Assalamu Aleykum Wa Rahmatullah! Ustazlar sizlerden soramaqshi bolgan sorawim tomendegishe. Basimizğa kiyetin Taxiya bas kiyim haqqinda mağliwmat beresizba Aldin Ala Raxmet Aman bolayiq barimiz!
Ўа алайкум ассалам. Негизинде тақыя сөзи де араб тилинен кирип келген.
Нәбий алайҳиссалам мудамы басына бас кийим кийип жүргени ушын биз мусылманлар да соған әмел етемиз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam aleykum hurmatli ustozlar, men yaqinda 5 vaqt namoz o'qib boshladim, savolim shuki futbolga qiziqaman evropa jamoalarining o'yinlarini ko'rib boraman. Men muslim.uz telegram kanalida bir hadis o'qidim payg'ambarimiz s.a.v. kim bir qavmga taqlid qilsa u o'sha qavmdandir debdi. Endi futbol ko'rsam bo'ladimi men o'sha qavmdan bo'lib qolmaymanmi?
Ўа алайкум ассалам. Футбол көриў менен еликлеген болынбайды. Бирақ ҳәдден тыс фанатлық етип, парызларға да итибарсызлық ететуғын болсаңыз, онда бундай етип ўақытты өткериў гүнаға айланып кетеди. Сондай ақ, ўақытты бийкар өткериў де қараланған ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар, Аллахым илиминизди зияда етсин!
Сизге сорауым:
Ўа алайкум ассалам. Жақын жердеги мешит имамына хабарласың. Зыянланған ўақытта қәбирстан зыяратлаў керек деп айтылмаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар, Аллахым илиминизди зияда етсин!
Сизге сорауым:
Менин уйде кишем бар. Ол 2 жылдан бери озгерди. Себеби онын айтыуынша "менин аркам бар, мени Кудай жиберген, ата-бабаларым уйге киргизбейди, озимди мажбурлеп жасап атырман" , - дейди. Менин папам тез -тезден арак ишетин еди. Кишемнин айтыуынша папамнын арак ишкенлиги себепли уйимизде жасай алмайтын екен, сол "папамнын арак ишиуин койдырыу ушын мени усы жерге жиберип койыпты",- деп папама катты дауыс пенен бакырады. Ауырса ешнарсе ишип жемей калады. Тез тезден ауырып аулиеге зияратлауга кетип кала береди. Мен аулиеде бир кетек жай болсада жасайман деп бизлерди коркытады. Бул жагдай бизлерди катты ойландырып атыр. Бизлер хешнарсе кыла алмай атырмиз, себеби, ортада еки бала бар. Кишемнин иси дурыспа, шариятка тууры келема. Бизлер кандай жол тутыуымыз керек. Жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Жақын жердеги мешит имамына хабарласың. Зыянланған ўақытта қәбирстан зыяратлаў керек деп айтылмаған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалому алайкум, Paziylet.Uz сайти Раҳбарияти.
Мен болалигимдан II гуруҳ ногирониман. Файзли оиланинг тўнғиш фарзандиман ҳар ҳафта ота-онам ва туғишган қариндошларимга соғлик ва хотиржамлик тилаб жумаъ намозига бораман.
Аёл киши ўз ётоқхонасида ҳажотга бормай туриб таҳорат олса, таҳоратни эса юз-қўлларимизни ювинадиган жойга тўкса. Менинг жумаъ намозим Аллоҳ дарҳоида қобул бўладими?
Жавобингиз учун аввалдан раҳмат.
Ўа алайкум ассалам.
Таҳарат суўының төгилиўи Жума намазының қабыл болыўына байланыслы емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum ustazlar sorawim aldin ala raxmet Nukuste juma namaz waqti neshede
Ўа алайкум ассалам. Нөкис қаласында 13:30 да Жума намазы оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалома алейкум.Менин сорау намаз окийтугин хайал шаш тарезде жумис ислесе со шаш тарезге келген адамлардин шашин кийиу гунама.Жууабиниз ушин алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял адам ҳаяллардың шаштәрези болып ислеўи мүмкин. Адамлар өзлери разы болса, шашын кесиў гүна емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалоуму алеикум сизлерден алла разы болсин.Мен ораза айинда ораза туттим со оразадан 8кун туталмай кариз болип калдим сони кашан тутип берсем болади.Жууабиниз ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Рамазан айынан кейин имканы барынша тезирек тутып бериўи керек. Жылына бес күн ораза тутылмайды, олар: еки ҳайыт ҳәм қурбан ҳайытынан кейинги үш күн. Усы күнлерден басқа күнлерде тутып бериўиңиз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар.Сизлерден дем урыу деген динимизде барма.егер бар болса оны кай жерге барсак болады.Дем ургызыу хаккында маглыумат берсениз .алдыннан жууап ушын рахмет
Ўа алайкум ассалам. Дем салыў шәриятта бар ис. Бирақ бул исте абайлы болыўыңыз керек, анығырағы, ҳәзирде халықтың басым көпшилигинде диний саўатханлық пәс дәрежеде болғанлықтан, айырым бир адамлар динниң атынан биймәлел сөйлейтуғын дәрежеге жетип келген. Соның ушын дем салыў исинде тек ғана мешит имамларына хабарласың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Тан намаз окыйтугын китапларды кай жерден алсак болады
Ассаламу алайкум. Мешитлер жанында диний-рәсмий китап дүканлары бар, сол жерлерден алсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум, бир сауалим бар еди, Нукус медресесинде окисак диплом берема? Канша окыу керек 4 жил дауаминда окыу керекпа?,
3 ай окысак диплом берема я тек 3 айлик билим алыу ушинба, мен окысамба деп едим кейин сол окыганим бойинша жумыс ислесем деген ниетим бар еди, алдиннан рахмет!
Ўа алайкум ассалам. "Муҳаммад ал Беруний" ислам билим журтында 4 жыл тәлим бериледи. Бунда диний ҳәм дүньялық тәлим шуқыр үйретиледи. Оқыў шәртнама тийкарында алып барылады. Питкерген талабаларға диплом бериледи.
Сондай-ақ, ҳәзирде үш айлық Қураны кәрийм ҳәм тәжўийд курслары бар. Бунда тек ғана Қураны кәриймди оқыў үйретмледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum ustaz siz ge sorawim tomendegishe atim salawat biraq men social tarmaqlarda atimdi basqasha jazip qoyippan maselen clip_makeroff sizden soramaqshi bolganim eger insannin ozinin atin adamlar basqasha qilip aytip shaqirsa bunin hukmi qiyamette ne boladi juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Социал тармақларда атты өзгертиў басқаларды алдаў ушын ямаса бузғыншылық ҳәм соған уқсас ислер ушын болса дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar! Sorawim biraz uzinlaw hàm ol tomendegishe. paziylet.uz din telegram tarmaginan ibratli gaplerdi oqip, ozimizge kerekli juwmaqlardi shigarip atirmiz. Solardan: birinde har bir namazdan keyin "Ayatul kursiy" di oqigan adamnin jannetke kiriwine tek òlim tosqinliq qiladi degen gapi meni tasirlendirdi hamde sol orinda bir sorawda payda boldi. Dunyada gùna islemegen adam joq, sol qatari mende. Jànnet haqqinda ibratli gapler esitsem, bilip, bilmey islegen gùnalarimdi oylap qorqipta ketemen. Ozime keshirip bolmastay tùyilede. Menin bul oylarim tuwrima?
Ўа алайкум ассалам. Мусылман мудамы үмит ҳәм қорқыўдың арасында болады, яғный мудамы гүна ислерди қылыўдан, гүнаға жүриўден қорқып жасаўы керек, соның менен бирге мусылман да бәрибир адам баласы, билип-билмей гүна ис те қылып қояды, бундай адамлар, енди болды, мен дозақый адамман, соның ушын гүна ис ислейберемен деген түсиникке барып қалмаўы, гүнасының кешириўин Аллаҳтан үмит етиўи керек болады. Демек усы орта жолда жүриўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
Мен бир танысыма 2 жыл алдын 100 доллар
карыз берип едим енди соны бережак долларлай алсам болама процент койган болып калмайманба ? Хазир доллар 2 жыл алдынгыдан кымбатып кетти сумга алмастырганда
Ўа алайкум ассалам. Процент қойған болмайды. Қарыз не нәрседе берилсе, сол нәрседе қайтарып алынады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Сорауларым бар еди,орынсыз болса алдынан кеширим сорайман. Жуап ушын алдынан рахмет.
1)Оразада хаялларга Тараба охуга боладыма?
3)Мазхаб хаккында тусиник берип отсениз.
Жуап ушын рахмет.
Аллах сизлерден рыза болсын.
Ўа алайкум ассалам.
1. Болады. Үйинде оқығаны абзал.
3. Мәзҳаб - жол деген мәниде. Мусылман диний әмеллерди мәзҳабта белгиленген тәртипте орынлайды. Себеби ҳәмме адам Қуран ҳәм сүннеттен ҳүким шығарыў уқыбына ийе емес. Орта Азиядағы мусылманлар ҳанафий мәзҳабында.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум.мал сойып садака берилгенде кимлерге таркатылады? Жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Садақаларды илажы барынша жетим-жесирлерге, мүтәжлерге тарқатың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar. ALLA jaqsi amaldarinizdi qabil etsin. 1. Kuyewi ayelin ket ajirasam siyaqti awir sozderdi aytip quwip jiberse, bul talaq ornina jatama? 2. Kuyewi mahirge alip bergen siyligin qaytarip alsa guna bola ma?
Ўа алайкум ассалам. Ер адам ҳаялын ажырасыў нийетинде кет деп айтса, онда бир байын талақ түседи. Қайттан некеден өтиўи керек.
Мәҳр бул ҳаялдың мүлки есапланады, оны тартып алыўы биреўдиң мүлкин тартып алыў ҳүкиминде болады. Биреўдиң нәрсесин тартып алыў ҳарам ис, алған нәрсеси де ҳүким тәрептен ҳарам есапланады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Хурметли Устазлар! Сорауларым томендегише:
1.Зиярат хаккында дауыт ата, Султан уайс хтб ларды зияратлап мыннан аслам адамлар барып зияратлайды сол дурыспа коликлерде отип баратырсам коп коремен путкил озбекстан халкы зияратлайды кушли пайгамбар болган деп хаттеки аталарымызда кишкене уактымызды бизлерди коп апарар еди, енди хар жумада марузаларда айтылады хаттеки Мухаммед пайгамбарымыздыда зияратлаган харам деп; усыган кеннен тусиник берсениз;
2. Палкерлер, максымлар, тауиплер хаккында еситемен барыуга болмайды деп олда дурыс емес лекин кушли максымларымыз бар хаттеки айткан адамлардын да озлери барады исенеди усыган маселен Кегейли районында Зухритдин улкен кушли максым тауип бар, усыган коплеген жас улкен ата апаларымыз хаттеки таныклы аксакалларда барады ертеректе озимде барганман сонда коргенмен хазир диний сауатымызды асырганымыз ушын барганды токтаттык, лекин айтажагым усы максым хаккында мен айтаман жакынларыма барман деп бирак еле токтатпайды барсам тауир боламан тез тез дуалайды биреулер, усы дуаны барып аштырып кайтаман кейин аркайын журемен дейди, саудага берекет жолымызга хатыржамлык хтб дуалар жазып береди екен усыган коплеген исенип барады.хаттеки озиме тийисли кадирдан инсанларымда барады токтаталмай атырман.
бул максымнын кылып отырганы турыма адамлардын жолын ашады биреулерди косады дуалайды хтб затларды ислеп береди деп коп созлер еситемен усы туралы кеннен тусиник берсениз.
Жууапарыныз ушын алдыннан рахмет айтып каламан.
Ўа алайкум ассалам.
1. Бир гәпти еситсеңиз толық түсинип кейин айтың. Себеби гәпти толық еситпестен, ярымы айтылса, оннан гөзленген мақсет түсинилмейди. Ҳеш бир мешитте Пайғамбарымыз алайҳиссаламды зыяратлаған ҳарам деп айтпайды. Умра ҳәм ҳажға барғанда биринши болып Пайғамбарымыз алайҳиссаламның қәбири зыярат етиледи. Зыяратлаў дурыс емес деген гәп жоқ, бирақ ол жерде қылынатуғын айырым ислерден қайтарылады, мысалы қәбирге сәжде етиў, оны айланыў, топырағын маңлайына сүртиў, оннан жәрдем сораў ҳтб. Негизинде, қәбирдеги марҳум тирилерден саўаплы әмеллер жетип келиўин күтеди. Қәбирстанларды зыяратлаўдан тийкарғы мақсет - ертең бир күни мен де усы жерге келемен, деп ойланыўы. Турмыста өзинен кетип мардыйып кеткенге де, жүдә сынып қалғанға да қәбирстанды зыяратлаў мәсләҳәт бериледи. Егер турмыста жүдә ҳәддинен асып кеткен болса, ол қәбирстанды зыяратлап, мен де бир күни усы жерге келемен, ҳәзир биреўдиң ҳақын жеп атырғаным жоқ па?, биреўди қапа етип атырғаным жоқ па, ол дүньяға да таярланайын, сонша мал дүньяны алып кете алмайман ғо, басқаларға да жәрдем берейин, деген ойлар менен қайтады. Ал турмыста жүдә сынып қалған адам, ҳәмме де Аллаҳтың алдында тең, ертең бир күн ҳәмме де усы жерге қойылады, шүкиршилик етип, өзимди жоғалтпай жасайын, деген ойлар менен қайтады.
2. Палкерлерди қалайынша мақсымлардың қасына теңдей етип жазыў мүмкин. Мусылманшылықта палкерлик қатты қараланған ис. Бул ис пенен шуғылланған диннен шығады.
Мақсым бул диннен сөйлейтуғын саўатлы инсанлар. Бирақ ҳәзирде мақсым атын алғанлардың ҳәммесин де саўатлы деп болмайды. Себеби ата-бабаларынан қайсы бири ийшан я молла болып өткен болса, соның әўладлары да мақсым аталып кеткени ҳеш кимге сыр емес.
Дем салыў мәселесине келетуғын болсақ, саўатлы, дем салыў илиминен хабары бар адамлардың дем салыўы дурыс. Бирақ болар-болмас, дурыс Қуран оқып билмейтуғынлардың дем салыўынан сақланыў зәрүр. Себеби Қуранды қәте оқыўдың өзи гүна болады.
Дем салыў мәселесинде тек ғана мешит имамлары ҳәм наиблерине хабарласың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalam alekum.Keshiresiz, Askez tutuiw yag'niy pa'kleniw ku'ni degen dinimizde barma?Bizlerge tuwri keledima?
Ўа алайкум ассалам. Бундай нәрсе мусылманшылықта жоқ. Мусылман адам ораза тутады, басқа динниң әмеллерин ислемейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum! Menin bahasi 5500$ turatugin mashinam bar. Basqa bahali mulkim, pulimda joq. Mashina pulinan qarzimda bar. Soraw: magan hayelim mn birge emleniw ushin bir agam zakat berejaq edi. Sol zakatti aliwga haqlimanba?
Ўа алайкум ассалам. Алсаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы