Сораў: Қусыў оразаны буза ма?
Жуўап: Биле-тура қастан қуспаса, аўыз толса да толмаса да ораза бузылмайды. Егер билип турып қусса, онда аўыз толса бузылады, толмаса бузылмайды. Қусығы еле аўзында турған ўақытта, оны қайта жутып жиберсе, онда ол аз болса да, көп болса да оразаны бузады. Аўқат аўзына шекем келип, соң изине қайтып кетсе зыяны жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Намазшамның ўақты қуптан намазының ўақты киргенше даўам ете ме?
Жуўап: Намазшамның ўақты қуяш батыўынан баслап, шапағы жоғалыўына шекем даўам етеди. Имамы Аъзам (раҳматуллаҳи алайҳи) шапақ дегенде жийектеги қызыллықтың артынан көринетуғын ақ нәзерде тутылады, деген. Усы ақтың жоғалыўы менен намазшамның ўақты шығады. Имам Әбиў Юсуф ҳәм Имам Муҳаммад шапақ дегени қызыллық деген. Қызыллықтың жоғалыўы менен намазшамның ўақты шықан есапланады. Пәтўа Имам Юсуф ҳәм Имам Муҳаммадтың сөзлерине берилген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Қаракөл районында бир ағайнимиз сәршемби күни қайтыс болды. Айтыўларға қарағанда, сәршемби күни ким өлсе, оның үйинде және өлим болады-мыш. Бул жағдайды тоқтатыў ушын сол ҳәўлидеги ең үлкен мийўе теректи кесиў керек екен. Мен ҳаялым менен бул гәп ырымнан басқа нәрсе емеслигин қанша түсиндириўге урынбайық, ҳеш ким бизге қулақ салмады, үлкен мийўе терек бәрибир кесилди… Тилекке қарсы, бундай ырымларға исениўшилер әдеўир көпшиликти қурайды. Бизлер әпиўайы адам болғанымыз ушын гәпимизге итибар бермеген шығар, бирақ сизиң сөзлериңиз, иншааллаҳ, оларға тәсир етеди, деп ойлайман.
Жуўап: Бундай адам ырымшылдан басқа ҳеш ким емес. Ақылы пүтин, исеними саламат ҳәр бир мөмин жақсы биледи, ҳеш бир инсан қашан ҳәм қай жерде қайтыс болатуғынын билмейди. Кимниң әжели жетсе, ҳеш бир теректиң кесилиўи оны өлимнен алып қала алмайды. Буны түсиниў ушын адам алым болыўы шәрт емес, азғана пикир жүритиўи жеткиликли. Усы жерде және бир пикир: биз мөмин-мусылманлар бир-биримизди жаманлықтан қайтарып, жақсылыққа шақырыўға буйырылғанбыз. Сонлықтан, бир жаман-мункар исти, атап айтқанда, ырымларға берилгенлерди көрген адам, әлбетте оларды қайтарыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Түскинлик ҳәм руўхый стрес пайтында қандай дуўаларды оқыў керек?
Жуўап: Бундай жағдайларда тийкарынан истиғфор аяты ҳәм "Ла ҳавла ўа ла қуўўата илла биллаҳил ъалиюл ъазим" (Күш ҳәм қуўат тек жоқары ҳәм уллы Аллаҳ тааладан) кәлиймасын кѳп айтыў, Пайғамбарымыз (с.а.ў)ға кѳп-кѳп салаўат айтыў жақсы пайда береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ер адамлар қызыл реңдеги кийимди кийсе боладыма?
Жуўап: Ер адамлардың ҳаялларға сай реңдеги кийимлерди кийиўи надурыс. Пүткиллей қызыл кийиў, қызыл кийип мешитке кириў мәкриў.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Мен бес жылдан берли перзентли болмадым. Усы мақсетте истихора намазаын оқып атырман ҳәм Аллаҳтан перзент жолымды ашқайсаң деп сорап атырман. Жети мәртебе оқыдым, жақсы түслер кѳрдим. Кейин және оқысам, жылан кѳрдим. Бул нени аңлатады? Жәнеде сораўым: Зияратларға барыўды мәсләҳәт бермекте. Усындай етсем боладыма?
Жуўап: Аллаҳ тааладан перзент сораў ушын истихора емес, бәлким ҳожат намазын оқың. Түс мәселесине келсек, оған итибар бермең. Зияратқа барғаныңызда да перзентти Аллаҳтан сораң. Себеби ҳәр қандай нематты Аллаҳ таала береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Қурбанлық етиў ҳаққында бираз түсиник берсеңиз. Бир шаңарақ ушын бир қой қурбанлыққа ѳтеме ямаса ҳәр бир адамға биреўден сойыў керек пе?
Жуўап: Егер шаңарақ ағзаларыңыздың ҳәр бири бѳлек қәрежет топлаған болса, ҳәр бири ѳзи ушын ѳзалдына қурбанлық қылады. Егерде қәрежет ортада бир жерде жыйналған болса, бир қурбанлық жетерли болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Айырым ўақытлары мешиттиң ишинде имам маруза етип атырған сөйлесип, күлисип атырған адамларды көремиз, бул ис мешитте дурыс па?
Жуўап: Мешит Аллаҳтың үйи есапланады. Дала емес. Бул жердиң өзине жараса ҳүрмети бар. Бундай муқаддес дәргайға адамлар намаз оқыў, дуўа етиў, истиғфар айтыў, ҳәм соған уқсаған мақсетлерде келеди. Бундай орынларда басқа мусылманларға азар берип, даўысын көтерип сөлесип отырыў, бириншиден гүна болса, екиншиден мешиттиң әдебине туўры келмейди. Имам хутбаға шыққанда сөйлеў мына жақта турсын, ҳәттеки намаз оқыўға да болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Қуран оқылған ўақытта оны ҳүрмети ушын отырып еситиў ата-бабаларымыздан киятырған әдет, бирақ, Жума намаздан кейин айырым адамлардың турып кетип баратырғанын көремиз. Бундай қылыў дурыс па?
Жуўап: Қуранның ҳүрмети, мешиттиң ҳүрмети ушын отырып еситкен мақул ис. Аллаҳ таала Қураны кәриймде: «Егер Қуран оқылса, оны еситиң!», деген. Бирақ айырым адамлардың өзлери билетуғын бир жағдайлары болса, онда ҳеш кимге азар берместен, сол жерден әстен турып шығып кетсе зыяны жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Намазда турып жан-жаққа қараў, жоқарыға қараў намазды бузады ма яки оның зыяны жоқ па?
Жуўап: Имам Муслим рәўият еткен: «Адамлар намаз ўақтында аспанға қараўдан тоқтайды яки олардың көзлери өзлерине қайтпайды», делинген. Намаз ўақтында аспанға қараў намаз оқыўшының хузуъын бузады, намаз оқыўшының ойына түрли пикирлерди келтиреди. Соның ушын айырым уламалар бул исти ҳарам деген. Бизлердиң мәзҳабымызда бул ис мәкруҳ есапланады. Бул ҳәдиске әмел етип намаз ўақтында аспанға, дөгерекке қарамаў керек. Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан намазда алаңлаў ҳаққында сорадым. Ол киси: «Ол урлық болады. Шайтан бендениң намазынан урып қалады», деди». Бухарый, Насаий ҳәм Әбиў Даўыт рәўият еткен. Бул ҳәдисте намаз оқып атырған адамның алаңлап ҳәр жаққа қараўы жаман иске уқсатылып атыр. Ҳақыйқатта, намаз оқып атырған бенде көзин басқа тәрепке бурған ўақытта ойы басқа нәрсеге кетеди, Намаздағы хушуъ нуқсан болып қалады, саўабы азаяды. Сол алаңлап қалған ўақыттың саўабын шайтан мисли урлық қылғандай, сол ўақытта урлап қалған болады. Соның ушын намаз оқыўшы инсан қыямда турғанында көзин сәждеге бас қоятуғын орыннан, рукуъге кеткенде аяқ ушынан, сәждеде мурыннан ҳәм отырғанда көкирегинен үзбей отырыўы керек. Бул ҳәдиси шәрийфке турмыста әмел етип, өз намазларымыздың саўапларын шайтанға берип қойыўдан саңланайық. Басқа бир рәўиятта: «Намаздағы бенде егер дөгерекке алаңламай турған болса, Аллаҳ таала оған қарап турған болады. Қашан дөгерекке алаңласа Аллаҳ оннан жүз бурады», делинген. Намазда әтирапқа алаңламаў қаншелли аҳмийетли екен. Намаз оқып атырған бенде намазды хушуъ пенен оқыса, әтирапқа алаңламаса Аллаҳ оған нәзер салып қарап турар екен. Қашан бенде, өзи итибарсызлық етип жүзин Аллаҳтан басқа тәрепке бурып, алаңласа, Аллаҳ та оннан жүз бурады екен. Соның ушын намаз оқып атырғанымызда Аллаҳ тааланың бизлерге нәзер салып турғанын сезип, сол нәзерге ылайық болып турыўға ҳәрекет етиўимиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Жумыстан кеш қайтқан күнлерим қуптан намазды оқып атырып мүлгип кетемен. Намазды уйқысырап отырып оқыйман. Буның зыяны жоқ па?
Жуўап: Ҳәдиси шәрийфте: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «қашан биреўиңиз намазда мүлгип қалса, онда ол адам өзинен уйқы басылғанша уйқылап алсын. Егер биреўиңиз мүлгип турғанда намаз оқыса, бәлким, истиғфар айтаман, деп өзин сөгип жибереди», деди». Бесеўи рәўият еткен. Бул ҳәдиси шәрийф мүлгип турған адам намаз оқыўы мәкруҳ екенине дәлил. Мүлгип уйқысы келген адам ушын ең мақулы уйқы. Оннан басқа не ис қылса, мысалы намаз оқыса да жақсы шықпайды. Усы ҳәдисте айтылғанындай, гүнасын кешириўин сорайман деп, уйқысырап өзин сөгип жибериўи де ҳеш гәп. Соның ушын абайлаў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Cораў: Әссәләму аләйкум. Қолды жуўып болғаннан кейин силкитиўге болмайды, деп айтылады, бул туўры ма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шәриятымызда қолды жуўғаннан кейин силкитиў мәкруҳ әмел есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Әссәләму аләйкум. Қарын менен жатып уйқылаўға болмай ма?
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Қарын менен уйқылаў, сүннетке терис ис. Уйқылағанда оң тәрепке қарап жатыў, оң қолды жүздиң астына қойып жатыў сүннет әмел.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Азанда оқыўға асығып баратыр едим. Жолда бир адам менен садақа сорады. Мен оған бережақ едим, бирақ ойымнан: ҳәзир пул берсем, арақ алып ишеди, көриниси сондай адамға уқсайды, деген пикир өтип, кейин садақа бермей кетип қалдым. Оқыўдан қайтып киятырсам ол адамның қайтыс болып қалғанын ушыраттым. Расын айтқанымда садақа бермегениме ҳүжданым қыйналды. Бундай жағдайда не ислеў керек еди? Жуўабыңыз ушын алдыннан рахмет!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Бундай жағдайларда нанды өзиңиз алып бериң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Жүк тасыўға мөлшерленген машиналардан (камаз, исузи, ЗИЛ, лабо) зәкат бериле ме?
Жуўап: Сатыў ушын қойылған болса бериледи. Оны айдап жумыс ислеп жүрген болса берилмейди. Оннан табылған дәрамат нысапқа жетсе, соннан бериледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому алайкум.килаётган ишларингизга ОЛЛОХ барака берсин .бир саволим бор еди мен бозорда савдо киламан.купинча одамлар таварни кимматрок булса хам булиб булиб тулашга сурайди.шунда биз накдга арзон.карзга киммат сотсак буладими бу судхорлик эмасми .жавоб учун олдиндан рахмат
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Нәсияға қымбат сатыў жайыз. Бирақ пулды қашан ҳәм қанша бериў керек екени алдыннан белгилениўи керек. Мысалы бир адамға нақ пулға 1000 сом, нәсияғы яғный кейинирек бериўге 1500 сом, деп айтылса, усының менен қарыйдар товарды алып кетсе, бул ҳалда бир келисимге келинбеген болады. Бундай саўда дурыс емес. Товарды қарыйдарға берип атырып нақ болса наққа, нәсия болса нәсияға анық етип келисип алыў шәрт.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalawma a'leykum! Sheyx Muxammed Sadiq Muxammed Yusuf ha'zretinin' kitaplarin Qaraqalpaqstan Respublikasinin' qay jerlerinen tawip satip alsaq boladi? juwap ushin aldinnan raxmet!!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм. Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың китапларын диний китаплар сатылатуғын дүканлардан алсаңыз болады. Диний китаплар Қарақалпақстан Республикасының көплеген қалаларында бар. Нөкис қаласында «Имам ийшан Муҳаммад» мешитинде ҳәм Орайлық дийқан базарында, Хожели районында «Пирим ийшан» мешитинде ҳәм Хожели дийқан базарында, Қоңырат районы «Ҳәким Сулайман» мешитинде, Шымбай районы «Хан» мешитинде, Әмиўдәрья районы «Юсуф ийшан» мешитинде, Елликқала районы «Абдулла Нарынжаный» мешитинде, Төркөл районы «Төрткөл» мешитинде, Беруний районы «Шайх Аббас Ўәлий» мешитинде ҳәм «Султан Ўәйис баба» зиярат орнында диний китаплар сатылатуғын дүканлар бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалаума алейкум ! Сизге сорауым бар еди. Намаз окыйтын кыз бала орамал тагып журиуи шартпе ??
Жуўап: Ҳаял-қызлар балағатқа жеткеннен баслап әўрет жерлерин жаўып жүриўи лазым болады.
Намаздың дурыс болыўы ушын оның алты шәрти бар, солардан биреўи әўреттиң жабық болыўы, егер әўрет жерлерин жаўатуғындай кийимлери бола тура ашық ҳалда намаз оқыса, намазы дурыс болмайды.
Намаздан тыс ўақытлары да ҳаял-қызлар әўрет жерлерин жаўып жүриўлери лазым. Бирақ әўрет жерлерин жаўып жүриўиниң лазымлығы, оның намаз оқығаны ушын емес. Яғный намаз оқығаны ушын әўрет жерлерин жабыў шәрт екен деген түсиник қәте.
Ҳаял-қызлар намаз оқығанда әўрет жерлерин жаўса ҳәм намаздан тыс ўақытлары да әўретлерин жаўып жүрсе еки парызды да орынлаған болады. Егер намаз оқығанда әўретин жаўып, басқа ўақытлары ондай қылмаса, әўретин жаўып жүрмегени ушын бир парызды орынламаған болады. Намаз оқығаны дурыс бола береди. Егер әўретин жаўып жүретуғын болса, бирақ намаз оқымайтуғын болса да, намаз оқымағаны ушын бир парызды орынламаған болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Assalomu Alaykum. Ustozlar!Men tahoratta farz bo'lgan azolarimni yuvayotganimda ko'mlim to'lmaydi.Yani ko'proq yuvaman.Ayniqsa oyogimni yuvayotganimda ishqalab yuvaveraman.korib tursamham.Hattoki suv isrof boladi.Maslahat bering.Bu g'uluv ketishga kirib qolmaydimi?Ancha yillardan buyon shunday.Javibingiz uchun oldindan rahmat.Alloh barchamizdan ozi rozi bolsin.Amin.
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм! Бул исиңиз ўасўаса есапланады. Жуўғаныңызды көрип турып бундай ислеўиңиз қәте ис. Жуўғаныңызды көрип турған көзиңизге исенип, сол ағзаны қайтадан жуўмаң. Шәрият белгилегеннен асырмастан бираз мүддет жуўсаңыз, бул ўасўасадан қутыласыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ассалому алайкум устозлар саволим куйидагича.Тамаки махсулотларини сотиш тугрисида тушунтириб беринг.Жавоб учун олдиндан рахмат!
Жуўап: Ўә аләйкум әссәләм! Бундай нәрселерден пайдаланыў инсанның өмирине, ден-саўлығына зыян екени ҳәммеге мәлим. Адамлардың ден-саўлығына зыян нәрселерди сатыўдан шәриятымыз қайтарады. @paziyletuz www.paziylet.uz
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы