7 jildan berli perzentli bolalmay jurmiz. 5-6 marte EKOda qildirdiq paydasi bolmadi. Doktorlar endi EKOnin donorliq tuqim jardeminde uriglandiriw yamasa ozge bir hayel arqali tuwdiriw jolin usinis etip atir. Bizler erli-zayip razi bolgan halda usi EKOnin eki usilinnan birin tanlagan halda perzent korsek shariyatqa muwapiq bolama? (EKO-suniy uriqlandiriw)
Ассаламу алайкум. Некедеги ҳаялыңызға усы усыл арқалы туқымлығыңызды салдырыў ҳадал болады. Некеленбеген ҳаял арқалы бул исти қылыў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алекум ! Айел адам тан намаз окыганда азан окыйдыма хам тагы сорауым айел адам дауыс шыгарип окыйдыма ямаса дауыс шыгармайма алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял-қызлар азан ҳәм тәкбир айтпайды, намазда қырәәтти ишинен оқыйды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar.
1. Namazda 4 rakattin hammesine Al Fatiha suresinen keyin Ayatal kursin yamasa Ixlas suresin oqisaq bolama. Zam surenin barine birdey surelerdi oqisaq boladima. Har rakatqa har turli sure oqiymizba.Iqlas, Falaq, Nas, Al-Qodr....
2. Ishken adamnin 40 kunlik Namazi buziladi deydi. Eger ol adam tek Jumaga baratugin bolsa sonda onin 40 jumasi buzilama yaki Namaz oqisada oqimasada 40 kunlik Namazi qabil bolmayma. 40 kun Namaz oqimay juriwi kerekpa.
3. Bir ulamalarimizdi raziyallahu anhu deymiz ayrimlarin rahimahulloh, rahmatullahi alayh deymiz bulardin manisi nede.
4. Marhumlardi tuste koriw essatti anlatpaydi dediniz. Biraq ayrim ozbek Imam agalari tusinde Muhammad Sallallohu Alayhi Wassalamdi korgen adam Dozaxqa kirmeydi deydi bul duris magliwmatpa.
5. Bizler Isa Musa paygambarlarga iyman keltirgenbiz olardi rasullulloh dep aytiwga bolama yaki rasullulloh dep tek ozlerimizdin Muhammad alayhissalamdi aytamizba.
6. Paygambarlardin neshewi musilman bolgan misali ushin Ibrohim Dawit Sulayman alayhissalamlar musilman olardin duwalari hadisleri arab tilinde jazilgan. Sonda bul paygambarlarda adamlarga Namaz oqiwdi uyretkenbe. Musilman paygambarlardin bari Namaz oqiganba yaki ol waqitlar Namaz pariz bolmaganba olar arab bolganba . Yaki tek Muhammed alayhissalam ba. Sonda Iso paygambar adamlarga ne uyretken qolina krest uslap duwa etiwdime. Yaki ol heshnarse aytpastan adamlardi tek gana Allahqa iseniwge shaqirganba. Iso paygambar qanday dinde bolgan negizi. Krest uslap duwa etiw adamlardin oylap tawgan zatima?
7. Nokiste hamme paygambarlardin toliq omir bayani degen kitaplar barma.
8. Shariyatta ozinen jasi ulken qizga uyleniwge bolama. Erkek adam ozinen (kobi menen) 12 jas kishi qizga uyleniwge ruxsat etilgen dep esittik. Sonda eger ozinen ulken qiz bolsa neshe jasqa deyin ruxsat etiledi.
9. Uyden ğusil alip Meshitke jayawlap barsaq taxarat aliw shartpe yaki shart emespe. Ayrimlar uyden 40 adim jursen taxarat buziladi deydi. Biraq Meshitke basqan adimlarimiz taxaratti buzbaytin shigar, yaki buzama?
( Iltimas hammesine toliq juwap berseniz. Sorawlarim kõpligi ushin keshirinler. )
Ўа алайкум ассалам.
1. Парыз намазларда бир намазда бир сүрени қайталап оқыў мәкруҳ болады, сүннет намазларда болады, бирақ илажын таўып, ең кеминде намаз рәкатларына жетерли кишкене сүрелерден ядлап алың.
2. Бул арақ ишкен адам қырық күнге шекем намаз оқымасын деген гәп емес, ал мәслиги тарқалғаннан кейин намазларын даўам еттириўи керек, себеби намазларды ўақтында оқыў парыз, бул ҳәдистиң мәниси қырық күнлик намаз ушын саўап алмайды, дегени.
3. Саҳабалар разыяллаҳу анҳу, олардан кейинги уламалар раҳматуллаҳи алайҳ делинеди.
4. Пайғамбарымыз алайҳиссаламды түсинде көргенлер ҳақыйқатта ол кисини көрген болады, себеби шайтан ол кисиниң көринисине кире алмайды, деген мәнидеги ҳәдис бар. Бирақ буннан тек өмиримизди туўры тәрепке өзгертиў ушын пайдаланыўымыз керек. Қуры көрип қойыў менен ҳеш нәрсе болмайды. Пайғамбарымыз алайҳиссаламды оңында көрип, динге қарсы шыққан, дозаққа ҳақлы болған қаншалап адамлар бар, түсте көриў оңында көриўдиң алдында қаншелли әҳмийетли?!
5. Мусылманлар ҳәмме пайғамбарларға ийман келтириўи бул ийманның шәрти. Яғный оларға ийман келтирместен мусылман бола алмаймыз. Оларға да Расулуллаҳ деп айтылады, расулуллаҳ дегени - Аллаҳтың елшиси, деген мәнини аңлатады.
6. Ҳәмме самаўий динлердиң тийкары жалғыз Аллаҳға ийман келтириўге шақырыў. Бирақ алдыңғы самаўий динлер есапланатуғын яҳудий ҳәм насраний динлери ўақыттың өтиўи өз динлерин өзгерткен, сонлықтан Аллаҳ таала ақырғы дин етип Ислам динин жиберген.
7. Өзбек тилинде жазылғанлары бар.
8. Қәте еситипсиз, қанша үлкен болса да, қанша киши болса да неке түседи, бундағы тийкарғы мәселе разылық.
9. Таҳарат бузылмайды.
Сораўларды бундай тәризде жазыў әдепсизлик, илажы болса бөлип-бөлип жазың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум азиз устазлар. Менин сорауым бар еди.Кешки уакытлары аулиенин касыннан откенде куран окылмайды дийди. Сол дурыспа ямаса окыла береме. Сол туралы анык маглыумат берсениз. Жуабыныз ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Кеште Қуран оқыўға болмайды деген гәп тийкарсыз гәп. Имканият болса оқыйды, болмаса дуўа етип қойса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustaz.sizge sorawim bar edi.Juwap ushin aldinnan raxmet.Nawriz bayramda Sumalak tayarlaganda sogan tilek aytilsa qabil boladi deydi.Sol durispa.
Ўа алайкум ассалам. Сүмелек әдеттеги бир тағам, оны писирип атырғанда тилек айтса қабыл болады, деген исеним қәте.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алеукум устаз! Алладан перзент сурау дуасын уйретсениз
Ўа алайкум ассалам.
رَبِّ هَبْ لِي مِن لَّدُنْكَ ذُرِّيَّةً طَيِّبَةً إِنَّكَ سَمِيعُ الدُّعَا
Робби ҳәб ли' милләдуңкә зүрриййәтәң тоййибәҳ, иннәкә сәми'ъуд дуъа'.
Шу чоғда Закариё Роббига дуо қилиб: «Рәббим, маған Өз ҳүзириңнен пәкиза зүряд бер. Әлбетте, Сен дуўа дуўаны еситиўшисең»,
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум устазлар! Машинга тагатын сувенерлер арасында арапша жазулар бар, Аллахтынг аты жазылган тагыншаклар тагу тууры болама?
Ўа алайкум ассалам. Уы нәрселер мени сақлап турады, деген исенимде болса улыўма мүмкин емес. Бирақ, усыны көргенде дуўа етиў есиме түседи, маған зикир етиўди еслетип турады, деген мәнисте илдирип қойған болса, болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Устаз! Мал союдан алдын окылатын дуа барма?
Ўа алайкум ассалам. Ҳәр қандай ҳадал үлкен яки киши жанлық болсын, яки қус ҳтб ҳадал ҳайўанларды қублға басын қаратып, "Бисмилләҳи Аллоҳу әкбар", деп шалынады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум устаз! Иттинг гошин жеуге болама? Харам емеспе? Итти союга болама?
Ўа алайкум ассалам. Ҳәр қандай жыртқыш ҳайўанның гөшин жеўге болмайды, оның ҳүкими ҳарам. Ийтте жыртқыш ҳайўанлар қатарына киреди, оның гөши де ҳарам болады. Мусылманман, қыяметте жәннеттен үмитим бар деген адам ийттиң гөшин жемейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алекум устазым
Сизден сорамакшы болган сорауып
Намазда ташаххуд дуасында корсеткиш бармакымызды котериу кайсы (соббаба ) амелге тура келеди
Бир неше хадислерде келген пайгамбаримиз (ﷺ) намазда усы харекетти ислеген екен
Бул бизге парызба я суннет болама
Илтимас сол хаккында толыкрак тусиник берсениз Жуап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Бул ис сүннет әмел. Бирақ бир сүннет әмелди деп мусылманлар арасында тафриқа, келиспеўшилик шығармаў керек. Шайх Муҳаммад Садық раҳимаҳуллаҳ бул ҳаққында: "Ким намаз оқып үйренгенде, оған үйреткен адам усы әмелди де үйреткен болса қылсын, болмаса қылмасын, арада келиспеўшилик, жәнжел шығармасын", деген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum,ustaz
Sorawlarim bar edi:
1) Donorliq qiludin hukmi qanday? Ol gu'nama yaki sawappa
2) emlewge shipakerler ajiz bolgan,aqiri o'lim menen tausilatugin keselge shalingan adamnin basqa ag'zalari saw bolip,olardi donor sipatinda basqaga beriuge razi bolsa she?
Sorawlarim orinsiz bolsa keshirim sorayman
Ўа алайкум ассалам.
Ағза көшириў мәселеси бир неше шәртлер менен жайыз болады
1. Ағзасыз берип атырған адамның өмирине қәўип туўылмайтуғын болыўы;
2. Ағзаны бериў ықтыярлы рәўиште болыўы;
3. Ағзаны көшириў кесел адамды емлеўдың ақырғы шарасы болыўы;
4. Ағзаны көширгенде саўалып кетиўи исенимли болған ҳалда.
Сондай ақ төмендеги жағдайларда да болады:
1. Мүтәж кесел адамға өлген адамның ағзасын қойыў. Тирилигинде өзи разы болған болыўы ҳәм шәрият тәлифинде болған болыўы шәрти менен.
2. Мүтәж адамға ҳадал ҳәм сойылған ҳайўанлардың нәрсесинен пайдаланыў.
3. Инсанның өз денесинен бир бөлегин денесиниң басқа тәрепине көшириў, мысалы ети ҳтб.
4. Жасалма нәрселерди адамға орнатыў. Мысалы тис ҳтб лар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma a'leykum, a'ziz uztaz. Jan'a "mal bazarg'a shig'aman" degen balag'a: Sawda hadal na'rse, dep juwap berdin'iz. Al, menin' sorawim sonnan ibarat: Alding'i' 7-klass Qaraqalpaq a'debiyati sabaqlig'inda mazmuni boyinsha, eger sawdager adam qiyinshiliq, mashaqat penen uzaq araliqtan (sol jerdegi xaliq sol zatqa mu'taj bolsa) alip kelip u'stine aqsha qoyip satsa g'ana hadal esaplanadi dep qoyip edi. Ha'zirgi (jan'a) basilimda buni alip taslapti. Soni tu'sindirip bersen'iz, iltimas. Juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Мектеп сабақлықларын таярлаў бизлердиң ис алып барып шеңберимизге кирмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаляму алейкум устазлар! Мениң сорауым: 1. Үйге әдираспан тутетсек отқа сыйыныушылық болама?
Тек шемби куни оқылатуғын намаз хаққында еситип едим ол қандай намаз тусиндирип берсеңиз?
Жыуап ушын алдыннан рахмет. Билимиңиз буннанда зияда болсын.
Ўа алайкум ассалам.
1. Әдираспанды түтетиўден мақсетиңиз оған сыйыныў болмаса, оны түтетсе болады. Илимпазлардың айтыўынша, бунда айырым бир микробларды жоқ етиў қәсийети бар екен.
2. Нәпил намаз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорауларымызга шаршамай жууап берип атырганыныз ушын рахмет. Ко'п нарселерди, кайсы амеллеримиз дурыс,надурыс екенин билип атырмыз. Сорауым: Бизлер тойымыз кун некеден отип едик. Имам фатиха сууресин билесизбе? деди. Ауа билемиз дедик, менин изимнен кайталан дедида Алла аты менен басланыу кк еди "Бисмиллах" тан басламады. Некеден откен есапланаберемиз ба? Барибир кеулимиз толмай атыр.
Ўа алайкум ассалам. Неке қыйылғанда Фатиҳа сүресин айтыў керек деген жери жоқ. Әдетте Фатиҳа сүреси неке ўақтында оқылмайды да. Бәлким некеңизди қыйған имам берекети тийсин деген мәниде Фатиҳаны оқыған болса керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum aziz ustazlar. Allah sizlerden razi bolsin. Sorawlarim to'mendegishe.
1. Tan' namaz oqip ju'rip edim. Jaqinda ko'terip edim. Taksikozim awir keship atir awqat shay ishalmayman. Halim bolmaydi. Jumisqa zorg'a barip kelemen. Namazlarimdida oqiy almay atirman. Bunday waqitta u'zirli bolama. Ya ha'mmesin qaza qilip oqip alsam bolama azmaz ta'wir bolg'an son'.
Ўа алайкум ассалам. Намазды тоқтатыўға үзир жоқ. Турып оқыўға ҳалы келмейтуғынлар отырып оқыйды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Taza imarat alg'an son' sol u'yge bargan waqitta qanday duwalar yaki sureler aytqan maqul. Ol uyde ko'p waqittan berli Adam jasamag'an. Qurani kariym kitabindag'i Baqara suresin qaraqalpaqsha oqisa bolama. Jin shaytanlardan tazalaw ushin.
Қураны кәриймниң қәлеген бир сүресинен оқыўыңыз жетерли. Әдетте мусылман адам мудамы үйинде Қуран оқып турыў, дуўалар етип турыўы керек. Илажы барынша, Қуранның өзиниң тилинде оқың. Қарақалпақша оқып мәнилерин түсиниўиңиз де жақсы ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
U'yge miyman kelgeni jaqsi irisqi nesiybe bereket keledi. Biraq sol adamlarg'a enem araq qoyip kutedi ko'p bolg'an jag'day bul. Enem ozida ishedi. Kuyewim kop hareket etti biraq paydasi joq. Kuyewim uyden shigip ketedi. Men uydin kelini bolg'anim ushin olarg'a xizmet etemen. Bul da ulken gu'na biraq Men ma'jbur bolg'animnan qilaman xizmette. Sol waqitlari oqig'an namazlarimiz qabil bolama. Meni magazinge araqqa jumsag'aninda Men barg'an joqpan sol u'stinde de urisip edik. Men eneme qarsi shiqqan bolamanba.
Аллаҳ таала сабыр берсин. Араққа тийисли хызметлерди ислеў дурыс емес. Сиз жақсы минез-қулқыңыз бенен, дуўаларыңыз бенен жақсылыққа баслаң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma a'leykum a'ziz ustazlar!!! Insan sabir-taqat etiwi haqqinda qanday ha'disi sharifler bar? Bar bolsa sol jo'ninde aytip o'tsen'iz? Aldinnan raxmet!!!
Ўа алайкум ассалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma a'leykum a'ziz ustazlar!!! Insan sabir-taqat etiwi haqqinda qanday ha'disi sharifler bar? Bar bolsa sol jo'ninde aytip o'tsen'iz? Aldinnan raxmet!!!
Assalawma a'leykum ustazlar!!! Jumislarin'izda tabis tileymen. Alla razi bolsin!!! Sorawim sonnan ibarat: Namaz oqiwdi u'yrenbekshi bolg'an insan nelerdi biliwi kerek ha'm a'mel etiwi kerek?? Juwap ushin raxmet!!!
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқыў қағыйдалары деген китапты алып дыққат пенен оқып шығың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы