АССАЛАУМУ АЛАЙКУМ ...ПАЙГАМБАРЫМЫЗ САЛЛАЛЛАХУ АЛАЙХИ УАССАЛЛАМ САХАБАЛАР
ДАУИРИНДЕ КУРАН ОКЫП ПУЛ АЛЫУ БОЛМАГАН БИРАК ШАРИЙ ТАЛИМ БЕРИП АКША АЛЫУДЫ МАКУЛ ДЕП САНАГАН ..КУРАН ОКЫП АКША АЛСА БОЛАМА??
Ўа алайкум ассалам. Бир мағлыўматты анық билмей турып айтыў, әсиресе диний салада билместен бир гәп айтыў үлкен жынаят есапланады. Себеби оның усы гәпи менен адамлар арасында келиспеўшилик шығады.
Негизинде ҳәр бир мусылман адам Қуран оқыўды билиўи зәрүр. Бирақ ҳәзирги мусылманлар диннен, Қураннан узақласып кеткени ҳеш кимге сыр емес. Соның ушын айырымлар өзлери билмегени ушын басқаларға Қуран оқытады, ямаса Қуран оқып билсе де, туўрырақ оқыйтуғын адамға оқыттырады. Енди пул бериўи мәселесине келсек, ҳеш жерде Қуран оқығаным ушын пәлен сом бер, демесе керек, ондайлар еле еситпедик. Айырымлар диндарлардың үстинен күлиўге ҳәрекет етеди. Қуран оқығаны пул берип, алса, оны пул алды деп шығады, алмаса, бул адам берген пулымызды аз санап менсинбеди, деп шығады, ол адам қайсы жолды тутыўы керек. Усы сораўды берген де, усыған уқсас пикирде болғанларға да, өзиң алдын бир нешше жыллап Қуранды дурыс оқыўды, шәрият илимлерин дурыс үйрен, кейин адамлардың гәпине шыдап усы жерде исле, деп айтсаң, қолымнан келмейди, деп айтады. Мусылманман деген адам ең қурмағанда басқаларға зыян бермеў керек. Егер сол моллалар жоқ болып қалса, аўҳал қандай болатуғынын билесиз бе? Айырымлар (негизинде жүдә көпшилик) ҳәтте әкесин жуўыўға да кирмейди, аўқат асып, мәсирип жүриўден басқаға жарамайды. Айта берсек гәп көп. Мақул ис диний мазмундағы китапларды оқың, үйрениң, әдепти үйрениң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
АССАЛАУМУ АЛАЙКУМ ...ПАЙГАМБАРЫМЫЗ САЛЛАЛЛАХУ АЛАЙХИ УАССАЛЛАМ САХАБАЛАР
ДАУИРИНДЕ КУРАН ОКЫП ПУЛ АЛЫУ БОЛМАГАН БИРАК ШАРИЙ ТАЛИМ БЕРИП АКША АЛЫУДЫ МАКУЛ ДЕП САНАГАН ..КУРАН ОКЫП АКША АЛСА БОЛАМА??
Ўа алайкум ассалам. Бир мағлыўматты анық билмей турып айтыў, әсиресе диний салада билместен бир гәп айтыў үлкен жынаят есапланады. Себеби оның усы гәпи менен адамлар арасында келиспеўшилик шығады.
Негизинде ҳәр бир мусылман адам Қуран оқыўды билиўи зәрүр. Бирақ ҳәзирги мусылманлар диннен, Қураннан узақласып кеткени ҳеш кимге сыр емес. Соның ушын айырымлар өзлери билмегени ушын басқаларға Қуран оқытады, ямаса Қуран оқып билсе де, туўрырақ оқыйтуғын адамға оқыттырады. Енди пул бериўи мәселесине келсек, ҳеш жерде Қуран оқығаным ушын пәлен сом бер, демесе керек, ондайлар еле еситпедик. Айырымлар диндарлардың үстинен күлиўге ҳәрекет етеди. Қуран оқығаны пул берип, алса, оны пул алды деп шығады, алмаса, бул адам берген пулымызды аз санап менсинбеди, деп шығады, ол адам қайсы жолды тутыўы керек. Усы сораўды берген де, усыған уқсас пикирде болғанларға да, өзиң алдын бир нешше жыллап Қуранды дурыс оқыўды, шәрият илимлерин дурыс үйрен, кейин адамлардың гәпине шыдап усы жерде исле, деп айтсаң, қолымнан келмейди, деп айтады. Мусылманман деген адам ең қурмағанда басқаларға зыян бермеў керек. Егер сол моллалар жоқ болып қалса, аўҳал қандай болатуғынын билесиз бе? Айырымлар (негизинде жүдә көпшилик) ҳәтте әкесин жуўыўға да кирмейди, аўқат асып, мәсирип жүриўден басқаға жарамайды. Айта берсек гәп көп. Мақул ис диний мазмундағы китапларды оқың, үйрениң, әдепти үйрениң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз, мен ойсызлык ислеп жолдан адастым, ойлаган жумысларым болмай калды, натийжеде карызга кирип кеттим, енди оннан калай кутылатынымды билмей атырман. Буннан калай шыгып кетеримди билмей атырман, маслахат берин илтимас.
Ўа алайкум ассалам. Қарыз дуўасын оқың. Ҳадал жолдан бурылмаң, ҳарамнан узақ жүриң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум УСТАЗЛАР.
Кандайда бир нарсени сатып алганда сатыушы я ортага тускен адам отирик сойлеп яки айыбын жасырып сауда ислеуине динимизде нелер делинген
Ўа алайкум ассалам. Бундай қылыў үлкен гүна.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazlar. Iltimas napil orazasi haqqinda toligiraq maglumat bere alasizba. Aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Әбиў Саъийд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким Аллаҳ жолында бир күн ораза тутса, Аллаҳ оның жүзин дозақтан жетпис гүзге узақ қылады», – деди».
Еки Шайх рәўият қылған.
Шолыў: Аллаҳ тааланың разылығын табыў мақсетинде ықлас пенен нәпил ораза тутыўдың уллы ис екенин түсиндириўге бул ҳәдистен артық басқа бир аўыз сөз де болмаса керек.
Дурыс, өзин билгенлер ушын усы ҳәдистиң өзи жетерли. Өзин билген адам дозақтан бир мәўрит болса да узақласыў ҳәрекетинде болады. Бир күнлик нәпил ораза дозақтан жетпис жыл узақластырғаннан кейин өзин билген адам илажы барынша көбирек нәпил ораза тутыўға ҳәрекет қылады.
Бирақ, инсап пенен айтайық, биз өзимизди билемиз бе? Өзимизди өзин билгенлер арасына қоса аламыз ба? Не ушын бир Рамазаннан соң келеси Рамазан келемен дегенше, нәпил ораза тутыў ойымызға келмейди?
Алдын билмеген болсақ, енди билип алайық. Парыз намаз бенен шекленип қалмай, нәпил намазларды оқығанымыздай, парыз ораза менен шекленип қалмай, нәпил ораза да тутып турыўымыз лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazlar. Joqarida aytip otken ekensiz hayallar jamaat bolip oqimaydi dep. Sonda bizler anamiz benen oqiganimizda ekewimiz eki jayda oqiwimiz kerekpa. Aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Бир бөлмеде оқысаңыз да болады, бирақ бөлек-бөлек оқыйсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum. Namaz oqimastan aldin taxarat qilganimizda qolimizda sabin mn, tisimizdi tis shotkasi mn juwsaq boladima. Aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум! Хурметли Устазлар. Сорауым-Копшилик Дослар менен бирге оз омирлик жолдаслары менен отырыста ягни (зияпат)да отырсады сол дурыспа,егер дастарханда харам нарселер болмаса.Егер сорауым адепсизликке жатса кеширим сорайман.
Ўа алайкум ассалам. Әдетте көп жерлерде ҳаяллар бөлек, ер адамлар бөлек отырады. Бунда гүна ислер болмаса, зыяны жоқ. Бирақ ер адамлар менен ҳаяллар араласып отырса, намәҳрамлық мәселеси жүзеге келеди. Бул дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли узтазлар! Сорауым уйде кир жууылганда ярым(полу) автомат кир машыннан пайдаланылады хам сонын ишинде барибир хар кыйлы кийимлер жуулады хам солардын биреуинде напак нарсе тийген болыуы мумкин. Бирак оннан кейин хайелим оны алып лагенде таза сууга бирнеше марте шайады. Бунын менен кийимлеримиз пак боладыма, ямаса таза сууга шайганда лагенге салмай водопровод аркалы(астына хеш нарсе коймай) агып кетиуи керекпе? Себеби лагенге сууды толтырып оган шаймакшы болган кийимди салсак ол таза суудыда напак кылып алмаймызба? Жууабыныз алдыннан рахмет ушын! рахмет
Ўа алайкум ассалам. Кир машынның өзинде жуўылыўы ҳәм сығылыўы менен де пәк болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamualeykum en' sauapli istiqfar qanday jazip jiberesiz
Ўа алайкум ассалам. Қайсы бири болса да, шын кеўил менен сезинип айтылған истиғфар ең жақсысы болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеукум. менин сорауым бар еди. Нокистеги тут теректи ( байтерек)ти адамлар зиярат етип айланад. бул каншели тууры?
Ўа алайкум ассалам. Бул тек ғана илимсизлик. Мусылманшылықта теректи айланыў, оны зыяратлаў айтылмаған. Айырым адамлар саўап аламан, дуўа қыламан, деп сол жерге барады ҳәм динге кери ислерди қылып мойнына гүна арттырып қайтады. Бул теректи айланыўды шәрият та, сап ақыл да қайтарады. Ол терек ҳеш кимге ҳеш нәрсе бере алмайды, ҳеш кимге жәрдем бере алмайды, егер ол терек биреўге жәрдем бериў қүдиретине ийе болғанда, өзин кесилиўден сақлап қалған болар еди. 7-8-жыллар алдын ол терек кесип алып тасланды. ССср дың дәўиринде ҳеш ким кесе алмады, деген гәплерге исенбең, бул бир тоқыма, ойлап табылған гәплер. Сол терек арқалы мәп көрип отыратуғынлар тәрепинен ойлап табылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум устаздар сиздерден Алла разы болсын берген сурактар кымбатты уакыттарынызды болип жауап берипатыргандарынызга рахмет коп коп
1) биз Казакстанга 20 км жерде жасаймыз енди биз сол шегарадан откеннен бастап намаздарымызды каср кылып окимызба шегарадан откен жерде агайындарымыз бар солардын уиине барганда толык окимызба
Бир адам толык окисын 98 км шыкпаганша сапар есептелмиди деди тагы бир адам шегарадан откеннен бастап мусапир болып есептелесин сол ушин каср окисын деди кайсысы дурыс жауап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Ҳанафий мәзҳабы бойынша 96 км узақлыққа барылатуғын болса ҳәм он бес күннен аз турылатуғын болса мүсәпир боласыз ҳәм жолда да барған жериңизде де намазды қаср оқыйсыз.
Сиз айтып турған жағдайда сиз мүсәпир болмайсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум устаздар сурагым биздерде 13март корису салемдесу куни болады сол кезде коп ер адамдар аиел адамдармен кол берип салемдеседи сол кол берип салемдесу дурыс емес екени белгили кол бермесен биртурли карайды айелдер уидегилер елди дузейалмайсын диди негылдесек болады
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял-қызлар менен ер адамлар қол берип сәлемлесиўи дурыс емес. Намәҳрамның қолын услаў гүна ислерден.
Ҳәзирги карантин жағдайында ҳеш ким менен де қол берип сәлемлесиў дурыс емес. Даўыс арқалы ассаламу алайкум, делинсе жетерли.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazlar!
Atizga togiletugin jerge quwat beretugin birneshe toginlerdin turi bar. Sonin ishinde hajetxanadan tartip alingan shigindini atizga togiw duris bolama. Odan ongen onimdi jew duris bolama.
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum.Har bir soraw juwapsiz qaldirmay juwap berip atrganiniz ushin minnetdarman.Alla razi bolsin sizlerden.Menin sorawim men tunde taxarat alip azanda tura sala tan namazi waqtina qarap tan namazin oqiyman biraq azanda taxarat almayman.Sorayjagim bul isim durispa yaki tan namazi ushin tan azanda taxarat aliwim shartpe?Ekinshi sorawim tan' namazinan keyin mutajlikti soraw namazin oqisam bolama?
Ўа алайкум ассалам. Уйқылаў таҳаратты сындырады. Соның ушын азанда уйқыдан турғаныңызда тазадан таҳарат алың кейин таң намазыңызды оқып алың.
Қуяш бир найза бойы көтерилгеннен кейин нәпил намаз оқыўға болады. Қуяш шықпастан алдын ямаса шығып атырғанда нәпил намаз оқылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар, Сорауларым томендегише
1.Жатак жайымызда келиншегим хам 6 жасар баламыз ушеуимиз жатамыз, айтажагым мен тан намаз окыйман кунде танда намаз уактында хаялымды орнынан тургызып жиберемен ал кишкене 6 жасар баламнын уйкысын болмеймен, бирак хаялым айтады уйкыны болип неге тургызып жибересен дейди себеби мен усы жатак жайымда окыйман баска хана бос емес усы туурыма касларымда адамлар уйклап жатса намаз окыуым ,
2.Беруний тарепте Султан увайси баба койымшылыгы бар хамме барып зиярат кылады Султан баба улкен кушли пайгамбар болган дейди усыган кеннен тусиник берсениз, зияратлауга болама хам Султан баба хаккында толык хакыйкый маглыумат билмекши едим.
жуапларыныз ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Басқа уйқылап жатқан жерде намаз оқыўдың ҳеш зыяны жоқ. Пайғамбар алайҳиссалам Аиша анамыз уйқылап жатқанда, түнде нәпил намаз оқыйтуғын болған. Биақ қайырлы исти тек өзиңизге рәўа көрипсиз, бул дурыс емес.
2. Султан Уўайс Қараний деген уллы тәбеийн адам болған, Пайғамбар алайҳиссаламның дәўиринде жасаған. Саҳабалар дәўиринда қайтыс болған ҳәм сол тәрепке жерленген. Ол киси пайғамбар емес, әўлия кисилерден
Беруний районындағы Султан баба қәбирстаны сол Уўайс Қаранийдиң рәмзий қәбири, ҳақыйқыйы емес. Хийўа ханларынан бири усы рәмзий қәбирди салдырған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли Устаз.Мен тан намаздан тыскары парыз намазларды жумысым себепли кеште жыйнап окыйман.Намазлыгерден баслап уактында окыуга харекет етемен.Сорауым-4 рахат парызларлы 2рахат етип окысам болама?
Ўа алайкум ассалам. Төрт рәкатлы намазларды тек мүсәпирликте жүргенлер ғана еки рәкат етип оқыйды. Ҳәзирде мәмлекетимиз тәрепинен ҳәмме үйинде отырсын деген буйрық бар. Енди үйиңизде ҳәмме намазыңызды өз ўақтында оқыў имканиятыңыз бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум курметти устаздар сиздерден Алла разы болсын ажр сауабын мол кылып берсин
1) Ер адам ози жалгыз кундизги намаздарды окыганда бесин аср намаздарда такбирлерди иштен аитама я сырттан аитсада болама я тек жамагат намаздарында сырттан аитылама
2) Еки адам намаз окыганда жамагатка есептелема я ушеу болу керекпа жауабыныз ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Иштен айтады.
2. Жәмәәт есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум устаздар сиздерден илтимасым бар еди адам кайтыс болганда кандай шаралар кылынады калай жуындырады кепини калай тигиледи солар туралы бир видео сабак тусирсениз себеби ютубтан корсек артурли аиырмашылыктары коп биздерде калай екенин корсетип берсениз егер адепсиздик болган болса сиздерден кеширим сураймын Алла сиздерден разы болсын
2)аулеге барганда майитти комуге копшилик белди колга берме жерге лактырып бер диди табыттын аягын сындыр керек диди 40 адым санап шыгып жаксы адамбеди диди артына карама деген сиякты ырымдар коп соларды тусиндирип берсениз созылып кетти узир
Ўа алайкум ассалам. 1. Ҳәрекет етемиз. 2. Тийкарсыз гәплерге исенбең.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustaz meniñ sorawim 1 tañ namazin qagazga qarap oqiwga bolama
2 as jep bolgan son qurandi qalay oqiwga boladi toliq maģlumat berseñiz.
Ўа алайкум ассалам. 1. Үйренип алғанша бир еки мәрте қарап оқыса болады. 2. Қураны кәриймде кишкене сүрелерди ядлап алың, солардан бирин оқыйсыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы