Assalawma aleykum ustaz menin sizge sorawim ulenejaq edim jolim jurisbey jatir tapqan qizim aljip ketebered qiz tabuda qiyin boldi jasimizda otip baratir qanday keñes beresiz
Ўа алайкум ассалам. Истихара намазын оқып, Аллаҳ тааладан қайырлысын сораң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum! Wa Rahmatullah! Ustazlar Zikirdi qalay aytamiz?!
Ўа алайкум ассалам. "Субҳаналлоҳ", "Әлҳамдулилләҳ" ҳәм тағы басқа зикирлерди қайта-қайта айтасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум устаз сорауым томендегише мен хазир тек тан намазын окып журмен бес уакыт намазды окыйман иншааллах сорауым жума намазынын орнына уйде песин намазын окый берсек болама
Ўа алайкум ассалам. Ҳәзирги карантин жағдайында жума намаздың орнына үйиңизде песин намазын оқыўыңыз шәрт. Жума намаз оқылмайды. Карантин таўсылып, буннан аман-есен шыққанымыздан кейин мешитте оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Sorawim tomendegishe, Hamiledar hayallar oqiytin duwalar barma?
Ўа алайкум ассалам. Ҳәмиледар ҳаяллар Қуран аятларын оқыўы ямаса еситиўи, зикирлерди айтып жүриўи пайдалы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум, кылып атирган ислеринизге Алла разы болсын!
Сорауым бар еди: Уйде суретлер турса периштелер кирмейди деген хадис барма?
Маселен, Хар турли жануарлардын Картинкалари? Семейный улкен Альбом? Уйге кыстирип койган болсак алип койыуымиз керекпа?
Сол туралы кеннен тусиник берсениз?
Ўа алайкум ассалам. Аўа усы мәнисдеги ҳәдис бар. Сүўретлерли шаңарақ албомларына салып муқыятлап сақлаған мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алайкум устаз сорауым бар еди менин атам 3рет уйленди деп айтып едим 4 айел алажак деп енди балдары разылыгын берди бырак кыздары карсы болды оган карамайман деп атам оларга урысты якшы олда болса еш гап уйленге берсин дединиз енди алажак айел разы емес келиндери болса бармайман деген соган келин хам балдарын апарып жалындырган ол наданнын иси емеспа тусинбедим рахмет жауап ушын Алла коремин хам еситемин деген мен исенемин.
Ўа алайкум ассалам. Неке ушын тек сол ҳаялдың ҳәм еркектин разылығы керек.
Үйленбекши болған адам да ҳәмме тәрепин жақсылап ақылға салып ойланып бир шешимге келиўи керек. Бул шаңарақ мәселеси, шәрият тәрептен еки тәрептиң разылығы керек болғаны.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Саламатсызба.Менің сұрағым өзім үлкен ұлым 5уакыт намаз оқимыз.Діни мықты сауаттымын дей алмайм алланың жолына білгенімді айтып жыгылып журмін.Мені мазалайтын сұрақ жолдасым намаз оқымайды ниетіде жоқ, оқымаймын сиздер оқи берің дейді.Енді менің оқыған намазым қабыл боларма екен? жолдасым осы жолга бұрылмагасын және ол арак ишеди уйде оны да койдыра алмадм.
Ассаламу алайкум. Аллаҳ таала шаңарағыңызға қут-берекет жаўдырсын. Сиз дуўада сабыр менен даўамлы болың. Әлбетте Аллаҳ таала дуўаларды қабыл етиўши.
Намаз ҳәмме адам жеке тәризде парыз болады. Күйеўиңиз оқымағаны сиздиң намазыңыз қабыл болмайды дегени емес. Қыямет күни ҳәмме өзи ушын жуўап береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hùrmetli ustazlar. Meniñ sorawlarim Oraza tutiw menen baylanisli:
1. Oraza tutqan waqitta awizdan shigatin silekeydi jutinip jùrse boladima? Kopshilik silekeydide jutiwga bolmaydi dep oylaydi. Qaysi jaģday duris esaplanadi?
2. Orazadar adam taxarat yamasa gusil alip atirganda qulaq ham murinnan suw kirip ketse, awizdi ģarģara qilģanda orazasi buziladima? Eger buzilsa murinģa suw almay, awizdi ģarģara qilmay taxarat aliwģa boladima? ( sebebi men murin shayip atirģanda kobinese suw ketip qalaberedi)
Juwap ushin raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Аўыздағыны жутыўға болады. Аўызға көп етип топлап жутыў мәкруҳ. Аўыздан сыртқа шығарып кейин жутыў, оразаны бузады.
2. Ишке кетип қалмайтуғындай етип аўызды ҳәм мурынды шайыўға ҳәрекет етиң. Таҳаратта билместен жутып қойсаңыз, бир күнге бир күн етип тутып бересиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум сорауым айел кисилер һайз уактында пайғамбарымзға с.а.в салауат айтуы дурспа
Ўа алайкум ассалам. Салаўат айтыўына болады, зикир айтыўына да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум сорауым айел кисилер һайз уактында пайғамбарымзға с.а.в салауат айтуы дурспа
Ўа алайкум ассалам. Салаўат айтыўына болады, зикир айтыўына да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Sorawim bar edi.
Otir wajip namazin 4-5 adam jamaat bolip oqiganda, Jariya oqiladima ya ishtenba?
Ўа алайкум ассалам. Ўитр намазды тек Рамазан айында жәмәәт юолып оқыў еңгизилген. Рамазан айында жәмәәт болып оқылғанда жәҳрий оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар, куран окып болганнан кейин тийеберсин айтамыз откен улкен ата-енелеримиздин атларын айтып тийеберсин айтыуга болама, маселен паленше улы толеншенин деп
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум сорауым хайз кезинде карз ораза устауга динимзде рухсатпа?
Ўа алайкум ассалам. Ҳайыз ўақтында қаза оразаны да, парыз ҳәм нәпил оразаларды да тутыўға болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум Устаз. Сорауым Гийбат хаккында маселен бир адамды гйибат кылсак со адамнан кеширим сорап разылыгын алыу керекпа ямаса таубе истигфарлар мн кеширилема?
Ўа алайкум ассалам. Ғыйбаттың гүнасы кеширилиўи ушын сол адамнан кеширим сораў керек. Соның ушын ғыйбаттан сақланыў лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум хурметли устазлар.Пазыйлет аркалы озимнин коплеген тусинбеген сорауларыма жууап алып атырман.Аллага мын катле шукир жакыннан баслап куйеуим менен тан намаз окып басладык .Бир сорауым бар еди .Касибим тигиншилик .Бугин базарда адамлар коронавирус эпидемиясы себепли таяр маска тауа алмай жур екен кобисинин уйинде тигетугын машынлары жок екен.кейин базардан сийле сатып алып устине азмаз кол хакы койып сатпакшы болдым.усылай ислесем менин дараматыма харам араласкан болама ягный кыйыншылык уактында халыктан пайдаланган болып каламанба.Клиетлериме койлек тигип берсемде кол хакымды ыразы етип аламанго илтимас сорауыма жууап кутип каламан.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала ибадатларыңызды қабыл етсин. Әлбетте ҳалал. Усындай ўақытта ҳәр бир қолынан жумыс келетуғын мусылман халыққа қолынан келген жәрдемин қылыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеукум менын сорагым намаз окыгым келет бирак кышкентай балам бар болама окысам мены коп адамлар аркалисан патйа ал дейди сол айтиуга караганда ден саулика деп ал дейди алсам болама алдинан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыўды үйрениң ҳәм намазды тезирек баслап алың. Пәтия алыў деген нәрсе жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykim ustaz, sizge sorawim bar edi men bir insanga kewil qoyip edim jasimi 5 jas kishkentay biraq bir birimizdi jaqsi koremiz shanaràq quriw niyetimiz bar shariyat boyinsha jas haqqida ne deye alasiz
Ўа алайкум ассалам. Некесиз ушырасып жүриў ҳарам болады. Жақында турмысқа шығаман ямаса жақында үйленемен ғо яки айттырып қойыппыз ғо, деп шәрияттан тыс ислерге өтиў, яғный биймәлеле телеыонда яки соц сетлерде сөйлесиў, ушырасыў булардың ҳәмме ҳарам ис есапланады.
Жасқа келетуғын болсақ, бул әҳмийетсиз, некеде разылық шәрт, келинниң жасы үлкен екен, неке түспейди екен, делинбеген. Еки тәреп яғный келин де, күйеў де разы болса, неке түседи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз, мен аелим екеуимиз намаз кагыйдалары бойынша бирге намаз окыймыз, усы бизлердин бирге окыган парыз намазларымыз жамаат намаз болып есапланама ,жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте жәмәәт намазы болады. Ер адам өзиниң ҳаялы менен екеўи жәмәәт болып намаз оқығанда, ҳаялы бир сап артта турады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумаалейкум устазлар сорауым тунги тахажжуд намазда ниет калай кылынады хар еки ракатта ниет кылынама жуап ушын алдыннан рарахмет
Ўа алайкум ассалам. Нәпил намаз деп нийет етсеңиз де болады. Қуптан намаздан кейинги ҳәмме намаз таҳажжуд болады. Еки ямаса төрт рәкаттан бөлип оқысаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумаалейкум устазлар сорауым микорб олтириу максетинде уйге адираспан тутетиуге болама
Ўа алайкум ассалам. Тиб илими қәнигелери пайдалы деп айтқан болса, қолланыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы