Assalawma aleykum
Allax Taala islerinizge razi bolsin
1. Hayal zati kuyewinin aytqanin qilmay oz anasinin aytqanin qilatin bolsa, yagniy kuyewinin aytqani shariyatimizga duris keletugin buyriqlar bolsa, biraq anasinin aytqani shariyatimizga duris kelmeytin isler bolsa bunday jagdaylarga Qurani Karimnen ayatlar, Paygambarimiz salallaxu alayxi wasallam xadisleri barma
Misali.
Er adam hayalina tar kiyim kiyme, oramalindi tartip jur, kop boyanba, h.t.b
Biraq anasi kerisinshe aytatin bolsa kuyewinin jagdayi jetpeytin narselerdi alip beriwin undeytin bolsa shariyatimizda bunday jagdaylarga hukim qanday
Juwap ushin raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Ер адам ҳаялын материаллық тәрептен тәминлеўи менен бир қатарда мәнаўий, әдеп-икрамлық тәрептен де илим берип барыўы керек. Соның менен бирге ер адам өз ҳаялының ҳәм оның ағайинлериниң ҳүрметин де өз орнына қойыўы керек.
Ҳаялларға келетуғын болсақ, ҳаяллар мудамы шәрият шегарасында күйеўине бойсыныўы лазым. Ҳаяллар күйеўине ҳәттеки төсекте де ҳеш бир себепсиз терис қарап жатыўы мүмкин емес.
Ҳәр бир адам ең кеминде шәрият шегарасын билиўи керек, мысалы ҳаял-қызлар денеси билинетуғын дәрежеде тар кийим кийиўи дурыс емес, демек бундай кийинбеўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум устаз , сорауым төмендегише: Исәнниң 4 нәрсеси тәғдирине жазылады екен , соның ишинде әжелиниң қашан келиуи де бар.
Енди сорау : Жасы үлкенлеримиз неге дууа қылып атырғанда "Өмир жасың узақ болсын" - деп айтады ? Бизлердиң әжелимиздиң күни белгиленген болса , онда неге олай етип дууа қылады ? Ямаса солай айтса өмиримиз узайып қалама ?
Биреулер айтады саған узақ өмир тилеймен дейди , булай етип тилек билдириулер дурыс па ?
Жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Тәғдирдиң жазып қойылғанына ийман келтириў ийман шәртлеринен бири, буған исенбеген адам мусылман бола алмайды. Тәғдирге жазылған дегени ҳеш нәрсе қылмаўымыз керек дегени емес. Мусылман адамнан талаб етилетуғыны өмирин Аллаҳ қанша жасатса, соны ҳадал жасап өтиўи, басқаларға пайдасы тийиўи, ҳарамнан узақ болыўы, өзинен кейин жақсылықлар қалдырыўы ҳтб. Тәғдирге жазылған дегени ҳеш ўақытта ҳеш нәрсе қылмасақ та болады дегени емес. Тәғдирге жазылған дегени бул Аллаҳ тааланың илиминиң кеңлигин билдиреди. Аллаҳ таала ҳәмме нәрсени олар еле жаратылмастан турып биледи.
Енди узақ өмир тилеў ямаса сораў мәселесине келетуғын болсақ, адамның өмири узақ болыўы бул сол өмирин пайдалы нәрселерге сарплаўы менен болады. Айырымлардың жасаған өмири қысқа болады, бирақ оннан қалған илимий-мәрипий мийрасы соншелли кең болады ҳәттеки әсирлер өтсе де адамлардың есине болады, адамлар ол адамнан пайдалар алады. Айырымларда буның кериси болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум дукенде калбасанын курамында тауык ети сиыр ети деп жазып койыпты Соны жеуге болама
2 Ғусылдын 3.парыз алып болгансын намаз оқуға болама
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳадал болса жеўге болады.
2. Аўызд ғарғара етип шайыў, мурынды ашығанша шайыў ҳәм денениң ҳәмме жерине суў жеткерип жуўыў. Усыларды қылғаныңыздан кейин жунублик кетеди ҳәм намаз оқыўыңыз дурыс болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assaawma aleykum
Kishkantay bopege soska berse bolama
Juwap ushin aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalomu aleykum ustazlar alla sizlersen razi bolsin kop kop raxmet aldinnen. Soravim tomendegishe
1. Men 5 vaqt namazdi 2 qavat vaqtimdan yadlap jurvedim. Endi qizim 1 jasin toltirdi oqiyin desem enem eli oqima emiziklisen diydi . Emizikli vaqtta oquvga bolmayma.
2. Ayaq ham qolding tirnagin bir kunde aluvga bolmaydi didi , kewte aluvga bolmaydi didi duruspa.
3 tirnaqdi alip bolgansong jerge komuv kk uyden 7 adim alisga dep bir gazetada okivedim durispa.
4 namazda namazimizdi oqip bolgan song tasbexda allaxga salavatlar aytip bolgan song ozimizding iwimizdegi dualardi oqisaq bolama, qay vaqtta oqiymiz? Ya mumkin emespa.
Ўа алайкум ассалам.
1. Емизикли бөпеси бар ҳаял намаз оқыўға болады.
2. Бир ўақытта алыўға болады, түнде алыўға да болады.
3. Алынған тырнақ, шаш, улыўма адамнан шыққан нәрселер әдетте жерге көмиледи. Жети адым алысқа деген гәплер жоқ.
4. Аллаҳға ҳамд айтылады, салаўат пайғамбарға айтылады. Намаздың сыртында, яғный намазды оқып болып өзиңиз ҳаққыңызда дуўа етсеңиз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматуллах!
Сорау :
Ислам дини екиге болинеди сунит хам шейит болип . 1.Сораум соннан ибарат еди неге шейитлар Али( рз.) баска 3 халифаны тан алмайды хам хадислердиде исенбиды?
2.Булар адаскан каум болип есапланама?
Рахмет
Ўа алайкум ассалам. Шейит емес Шия десеңиз туўрырақ болады. Ҳәмме заманда болғаны киби рошид халифалар заманы, яғный Нәбий алайҳиссаламның орнында қалған туўры жолдағы орынбасарлар заманының ақырында мусылманлар арасында көп фитналар болған. Алдыңғы халифалар Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу, бул саҳабаны Нәбий алайҳиссаламнан кейин саҳабалардың өзлери сайлаған, Умар разыяллаҳ анҳуды Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳу тайынлап кеткен, Усман разыяллаҳу анҳуды саҳабалар сайлаған. Әлий разыяллаҳу анҳуды да саҳабалар сайлаған. Шия топарының пикиринше басқарыў Нәбий алайҳиссаламнан кейин ол кисиниң шаңарағына тапсырылыўы керек дейди, суннийлерде ҳақлы адам болады, делинеди. Усы мәселеде олар алдыңғы үш халифаны тән алмайды.
2. Булардың ақыйда мәселесинде қәтеликлер бар. Оларды әҳли қубла деп атаймыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устаз! сорауым томендегище:
Намаз окып енди уйренип атир едик окууга байланыслы 5уакыт окый алмаймиз тек гана тан Намазди окып койсак калай болади?Тан Намаз кай уакытта окылади тан атип атирганда окылмауы керек екенин билемен одан бурын окып койуыга боладима?илтимас тусиник берип отсениз.Жуап ушын алдыннан рахмет Алла ози разы болсын.
Ўа алайкум ассалам. Әлбетте бес ўақыт намаз оқыў ҳәр бир мусылман ушын парыз. Қыяметте ҳәмме мусылман намазларынан соралады. Улыўма намаз оқымағаннан бир ўақыт болса да намаз оқыған мақул.
Таң намаз таң атқаннан баслап, қуяш шығып баслағанша оқылады.
Сизге "Намаз оқыў қағыйдалары" деген китапты алып үйренип шығыўды мәсләҳәт беремиз
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma Aleykum. Men usi jili mektepti pitiremen insha'Allah. Bizler songi qongirawga vals ham basqada tanechlar oynaytin ekenbiz. Sol valsga tayarlanatin waqit oraza ayina tura kelip tur. Soraw: vals oyinina tayarlansam bolama
Ўа алайкум ассалам. Мусылманшылықта оразадан басқа ўақытлар да намәҳрамлар менен ойнаў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum hurmetli ustazlar
Isleriniske Allah bereke bersin
Sorawim:namazda har rakatta "Fotixa " suresinen aldin bismillah aytiladima har rakatta
Juwaplar ushin raxmet.Allah sizlerden razi bolsin!
Ўа алайкум ассалам. Ҳәр рәкатта Фатмҳа сүресинен алдын "Бисмилләҳ" оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алеикум!
Сорауым бар еди, мен кийеуим менен тез тез жанжеллесип калатугын едим. Сондай кунлердин биринде куйеуим маган 3 марте талаксан деди, сонда да кетпий жасай бердим хазирде жасап келмектемен албетте бул создин ауыр екенин екеумтзде жаксы билемиз. Бирак бизлер некемизди мусылманша окытпаганбыз тек закстен откенбиз. Енди мени ойландыратын зат, бул соз келешекте кийеуиме ямаса семяма кери тасирин корсетпийме деп коркаман. Енди не слеуим керек усылайынша жасай берейинбе? Жуап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Сизиң бул ҳалатыңызда алдыннан некеңиз болмаған, демек талақ та түспеген, яғный араңызда неке оқылмағаннан кейин қаяқтан талақ түседи. Неке оқытпастан жасаў мусылман адамға мүмкин емес. Енди бул жағына неке оқытып алың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар менин сорауым томендегише
Жума намаздан алдын хам кейин окылатын намазлар кандай хам кандай избе изликте окылады алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Жума намаздың песин намаздан парқы, жума намазда алдын төрт рәкат сүннет, кейин еки рәкат парыз, кейин төрт рәкат сүннет оқылады.
Мешитке келгенде еле маруза басланбаған болса, еки рәкат таҳийятул масжид намазы оқылады. Маруза басланып кеткен болса, оқылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум
Сорауым масхаблар нешеге болинеди хам кандай?
Екинши сорауым халкимизда аркасы бар екен деп адамларга айтилады.Сол адамлар хаккинда хадислер барма хам сол распа
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳәзирги күнде Ислам дини тийкарынан екиге: сүннийлер ҳәм шияларға бөлинеди. Сүннийлер намаздағы ҳәм басқа әмеллердеги ҳүкимлердиң өзгешелигине көре төрт мәзҳабқа бөлинеди: ҳанафийлер, мәликийлер, шәфеийлер ҳәм ҳанбалийлер. Бирақ бул төрт мәзҳаб бир-бирин үлкен парық қылмайды. Булардың ҳәммеси ақыйдада Матуридий ҳәм Ашъарийлер есапланады.
2. Халқымыздың диний саўатханлығы жүдә пәс болғаны ушын, көрин-көринбеген, ақылға уғрас емес нәрселерге исениўи артып кеткен. Бундай нәрселерге исенбең, әдетте жин тәсир еткен адамлар арқасы бар делинеди, яғный кеселленгени ушын.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум устазлар бул ислериниз ахрет ушын хайрлы болсын бул жуапларыныздан билгенимди кайталап билмегенимди уйренип отыраман менин билмекши болганым 1Егер сапарда яки жолда машында баратсак машын баскага тийисли парыз намазы отип кетпеслиги ушын машында ишара намаз окймызба толграк тусиник берсениз ?
Ўа алайкум ассалам. Сүннет намазларды ишара менен оқыўға болады, парыз намазларды түсип, қублаға қарап оқыў керек.
Мусылман адам сапар қылмақшы болса, әўел сапар тәдаригин көреди, бул дегени, жолға қашан шығыўы, сапарда не ислерди қылыўы, қайсы ўақытта шақса, намазларына кесент бермеўи, ҳтб ислерди алдыннан ойлаўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар ! Сорауым томендегише
1. Ит саклауга болмайды пышык саклауга болады екен хаттеки пышыклардын атасы пайгамбарлар деп еситтим,оларга азар бериуге болмайды дейди,лекин пышык заты катты патас болып барлык микропларды жейди менин кызларым кишкене уактынан акелип еди енди улкейип кунде кеште далага шыгып кетип тан атканда киреди кай жерлерде сангып журип турли балелерди жейди хаттеки балпак тышканларды озине тен есе шыгатугын тышканларды уйге акелип жей баслады урып куып жиберейин десем кызларым коймай атыр гаргайды дейди,таныс билислерде алмайды улкейип кеткеннен кейин алатугын адам жок сол ушын узак жерлерге апарып бир жерге таслайын десем гуна болама обалы барма ойтпесе тазалыкта керек усындайдан ауырыулар келедиго патас микроп пенен уй торинде жатады усыган толык маглыумат берсениз жауапларыныз ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
Болар-болмас гәплерге исене бермең, пышықтың атасы қалай пайғамбар болады.
Ийтке салыстырғанда пышық әдеўир пәкизе болады, сонлықтан оны үйде сақласа болады, бирақ бул мәжбүрий дегени емес. Пышықты үйде сақлаў ямаса сақламаў ықтыярлы ис.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazlar! Menin turmis qurganima jeti jil bolip qaldi. Allaga shukir ozim de hayalim da bes waqit namaz oqiymiz. Palkerlik penen shugillaniw qanday jaman is ekeninen toliq xabarimiz bar. Biraq qayin enem palkerlikti kasip qilgan. Buni turmis qurip bolgan soñ bildim. Ol menen qanday munasibet qilganimiz maqul? Ol ayelimnin tutingan anasi. Allanin ozi tuwra jolga salmasa bizdin nasiyatimizdi pisent qilmaydi.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала көп дуўада болың, жақсы нәсиятлар айтың, бул истиң ҳарам екенин түсиндириң, палкерлик пенен шуғылланатуғын адамның жаназасы оқыймайтуғынын айтың.
Егер ағайин болса, оның ағайиншилик ҳақы болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum Ustazlar. Qaytis bolgan gez kelgen adamga quran oqip sawabin bagishlay beriwge bolama. Sebebi bir jerlerge barip qalsaq agama ya inime degen siyaqli bir jaqinina quran oqip beriwimizdi soraydi. Olardin bazilari araq ishiwshilikten qaytis bolgan boliwi mumkin yaki allani moyinlamay otken bolsa?
Ўа алайкум ассалам. Гүман менен ҳеш нәрсе сабит болмайды. Егер анық диннен қайтып өлген болса, онда Қуран оқыўға болмайды. Шамалап турып диннен қайтқан шығар деп айтыў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумағаликум уа рахматуллахи уа баракатух
Курметти устаздар қызметтеринизге Аллах разы болсын.1- Сурауым : салауат айтудың ең абзалы намаздағы салауат екенин билдик, енди сол намазадағы Аллахуммә солли хәм Аллахумма барик екеуин избе из айтсак 2 салауат айтқан боламыз я 1 салауат айткан боламыз ба,
Ўа алайкум ассалам.
Екеўи еки салаўат.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Ислеп атырган кайырлы ислеринизге Аллах разы болсын! Орынсыз сорау берген болсам алдыннан кеширим сорайман.
1) Уйде намаз окып атырганымызда уйде 2 жасар балам касымызга келип харекетлеримизди кайталайды гейде алдымызды кеседи бул жагдай намазды ойыншык кылганга жатпайма, намазды бузбайма ?
2) Кымбат бахалы саугасызда викторина откериниуинизди илтимас кылып калар едим.
Ўа алайкум ассалам.
1. Буның намазға ҳеш қандай зыяны жоқ. Бул тәбийий ҳал, буның менен намаз ойыншық қылынған есапланбайды.
2. Режемизде бар, бирақ ҳәмме нәрсеге үлгериў қыйынырақ болғаны ушын сәл кешигиңгиреп атыр.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум узтаздар
Аиел адам тахарат алганда басына масх тартканда орамалды шешу керекпа я сыртынан масх тартса болама
2 кожа масинин сыртынан наски киип онын сыртынан масх тартса болама себеби маси тез тозып калмасын деген ниетте рахмет Алла разы болсын
Ўа алайкум ассалам.
1. Орамалдың үстинен масҳ тартыў жайыз емес.
2. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сорауым бар еди
Агайиним бугин авто авариа болып еди мен касында емлеуханада калдым онын хал жагдайынан кабардар болып турыу ушын. хазир куптан уакты намаз окыуга имканият жок тахаратлы емеспен намазымды намазымды каза кылгым келмей тур. Не кылсам болады
Ўа алайкум ассалам. Имканиятын таўып намазыңызды оқып алың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы