Ассалаумағаликум уа рахматуллахи уа баракатух
Сурауым: 1. Тасбих намазында екинши ракатта әттахияттан кейн турып кетемиз ба я салауат айтып сосн турамыз ба?
2. Таң, Шам., Қуптанның парызын уйнде жалгыз окитын адам иштен оки берема я дауыс шыргарып окима?
3. Озің унаткан кызга Ананың карсылыгы болсада уйлене беруге болама , неке тусема, ? Жауап ушин алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Салаўат та айтылады. 2. Ишинен оқый береди. 3. Неке түсиўи ушын ананың разылығы шәрт емес. Ер адам ҳәм ол үйленбекши болған қыздың разылығы керек.
Ата-ана ҳеш ўақытта перзентине жаманлықты рәўа көрмейди. Ата-ана таўғанына кеўлим болмайды, деген гәплер жаслықтағы өткинши гәплер. Ата-ана өмирдиң ағын да, қарасын да жақсы биледи, өз перзентине ең жақсысы болыўын қәлейди. Ата-ана тапқанына үйленип бахытсыз болып қалғанлар ҳаққындағы кинолар булар тек ғана бир кино, оларға итибар бермеў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар бала жаткарганда янгый суннет еткергенде так жас жуп жас дегенде шариятымызда не делинген кайсы жаста жаткарган дурыс
Ўа алайкум ассалам. Тақ жаста сүннет етиў керек деген гәп жоқ. Жети күнлик болғаннан баслап сүннет қылына береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумағалейкүм сорауим истихара намазин оқимақщи едим намаз ишинде қай создерин дауыстамай иштей Кай создерин дауистап оқыуға болади намаз оқип болып салем берип астағфирулла уш рет айтқансин дуғамызди оқыймызба иштен оқилама
Ўа алайкум ассалам. Ҳәммеси иштен оқылады. Намаздан кейин зикирлер ҳәм салаўатлардан кейин истихараның дуўасы оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustaz. Sorawlarga qiynalmay juwap qaytarip atirĝanlariñiz ushin raxmet kòp kòp. Mende sorawlar bar edi.
1. Bir jerde oqip edim. Karantin dawirinde nizamlarĝa boysinip uyde otirĝanlarĝa shaxidliq sawabi beriledi eken. Bul qanshelli haqiyqatqa jaqin. Bizlerde uydemiz biraqta baharshilik kunde atizdiñ jumislari menen band sirtta bolamiz. Bizler usi sawabtan úmit etsek bola ma?
2. Eger Allah taalaniñ 99 shirayli ati(ism) yadlaĝan jánnetke kiredi degen tuwrima.
Juwaplariñiz ushin raxmet.
Ўа алайкум ассалам.
1. Мусылманшылықта басшының айтқанын орынлаў ўәжиб буны көпшилик биледи, демек карантинде үйде отырыў ўәжиб болады, буның үстине жоқарыдағы ҳәдис те бар. Демек ҳәр бир өзин мусылман санаған адам үйде отырыўы лазым. Үйде отырыў дегени өзин басқалардан жеккелеў, басқалар менен байланыс қылмаў. Үйде отырыў дегени үйге кирип алып жата бериў дегени емес, үйиниң қасында қыйтақ жерлери бар адамлар басқалар менен барды келди қылмастан, сол жерлерде ислеўи де үйде отырыўы болады. Бундай эпидемия тарийхта биринши мәрте болып атырғаны жоқ, алдыңғы дәўирлерде де болған, саҳабалар дәўиринде де шам үлкесинде оба тарқалған сонда уллы саҳаба Амр ибн Ас разыяллаҳу анҳу ҳәммени жекке жасаўға буйырған ҳәм тез арада сол обадан қутылған.
2. Туўры.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustaz. Usi xizmetleriñizge Allah taala razi bolsin. Mende sorawlar bar edi. 1. Bazarda bir zat alĝanda senani tussirip aliw misali 100miñ dep turgan zatti 85-90 miñga tusirip aliw qanshelli tuwri. Egerde aqshasi jeterli bolsa tuwrima.
2. Shoshqaniñ hamme zati xaram ekenin bilemen. Mayida haram bolama mayin adamlardi emlep ushin paydalaniwga boladi eken. Jane iyttiñ gòshi mayi buĝan shariyatimizda qalay qaraladi.
3. Hammege belgili hazirde telefonlarda namaz, quran úyretiwshi dasturler bar. Telefonda quran kitap taharatsiz oqiwĝa bolama. Yaĝniy telefonnan paydalanip quran oqisaq esitsek bolama. Juwaplar ushin raxmet kòp kòp.
Ўа алайкум ассалам.
1. Базарда саўдаласып алыў дурыс. Еки тәрептиң бир баҳаға келискеннен кейин саўда питкен болады.
2. Шошқаның ҳәмме нәрсеси ҳарам, майы гөши ҳтб нәрселери. Буннан шыпа излемең! Ийт ҳәм басқа да жыртқыш ҳайўанлар, яғный қасқыр, порсық, сағал ҳтб лардың да гөши, майы ҳтб нәрселери тағамлық зат ретинде ҳарам болады. Бирақ булардың терисин ийлеп пайдаланыўға болады.
3. Телефонда Қуран ашық турғанда таҳаратлы болыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алайкум! 1)Хазрат бомдод намози суннатида 1 чи ракатда ихлос 2 чи ракатда кавсар сурасини укийман,фарзда эса 1 чи ракатда фалак 2 чи ракатда нос сурасини укийман шу тугрими макрух эмасми? 2) Рукуда саждада тасбехларни 3 мартадан кам айтиш макрухми?
Ўа алайкум ассалам. 1. Сүннет намазларда сүрелерди тәртиби менен оқыў шәрт емес, бирақ тәртиби менен оқыў абзал. Парыз намазларда тәртиби менен оқылмаса мәкруҳ болады. 2. Рукуда ҳәм сәждеде ең кеминде үш мәрте тәсбиҳ айтыў муғдарында турыў керек. Рукуда тәсбиҳ айтпаў тәрки сүннет болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.
Сорау: Азанда турып ызгарлыкты сезсек гусыл дарет алыуымыз кереу. Бизлер ауылда енди шараят жок гусыл дарет алыуга, не ислесек болады? Толыгырак жууап берсениз. Рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Ҳәзирги заман шараяты жақында пайда болған, усыған шекем ҳәмме аўыл шараятында,бәлким оннан да пәс шараятларда жасаған. Ғусылға шараят жоқ, деп ғусыл тәрк етилмейди, тек ғана сапар буннан мустасна.
Мусылман адам жақсы шараят жаратыўға ҳәрекет етиўи керек. Мусылманлар басқаларға емес, басқалар мусылманларға ҳәўес етип жасаўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alekum ustazlar. Sorawim. Shash , saqal ostiretin maz jaqsaq bolama. Juwap ushin aldinnan raxmet. Alla iliminizdi ziyada qilgay.
Ўа алайкум ассалам. Медициналық тәрептен инсан ден-саўлығына зыяны жоқ болса, пайдаланыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алейкум устоз, Мен бир кишига укишига киришига моддий ёрдам килгандим, бу ишим холис Аллох йулида эди, Аллохдан ажр истагида эдим,мендан сал ранжиб колганди, у киши кун келиб кайтараман уша пулларизни деяабди, мендан карз олмагансиз мен эхсон килганман уша пулларни Аллох йулида десам хам уз сузидан колмаяабди, устоз нима килай Аллох йулида килган эхсоним кабул булмадимикин, маслахат берсангиз,
Ўа алайкум ассалам. Қылынған қайыр-иҳсан қайтарып алынбайды. Ҳәдиси шәрийфте бундай қылыў, түпирип сол түпирикти қайта жутқанға теңлестирилген.
Бай адамлардың сықмарлығы қаншелли қараланған болса, жарлы адамлардың басқаларды аяқ ушында көрсетиўи, өзин жоқары тутыўы да соншелли қараланған. Мүтәж адам иҳсанды алғаннан кейин, иҳсан бериўшиге ҳеш қандай қарыз болмайды, бул тек ғана мусылманшылықтың бир әмел ғана. Буны туўры түсиниў керек ҳәм туўры қабыл етиў керек. Ҳәттеки айырым китапларда, зәкат берип болғаннан кейин, сол зәкат-садақаны алған адамға "Мени дуўа етип қойың", деп айтыў да дурыс емес, делинген. Себеби бай адам зәкат бериўи парыз, Аллаҳ оны парыз еткен. Жарлы адамның зәкатты алыў орынлы, бул да Қуранда жазылған. Буның ушын жарлы адам бай адамға ҳеш қандай миннетли болып қалмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Sorawim; hazirgi waqitta kopshilik jaslarimiz moda dep shalbar yamasa trikolarinin balaqlarin tobiqtan joqariga qilip qayirip alip juredi, bul iske shariyat qanday munasibet bildiredi
Ўа алайкум ассалам. Тийкарғы мәселе әўрет жерлери жаўық болыўы керек. Ер адамның әўрети киндиктен дизе астына шекем.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum !
Korsetip atirgan halk aldindagi pidayi hizmetleriniz ushin Allanin nuri jawsin.
Sorawim tomendegishe.
Tagdir bul Alla taalamiz tarepinen ummetlerine aldinnan Ana karninda ak jazip koyiladi dep esitemen.
Endi, birinshi turmisimiz kelispedi, tagdirge solay pitken shigar.
Ekinshi ret Alla raziligi ushin,keyin halk katari Bahitli turmis kurgimiz keledi.
Degen menen heshbir turmis kuriw maksetinde omirde ushrasip atirgan adamlar tuwri kelmey atir. Esitip edim, Meshitke barip musilmanshilikta kalay ,isimizdi rawaj keltiriw ushin ne delingen. Dem saldiriw deydi, Kurani Kariymnen surelerdi okip deydi. Sol hakkinda bilmekshi edik.
Juwap ushin aldinnan Rahmet.
Ўа алайкум ассалам. Намазларыңыздан кейин ҳәм Қураны кәрийм тиләўат етип болып, зикирлер айтып болып, салаўатлардан кейин жақсы өмирлик жолдас сораң. Сондай ақ, ҳәдиси шәрийфте: "Әжирний фий мусийбәти ўахлуф лий хойром-минҳа» («Аллаҳым! Маған мүсийбетимде әжир-саўап бер ҳәм мүийетти орнына асырағын бер») десе, әлбетте, Аллаҳ оған әжр береди ҳәм оннан мүсийбетиниң орнына жақсы нәрсе береди", делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum uztaz
Sorawim: Bugin jumista bir apadan bir shampun bir zubnoy pasta alip edim qarizga ayliqtan beremen dep biraq magan qimbatlaw cenada berdi sol payizliqqa kirmeyma
Ўа алайкум ассалам. Алған ўақтыңызда пәлен сум деген, болса, сиз соған разы болған болсаңыз, онда бул процентке кирмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.Алла разы болсын кайырлы ислеринизден.
Намазда саждеде дууа,тилек тилеп Алладан сорасак бола ма?
Ўа алайкум ассалам. Намаздан басқа ўақытта, сәжде етип турып дуўа, тилек айтыўға болады, намазда емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Рамазанда хамледар хаяллар ораза тута ала ма?
Ассаламу алайкум. Ден-саўлығына, ҳәмилесине зыян болмаса тутыўға болады. Ден-саўлыққа ҳәм ҳәмилеге зыян ямаса зыян емес екени шыпакерлердиң сөзи менен болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
Егер ер адам некесинде хаялы бола турып зина ислесе хам бул такрарланып турса, хаялы кандай жол тутса дуыс болады? Кеширип,конип жасауы керекпе?
Ўа алайкум ассалам. Бул ис үлкен гүна екенин түсиндириў керек. Бундай ислердиң болыўы адамлардың мусылманшылықтан узақласыўы ақыбетинен.
Сиз киби көп адамлар шикәят етеди. Биреўлер өмир жолдасы зина қылып жүргенин, биреўлер қол астындағылар алдайтуғынын, биреўлер баслықлары зулым етиўин, ҳақын бермеўин, биреўлер баласы уратуғынын, биреўлер күйеўи қуўып жибергенин, биреўлер өзи жоқта ҳаялы зина қылып жүргенин билип қалғанын, биреўлер миссионерлердиң көбейип адамларды жолдан бурып атырғанын, биреўлер ағайини я болмаса досты алдап кеткенин, биреўлер жарамсыз нәрсе алып қойғанын, апарып берсе алмағанын ҳтб көп мәселелеоде шикәят етеди. Булардың ҳәммесиниң келип шығыўы мусылманшылықты ўақтында үйренбегенликтен. Мусылманшылықты тек ғана байларды шақырып садақа бериў, деп түсинип қалыўдан келип шыққан.
Егер ўақтында мусылманшылықты үйреткенде, күнине бес мәрте Аллаҳты еслеп турғанда қандай болар еди, ер адамлар зина қылыўды отта жаныўда жаман көргендей жаман көрген болар еди, жумысшылар басшыға бойсыныў ўәжиб екенин қәлби менен түсинип, алдаў қаншелли ҳарам екенин, зинадан да үлкен гүна екенин билген ҳәм оннан узақ болған болар еди, баслықлар қол астындағыларға жуўапкер екенин түсинген болар еди, қол астындағылардың аўҳалын, жағдайын билген ҳәм соған жараса жәрдемин берген болар еди, оларға тақатынан артық жумыс буйырмаған болар еди, қол астындағылардың ҳақын жеў ҳаққында ойламаған да болар еди, бала ата-анасына хызмет қылыў уллы ис екенин қәлбиниң төри менен түсинип, оларға тик аяқлап жүрип күни-түни хызметинде болар еди, ер адамлар ҳаялын ҳәттеки талақ қылғаннан кейин де мәлим мүддет тәминлеўин түсинген болар еди, ҳаялларының олар ушын болған аманат екенин, ўақты келип қыямет болғанда сол аманатты ҳаялының ата-анасы емес Аллаҳ таала сорайтуғынын аңлаған ҳәм ҳаялына жаманлық қылыўдан тыйылған болар еди, ҳаяллар зинаның қаншелли пәскешлик екенин, зина себепли Аллаҳ тааланың рахматынан қуўылыўын түсинген ҳәм буған ҳасла жоламаған болар еди, мусылманлар бир еки сомға алданып динлерин алмастырмаған болар еди, динди алмастырыў, мусылманшылықтан шығыў мәңги дозақ азабына гириптар болыўға алып барыўын, ҳәттеки бул азап усы дүньяның өзинде де тартатуғынын, жаназасыз көмилиўин түсинип, бундай қылмаған болар еди, басқа мәселелер де тап усындай.
Айып өзлеримизде, ҳәр бир мусылманда, туўры жолдың не екенин, қәте жолдың не екенин ҳәр бир ақылы бар адам өз ақылы менен аңлаўы зәрүр. Заманлардың өтиўи менен ҳәттеки Европадағы ақыллы, илимли адамлар мусылманшылықтың ҳақ екенин түсинип, өзи де, бала-шағасы да, усындай пәкизе жолдан жүриўге урынып атырған ўақытта, бизлер мусылманшылықты үйрениўди таслап қойғандаймыз. Аллаҳ таала ҳәммемизди туўры жолдан айырмасын!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аллейкум! Тахажжуд намази хакнда тусиник берсенз, калай окилатинларна. Жуап ушн алднан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Таҳажжуд намазы әдеттеги еки рәкатлы сүннет намазлар киби оқылады, парқы тек ғана нийет еткенде таҳажжуд намазы деп ямаса нәпил намазы деп нийет етесиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum.Alla islerinzge rawaj bersin.allam barshemizdi kesselikten saqlasin. Menin sorawim.
Men bes waqit namaz oqiytin edim.oraza tutsam degen niyetim bar edi.oraza waqitinda taxarat qilganda awzindi shayganda orazaga ziyani joqpa?orazani qalay ustaymiz. Jane meni bir jasar emetin bopem bar edi onin ziyani joqpa ? Aldinnan juwaplar ushin raxmet..
Ўа алайкум ассалам. Таҳәратта аўызды шайыў менен ораза бузылмайды, тек ғана суў ишке кетип қалмаса болды.
Егер сүт шықпай нәресте қыйналып қалыў қәўипи болса, оразаңызды кейинирек тутып берсеңиз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Хаялым менен жакында бес уакыт намаз окып баслаган едик. Тусининкиремей турган еки сорауым бар еди.
1 сорауым зуха намазы хаккында тусиник бере аласызба, уактын, неше ракат, азан айтылама.
2. Сорауым тахажжут намазы неше ракат окысак болады. Жууапларыныз ушын алдыннан рахмет. Ислеринизде рауаж болыуын тилеп каламан.
Ўа алайкум ассалам. 1. Сәскеде оқылатуғын нәпил намазы, ең азы еки рәкат. 2. Таҳажжуд намазының азы еки рәкат, көби өзиңизге байланыслы.
Таҳажжуд ҳәм зуҳа намазлары нәпил намаз есапланады. Алдын қаза еткен намазларыңыз бар болса, соларды оқығаныңыз абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustazlar. Sorawim bar edi. Namazda zam surege ayatul-kursiydi de oqiwga bolama?
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustazlar. Sizlerden bir iltimasim bar edi. Biz jaslarga shirayli dua etiwdi uyretseniz. Turmisimizda kop ushratamiz awqattan keyin dua qilganda ayrim adamlar bidaat sozlerdi isletedi. Misali: Ata-babalardin arwaqlari yar bolsin. Qidir ata joldasimiz bolsin. Awliyeler qollasin h.t.b. Meninshe bul sozlerdi aytiw duris emes dep oylayman. Qate oylap jurgen bolsam keshiriñ. Bizlerge shirayli dua etiwdiñ Qaraqalpaqsha ulgisin jazip berseniz. Dinimizge keri sozlerdi aytip dua qilgannan, sizlerdin jazip bergen dualarinizdi yadlap aytqanimiz jaqsiraq. Sozlerim orinsiz bolsa keshirim sorayman.
Ўа алайкум ассалам. Дурыс ойлағансыз. Ҳәзирги гейпара адамлар диний саўаты жоқлығы ушын түрли қәте гәплерди де қосып айтады. Пазыйлет каналын гүзетип барың, әлбетте, устазларымыздың дуўаларын берип барамыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы