Erten Napil Oraza uslayjaq edm waqtin qalay bilsem boladi?
Ассаламу алайкум. Бир жыллық календарьлар арқалы шамалап билсеңиз болады. Егер таңның атыўын ҳәм Қуяштың батыўын бақлаў имканиятыңыз болса, соған қараң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалауму Алейкум! Уикыга кетип баратирип биреу келеди касыма бул зат 11 жасымнан басланды, касыма пышык или озиме жакын адамларым болып келетин еди.
Ўа алайкум ассалам. Мешит имамларына барып дем салдырың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалама алайкум!Мен 1 жылдан бери намаз охиман.Алдын кыз менен сойлеспейтин едим.Жахин 10 кунликте бир кыз менен телеграммда таныстим,катты унатип калдим.Ал енди ол кыз менен сойлеспеуди коз алдима келтире алмайатпан,катты байланип калдым.Азанлы кеш тек соны ойлитин боп калдым.Намазымда да хушу хузу жогалди.Озим катты сол кыз менен койысеим кеп тур брак иш ишимнен улума койалмайтиндайман.катты кыйналип атирман,себеби алдин Аллахти коп зикр ететин едим хазир есе тек сол кызди ойлайман
Ўа алайкум ассалам. Тезирек үйленип алың. Намәҳрам адам менен телефон яки телеграмда сөйлесиў де дурыс болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум менин сорауым томендегише мен откен оразада ораза устаган едим сол кез хайыз уактында 3 кун карыз болдым сол карызымды отеп оразамды устайын десем уактын билмей атырман калай билсем болад кай уакытта ашып кай уакытта жабыу керек жуап ушын алдыннан рахмет Алла разы болсын...
Ўа алайкум ассалам. Пазыйлетуз каналымыздан қолдан келгенше намаз ўақытларын берип барамыз. Сол жердеги таң атыў ўақтына шекем ишип-жеп, сол ўақытта жаўылады, илажы болса, бес алты минут ертелеў жабың. Намаз ўақытларындағы шам намазы ўақты киргенде аўыз ашылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz. Àyeller (men hàm enem) jàmààt bolip namaz oqıĝanda birewi aldında bolıwı kerekpe? Ya bir qatar bop oqıy bereme?
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял-қызлар бөлек-бөлек болып намаз оқыйды. Олар жәмәәт болып намаз оқыўы мәкруҳ. Егер жәмәәт болып оқымақшы болса, имам алдыңға шықпайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума əлейкум устаз сизден алла разы болсын сорауым төмендегише қайсы жума кунги темада айтылып еди есимнен шығыпты сыйқыр менен алдау жолы менен яки карта қумар жолы менен утып алынған пулларды ийесине қайтарып бериу керек деген тема айтылып еди соған толық хəм аудио түриндеде жууап берсеңиз жууап ушын алдыннан рахмет сизге алла разы болсын
Ўа алайкум ассалам. Мусылман адам биреўдиң мал-дүньясын ҳарам жоллар менен ийелеп алыўы дурыс емес. Буның ушын қыяметте де, бул дүньяда да үлкен азаплар бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Hurmetli Ustazlar.Sorawim to'mendegishe Sumelek haqqinda Dinimizde ne delingen..Onin Atirapinda 30 perishte otiriwi ham Tilegen tileklerin amelge asiwi...Jane bir jili pisirsen 7-jil pisiriwin kerek deydi Usi gapler Uraspa.Juwabiniz ushin Rahmet.Jumislarinizda Tasqin tabislar bola bersin.
Ўа алайкум ассалам. Сүмелек басқа тағамлар киби бир тағам. Оны илаҳийлестирмеў керек. Ол ҳаққында айтылатуғын бәрше гәплер тоқыма.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ASSALAWMA ALEYKUM
MENIN' SORAWIM SONNAN' IBARAT MEN BIR QIZ B.N SOYLESIP JURIP EDIM ONI QATTIG'A UNATATIN EDIM BIRAQ OL QIZDIN UYININ' ISHI BIZLERDIN SOYLESIWIMIZGE QARSILIQ ETTI
MEN BUG'AN QANDAY MUNASIBET BILDIRSEM BOLADI
Ўа алайкум ассалам. Шәриятта сищ айтқандай етип жүриў ҳарам болады. Оның үйиндегилер туўры ис қылған. Өзин мусылманман дейтуғын ҳәр бир адам бундай шермендели ислерден қайтыўы керек. Буның орнына ҳадал жол менен некеңизге алың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум.
сорауым томендегише. Алдынлары шариатымыз буйыргандай кийинбей, хазирде буйырылгандай кийинип атырган кызларымыз алдынгы кийимлерди мутаж инсанларга берип жиберсе болама? Махрамларымыз алдында кийип журемиз. Сондада артып бийкар турып калып атыр.
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Сорауым соннан ибарат:
1.жакыннан баслап тан намазын китаптан уйренип окып басладым,еки ракат парызды окыудан алдын хаялларда азан айтама? хаяллар айтпау керек дегенине айтпай журмен
2.сорау жууапларда кузетип атырма жунуп деген создин манисин тусинбей атырман
3.2 перзентимиз бар,бизлер мусылманша некеден отпгенмиз еледе отсек болама? мешитке барып окытыуга болама?
Жууаплар ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳаял-қызлар намаз оқығанда азан ҳәм тәкбир айтпайды.
2. Жунублик бул - мусылман адамға ғусылды шәрт қылатуғын ҳалат. Жынысый жақынлықтан кейин (егер мәний ақпаса да), оянғанда мәнийдиң қалдығын көргенде, мәний дафқ пенен аққанда адам жунуб болады.
3. Болады, тез некеден өтип алың, мешит имамлары ямаса наиблерине хабарласың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Мен 5 уақыт намаз оқиман уйде ажапам да намаз оқиды екеумиз бирге окығанда болек болек оқи беремизба я ажапам оқыса мен артынан қайталап турсам боладыма
Ассаламу алайкум. Ҳаял-қызлар бөлек-бөлек оқыйды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар!
1. Витр намазинин 3 ракатинда зам сурени окип боп кулак кагылади сол кезде колди киндиктин астида турган жерден колди котерип кулак кагамизба я колды оз еркин халина жиберип боп кагамизба?
2. Намазды 16 жасимда басладим каза болган намазларимди окижакпан ихтилам болмадим яки анык ихтилам болганимди озим сезбедим китапта ихтиламлык кузетилмесе ер адамга 15 жастан баслап намаз парз есапланады деп коипты , енди мен каза намазларимди 12 жастан баслап есаплайнба я 15 жастанба ?
Рахмет! Аллах рази болсин !
Ўа алайкум ассалам.
1. Туўры қулаққа алып барасыз.
2. Иҳтилам болмағанлар 15 жастан баслап оқыйды. Сизиң жағдайыңызда, ғолиби зонға қарайсыз. Яғный шамалап пәлен жастан баслап иҳтилам болып едим, деп. Сол жастан бердағының қаза намазлары ҳәм оразалары орынланыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалауму алейкум. Сорауим надурис болса алдиннан кеширин. 1Нафил оразаси хаккинда маглумат бере аласизба. 2оразани грип халда тутса боладима. 3ораза тутканда мурин тартса яки сунгирсе оразамиз бузиладима. 4Нафил оразасин кайси кунлери тутканимиз макул. 5Егер курма тауилмай калса аузимизди курмасиз ашсак боладима. жуаплар ушин алдиннан рахмет
Ўа алайкум ассалам.
1. Бул дүньяда көбирек саўап аламан, ақыретке көбирек саўап жыйнайман, Аллаҳға жақын боламан, Пайғамбар алайҳиссаламның сүннетине еремен деген мөмин-мусылманлар нәпил ораза тутады.
2. Ден-саўлыққа зыян болмаса тутыўға болады.
3. Яқ.
4. Ҳәптениң биринши ҳәм төртинши күнлери тутқан мақул.
5. Қурма менен аўыз ашыў шәрт емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Хурметли Устазлар. Мешитте екинши жамоьат болып намаз окыулык хаккында маглыумат берсениз. Мысалы намазлыгер намазына кешигип келген 3-4 адам жане жамоьат болып окыйма ямаса дара дара окыйма?
Ўа алайкум ассалам. Мешитте екинши жәмәәт болып намаз оқыў мәкруҳ. Екинши жәмәәт болып оқыў ушын төрт шәрт табылыўы керек:
1. Биринши жәмәәтке билип турып қосылмай қалған болмаўы;
2. Миҳробтан шетлеў жерде оқыўы;
3. Басқаларды жәмәәтке шақырмаўы;
4. Азан-тәкбир айтпаўы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu Aleykum ustazlar sorawim ? Namaz oqip jurip kuyewin mn uyqilaganda denen’nin hesh bir jeri kuyewin’e tiymew kerek eger tiyip ketse namazin buziladi dedi . Sol haqiygatpa? Aldinnan raxmet !!!
Ўа алайкум ассалам. Бийкар гәп.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу Алейкум устазлар бир сорауым бар еди мен пайгамбарымыз с.а.у ды ата анамызданда артыкрак жаксы кориуимиз хаккында еситведим бунын себеби неде усыган азгана маглыумат берсениз жууап ушын алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Бул ҳәдиси шәрийфте келген. Әлбетте мөмин-мусылман адам Аллаҳты ҳәм Муҳаммад алайҳиссаламды ҳәммеден көре артығырақ жақсы көриўи керек. Себеби Аллаҳ таала мусылман адамды жаратқаны, ҳидаятқа баслағаны ушын да ҳәммеден алдын жақсы көриўи керек. Пайғамбар алайҳиссалам усы динниң жетип келиўине себепши болғаны, Аллаҳ тааланың ең сүйикли бендеси болғаны ушын да ҳәммеден алдын жақсы көриўимиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум мениң бир слрауым бар еди орынсыз болса кеширерсиз айел адамға қас жулдырыу тырнағын бойау гуна деп еситтим сол хаққында азмаз тусиник берсеңиз илтимас.
Ўа алайкум ассалам. Қас жулдырыў бул - Аллаҳ тааланың жаратқанын өзгертиўге теңеледи, яғный Аллаҳ таала сизди усындай көринисте жаратқан, ал бенде буған разы болмай, бул жаратылысты өзгертип атырған болады. Бул мусылман адамларға туўры келмейтуғын ис. Алдыңғы қылған болса, буннан кейин қылмаўы керек.
Тырнақ боятыў таҳаратсызлыққа алып келеди. Адам таҳаратын сындырғаннан кейин таҳарат алыўы керек, сол ўақытта тырнақлардың үсти боялған болса, ол жерге суў жетпей қалады, ал бул таҳараттың дурыс болмағанын билдиреди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
1. Телефон арқалы "Зикир ва дуолар" "Yasin surasi MP3" программалары арқалы еситип жүргенлерим туýрыма? (Намаз оқымайман. Бирақ кираат пенен оқылған дуалар менен сүрелерге ықласым өзге. Жүрегимде басқаша болып сезилип, жан тамырларыма жетип барғандай болады)
2. Намаз оқыý нийетиндемен. Лекин оқыýым хәм жәмийетлик жумысларда көп жүргеним ушын тек ғана Таң намазын оқымақыман. Буның ушын арнаулы курслар барма. Егер бар болса ýақты қандай тәртипте дүзилген? Үйрениýшилердиң ýақтына қолайлыма ямаса керисинше?
3. Өмирде жас болғаным менен көп гүналар иследим деп ойлайман. Ол гүналарымды қалай жуýсам болады. Исламда кеширилмейтин гүналар хаққында айтылғанба?
Жуýаплар ушын алдыннан рахмет! Ислеген ийгиликли ислериңизге миннедаршылық билдирип шаңарақ ағзаларыңдың аманлығын тилеймен.
Ассаламу алайкум.
1. Зикир де, Қуран сүрелери де илаҳий сөзлер болғаны ушын да жанға жағымлы, еситкенде адамның руўхы тынышланады, рәҳәтленеди. Буларды еситиўиңиз бенен намаз оқымаўыңыз бөлек-бөлек нәрселер. Намаз оқымағаныңыз ушын гүнакар бола бересиз. Бирақ бул усы нәрселерди еситпесин дегени емес.
2. Намаз оқыўды үйрететуғын арнаўлы курслар жоқ, бирақ намаз оқыў бойынша арнаўлы китаплар бар, соннан үйренип алың.
Намаз оқыўымыз негизинде өзлеримиз ушын, бизлердиң намазымызға Аллаҳ таала ушын зар емес, ал бизлер намаз оқып Аллаҳға жақынласыўға зармыз. Аллаҳға қаншелли жақын болыўды қәлесеңиз соншелли намаз оқың.
3. Әлбетте гүналар истиғфар ҳәм тәўбелер менен жуўылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауым
1 татуы бар адамнын тахараты қабыл боладыма?
2 ажапам екеумиз бирге намаз оқығанда ер адамлар оқыгандай болып окысақ боладыма ажапам имамдай болып окып турады мен артынан кайталап тураман
Ўа алайкум ассалам.
1. Денесине сыздырған ямаса сүўрет салдырған адамлар да таҳарат алып намаз оқый береди. Бундай ис қылдырыў қатты қараланған.
2. Ҳаял-қызлар бөлек-бөлек болып намаз оқыйды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллахи уа баракатух.
Сорауым: халкымызда жайман (шелпек) писирип ийс шыгарыу деген бар сол динимизде барма,
Жане намазда аукатты(палау) бир табаклап тартыу керек дейди, соларга тусиник берсениз жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Шелпек тарқатсын деген жери жоқ. Бирақ садақа-иҳсан қылыўға көп шақырылған. Алдыңғы заманларда шелпек писирип тарқатыў арқалы садақа ислерин қылып барған.
2. Бул тийкарсыз гәп. Табақтан басқа ыдысқа салсаңыз да бола береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы