Assalawma aleykum ustazlar. Xalqimizga har kuni berip atrgan bilimleriniz ushin minnetdarman. Men har kuni waqiya suresin ham 5-kuni kafx suresin oqimaqshi edim. Biraq eki surededa kop ayatti oz ishine aladiken, eger hammesin oqiwga jagdayimiz kelmese neshe ayatin oqisaq boladi. Juwap ushin raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Имканыңыз дәрежесинде оқый бериң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Hayallar namaz oqiwi ushin jaynamaz ham arnawli kiyimlerdi kiyiwi shartpe? Yaki olar bolmasa da uyde bar zatimiz bn oqisaq bolama?Jane namaz oqiw ushin arnawli kiyim qoyiw shartpe?
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў ушын арнаўлы кийим ямаса жайнамаз шәрт емес. Үстиңиздеги кийим пәк болса ҳәм үйиңиздеги гилеп ямаса оның орнын басыўшы нәрсе пәк болса болды, соның үстинде оқый бересиз. Ҳәттеки қара жерде, қумда, топырақта намаз оқыўға да болады.
Әдетте ҳаял-қызлар шаңарақта көбинесе балаға қараў менен бәнт болады. Ал кишкене балалар кийимин ҳөллеп қойыўы турған гәп. Соның ушын айырым ҳаяллар-қызлар намазлары ушын бир кийим таярлап қояды, намаз ўақты киргеннен сол кийимди кийип намаз оқыйды ҳәм және бурынғы кийимин кийип алады. Буның ҳеш қәте ямаса зыян тәрепи жоқ. Сондай-ақ, бала бар үйде, оның гилемди ҳөллеп қойыўынан сақланыў да қыйын. Сонлықтан дерлик ҳәмме мусылманлардың үйинде жайнамаз болады, намазларын оқыйтуғын ўақытта төсейди, оқып болып жыйнап қояды. Егер гилем таза болса, жайнамаз төсеп жүриў шәрт емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Мен тан намаз окыйман. Казирлери шаршаб уйхлап калип кеш ояниб каламан кун шигиб кеткеннен кейн саат 7:30 - 8:00 лер атирапинда. Сол кези тан намазди каза етиб окыймизба? Хам бир кезлери азанда ояниб жумислар менен шигиб кетиб туске жакин келемен сол кези саат 11:00 - 12:00 атирапинда сол кезде тан намазди каза етиб окысак болама ямаса макру болама?
Ўа алайкум ассалам. Аўа, қаза етип оқыйсыз. Егер заўал ўақтына шекем таң ңамазды оқысаңыз, онда сүннетиниң қазасы да қосып оқылады. Егер заўалдан кейин оқысаңыз онда тек парызының қазасы ғана оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Iltimas menin' ha'r bir so'zime diqqat penen itibar bersen'iz, ha'mde sorawlarima aniq etip, toliq juwap bersen'iz. Meni burinnan berli oylandiratin soraw bar edi, men kishkantaylaw waqtimda, ko'shede oynap ju'rip edim, sol kezde mennen jasi u'lkenlew ballar jilandi qiynap o'ltirip atirmedi, ya o'leyin dep atirg'an jilandi tawip alip oynap ju'rippedi bilmedimda, xullasi sol jilandi tayaqqa ildirip alip jurgeninde sol jilannin' ayaqlari ko'rinip edi (jilan tiri edi, ele o'lmegen edi), usi waqitqa shekem ba'zi birewlerden sorap ko'rdim jilannin' ayag'i ko'rinse ol nenin' belgisi dep, ha'r kim ha'r qiyli juwap berdi, bul haqqinda dinimizde birzat aytilg'anba? Bul nenin' belgisi? Neni bildiredi? Eger bul birzatti bildirse, oni burinlari birewlerge ko'rdim dep ayttimg'o, sonin' ziyani joqpa? Juwap ushin aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Бул ҳеш нәрсени аңлатпайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алэикум мен истихфар атаман проектине калаи косыламыз
Ўа алайкум ассалам. Ҳәр күни истиғфар айтып @soraw_juwap_bot усы ботқа таслап барың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ! Men kishkene 1jasqa tolmagan 9ayliq bopem bar..men oraza tutsam boladima ...yagniy balam qiynalip qalmaspa dep oylanip otirman aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Сүт шықпай, бала қыйналып қалатуғын болса, тутпаўға болады. Буның ушын әлбетте бир еки күн тутып көриў керек. Егер сүт бар болатуғын болса, тутыў керек. Әдетте, емизикли ҳаяллардың көпшилигинде ораза тутқанда да, сүт әдеттегидей шығып турады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум уа рахматуллахи уа баракатух!
Ийгиликли ислериңизге табыслар тилеймен!
Дуўа ҳәм тилеклерди ҳәр намазды оқып болғаннан кейин қылыў дурыс па?
Танымаған яғный қандай адам болғанлығын билмеген марҳумлардың гүналарын кешириўди Аллаҳ тааладан сорана бериў дурыс па?
Ўа алайкум ассалам. Ҳәр намаздан кейин дуўа ҳәм тилеклерди айтыў ықтыярлы ис, қәлеген адам қылады, қәлемесе қылмайды.
Мусылман болып өткенлерди дуўа қылынады. Кимлиги билинбесе де дуўа қылса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар!
Адам атларын кыскартып айтыуга динимиз не дейди?
Ўа алайкум ассалам. Мәниси өзгеретуғын, қәте ямаса жаман мәни болып қалатуғын ҳалларда мүмкин емес. Сондай ақ, дин, пайғамбарлар, уламалар атлары қойылғанда қысқартыў мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар менин сорауым наурызда сумелек писирсен 7-жыл катарына писириу керек деп хар-ким хар турли гап айтады бул динимизде дурыспа? 2-сорауым адраспан осимлигин хамме узиуге болмайды дууасын окыу керек дейди сол дурыспа жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Екеўиде тийкарсыз гәплер. Сүмелек илаҳий тағам емес. Қарынды тойдыратуғын басқа тағамлардан парқы жоқ. Әдираспан ушын арнаўлы дуўа жоқ. Қәлеген адам жулып алса болады, әлбетте жулыўға руқсатлы орынлардан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawmu aleykum sorawim tomendegishe jaqinda bes waqit namazin oqip basladim, namaz oqip atirganda kozdi jumip oqigannin sawabi az boladi dep esittim...
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқып атырып көзди жумып турыў сүннетке кери ис. Намазда тик турғанда көзиңиз сәжде ететуғын жерге қарап турыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum aziz ustazlar.
1. Sorawim sonnan ibarat Quran qiraatin telefonda qoyip namaz oqiwga bolama? Bunda Quran qiraati tek gana iymanimizdi ziyada qiliw ushin.
2. Quran kitap ashiw boyinsha tusinik berseniz. Yagniy bir adamlar Quran kitap ashadi ham bolgan waqiyalardi aytip beredi ham maslahat beredi. Biraq olar palker emespiz deydi. Maslahat berin.
3. Wagizlardan esitiwim boyinsha basina qandaydur bir is tusse yaki kun baslanganda Quran kitapti qalegen jerinnen aship kozin tusken birinshi ayatti oqi sol sagan jol korsetedi deydi. Maslahat berseniz. Islerinizge tabislar tileymen. Heshqashan sharshaman!
Ўа алайкум ассалам.
1. Бундай етиў адамды намаздан шалғытады, сондай ақ бул Қуранға ҳүрметсизлик болады.
2. Бундайларға исенбең. Қуран биреўлердиң тәғдирин айтыў ушын түсирилмеген, Қуран адамларды туўры жолға жоллаў ушын түсирилген.
3. Тийкарсыз ислер. Бундай қылыўға ҳеш қандай ҳәдис яки негиз жоқ. Оның орнына сол Қуранды оқып, Аллаҳ тааладан туўрылықты сораң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar Menin sorawim tomendegishe men bir jas ulken adamnin Madinada Muhammed, Turkistanda Xojaxmet,Qaraqalpaqta Allayar dep patiya bergenin esittim. Bul qanshelli duris Yassawiy, Aliyar Dosnazarov belgili adamlar biraq paygambarimiz benen ten' keleten narse joq menin nazerimde
Ўа алайкум ассалам. Дурыс ойлапсыз. Бундай болыўына адамлардың Пайғамбар алайҳиссаламды туўры танымаўы себеп.
Бундай гәплерди айтыў дурыс емес. Алдын усындай деп айтып жүргенлер болса, енди тыйылсын. Ҳәттеки ең уллы исти қылып кеткен Имам Бухарий ҳаққында да, ол киси саҳабаларға тең емес деп айтылады. Негизинде Имам Бухарийдей болып хызмет етип кеткенлер санаўлы ғана адамлар. Соның өзин Пайғамбар алайҳиссаламға емес, оннан кейинги адамлар яғный саҳабаларға теңеп болмайды, енди басқаларди Пайғамбар алайҳиссаламға теңеў тек ғана илимсизлик, қайсарлық. Аллаҳ таала инсап-таўфиқ берсин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум. Менин бир сорауым бар. Хазирги уакытта откерип атырган викторинага катнасып атырман бирак, 2000 жыллары 1 жылдай медреседе окып сосын таслап кеттим енди мен викторинага катнасыуды дауам етейинбе я токтатайынба. Рахмет жуаплар ушын. Алла разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Қатнаса бериң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз, сорауым ажрасканыма 10 жылдай болды кийеуим менен некемиз бар еди, ол маган талак берген жок, хазир ол уйленди, адамлардын айтыуы бойынша 3 айдан сон талак болып кетебереди деп еди бул дурыспа
Ўа алайкум ассалам. Талақ айтпаған болса, онда өз өзинен талақ түспейди, талағыңызды сорап алыўыңыз керек. Үш айдан кейин талақ түседи деген гәп жоқ.
Егер ажырасып атырғанда, ажырасыў нийетинде кет, үйиңе бар ҳәм соған уқсас сөзлерди айтқан болса да, талақ түсип кеткен болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум азиз устазлар. Сорауым томендегише бир жылдан бери тек гана жума намазын окыб журмен кате болмаидыма. Хазирги уакытта окыуга кириу ушын тест сынаклары ушын таярланыб атирман Куда калесе халкимиз ушын мийнет етемен. Адамлар тан намаз окы диди бирак озим коркыб журмен. Менин кылыб журген исим кате ме? . Жыуаб ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыўдың ҳеш қандай зыяны жоқ, тек пайдасы ғана бар. Таң намаз да, басқа намазлар да ҳәр бир мусылманға парыз.
Бирақ ҳәзирги карантин жағдайында намазлар жәмәәт болып мешитте оқыў дурыс емес, бул тек ғана мәмлекет буйрығы емес, ал диний тәрептен де пәтўа берилген ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Мен 3-4 марте сорауымды жиберип едим, бирак жууап келмеди еле, кунде кирип коремен жууап жазбапсыз, илтимас сорауыма жууап берсениз, менин сорауым жыланнын аягы тууралы еди, жыланнын аягын коргениме коп жыллар болды, сол жаксылыктын белгисиме? Я жаманлыктынба? Егер жаман нарсенин я болмаса жаксы нарсенин белгиси болса бирзат кылыу керекпа, махсымга барыу керекпа, я баска нарсе ислеу керекпа? Не ислеу керек, жасы улкенлерден сорап корсем, биреулер жыланнын аягы хар кимнин козине корине бермейди, ол жаксы нарсе дейди, биреулер жаксы емес дейди, сизден соган жууап алажак едим егер илажы болса илтимас.
Ўа алайкум ассалам. Бул сораўыңызға жуўап берип едик. Сиз бундай нәрселерге итибар бермең. Жыланның аяғы ҳеш нәрсени аңлатпайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Менин сорауым томендегише,
1-биреуге арак алып берсен гунасы адам олтиргенмен тен деп еситип едим, сол распа?
2-арак ишип отырып тос берилип тилек айтылады, соган адамлар аумин дейди, сол дурыспа? мысалы менин озим айтпайман, себеби барибир амелге аспайды арак бар жерде деп ойлайман, бази бир касымдагылар маган баскаша карайди сол кез. Озим арак ишпеймен, бирак сок, хамде баска ишимликлер менен тилек билдиремен спиртли ишимликлерден баска ишимлик пенен, сол ислегеним дурыспа?
Ўа алайкум ассалам.
1. Араққа байланыслы бәрше ислер Аллаҳ тааланың нәлетине алып баратуғын ис. Аллаҳ тааланың нәлетине ким қарсы тура алады?!
2. Арақ ишип отырып, тилек билдириў бул динниң үстинен күлиўдей гәп. Аллаҳ таала ҳарам деген ишимликти ишип отырып, қалай тилек айтыў мүмкин. Аллаҳ таала инсап берсин.
Басқа ишимликлерди ишип отырып та тилек билдириў мусылманшылықта жоқ ис, соның менен бирге бул басқалардан кирген ис. Бундай қылыў мусылман адамға туўры келмейди. Улыўма айтқанда мусылман адам арақ ишилетуғын жерде отырмайды, ондайлар менен досласпайды, ҳарамнан узақ жүреди. Досларын да туўрылыққа шақырады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум Сорауым орынсыз болса кеширерсиз Намаз окыу ушын тахарат алып болганда жел шыкса, жане толык турде тахарат алынама
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте, қайтадан таҳарат алыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum wa rahmatullohi wa barakatuh. Qilip atirg‘an sawapli islerin'izden Alla razi bolsin sorawim bar edi. Erkek adam mahram bolg‘an ayelinin' awretine qarawg‘a bolama?
Ўа алайкум ассалам. Тек ғана некесиндеги ҳаялларға руқсат. Бул ис зеҳинниң пәсейиўине алып келетуғын ис. Буннан сақланыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устазлар.Ислеринизге аллахымыз разы болсын.Гуманланып окып жургенимнен сораганды дурыс билдим. Сорауым:
Мен тан намазды:
Азан шакыраман > Нийет етип 2 ракат суннетти окыйман > Такбир айтаман > Нийет етип 2 ракат фарзды окыйман > 2 тарепке салем берип болып Аллахымнан тынышлык,берекет х.т.б сорайман. > Аят ал курсиди окыйман изинен жане нийет етип Раббананы окыйман > Ата-баба хам акемнин руухына куран окыйман (Фатиха- ан-нас). > Тасбих санайман жане нийет етемен. Сонында Ассалаума аликум рахматуллахи баракатух деп намаз жайды тарк етемен.
Усылайынша окыганым дурыспа ? Жууабыныз ушын рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Таң намазыңыз туўры. Изинде айтатуғын дуўаларыңызда туўры. Бирақ артықша созып жибериў нәпсиге мәлел келиўи мүмкин. Көбирек зикир айтың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы