Assalamu Aleykum.
Kishkeneligimizde sorawsiz anamizdin pulin alatin edik. Aniq qansha ekeni yadimda joq. Biraq kop marte har qiyli mugdarda edi.. Solardi qalay qaytaramiz? Ozine aytayiqpa ? Qansha ekenin bilmesek ne.?
Ўа алайкум ассалам. Пулдың ийесин разы қылың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar!!! Sorawim:Ramazan ayinin' orazasin(qazamdi) Erejep ayinda tutsam bolama?
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum,ustaz
Sorawlarim bar edi:
1) "Yoga" deneni shiniqtiriw usili ha'zirde ken' tarqalmaqta. Den sawliqqa paydali ekeni de ko'p aytilmaqta. Biraq onin' bazi bir shinigiwlarinda Hind xalqi ko'p qilatug'in bir a'det bar,ol da bolsa eki alaqandi bir birine tiygizip qoldin' ushin joqarg'a qaratiw. Bizlerge biygana bolg'an Budda dininde de bul narse bar aljaspasam
Sonda bizlerge "Yoga" menen shug'illaniw gu'na bolmayma?
Ўа алайкум ассалам. Мусылман адам басқа динниң әмеллерин қылыўы дурыс емес. Йоганы дене шынығыўы деп айтыўшылар да бар, бирақ бул әмеллер мәлим бир динниң диний әмеллери. Бундай деп айтыўшылар дәслеп адамға көп пайдасы ҳаққында лап урады, кейин әсте ақырынлық пенен мусылманды мусылманлық ақыйдасынан, мусылманлық жолынан шығаратуғын ислерге үйрете баслайды, илимсиз адам буларды түсинбейди, мысалы, пәлен күни пәклениў күни, пәлен күни жаман күн ҳтб гәплерди айта баслайды. Бундайлардың өзлерине тән "ораза"лары да бар. Аллаҳ сақласын. Мусылман адам ақыллы болыўы, ҳәр бир нәрсени терең пикирлеп көриўи керек. Биреў терекке я малға сыйынса қосылып сыйынып кете бермеўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum ustazlar!Alip barip atirg'an iygilikli islerin'izge Alla taala kush quwat ata etsin.Alla razi bolsin sizlerden!sorawim Oraza tutiwg'a shamasi kelmegen adam tutalamay qalg'an har bir kuni ushin bir miskindi awqatlandiradi delingen.Miskinge beriletug'in fidyanin' mug'dari haqqinda mag'liwmat bersen'iz!Juwabin'iz ushin aldinnan rahmet
Ўа алайкум ассалам. Фидя беретуғын адамлар - енди қайтып ораза тута алмайтуғын дәрежедеги адамлар болыўы керек. Мысалы қартайған ямаса қатты кеселленип, тәўир болыўына үмити жоқ адамлар фидя берсе болады. Фидяның муғдары ҳәр жылы Рамазаннан алдын жәрияланады. Өткен жылғы фидя муғдары - 15 000 сўм етип белгиленген еди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алеикум устаз сорауым жахында анам 5 ўакыт намазга жигилип еди сорауым оразада анамда денсаулик жок асгазани ауратинтеди устамаса болама я басинда 3 кун ортасинда 3 кун айягинда 3 кун устаса болама жуапга алдиннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Ораза тутыў ден-саўлығына зыян бермейтуғын болса, ораза тутады. Оразаның өзи жүдә көп кеселликлерге шыпа.
Ораза тута алмайтуғын болса ҳәм буннан кейин де тута алмаўы анық болса, онда ҳәр бир күни ушын фидя береди. Егер буған жағдайы келмейтуғын болса, бермейди
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Хурметли Устазлар! Бир адамнан коп жыллар алдын карызга бир зат алып едим Ол адам дуньядан отип кетти Енди сол карызымды балларына берсем мойнымнымдагы карызым кешкен болып есапланама?
Ўа алайкум ассалам. Алған қарызыңызды, ол адамның мийрасхорларына бересиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз, бугиннен баслап хаялым да намаз оқып баслап еди, енди бизлер намазды бирге окып атырмыз,усы бизлердин окыган намазымыз дурыс болып есапланама?
Ўа алайкум ассалам. Бирге намаз оқыўыңыз дурыс болады, бунда ҳаял адам бир сап артта турыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламуў алейкум ўа раҳматуллоҳи ўа баракатуҳуў Жуўапларыныс ушын алдынан рахмет Илтымас Толыкрак жуўап мағлумат береаласпа
1)Әлҳамдулилләҳ мусылманман бирақ меның атым Древный еврейлардын аты екен енды казыр жасым 22 де жакында билдым ютубдан мусылман болганан кейын атын мусылманша озгертиу керек екенын динымызде усы хаккында сахихлар келгенба енды мен Атымды Озыме Ҳадижа деп озгерттым бирақ адамларга айтайын десем уйдегилер устынен куледы диды бирак айтыпта кордым устымнен кулды,ол адам айырыу деп енды не қыларымды билалмай атырман?
2)Рассуллоҳ Саллоллоҳу алаҳи ўа салам ҳаялы Барраның атын Зайнаб деп озгертыпты деп телеграм каналдан оқып едым толықрақ мағлумат береаласпа илтымас сизден
3)уйде жамаатқа қыз бала еруге болама? Азан дуўасын оқығанда менда ишымнен Амин Иншаллаҳ деп туруға болама? Имамға ергенде Аттаҳият Салаўат Робана атина айтуға болама? Жамаатте ҳаял адамға не зат болад не зат болмайды илтымас толық жуўап береаласпа билалмай атырман?
4)Азан айтылғанда иштен иқомат қылып қайтару керек екен енды қыз балада иқомат қылыўға болама яки ер адамға суннет амелма?
Ўа алайкум ассалам.
1. Егер адамның аты жағымсыз бир ҳайўанлардың аты ямаса мәниссиз бир сөзлер қойылған болса, өзгертиў керек. Пайғамбарымыз алайҳиссалам айырым бир саҳабалардың атларын жағымлы бир атларға өзгерткен. Бирақ ҳәмме де арабшадан шыққан атты қойыў шәрт деген гәп жоқ. Егер атыңыздың мәниси ески еврей тилинен алынған болса да, бирақ мәниси жағымлы болса, шәриятқа кери мәниде болмаса, онда оны өзгертиў шәрт емес.
2. Зайнаб бинти Жаҳш разыяллаҳу анҳудың аты алдын Барра болған, Пайғамбар алайҳиссалам, Зайнаб деп өзгерткен. Ол пайғамбар алайҳиссаламның ҳаялларынан бири.
3. Ер адам имам болғанда, ҳаяллар да сол жәмәәтке уйып турса болады. Ҳаял-қызлар ер адамнан кейин өзлери бөлек сапта турады. Жәмәәтте турғанлар тек ғана қирәәтти қылмайды, яғный имамның қирәәти уйығанлардың да қирәәти есапланады. Оннан басқа намаздағы тәкбирлер, яғный бир әмелден екинши әмелге өткендеги Аллоҳу әкбар, деп айтыў, тәсбиҳлер, ташаҳҳуд, салаўат ҳтб лардың ҳәммесин биреў еситпейтуғын дәрежеде ишинен айтады. Дуўалар айтылғанда ҳаяллар да қолларын көтерип "Әмийн", деп турса мақсетке муўапық ис болады.
4. Азан айтылғанда азанның сөзлерин ишиңизден қайтарып турсаңыз болады, ямаса ҳәдислерде келген басқа тәртиплерди қылсаңыз да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Jaqsiliq ha'm jamanliq Alladan deydi bul so'z qansheli haqiyqat duris ya'ki na duris ekenligin toliqtirip bersen'iz iltimas...
Ассаламу алайкум. Бул гәп Қураны кәриймниң Ниса сүресинде келген. Буған ҳәмме мусылманлар ийман келтириўи шәрт. Бул аяттың улыўмалық мәниси - ҳәмме нәрсе Аллаҳға байланыслы дегени.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Песын намазда парыздан кейын аятал курсы окысак болама? кайсы бир китапта окып едып хар парыздан кейын ыклас суресын 3 марте окыса Ата Анасына жаннет уажиб болы мумкин деп усы дурыспа хам мысала песын парыздан кейын окысак болама?
Ассаламу алайкум. Сүннет намазлары парыз намазларының толтырыўшысы есапланады. Соның ушын песин намазда изиндеги еки рәкат сүннетти де оқып болып аятул курсий оқылады. Шам менен қуптан намазларда да сондай. Бул әмел бизлердиң журтымызда бир неше әсирлер алдыннан берли еңгизилген. Аят ал курсийди намаздан кейин оқып, оннан кейин Субҳаналлоҳ, Әлҳамдулилләҳ, Аллоҳу әкбар, сөзлерин отыз үш мәртеден оқып, соң дуўалар айтып, салаўатлар айтып кейин турылады. Булардың ҳәммеси қосымша әмеллер.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз, менин сорауым томендегише, Аллохумма антар раббу уа анал абду фаман ядьул абда иллар раббу я рабби. Усынын манисин айтып берсениз, аллах сизден разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳым, Сен Рәббимсең, мен Сениң бендеңмен. Бенде тек Рәббисине ғана дуўа етеди, Рәббим.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устазлар сорауым еситиуим бар еди апа синлилер ана омирде бир бири мн кориспейди екен сол распа жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Бул болмаған гәп. Динди ҳаққында, ақырет ҳаққында тек ғана исенимли орынлардан мағлыўматлар алың, ҳәзирде он бестен зыят қарақалпақ тилиндеги диний мазмундағы китаплар бар, солардан үйрениң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум уа рахматуллахи уа баракатух Аллах илимлериңиз бенен мукафатлағай.
Сорауым динимизде хаял адам куйеуине итаат қылыуы керек делинген енди егер куйеуи оған жақсы-дурыс ислерди буйырса хаялы баханалар тауып оларды ислеуди арқаға сурип журеберсе ондай хаялға хәр куни гунә жазылып турама яки тек бир гунә болып қалама жууап ушын рахмет ислериңизге Аллах рауаж бергей
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳға бойсынбағаны ушын да, күйеўине бойсынбағаны ушын да гүнакар болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum aziz ustazlar
Sorawim meshitke kirgende 1 shi kaza okigan durispa ya meshit hakin ba juap ushin raxmet
Ўа алайкум ассалам. Қаза намазды оқыған мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар бизлердин билгенимизден билмегенимиз коп усы Пазыйлет сайты аркалы коп соруга жууаплар алип билмегемизди билип атирмиз сизлерден Алла разы болсын. Менин сорауым Рауият хам Хадис тууралы айтып берсениз. Рауиятка нелер киреди? Рауият деб болган уакияни айтама яки ойдан шигарилган уакия айтилама. Хадис деб нелер айтилады жууап ушын алдыннан рахмет Алла разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Ҳәдис - Пайғамбарымыз алайҳиссаламның айтқан сөзлери, ислери, ықрарлары, сийраты. Ҳәдистиң өз илими бар, ҳәдисти үйрениў илими мусталаҳул ҳәдис деп аталады.
Рәўият бул үлкен мәнини өз ишине алатуғын болып, алдыңғылар кейингилерге жеткерген ҳәмме нәрсе. Оның ишинде анық ўақыялар да, тымсаллар да, астарлы мәнилер де, ҳтб ларда киреди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурментли устазлар сорауым томендегише жакын инсаным маган жала жауыб атыр айтпаган гапимди айты деб мен оны айтпаганымды алла алдында исеним менен айта аламан бирак ол инсан исенбей атыр кандай жол тутсам болады бул хакында динимизде не делинген алладан коркаман хар бир исим созим жууабсыз емес екенин билемен жуап ушун рахмет
Ўа алайкум ассалам! Туҳматтың гүнасы үлкен. Сиз Аллаҳтың ҳәм ҳүжданыңыздың алдында туўры болсаңыз, ҳеш қәўетерленбең. Сол туҳмат қылып атырғанлар сиз разы болмағаныңызша бул гүнадан қутыла алмайди. Соның ушын, сиз Аллаҳтың алдындағы саўаплардан үмит етиң, олардың ҳақына қайырлы дуўада болың, Аллаҳ оларды да туўры жолға салсын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу Алейкум Устаз сорауым Махсым деп кандай инсанлар айтылады хам кандай инсанларды Махсым деуге болады
Ўа алайкум ассалам. Мақсым деп алдынлары диннен саўаты бар, ой-өриси кең адамларға айтылған, бирақ ҳәзирде намаз оқып билген адамды мақсым деў ямаса ата-бабаларының бири ийшан я молла болған болса, әўладларын мақсым деп айтыў үрдиске айланған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устаз Аллахым сизлерден разы болсын ИншАллах сорауым томендегише!
Тахсир Омирлик жолдасым менен арзымас нарсенин устинде айтсып кала беремиз, Колымды котерип ауыр соз айтпадым, маган намысыма келетин созлерди айтып дауысын котерип сойлейди, тусиндирип айтсамда олай болмайды кой десемде тусинбейди тынлагысы келмейди еситкисида келмейди Алладан кунде дуа кылыман мумкин инсапка кирип калар деп. Балларды алып уй жагына карай жугире береди, Устаз мен шарт койдым Ашыумен ба билмедим менин менен Хожалыклы боламан десен кал болмаса кет Саган рухсат деп сол исим каншели дурыс я Кате соны билмекши едим Мен еш кашан Айелиме кек сакламайман Алладан разылыгы ушын Омирлик жолдасымды кеширип жибере беремен, жууабыныз ушын Алла разы болсын ИншАллах.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таалаға қайырлы дуўа етиўде даўамлы болың ҳәм сабырлы болың, Әлбетте Аллаҳ таала сабырлылар менен бирге.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Саламатсызба Алла сизге разы болсын .
Менин сурагым.
Мен 19 жаска енди толамын.Алланын калауы менен тан намазын окып журмин. Ылгыи жаксы зат оилаин десем билмим ардаимым жаман ои журеди кызганбаиын десемде кызганамын булардын барлыгы жаман ис екенин билемин сондада жаман оилар оиымнан кетпеиди.Не истесем болады .
Кенесинизди аитсаныз.жауап ушын рахмет
Ассаламу алайкум. Аллаҳ таала орынлап атырған намазыңызды қабыл етсин, басқаларын да баслап алыўды несип етсин. Жаман ой ҳәмме адамға да келеди, әҳмийетлиси, сондай ўақытта Аллаҳты, қыяметти, жәннет ҳәм дозақты еслеп бундай пикирлерден, ойлардан қайтыўыңыз. Көбирек китап оқың, ҳәзирде бир неше диний китаплар қарақалпақ тилинде баспадан шыққан. Ҳәр бир мусылманға керек мағлыўматлар жазылған бул китапларда.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Саламатсызба Алла разы болсын. Тан намазын окып болган сон уйктауга болама .Жауап ушын рахмет
Ассаламу алайкум. Қуяш бир найза муғдары шыққаннан кейин уйқылаўға болады. Соған шекем Қуран оқып отырыў ямаса зикир етип отырыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы