Ассалаума алейкум Ұстаздар.Алла жақсы амалдарыңызды қабыл етсин. Сурауым төмендегише:
1. Менин козиме ара санда әртурли аппак бейнелер, адам кеипиндеде көрине береди, басым катты кысып ауырады, иштеи бирдене кысып жаткандай, бирдене мени кузетип жургендеи сезиледи, карангылыктан коркам, уиыктауымда киын, жаман тустер коп корем, не истесем болады?
Ўа алайкум ассалам. Таза жүриң. Намазларыңызға беккем болың, қалдырмаң. Ҳәр түрли порханларға бармаң! Қураны кәриймди дыққат пенен еситиң, иншаАллаҳ ҳәммеси жақсы болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.
1.Гусыл хаккында макаланы окып едим. Ода спиральды койганда тахаретли болыу кереклиги жазылган. Енди спиральды койганымызга коп жыллар болып кетти. Хар дайым тахаретли журиуге харекет етемиз.Бирак сол гезлери анык тахаретли болдымба я сындыма есимде жок. Онын хукми кандай болады,кейинги алган гусылларымыз дурыс боладыма?
2. Хна емес Краска жагылган шаштын устине алынган гусыл да дурыс емеслиги айтылган. Енди бул макаладан шашты краскага бояу дурыс емеслигин билип алдык. Буны билместен алдын шашымыз боялган еди бирак тахаретли халда. Бунын хукми кандай болады, тубинен шыгып киятырган таза шашка суу' жеткизип койсак боладыма?
Жуапларыныз ушын рахмет!
Ўа алайкум ассалам. 1. Ҳаял-қызлар ушын ең зәрүр фиқҳий мәселелер китабында, спирал қойыўдан алдын таҳәратлы болыў усыныс етилген, илажы барынша таҳәратлы болыў керек. Таҳәрат алмастан қойылған болса, бул ғусыл дурыс болмайды деген гәп емес. Ғусылы да, таҳәраты да дурыс бола береди.
2. Шашқа суў жеткермейтуғын шаш бояў жайыз емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум мен жумысқа байланыслы тек ғана таң намаз оқыйман усы дурыспа?
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў қәте ис емес. Басқа намазларыңызды да толық етип оқыўды Аллаҳ таала несип етсин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауым бизлер сауда ислеймиз соган сауда жаксы болатын дуга барма я оны окисак Аллага ширк коскан боламизба??
Жуап ушын алдыннан
Ўа алайкум ассалам. Намазларыңыздан кейин Аллаҳ таала ислериңиздиң раўажын сораң, ўақтында зәкатыңызды өз орынларына бериң, ҳарам-мәкруҳ ислерден узақ жүрин, әлбетте исиңиз раўажланады, иншаАллаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу әлайкум ўа роҳматуллоҳи ўа барокатуҳу хайырлы ислериңизде Алла рази болсың сизден сораўым усы шағбан айында қандай дуўа ҳам аят сурелер оқыған жақсы.Шағбан айында исленетуғын амеллер туўралы толық мағлуўмат берсеңиз.Жане напил намазин қалай оқыймыс қай ўақытта оқыўға болады,қай ўақытлары оқыўға тийм етиледы.5 ўақыт намазимиздин ракатларин толиқ оқый беремизбе.жуўап ушын алдиннан рақмет
Ўа алайкум ассалам. Таң намаз ўақтында қуяш толық шығып бир найза муғдарынша шыққанша, Қуяш тикке келгенде ҳәм намазлыгерден кейин шам намазын оқып болғанша нәпил намазлар оқылмайды. Басқа ўақытлары нәпил намазлары оқыла береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум
Кафорат ибадаты хам табук газоти хаккинда кеннен маглыумат берсениз. Кате жазган болсам узир олар туралы тусинигим жок еди
Ўа алайкум ассалам. Мусылманшылықтағы буйрықлардан биреўин бузып қойсаңыз, каффарат шәрт болады. Мысалы, Рамазан оразасын қастан бузсаңыз, буның ушын үзбестен алпыс күн каффарат ораза тутып бериўиңиз керек, басқа мәселелерде де кафарат бар.
Пайғамбар алайҳиссалам келгеннен кейин ҳәмме нәрсениң ҳақыйқаты айдынласты, Пайғамбар алайҳиссалам дурысты дурысқа, қәтени қәтеге ажыратып берди. Алдыңғы илаҳий дин даўамшылары болған христианлар өзлериниң айтып атырған ҳәм қылып атырған ислериниң қәте екенлиги айдынласып қалды, сонда олар мусылманларды жоқ етип жибериў ушын қайта-қайта Пайғамбарымыз алайҳиссаламның үстине үлкен ләшкерлер менен жүрис ете баслады. Сол жүрислерден бири Табук ғазаты делинеди. Бунда көп ўақыялар болған. ИншаАллаҳ ўақты келгенде буларды да баянлаймыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.
Хижрий-камарий жил бойинша айлар избе-излиги хаккинда тусиник берсениз жане Мухаммед (с.а.в) Пайгамбаримиздин сахобалары хам олардин тобеинлары неше хам кимлер болган
Ўа алайкум ассалам. 1. Муҳаррам; 2. Сафар; 3. Робиул әўўәл; 4. Робиус сәний; 5. Жумәдул әўўәл; 6. Жумәдус сәний; 7. Ражаб; 8. Шаъбан; 9. Рамазан; 10. Шәўўәл; 11. Зулқаъда; 12. Зулҳижжа.
Саҳабаларлың жәми саны 100 мыңнан көп болғаны айтылады, сийрат китапларында 124 деп те келген.
Саҳабалар бул Пайғамбар алайҳиссаламды көрген ҳәм мусылман болып өткен адамлар. Тәбеийнлер - саҳабаларды көрген мусылманлар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум устазлар, ислеп атирган иигиликли ислеринизден Алла раси болсин. Сорауым: Жокарда аитип откен екенсиз намазди 1-2 марте карап окууга болади деп. Мен тан намазин окип баслаганима 1 аптедии болди. Тек Аятал курсииди карап окииман. Демек меники катема? Жуап ушун алдиннан Рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Әдетте аятул курсий намаздан кейин, дуўалардан алдын оқылады. Намаздан кейин аятул курсийди китапқа қарап оқыўдың ҳеш зыяны жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устазлар менин сораум томендегише болады анык етип жыуап берсиунизди илтимас етип сорайман алдыннан рахмет негизи намаз окыган айел адамлар узын киеп орамал тагып орап журиуи шартпе? Койлеклери тизеден томен болсада боладыма 30 жаска диенги айел кызларга солай журседе боладыма ?
Ўа алайкум ассалам. Балағатқа жеткен муслима ҳаял-қызлар әўрет жерлерин жаўып жүриўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз сорауым томендегише
1)тарауих намаз хаққында түсиндирип кетсеңиз
Ўа алайкум ассалам. #Оразаның_пазыйлети
ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ-1
Рамазан айының пазыйлетлеринен бири бул – тараўиҳ намазы. Тараўиҳ намазы деп тек ғана Рамазан түнлеринде қуптан намазынан кейин, ўитр намазынан алдын оқылатуғын намазға айтылады. Халқымыз арасында бул тараба деп те жүритиледи. Тараўиҳ рәҳәт-дем алыў мәнисинде. Өйткени, бул намаз рәҳәт есапланады, ҳәр төрт рәкәтти оқып болғаннан кейин отырып дем алынады, тасбиҳлар айтылады. Ал, Мәккәдағылар сол ўақытта ҳәр төрт рәкәт тараўиҳ намазынан кейин Байтуллаҳты таўап қылады.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Рамазан түнлерин ибадат пенен уйқысыз өткериўге шақырар еди, бирақ мәжбүрий қылмас еди. Сонда, ол: «Ким Рамазанда ийман ҳәм ықлас пенен қайым болса, өткен гүналары кешириледи», дейтуғын еди. Аўҳал усындай ўақытлары Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болып кетти. Соң Әбиў Бакрдиң басқарған дәўиринде де Умардың дәўириниң басында да усындай еди».
Бул ҳәдистен ашық-айдын көринип турыпты, Рамазан айы түнлери ибадат қылыў жүдә пазыйлетли ис. Гүналардың кеширилиўи де сол себепли болады екен. Бирақ, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул иске шақырыўы менен бирге, мәлим бир ибадатты қылыўға қатаң тәризде буйырмады. Тек улыўма қылып, ибадат қылыўға шақырып қойды. Бундай аўҳал ҳәзирети Әбиў Бакрдиң дәўиринде де даўам етти. Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳудың дәўириниң басында да усы аўҳал даўам етти.
Даўамын төмендеги силтемелерден оқып алың!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, кылып атирган ислеринизге Алла разы болсын!
Сорауым: 1)Келиншегимнин аты Айжамал атын, уйде Хадиша деп атын шакирип журсем болама?
2)Тахажжуд намазина уйклап тураман деп ниет етип жатаман, туралмай кала беремен? Уйкламай кутип окысам тахажжудтын орнина отема? Кеширесиз!
Ўа алайкум ассалам. 1. Шәриятқа қылап болмаған атлардан басқа атлар менен шақырыў жайыз. Айжамал да жаман ат емес.
2. Таҳажжуд намазы ушын уйқылап турыў шәрт емес. Қуптан намаздан кейин оқысаңыз да болады. Таҳажжуд бул нәпил намаз есапланып Қуптан намаздан кейин оқылады. Қаза намазы бар адамлар қаза намазын оқығаны абзал.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз, сорауым мен 5 уакыт намаз окып атырман, еле де билимимди жетилистириуди калеп журмен. Бунын ушын кай жерге хабарласыуым керек. Бул бойынша толыкрак маглыумат берсениз. Жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Қарақалпақстан Республикасында Ислам динин терең үйрететуғын бирден-бир ислам билим журты бар, сол жерде үйренсеңиз болады. Оған шекем қарақалпақ тилинде баспадан шыққан он бестен зыят китаплар бар, соларды дыққат пенен оқып үйрениң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalomu alikum men tan namazin oqip baslayin desem yzin jeni bar koylegim joq jay namazim joq ne qilsam eken tayarlap oqiyinba ba
Ўа алайкум ассалам. Көйлектиң өзиниң жеңи болыў шәрт емес, сыртынан жемпер кийип турып оқыўға да болады, тийкарғы мәселе әўрет жерлер жаўық турыўы. Сондай ақ, намаз ушын арнаўлы жайнамаз да шәрт емес, пәк-таза қәлеген бир жер болса жетерли, мысалы, үлкен сүлги, диван жапқышлары ямаса үлкен таўарлар ҳтб. Полда оқыўға да болады, тек таза болса болды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сорауымы томендегише надурыс болса айып етпейсиз
1)ораза айында өз некендеги хаялың менен жынысый қатнаста қосылыуға болама жууап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Ораза тутқаныңызда күндиз күни мүмкин емес, кеште аўыз ашқаннан кейин сәҳәрликте аўыз жаўаман дегенше мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum. Dunyadan otkenlerge xayel adam quran bagishtagani durispa kop jerde esitemiz erkek adam turip xayel kisi aytiuga bolmaydi dep.
Ўа алайкум ассалам. Шәрият ҳүкими тәрепинен ҳаял-қызлардың Қуран оқып, оны марҳумларға бағышлаўы дурыс әмел. Бирақ әдеп жүзесинен ер адамның алдында ҳаяллар дуўа қылмайды, сондай ақ, ҳаял-қызлардың даўысы басқаларды өзине тартатуғын болса, мүмкин емес.
Егер ер адамда ҳеш бир илим жоқ болса, дуўа етиўди де билмейтуғын болса, ҳаялы дуўа қылса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.
Берилген сорауды берип атирман кеширесиз толигирак тусиниу ушын!
Егер тахарат алып болып, жел шыкса,
(ишки-сиртки) дареттам косип аламизба?
я болмаса Тек сиртки даретти алып койсак болама? Ягный (Кол, ауыз, мурин, х.т.б)
Ўа алайкум ассалам. Тек таҳәрат алып қоясыз, яғный қол, мурын, жүз, билек жуўылады, басқа масҳ тартылады, аяқ жуўылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз сорауым томендегише
мен қазақстанға бараман 3/4/5 айда қайтаман сол мусапир болама? мениң олжаққа барып оқығаным қандай намаз болады жууап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Баратырғаныңызда жолда мүсәпир намаз оқыйсыз. Бирақ барғаныңыздан кейин 15 күннен көп туратуғын болғаныңыздан кейин, сиз ол жақта муқим адамдай болып намаз оқый бересиз, яғный үйиңизде оқығаныңыз киби ҳәмме намазыңызды толық етип оқый бересиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар! Сорауым бар еди.
1. Намаз окыу ушын куйеуим рухсат бермейди. Еле жассан, тураклы окып журе алмайсан, уакты келгенде окыйсан деп. Еситиуиме караганда куйеуин рухсат бермесе кабыл болмайды екен. Бул каншелли хакыйкатка жакын?
2. Ораза тутыу ушын да куйеуимнин рухсаты керекпе?
Ўа алайкум ассалам. Парыз намаз ҳәм парыз ораза ушын ҳеш кимниң руқсаты керек емес, балағатқа жеткен ҳәр бир мусылман орынлаўы керек. Нәпил намаз ҳәм нәпил ораза ушын руқсат сорайсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmaleykum Ustazlar. sorawim bar edi.
Misali qatinga ket uyine dep ashiwdin ustinde aytilsada talaq tusema? misali quri qorqitiw ushin aytiwga bolama?
Ўа алайкум ассалам. Кет деп ашыў үстинде, бирақ ажырасыў нийетинде айтылса, бир байын талақ түседи, некени жаңалап алыў керек мәҳр де қайтадан бериледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Meniñ sorawim tòmendegishe:
Hazirshe namaz oqimayman. Eger kùnine 100 ret Allaniñ atin yaģniy Subuhanalla dep aytsañ kunine 1000 jaqsiliq jasaw menen barabar degendi esitip edim. Misali 100 ret bolģanda oni sanaw ushin tasbixtan paydalansam bolama? Yaki namaz oqimaytuģin adam paydalana almayma? Eger ruxsat bolsa qalayinsha paydalansam boladi aldin ala aytilatuģin duwalari barma?
Juwaplariñiz ushin aldin ala raxmet. Alla sizlerden razi bolsin.
Ўа алайкум ассалам. Тәсбиҳ ислетиўдиң намаз оқыўға байланысы жоқ. Намаз оқымайтуғын адам да тәсбиҳ арқалы зикир айтып жүрсе болады. Бирақ бир нәрсени жақсы түсинип алыў керек, намаз оқыў парыз ол көп ўақыт та алмайды, намаз оқымаған Аллаҳ тааланың буйрығына бойсынбаған болады, оқыған саўап алады, қыяметтеги сораўы жеңиллеседи. Зикир айтыў қосымша әмел қылған адам саўап алады, қылмаған адам маламат етилмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы