳаммад. Кама` ба`рокта ъала` Иброҳийм ўа ъала` а`ли Иброҳийм. Иннака ҳамийдум-мажийд.
Мәниси: Я Аллаҳым! Ибраҳим әлайҳиссаламға ҳәм оның шаңарағына раҳмат еткениңдей, Муҳаммад әлайҳиссаламға ҳәм ол заттың шаңарағына раҳмат еткейсең. Әлбетте сен мақтаўға ылайықлы уллы затсаң.
Я Аллаҳым! Ибраҳим әлайҳиссаламға ҳәм оның шаңарағына берекет еткениңдей, Муҳаммад әлайҳиссаламға ҳәм ол заттың шаңарағына берекет еткейсең. Әлбетте сен мақтаўға ылайықлы уллы затсаң.
• ДУЎА
Pоббана` а`тина` фид-дуня` ҳасанатаў ўа фил ә`xиррти ҳасанатаў-ўа қина` аза`бан-на`р.
Мәниси: Я Рәббим, бизлерге бул дүньяда да, ол дүньяда да жақсылықты бергейсең ҳәмде бизлерди дозақ отының азабынан сақлағайсаң».
• Намаздан шығыў: (сәлем менен шығылады)
Алдын оңға кейин шепке қарап: «Әссәләму алайкум ўа роҳматуллоҳ» деп сәлем берилип намаздан шығылады (33-38 сүўретлер). Усының менен таң намазының еки рәкәәт намазы таўсылады.
Таң намазының еки рәкәәт парызы да усындай оқылады. Парқы нийет қылғанда сүннет емес парыз деп нийет қылынады
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Ийгиликли ислеринизди Алла колласын. Сорауым: куйеуим акшаны жасырып услайды,акща сорасан жок дейди, сонша акша кайда десен саган отчет бериуге миннетли емеспен дейди. Оннан кейин озимизге жетпей атырганда ойласпай кенеспей тууысканларына акша берип жибере береди коп мугдарда. Озимиз карыздар бола тура, мени наразы кылып берген жардеми сауап болама. Себеби менин торкинимнен карыздармыз. Отиниш толык жууап берсениз.
Ўа алайкум ассалам. Биринши нәўбетте мойындағы қарызлар өтелиўи керек. Ер адам тапқан пулы ҳаққында ҳаялына есабат бериўи шәрт емес, бирақ ақылласып бирге ислеткени абзал. Ер адам өзи тапқан пулды кимге берсе өз иси, бирақ шаңарағын тәминлеп қойыўын умытпаўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar! Menin' sorawim viktorina boyinsha edi.Men har kuni viktorinaga qatnasip kiyatirman. Sorawlarga har tarepleme izlenip, duris juwap jollawga hareket etemen.Biraq bir kungi yag'niy 22-mart kungi sorawlarga juwap jibere almay qaldim. Endi viktorina juwmaginda esaplanganda sol kungi sorawlar mende qate juwap berilgen bolip keteme ?
Ўа алайкум ассалвм. Қолдан келгенше ҳәрекет етип қатнаса бериң. Баллыңыздың бир күнлиги азлаў болыўы мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam aleykum bir sorawim bar edi qabirstanga ziyaratka barganda kob adamlardi korem tobiraklarin ustap aylanad sol durspa zaborlap koysa ustap basina tiygized koli men tagi ziyarat kilganda ayak betinde otirip kuran okiydi kay jaginda okiw kerek tusindirip bersenz raxmet
Ўа алайкум ассалам. Ҳәзирги күнде қәбирстанларды айланып көретуғын болсақ, адамлар өзлериниң ата-бабаларының қәбирин айланып, топырағын маңлайларына сүртип атырғанын көремиз. Не ушын бундай деп сорасақ, көпшилиги жуўап бере алмайды, айырымлары ҳүрмет жүзесинен дейди, басқалары динде усындай ғой деп жуўап береди. Ал айырым пулға тоймаған "шыйқышы"ларға бул ислер жағып түседи. Дин бундай ширк ислерге буйырмайды. Исламда Каабатуллаҳтан басқасын таўап етип айланыўға руқсат берилмеген. Бундай етиў ҳарам ислерден есапланады. Исламның басында қәбир зияратын етиў қадаған етилгениниң себеби усында еди. Сол ўақытлары адамлар қәбирлерди айланып, оларға сыйынып, топырағын маңлайларына басқаны ушын зиярат етиў қадаған еди. Ҳәзир де усы жағдайға жақын бир жағдайда турыпты. Аллаҳ тааланың Өзи сақласын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar!!! Sorawim sonnan ibarat: Namaz oqiytug'in bolsaq qublag'a qarap oqiymiz. Qubla qay ta'repte ekenligin qalay aniqlasaq boladi. Ma'selen men No'kis qalasinda turaman. Oring'a baylanisli bolama??
Juwap ushin raxmet!!! Alla razi bolsin!!!
Ўа алайкум ассалам. Ҳәзирде қубланы, яғный Кааба тәрепти анықлаў бойынша телефонларға арналған жүдә көп программалар бар, солар арқалы анықласаңыз болады.
Бизлерде географиялық тәрептен жердиң қубласы ҳәм Кааба тәреп, екеўи де қубла деп аталады. Бирақ екеўи бир-биринен азырақ парық етиледи. Қарақалпақстанда Кааба тәреп жердиң қубла тәрепи менен батыс тәрепи ортасында.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ASSALAMU ALEYKUM VA RAXMATULLOXU VA BARAKATUX
Sizge sorawim Oraza ayinda oqilatin tarabani jeke ozimiz uyrene alamizba qalay uyrensek boladi aldin ala RAXMET
Ўа алайку ассалам. Парыз намазларды оқып жүрген болсаңыз, тараўиҳ намазы қыйын болмайды. Тараўиҳ намазы жигирма рәкат нәпил намаздан ибарат.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз сорауым Аллахга шукир озим бес уакыт намаз окыйман омирлик жолдасым окымайды оган намаз окы десем ози уакты келеди Иман келмей атыр дейди буган калай жол тутсам болады жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Усындай бос ўақытта биймәлел үйренип алыўға болады. Ҳәзирде қарақалпақ тилинде баспадан шықтан диний китапларды үй шараятында ҳәр күни мәлим муғдар оқыўды ҳәм додалап үйрениўди жолға қойың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Алла таала сизлерден разы болгай. Менин бир сорауым бар еди.
Мен бир куни напил ораза тутыуды нийет етип дууасын окып ауызды жауган едим. Дууасын окыганнан кейин арадан бир саатлар отип жума куни хам шембе кунлери напил оразы тутыуга болмайтугинлыгын устазымыз Шамсуддин аганын Ораза тууралы китабынан окып калдым. Карасам мен ораза туткан кун шемби куни екен. Буны билгеннен кейин хам оразаны дауам ете берсем надурыс болатын шыгар деген ой менен кундегидей аукатлана бердим. Менин сорауым мен кылган исим шарият бойынша надурыс емеспе? Егер надурыс болса не кылыу керек. Жууапларыныз ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Сол күнди таңлап ҳәптеде сол күни ораза болыў мәкруҳ болады. Бирақ даўамлы етип тутажақ болсаңыз мәкруҳ болмайды. Нәпил оразаны нийет етип, кейин ашып қойсаңыз, оның қазасын тутыў ўәжиб болады. Бир күн қаза ораза тутып бересиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Неге Пайгамбарлардын атын айтканда жазганда алайхис, алахис, саллалаху алайхи уассалам делинеди?
Ўа алайкум ассалам. Алайҳиссалам деген, оған Аллаҳтың сәлеми болсын дегени. Саллаллаҳу алайҳи ўасаллам - оған Аллаҳтың салаўаты ҳәм сәлеми болсын, дегени. Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламның атын еситкенде, айтқанда усы сөз айтылыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykim uztazlar sorawim bar edi menin kasibim parikmaker shash alaman adamlardin shashin komiw kerekpa salonlarda ya bazardaglar tastaydgo musir ga onin gunasi bolama juwabiniz ushin raxmet
Ўа алайкум ассалам. Адамнан шыққан нәрселер, шаш, тырнақ ҳәм тағы басқалар жерге көмилиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hu'rmetli ustazlar!
Sorawim bar edi. Oraza tutpaqshi edim oraza tutiw ushin aldin namaz oqiw kerek dep esittim, namaz oqimay turip oraza tutsa boladima? Aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў ҳәр бир балағатқа жеткен мусылман ер ҳәм ҳаял-қызға парыз, сондай-ақ, ораза да сондай. Бирақ намаз оқымайтуғын адамға намаз оқымаўы ораза тутыўына тосық бола алмайды. Соның ушын оразаны тута бериўи керек. Ҳәр бир мусылман намазы ушын өз алдына жуўап береди, оразасы ушын өз алдына жуўап береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз.Сорауларым томендегише:
1 Тахарат алинип атирганда айтылатугын дуаларды жазып берсеныз
2 Мешитте биринши катарда намазды жамаат болип окип атирганда тахаратимиз бузылип калса не киламиз?,егерде тарк ететугын болсак адамлардын алдинан кесип отемизба? кандай тарк етсек болады?
3 Мешитте тасбех санап отирган адамлардин алдинан отыуге болама?
Ўа алайкум ассалам. 1. Пазыйлет каналларын гүзетип барың дуўаларды берип барамыз. 2. Адамларға кесент бермейтуғын ең жақын жолдан шығылады. 3. Тәсбиҳ санап отырған адамның алдынан кесип өтиўге болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Мен еситиуим бойынша жинлер тутиннен жаратылган,адираспан тутетиугеде болмайды,уйге жинлер киреди деп еситтим. Бул каншелли дурыс? Негизинде намаз окыйтын адам адираспан тутете бериуине болама?
Ўа алайкум ассалам. Әдираспан түтетилсе жин келеди деген гәп жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Ul bala sunnet etilip tuwilgan bolsa oni sunnet etiw qanday amelge asiriladi? Jane kestiriw kerekpe ya shart emespe? Aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Бизлер балаларды сүннет қылыў деп ислететуғын сөзимиз, негизи хатна, деп аталады. Бул истиң қылыныўының ҳүкими сүннет болғанлықтан халық оны сүннет етиў деп ислетип кеткен. Бул исти қандай қылыныўын ислеп жүрген адамлар жақсырақ биледи, жақын жылларға шекем сүннет қылатуғын арнаўлы адамлар болатуғын еди, ҳәзирги күнде медицина хызметкерлери ислейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы