Assalawma aleykum ustazlar! Alla sizlerden razi bolsin eki dunyanin saodatin bersin.
Soraw: musapirler haqqindagi maqalani oqip shiqqan edim. 4 rakatli namazdi 2 rakat qilip oqiwga boladi eken. Eger 4 rakatli namazdi 4 rakat qilip oqisa guna boladi degen jerine kozim tusti. Bul qanday jagdaylarda bolmaydi. Biz hazirde moskvada jasaymiz yagniy musapir esaplanamiz biraq men namazlarimnin hammesin toliqlay oqiyman.misali: Quftan namazin 4 rakat pariz 2 rakat sunnat 3 bitri wajib qilip. Menin oqip jurgenim durispa?
Ўа алайкум ассалам. Мүсәпир болған адамлар төрт рәкатлы парыз намазларды еки рәкат етип оқыйды. Мүсәпир бул - кеминде 96 км узақлықтағы жерге 15 күннен аз мүддетте турыў нийети менен барыў.
Егер сиз Москвада бир ай турыў нийети менен барған болсаңыз, сиз мүсәпир болмайсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ассалаума алеукум устазлар! хазирги уакытта дунья халкы кыйын сынаклардын бирин бастан кеширип атырыпты, баршеге сабыр шыдам озлигин жойытпауды тилеп каламан. сорауым жамийетлик сайтлардын биринде кун.уз видео ролик койылган, онда шанарак уйде отырып дуа салауатлар окыу нийетин корсеткен фрагментлер бар, сол жерде адамлардын дыккатын окымакшы болган китапка каратады, китап атамасы "дуруды муаззам". бул китап ислам динине исениушилер ушын маслахат етилеме? жууабыныз ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ тааладан бул бәлелерди жоқ етиўин сорап дуўа етемиз. Ҳәр бир мөмин адам усындай сынақ күнлери истиғфарларды көбейтиўи керек.
Дуруди муаззам китабы исенимли дерек емес. Оның орнына сүннетте келген дуўаларды, салаўатларды айтыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалума алейкум Мен баска Динге адамга жардем маган сауап жазылама???
Ўа алайкум ассалам. Кейин мусылманларға зыяны тиймейтуғын болса, ҳәттеки ҳайўанларға жақсылық қылыў да саўапқа себеп болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Қағбадан алдыңғы құбыла Израиль Ерусалимге ал Ақса мешіті жаққа қарағанба? Жуап үшін рахмет
Ўа алайкум ассалам. Исламның әўелги дәўиринде қубла масжидул Ақсо тәрепте болған, Масжидул Ақсо алдыңғы Пайғамбарлардың қубласы. Пайғамбарымыз алайҳиссалам Мәккәдан Мадинаға көшкеннен кейин де бираз ўақыт Масжидул Ақсоға қарап намаз оқылған, соң Қураны кәриймде аят нәзил болып Аллаҳ таала қубланы Масжидул Ҳарамға өзгерткен.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалям Алайкум устазлар. Сауаплы ислерде шаршаман. Сорауым томендегише.
Альхамдулиллях муслимаман. Менин 1 улым бар. Намаз окыйман. Кийеуимнен ажрасканман. Еситиуим бойынша 3 талак алганнан сон 4 ай 10 кун уйден шыкпау керек екен. Соган толыклау жууап берсениз
Ўа алайкум ассалам. Күйеўи қайтыс болғанлар төрт ай он күн идда сақлайды. Талақ пенен ажырасқан ҳаяллар үш ҳайыз мүддети идда сақлайды. Үш талақ қойылғаннан кейин ол еркек пенен некеңиз түспейди. Бундай жағдай болғанда ҳаял басқа ер адамға некеленип оннан да ажырасып кейин алдыңғы күйеўине некелениўи мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум хурметли устазлар.Сауаплы ислеринизде табыслар бола бергей.Аллага мын катле шукир жакыннан баслап куйеуим менен тан намазын окып басладык.Рухсат берсениз сорауым бар еди.Песин намазын окып атыр едим.Сонын анык уактын биле алмай атырман.мен 12.12 баслап атырман.Куйеуим саат 1.30 баслайсан дейди.песин намазын окыйтугын уакты хам неше саатка шекем кешиктирип окыуга болады.Жууабыныз ушын алдыннан миннетдарман.
Ўа алайкум ассалам. Ҳәр күни күнделикли намаз ўақытлары берилип барады, срл жердеги песин намазының кириў ўақты белгиленген, сол ўақыттан баслап Намазлыгерге шекем Песин намазды оқыўыңызға болады, оннан алдын оқыўыңыз дурыс емес. Нөкис қаласында 12:12 де песин ўақты кирмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum, aldinda usi soraudi berip edim juap ala almadim. musilmanlarga qosiq aytiw,esitiu xaram degen raspa?jumislarinizga tabis
Ўа алайкум ассалам. Бул сораўға бир неше мәрте жуўап берилди. Егер қосық адамды шаҳўаний хирске шақыратуғын, бузықлыққа баслайтуғын болса, ондай қосықлар ҳарам болады.
Адамларды жақсылыққа, ата-анаға ҳәм ўатанға муҳаббатлы болыўға шақырыўшы, әдеп-икрамлыққа шақырыўшыларын еситиўге болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устазлар сорауым томендегише мен тан намаз басламакшы едим казир Фатиха Фалах Ихлас суресин ядладым тан намазда неше суре окылыу керек? Жыуап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Енди ташаҳҳуд ҳәм салаўатларды ядлап алың ҳәм китапта көрсетилгендей етип намаз оқыўды баслаң. Аллаҳ таала берекетли қылсын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сораум бар еды
Иблис, Жиин, Шайтан турали кискаша маглумат берсениз илтимас.
Ўа алайкум ассалам. Иблис пенен шайтан бир нәрсе. Аллаҳ таала Адам алайҳиссаламға сәжде етиўди буйырғанда усы шайтан тәкаббырлық етип сәжде етпеген ҳәм Аллаҳ тааланың дәргайынан қуўылған.
Жинлер инсанларға уқсас Аллаҳ тааланың бендеси. Олардың мусылманы, кәпири, жақсысы, жаманы, еркеги ҳәм нашары болады. Қылған жақсы ямаса жаман ислери ушын қыяметте жуўап береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Ustazlar, sizge sorawim Men namaz oqip uyrenbekshi edim biraq mende bul tuwrali magliwmatlar az, qalay uyrensem boladi qaysisinan baslasam boladi qate oqip qoymaymanba eken dev qorqip atrman iltimas masla'ahat bere alasizba juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Сиз "Намаз оқыў қағыйдалары" деген китапты алың ҳәм соның ишинде ядлаў керек болған сүре ҳәм дуўаларды ядлап алың, кейин сол китапта көрсетилген тәртипте намаз оқып баслаң. Түсинбеген жерлериңизди мешит имамлары, наибларынан, сондай-ақ, пазыйлет.уз дан сораўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум қуяш бугин 06:52де шыққан болса содан неше минуттай өткенсин зауал уақты өтеди
Ўа алайкум ассалам. Пазыйлет.уз да берилип атырған күнлик календарда заўал ўақтының өтиўи, яғный песинниң кириў ўақты берилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум! Напил жане тахажуд намазлары калай окылады? Жане Напил жане Тахажуд намазлары басында азан айтылама
Ўа алайкум ассалам. Қуптан намаздан кейин таң намазға шекемги нәпил намазлар таҳажжуд деп аталады. Сәскеде оқылатуғын нәпил намаз зуҳа, деп аталады. Шам намаздан кейин оқылатуғын алты рәкат нәпил намазы әўўәбийн намазы деп аталады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Хурметлы устазлар усындай мукадес динимыз хам шариятымиз хаккында быз мумин мусылманларга туры жол жоба корсетып жууаплар жазганыныз ушин мын нан мын рахмет!
Сорауым бар, мен казыр бес уахыт намаз окыйман аллага шукыр алдын 10-кундый кытапка карап ягный жай намазынма койып Тек тан намаз окып журдым кеийн уйрендым бес уахит окыуга сол жайлы айтып тусындырсеныз
жууап ушин рахмет алла разы болсын Хурметлы устазлар
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала намазды баслағаныңызды мүбәрек етсин. Қалған бес ўақытты да усындай етип үйренип алың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сорауым томендегише:
1)тарауих намазы хаққында толығырақ айтып берсеңиз хамде қуптаннан үтир уəжибтен алдын оқыймызба
2)Истихара намазы қай кезде неше рақат жане таң намазындай ниет етемизбе жуап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Тараўиҳ намазы нәпил намаз болып, Пайғамбар алайҳиссаламның дәўиринде оқылған, кейин Пайғамбар алайҳиссалам бул намаз парыз болып қалмасын деп адамлар менен бул намазды оқыўды тәрк еткен, кейиншелик Умар разыяллаҳу анҳу Рамазан кешелеринде мусылманларды бир қарый артына жыйнап усы намазды оқыўды жолға қойған, соннан берли оқылады. Қуптан намаздың еки рәкат сүннетинен кейин жигирма рәкат оқылады, соң ўитр намазы оқылады.
2. Истизара намазы еки рәкат оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Мен уйимди сатып алганымда бир машын тас бар еди Сатып алганымда ягный шаппат урысканда сол таста ортада бар еди. Саткан ийесинин консыда карызы бар екен соны консы маган ал деп айтты деп тасты алып кетти. Мен сол адамды шакыр десем озлигинше алып кетти тасты. Енди мен не ислеуим керек. Кандай жол тутсам болады.
Ассаламу алайкум. Үйдиңиздиң алдыңғы ийесин ҳәм қоңсыңызды шақырып мәселени шешип алың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar sorawim tomendegishe vitir namazida oqilatugun qunut duwasin oqimay ornina ayatal kursin oqisam bolama juwap ushun raxmet
Ўа алайкум ассалам. Қунут дуўасын тез ядлап алыўы керек. Соған шекем өзи билетуғын қәлеген бир дуўаны айтасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар менин 2 сорауым бар еди. 1-сорау Витр намазында окылатугын Кунут дуасынын орнына уш марте Раббана атина фидуня ... дуасын окысак болама. себеби кунут дуасын еле ядлай алмай атырман. 2-сорау тахажжуд намазын 4-ракат окысак 4-ракатдеде Фотихадан кейин зам суре окылама. Жууапларыныз ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Болады. Бирақ тезирек қунут дуўасын ядлап алыў керек.
2. Нәпил намазлардың ҳәммесинде зам сүре оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustaz!
Sizden bir narseni soramaqshi edim kiyewim jaqsi adam hesh uyde otirip awzinan jaman gap shiqqanin esitpegenmen,tek gana arasinda araq ishedi (jilina 1ret geyde 2), soni qalay qoydirsam boladi, araqti ozi qalep ishpeydi jora-joldas degendey izinen qalmaydi, ishse adamga ziyani joq, sonda da balalarimnin keleshegin oylap olardi akesinen koredigo dep oylaman, men qoyin balalarimizga birde bolmasa birde kesiri tiyip keter desem, ozinde korip tursan sonday qiliwga majbur bolip qaldim, maganda jaqpaydi ishiw, onday gaplerdi aytaberme oni ozimde bilemen deydi, qanday jol tutsam boladi
Ўа алайкум ассалам. Жаман жолдас, дос-яраннан узақ болыў керек. Халқымызда да: "Жаманнан қаш, жақсыға жантас", деген нақыл бар. Жақсы адамлар менен жақын болыўға ҳәрекет етиў керек. Сондай ақ, тақўаны асырыўға себеп болатуғын китаплардан алып оқыў да көп пайда береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.
1-Омирлик жолдасым менен некеден отпедик, егер некеден откенимизде балларымыз катнасыу керекпа ямаса шарт емеспа?
2-Истигфар дууасын жазып жиберин илтимас?
Ўа алайкум ассалам.
1. Яқ, еки гүўа болса, жетерли.
2. Әстәғфирулло'ҳ, әстәғфирулло'ҳәл ъазый'м ўә әту'бу иләй'ҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум сорауым дым қолайсыз АЛЛАХ кеширимли гүналарымызды өзи кеширгей. Мен намаз оқыйға таярланып атқанымда я болмаса баламды емизип атқанда жолдасым мəс болып келип төсекке шақырады мен намаз оқып алайын я болмаса баланы емизип алайын деп шақырғанда бармаса олда гүна болама? Қолайсыз сораулар менен уақтыңысты алғанымыз ушын кеширим сорайман.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала инсап-тәўфийқ берсин. Әдеттеги саў ҳалда ер күйеўин шақырса, барыўы лазым, тек ғана өзине жараса айырым жағдайлары болса, ондай емес, мысалы ҳайыз, нифас жағдайларында болса, ямаса қатты кеселленип турған болса, парыз әмелди орынлаўы лазым болса, демек бундай ўақытлары бармайды. Буннан басқа жағдайларда ҳаял күйеўине бойсыныўы керек.
Бирақ күйеўи Аллаҳға қарсы шығып мәс ҳалда болса ҳәм усы ҳалда шақырса, ҳаялы барыўға мәжбүр емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы