Assalawma aleykum ustazlar. Mende bir soraw bar edi. Xalqimizda bir narse isleyjaq bolsa quda qalese dep aytiladi. Sol tuwrima Quday qalese dese tuwri bolmayma? Aniqliq kiritip berseñiz. Raxmet aldinnan
Ўа алайкум ассалам. Каҳф сүреси 23-24-аятларында "Аллаҳ қәлесе", деген сөзди айтыўға буйрық бар. Уламаларымыз қудай сөзин ислетиў жайызлығын айтқан. Қудай сөзи парсы тилинде илаҳ деген мәнини аңлатады, бул туркий тилде тәңри деп те айтылады. Аллаҳ қәлесе, деп айтыў мақулырақ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Sorawim bar edi. Musilman adam awqat jew waqtinda ham jep bolĝannan keyin Alla taalani zikir etiwi kerek eken. Yagniy awqat jewden aldin Bismillah, jep bolĝannan keyin Alhamdullillah dew kerek dep esitip edim. Dawis shigarip Bismillah dep aytiwi kerekpa yaki ishten dawis esitilmeytin qilip aytsada bolama?
Ўа алайкум ассалам. "Бисмиллаҳ" даўыс шығарылып айтылады, себеби умытып айтпағанлар есине түсип айтыўы ушын. "Әлҳамдулиллаҳ" иштен айтылады, жеп болмағанларға қолайсызлық туўылмаўы ушын.
Негизинде аўқаттан алдын тек "Бисмиллаҳ", деп қойылмайды, ал "Бисмилләҳир Роҳмәнир роҳийм", делинеди. Аўқаттан кейин де тек "Әлҳамдулиллаҳ", деп қоймастан, "Әлҳамдулилләҳилләзий ать амәний ўә сәқоний ўә жәъаләний минәл муслимийн", делинеди. Көпшилик пенен бирге аўқатланып атырғанда бирден турып кетпестен, басқалардың да болыўын азырақ күтип, кейир бирге дуўа етип дастурханнан турыў бул жоқары әдеплерден. Көпшилик болғанда: "Әлҳамдулилләҳилләзий атьамәнә ўә сәқонә ўә жәъаләнә минәл муслимийн", делинеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. Islep atirĝan sawapli isleriñizge Allah taala razi bolsin. Mende soraw bar edi. 1). Fizikada egerde jaqtiliq tezligine erisse keleshekke sayahat etiwi mumkin degen gapti esitbem. Òzim keleshek tek Allah taalaniñ qolinda dep bilemen. Misali Waqitlar òtip texnika ilim-pan rawajlanip ketse usinday jaĝday boliwi mumkinba? Eger sorawim qate bolĝan bolsa keshirim sorayman.
Ўа алайкум ассалам. Бундай бос қыяллар менен ўақтыңызды өткермең, пайдалы ислер менен шуғылланың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamualeykum 1 sorauim. 3 ay oqiu kurs oqip nokiste .Quran kitapti ozimiz arxayin oqiy alamiz beken
Ўа алайкум ассалам. Жақсы интә менен ҳәрекет етип оқығанлар әлбетте Қураны кәриймди өзи оқый алыў дәрежесине ериседи. Бирақ ҳәзирде басқа оқыў орынлары киби үш айлық оқыў курслары да ўақтынша тоқтатылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamualeykum. Adamnin 2 iyuqdagi Perishdeler .iyuqdi basqa adam uslasa ketip qaladi degen gapler raspa iyindi uslama qaqpa degen irimlar .RAXMET
Ўа алайкум ассалам. Еки ийинде еки периште отырады дегенин ҳақыйқый мәниде отырады деп түсинбең, буның мәниси еки периште адамның ҳәмме әмеллерин жазып барады, жақсысын да жаманын да. Адам жаман исти қылыўдан ең қурмағанда сол периштелерден уялыўы, Аллаҳтан қорқыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum.
1.Menin sorawim. Menin anamnin ajag'asinin qizi magan nomaxramba yaki maxram bolama.
2.Ustaz usi maxram nomaxram turali toliq aytip berseniz
Ўа алайкум ассалам.
1. Сүт тәрептен болмаса, байланысыў тәрептен намәҳрам болады.
2. Мына силтемени басың:
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum!
Bir adam birewden protsentke 10-mln. qariz alsa. Maselen ayina 10%ten eki tarep te sol protsent shartine razi bolip. Soytip ol adam qarizin 5-ayga deyin bere almay protsent ustine minip ol aqsha 15mln bolsa. Endi bul qarizdar waqti kelip sol 5 aydan keyin aqsha tawip, puldi qaytarajaq bolsa bul puldin qaytariliwi qanday bolgani duris shariyatimizda?
Ўа алайкум ассалам. Адамлардың иси жүдә ҳайран қалдырады мени. Өзи шәриятта процентке пул алыў ҳарам екенин биледи. Бул Қураны кәриймдеги Аллаҳ тааланың буйрығы.
Бул - бериўши де алыўшы да разы болса, бола беретуғын ис емес. Бундай деп айтыў мисли арақхор адамның ҳеш кимге зыян берместен ишсем бола ма, дегендей гәп.
Аллаҳ таала бир иске буйырған болса, онда әлбетте бир ҳикмет болады. Бизлер сол ҳикметке емес, ал буйрыққа қараўымыз керек. Процент алғанда алыўшыға зыян тийеди соның ушын ҳарам деп ойламаң, бул истиң ҳарам болыўы Қуранда айтылғаны ушын, негизинде. Ал, алыўшыға зыяны тийиўи болса, ҳарам истиң зыянлы екенлигинде.
Сораўға келетуғын болсақ, егер еки тәрепте мусылман болса, бундай истен дәрриў қайтсын, қарыз берген тәреп тек қарызын қайтарып алсын ҳәм тез тәўбе етсин, алыўшы да қарызын өтесин ҳәм тез тәўбе етсин. Бундай ис пенен шуғылланыўшылардың ақырети жаман болыўы, ақфретте тентиреклеп қалыўы айтылған. Аллаҳ ҳәммемизди бундай истен сақласын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar Alla Talla islerinizge bereket bersin sorawim tomendegishe 1.hayel adam ozinin kiyewinin atin aytip shaqirsa bolama jane 2. uzaq sapardan kelse qol berip salemlesiwge bolmaydi dep esitip edim sol haqqinda tusinik berseniz juwap ushin aldinan raxmet
Ўа алайкум ассалам.
1. Шәрий ҳүким тәрепинен қарағанда күйеўиниң атын айтып шақырыўы мүмкин.
2. Болады. Бирақ ҳәзирги карантин жағдайында, узақтан келген де, жақыннан келген де қол берип көриспеген мақул ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламў алейкум устаз Аллаҳым Иншаллаҳ Саўаплы амелерыңызден еки дуньяда Разы болсын Амин Иншаллаҳ?
Илтымас сизден сораўларым толық жуўап ҳам мағлуўматлар береаласпа?
1)Неше Жаннет бар?
2)Неше есигы бар?
3)Жаннетың атлары ҳам есиклерының саны нешеу?
4)Қандай ислерге амеллерге Қандай Жаннет Ўажиб болуўы мумкин ҳам қайсы есиктен қандай аммелер қылғанлар киреды?
5) Дорус Салом деген жаннет ҳакындада айтып отеласпа?
Жаннет сегиз бирақ есиклеры 100 яки одан коп деп бир жерде оқып едым усы ҳаккында толық мағлумат береаласпа?
Ўа алайкум ассалам.
4.Ораза тутқанларға Райян есигинен кириўи миясар болады. Ҳәдисте: "Ким таҳаратын кәмил етип алса, кейин әшҳәду әлләә иләәҳә иллаллооҳу ўә әшҳәду әннә Муҳаммәдән ъабдуҳу ўә росуўлуҳ, десе, оған жәннеттиң сегиз есиги ашылады ҳәм қәлегенинен киреди". Және бир ҳәдисте: "Жәннеттиң мийрим ҳәм тәўбе есиклери бар, олар қуяш батыстан шыққанша ашық турады, кейин жаўылады, делинген. Және бир ҳәдиси шәрийфте: "Жәннет есиклериниң арасы қырық мың жыллық қашықлықта", делинген.
Жәннет ҳаққында толың мағлыўматты китаплардан қараң!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум АЛЛА илимлеринизден разы болсын менин сорауым Дариушана деген сакдакама? Биздин кошеде ар уйден акша жиналады акшанын муғдары бир кило етин акшасын болады соны жинап прадукти алып бир уйден таратады садака кылып акша бергендер барып сол алынган прадуктини писирип жеп кайтады ауыскан тамактанда алып кайтады бул кандай садака ? соруым ынгайсыз болып жазылган болса кеширим сураймын . Жауап ушын алдынан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Мына силтемени оқың!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума аликум АЛЛА илимлеринизден разы болсын менин сорауым Дариушана деген сакдакама? Биздин кошеде ар уйден акша жиналады акшанын муғдары бир кило етин акшасын болады соны жинап прадукти алып бир уйден таратады садака кылып акша бергендер барып сол алынган прадуктини писирип жеп кайтады ауыскан тамактанда алып кайтады бул кандай садака ? соруым ынгайсыз болып жазылган болса кеширим сураймын . Жауап ушын алдынан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Мына силтемени оқың!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум
Аллаҳым еки дунянысдада сизден разы болсын амин Иншаллаҳ
1. Сораўым Рассуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мубарек қолынанба яки тырнақы арасынан суў шығып 300 адамдай ишкен усы Можиза хақында мағлумат береаласпа илтымас сизден Аллаҳым Разы Болсын амин Иншаллаҳ
2. Сораўым Мешитеги китабхананда Пайғамбарымыздың Табобаты деген китаб барма?
Ўа алайкум ассалам.
1. Саҳабаи киромлар суў таба алмай қыйналып қалғанда, Пайғамбарымыз алайҳиссаламның бармақлары арасынан суў шыққан, сол суўдан үш жүз адам суў ишкен ҳәм таҳарат алған. Бул Пайғамбарымыз алайҳиссаламның мөжизаларынан бири.
2. Арабшасы "Тиббун нәбий" деп айтылады. Китапханадан сорап көриң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум мениң бир еки сорауым бар еди сорауым орынсыз болса алдыннан кеширим сорайман айел адамға шашын қыйдырыуға қасын жулдырыуға хамде тырнағын бойауға болмайды деп айтады сол распа гуна болама? Жуабыңыз ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял-қызлар кеселлик ямаса соған уқсас ҳалларда шашын кесиўи мүмкин. Ҳеш бир себепсиз шаш кесиўге руқсат жоқ. Күйеўи бар ҳаяллар күйеўиниң руқсаты менен желке барабарында, еркеклердиң шашына уқсатпастан кесиўи жайыз. Үрип шаш кесиў дурыс көрилмейди.
Қас жулдырыў ҳәм тырнақ боятыў дурыс емес, гүна ислерден. Тырнақ боялғанда таҳараты дурыс болмайды. Нәтийжеде намазы да дурыс болмайды. Қас жулдырыў Аллаҳтың жаратқан көринисин өзгертиў болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар алдымен Сиздерге көп көп рахмет сурауларымызға жууап берип атырғаныңызға. Мениң сурауым бир адам намаз оқыуды нийет етип оны яғный намаздың оқылыуын китаптан уйренип оны оқый берсе болама. Биреулер айтады өзиңнен өзиң оқығаның болмайды бир мусылман намазханға жығылып намаз оқыу керек сонда дурыс болады дейди сол дурыспа. 2. Мусылманша емдеу деген қалай болады оны қайтип кимдер емдейди. Уйге берекет тилеп тəуипке оқытып еди 1 2 сурени оқып əдираспанмен уйди аластап шықты набатқа дем салып оны тауарға тигип уйге қыстыртып қойды аттың тақасында берди уйге қыстырып қойға бул дурыспа динимизге туры келетин испа уйге берекет тилеу ушын қандай дууа оқыймыз соныда айтсаңыз. Жууаптар ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Китаптан үйренип оқысаңыз болады. Түсинбеген жерлерин илимли имамлардан сорап алың.
2. Үйге берекет киргизиў ушын Қуран тмләўат етиў керек, Аллаҳ парыз еткен ислерди қылып, ҳарам нәрселерден узақласыў керек.
Сиз айтқан адам дурыс ис қылмаған. Таға қыстырып қойыў, таўар қыстырып қойыў деген нәрселер жоқ.
Ҳәзирги медицина исламий тибке тийкарланған, туўры, исламий тибтиң ҳәмме көринислери болмаса да, соның даўамшысы десек болады, себеби ҳәзирги медицинаға Әбиў Әлий ибн Сина тийкар салған, оның китаплары ҳәзирги медицина сабақлықларына тийкар салған. Соның ушын да ҳәзирги медицинаны исламий тибтиң даўамшысы десек болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу Алейкум Сорауым Мен 2010 жылда уйленгем уйленген куним Неке кыйдырдым 4 жылдан кейн Айелим мен ашыу устинде Талак айтып койдым бирак Ажыраспадык Казирги кунге шекем жасап келатирмыз некемиз бузылып кеттима алдынан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Некеңизди жаңадан оқытып алың. Талақ сөзи ислетилгенде бир байын талақ түседи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazlar sizderge juwap ushin aldinnan rahmet sorawim tomendegishe.
.janede menin bir joram namaz oqiytin edi ol 7ay aldin qazaqstanga koship ketip edi ol kazir magazinde jumis isteydi eken onin basligi basqa mazhabda eken bizderdin mazhabimiz HANAFIYmazhabi.Endi sol basligi ogan sol mazhabqa otiwin aytip atr eken Onin basliginin aytiwi boyinsha bizderdin mazhab halsiz Xadisterden jetip kelgen degen sol haqqinda biraz maglumat berseniz .
Ўа алайкум ассалам. Ҳәмме мәзҳаблардың арасында ҳүжжети ең күшлиси бизлердиң Ҳанафий мәзҳабымыз болады, буны ол мәзҳаблардың уламалары да айтады. Басқа мәзҳаблардың мәзҳаб басшылары Имам Әбиў Ҳанийфаның шәкиртлериниң шәкиртлери есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар!
Ата-Ана разилиги Аллахтин разилиги делинген хаттеки куран аятлариндада Раббине куллык етип намаз окы хам Ата-Анана жаксылык ет деген манилерде аятлар келген мен Ата -Анамди на рази кылгым келмиди брак билип билмей кеуллеринеде тийп аламан арак коялган столда улума отырмайман десем отырабер дос жора жолдасиннан айрылып каласан дейди Дурыс олар менин кем болуумды калемейды жане динге коп бериле берме дейди илтимас усылар хаккында кеннен тусиник берсениз менин тусиндируумге илмим жетпи атыр !
Ўа алайкум ассалам. Исламда ата-анаға жақсылық қылыў ең жоқары дәрежеде қаралады. Қураны кәриймде Аллаҳға ширк келтириўдиң қасында ата-анаға ақ болыў қосып ислетилген. Бул дегени ким ата-анасына ақ болса, келеге келмейди деген мәниде. Мусылманшылықта ата-ана ҳәттеки кәпир болса да, оған жақсылықта, хызметте даўамлы болыў керек екенлиги айтылған.
Рәўият етилиўинше, Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудың анасы оның мусылман болғанына, намаз оқыўына қарсы болған ҳәттеки баласы үйден шыққан ўақтында анасы оның үстине жуўынды төгип жиберетуғын болған. Пайғамбар алайҳиссаламның алдына барып бул жағдайды айтқанда, Пайғамбар алвйҳиссалам жақсылықта даўам етиўин айтқан ҳәм қайырлы дуўалар қылған. Пайғамбар алайҳиссаламның дуўаларының шарапаты менен Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу үйине барғанда, анасы мусылман болған болады.
Сиз де дуўада даўамлы болың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаўма алейкум! Жыйнаған бираз пулым бар еди. Саўда менен шуғылланатуғън жақын танысым пулынды маған берип тур айландырып берейин, айма ай пайдамнан саған улесинди берип тураман деп қарыз алды. Исламда судхорлық гуна екенлигин билемен. Бул жерде мен оны мажбурлемедим, шарт те қоймадым. Коп болмады алғанына, еле иси журисеме ямаса келиспей қалама бул жағын бир Алла биледи.
Мен қандай жол тутсам болады бул жағына?
Улыўма қарыз ҳаққында шариятта не делинген, азмаз мағлыўмат берсениз. Жуўаплар ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Процент пенен қарыз бериў ҳарам болады. Бирақ сиз музараба шәрти менен берсеңиз болады.
Музарабада бир тәреп пул береди, екинши тәреп мийнетин тигеди. Усылайынша жумыс баслайды. Пайдасын бөлиседи, егер зыян көрип банкрот болып қалса, пул берген пулына, мийнет еткен мийнетине разы болады.
Қарыз бериў үлкен саўаплы ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар!
Сорауым: Жакында акем кайтыс болды озим болек тураман уйимде акемнин сууретин дийуалга кыстырып кояман, хар караганымда дууа етемен етемен. Енди биреулер айтады кайтыс болган адамнын сууретин кыстырыуга болмайды деп бул каншелер дурыс?
Жууабыныз ушын Рахмет! Ийгиликли ислеринизде аумет тилеймен
Ўа алайкум ассалам. Сүўрет қыстырылған үйге периште кирмеўи китапларда айтылған. Пайғамбар алайҳиссаламда сүўрети бар перде қыстырылған үйге кирмеген. Илажы болса, шаңарақ албомына салып қойғаныңыз мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
АССАЛАУМУ АЛАЙКУМ ...ПАРЫЗ СУННЕТ НАММАЗЛАРДЫ ОКЫП БОЛГАННАН КЕЙН САЛЕМНЕН КЕЙН ОТЫРЫП КУРАН ТИЛАУАТ КЫЛЫУ БИЗДЕН АЛДЫНГЫ ПАЙГАМБАР АЛАЙХИССАЛАМ САХАБАЛАР ДАУИРИНДЕ БОЛГАНБА ЯКИ КЕЙН ШЫККАНБА??
Ўа алайкум ассалам. Саҳабалар дәўиринде де болған.
Усындай да сораў бола ма екен? Адамлар бир еки шәрият мәселелерин үйренсе, бес ўақыт намазын оқып жүрсе, бул оның ҳәммеден үстинлигин билдирмейди. Саҳабалар динге жүдә үлкен ықлас пенен әмел еткен. Саҳабалар ҳаққында, дин ҳаққында ҳүрмет пенен сөйлеўди үйрениў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы