Ассаламу алайкум Устазлар! Сорауларымызға жууап берип атырсыз, рахмет, Аллах Сизлерден разы болғай! Сорауым: Қыз перзентимиздиң атын Рухия деп қойып едик, Пайғамбарымыз Мухаммад с.а.у.ның қызының аты деп. Соң Пайғамбарымыздың өмир тарийхын оқып билдик: ол Руқайя екен. Усы аттың мəнисин жазып жиберсеңиз. Алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Үмит етип, илтижа етип, сорап алынған қыз, деген мәниде.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум !
Сорау :
Ораза тутып жургенимде жунуп болип 3 кун тутип койдим ол кезде жунип болу не екени гусл кылу фарз екенин билмедим кейн жорам гусл кылу керек екенин тусиндирди енди сол 3 кунимди казасын тутып беременба я билмей калып тутканим ушын отеберема ?
Рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Жунуб болып жүриў оразаны ашпайды. Ораза ўақтында, яғный сәҳәрликте аўызды жаўғаннан, қуяш батқанша жунуб болатуғын ис қылмаған болсаңыз, оразаңыз ашылмайды. Бирақ жунуб болып жүре бериў мусылманлық әдебине туўры келмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawa aleykum ustazlar isleriñizge awmet allaniñ nuri jawsin. Bir sorawim bar edi men 5 waqit namaz oqiyman bir dosim men mal bazarga shiga jaq edim sawdaga mal alip ustine aqsha qosip paydalana jaqpis bul isimis durispa alldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Саўда ҳадал кәсип.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum hurmetli ustazlar.Sizlerge kopten berli juwap tabalmay oylanip jurgen sorawlarim bar edi.Sorawlarim tomendegishe
1-soraw.Musilmanshiliqta qiz bala neshe jasinda turmisqa shigiwi kerek
2-soraw.Eger qizdin ruxsatisiz alip qaship ketse,qiz sol uyden qaytip kelse ol guna esaplanama?
Ўа алайкум ассалам.
Мусылманшылықта ҳаял-қызлардың қәдир-қымбаты жоқары көтерилген. Олардың өз разылығысыз шаңарақ қурылмайды. Неке оқытыў дегени де сол негизи. Неке оқылғанда ондағы ең тийкарғы исленетуғын әмел еки турмыс қурмақшы болғанлардың разылығын сораўдан ибарат.
Алып қашыў динимизге де, миллетимизге де жат ис. Ата-бабаларымыз мусылманшылық дәстүрлерине беккем әмел қылған, қызларын некелеп, кейин ҳәўжар айтып узатқан. Қызды алып қашыў үлкен гүна ис болады. Қыз неке қылынбастан алдын олар ушын намәҳрам болады. Алып қашылған жағдайда қыздың ол жерден шығып кетиўи гүна болмайды. Қыз өз иппетин сақлаўы шәрт, соның ушын ол жерден шығып кетиўи туўры ис болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Әссәләму аләйкум ўә роҳмәтуллоҳи ўә бәрокәтуҳ ұстаз менің сізге сорауым
1.Перзентлі болалмай жүрген ерлі зайыплылар еліміздегі "Кешірілмес ата"ға зийратқа барса перзентлі болып кетеді екен сол қаншалықты рас және бул ширк боладыма?
Ўа алайкум ассалам.
Бул туўры ис емес. Мусылманшылықта әўледен емес, ал Аллаҳтан перзент тиленеди.
Китапларда перзент көриўи кешикке адамға истиғфар айтыў усыныс етилген, истиғфар айтыўдың пайдаларынан бири - перзентсиз адамның перзентли болыўы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алеикум устаз сорауым жахында операция болыб едим намаз охыйн десем окшемнен кан шыгабереди казирше суу тийгизуге болмайды жумага барсам болама тек тан намаз охып журсем болама
Ўа алайкум ассалам. Таҳәрат алыў мүмкин болмаса, таяммум менен намаз оқыйсыз. Әлбетте жумаға барыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
Алдин бир сорауга жууап жазганизди окидим телефонда куран аятлари жазилгани турса оны тахаратсиз усламан деп. Намазлык кытапларда куран аятлари болады телефонимизда сонида тахаратсиз усламаймызба , You Tube та намаз сабаклари бар соны тахаратсиз корсек болама? Рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Ҳәзирги күнде Қураны кәрийм китабы толығынша программа ҳалында телефонлар ушын шығарылған. Сол программаларды ашсаңыз, телефоныңыздың экранында Қуран аятлары көринеди. Усындай ҳалда таҳәратсыз услаўдан қайтарылған. Намазлық китаплардың ишинде ямаса басқа китаплардың ишинде аятлар келгени менен улыўмалық мәниде услаў мүмкин, бирақ илажы барынша буларды да таҳәратсыз усламаў керек. Таҳәратсыз ҳалда Қуран еситиў мүмкин, намаз үйрететуғын видеоларды көриў мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum.jaqinda bir telegram kanalinan :Kim Allani keshirimli emes dep bilse,Alla ol ushin sonday boladi degen qatarlardi esitip edim.bul haqiyqatqa qanshelli jaqin.qate jibergen bolsam keshirin
Ўа алайкум ассалам. Бул сөз "Мен бендемниң Мен ҳаққымда ойлағанындайман", деген ҳәдистен келип шыққан болыўы керек. Инсан Аллаҳ тааланы кеширимли емес деп ойлаўы жүдә үлкен қәте пикир. Егер Аллаҳ тааланың кеширими болмағанда инсаният қылған гүналары ушын әлле қашан қыйралып кеткен болар еди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумалейкум устазлар. Телефондагы куранды уйхлаудан алдын еситиуге болама мысалы жатып тынглап жатсак?
Ўа алайкум ассалам. Ҳүрметсизлик болмайды. “Ҳидая”ның авторы “Мухторотун наўазил” китабында: “Уйқылаўға жатқан адам Қуран оқыўы жайыз” деген. Еситиў де жайыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаумалейкум Устазлар. Азан айтылмасдан алдын кандай дуа окылыуы керек? алдынан жуап ушын рахмет Аллах сизлерден разы болсын
Ўа алайкум ассалам. Азан айтқаннан кейин азанның дуўасы айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Устазлар сизге сурауларым:
1) Биз хаялым менен жасап атрганымызга коп уакыт болды, шарий некеден откенбиз, медециналык жактан Аллага шукур бала коруимизге сагламбыз, шариятта кадагаланган затларды пайдаланбаганман (мс: спиртли ишимлик,темеки, насбай, шошка гоши) . Балким откен омиримде улкен гуна кылдымба тусинбедим, елеге шекем перзентли болалмай журмиз, хаялымменен ажырасуды калемеймен, сизден сурауым Алладан перзент сурау дуаларын жазып берсениз мумкун болса толыгы менен, хам бундай жагдай не себеб болуы мумкунлиги хаккында хадис-шарифлерде айтылганба?
2) Мамлекет тарепинен тасдикланган Курани карим китаплары болама?
3) Максетим намаз окып дуа етким келеди, ямаса намаз окымай дуа кылсак дуаларымыз кабыл болама?
Ўа алайкум ассалам.
1. Уламаларымыз перзент болмаған жағдайда "Истиғфар"ды көп айтыў керек екенин айтқан. Бул дүнья - сынаў дүньясы. Аллаҳ таала ҳәр кимди ҳәр түрли ислер менен сынайды. Биреўди перзентсизлик пенен сынаса, биреўди перзенти менен сынайды.
2. Өзбекстан Республикасы министрлер кабинети жанында диний комитет бар. Бул комитет мәмлекет пенен Республикасындағы бәрше диний шөлкемлерди байланыстырып турады. Өзбекстан Республикасында шығатуғын бәрше диний мазмундағы китаплар да сол диний комитет экспертиза жуўмағына көре баспадан шығады. Қарақалпақ тилинде шыққан диний мазмундағы китаплар да сол диний комитет руқсаты менен шыққан.
3. Әлбетте мусылман адам намаз оқып дуўа етиўи керек. Дуўа тек намаз оқығанда емес, басқа ўақытларда да қылына бериледи.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Менин сорауым бар еди: мен магазинде жумис истеймен. Менин баслыгым 5 уакыт намаз окиды. Бирак коп согинеди, адамнын кеулине келетин создер, атадан анадан да коп согинеди. Сауда кылганда да алдап сата береди. Заты отсе болды. Жане кибири да бар. Озин адамлардан жокары сезеди. Енди сорауым онын окып атырган намазлары ибадатлары кабыл бола ма? Шариятымызда бундай жагдайда не делинген?
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала бәршемизге инсап-таўфиқ берсин. Кимниң ибадаты қабыл болыўы жалғыз Аллаҳға аян. Сиз өзиңиз де ибадатларыңыздан кейин ол кисини жақсылық пенен дуўада болың. Ақийдатут Таҳаўий китабында айтылыўынша, биреўдиң қол астындағылар баслықларын жақсылық пенен дуўа етип турыўы керек, егер баслығы жаман болса да, делинген. Себеби дуўа тәсир етиўши күш бар. Бәлким сизиң дуўаңыз бенен ол да жақсылық жолына түсип кетер.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алеикум устазлар. Алла сауаплы ислеринизге разы болсын. Сорауым томендегише. Кеше ютубдан кулак неге шынылдаи деген темада видео корип калдым. Аитыуынша паигамбарымыз с.а.в Мерожга шыкканда бир теректи корипти. Касында Жабреил периште аитыпты. Бул адамлардын омири. Теректен 1 жапырак узилсе бир адамнын олгени. Сол олген адамнын жапырагы ози менен атлас адамлардын жапыракларына тийип шыгады. Сол уакытта адамлардын кулаклары шынылдаиды. Мысалы Абат деген киси олсе онын жапырагы путкил Абат деген адамлардын жапыракларына тийип шыгып олардыда олимнен ескертеди екен. Ол адам дозакка кетсе шеп кулак жаннетке кетсе он кулакларымыз шынылдаиды екен. Бул хадис каншалыклы хакыйкатка жакын екенин билгим келген еди. Рас болса аитып жургендеи ангиме екен. Егер отирик болса баскаларга аитаман деп гуналы болып калмайын деген едим. Бул хадис распа я негизсизба. Аныклап берсениз.
Ўа алайкум ассалам. Бул ҳәдис емес, қәте мағлыўмат.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum ustazlar.
Pariz namazlarinda imamga uyip bolip "sane" duwasin ozimiz oqisaq durispa?
Ўа алайкум ассалам. Имамға уйығанда сәне дуўасын өзиңиз иштен айтасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalomu aleykum ustazlar. Sorawim tomendegishe: Men tahajjud namazin oqiyjaq edim braq aniq waqtin bilalmay turippan. Iltimas jardem berseniz.
Ўа алайкум ассалам. Таҳажжуд қуптан намаздан кейин оқылатуғын нәпил намазы. Таң атқанша оқыла береди. Әддет қуптан намазы оқып уйқылаўға жатылады, түнниң ярымы ямаса үштен бири өткеннен кейин турып оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар сорауым изменение мен суретин маганасин билыуди калемен.
ЛА ИЛЛАХА ИЛЛА АНТА СУБХАНАКА ИННИ КУНТУ МИНОЗ ЗОЛИМИН РОББАНА АТИНА ФИДДУНИЯЬ ХАСАНАТАН ВА ФИР АХИРАТИ ХАСАНАТ ВА КИНА АЗАБАН НАР
Манисин айтип жазип бересизба илтимас. Алдинан рахмет Синдерге.
Ўа алайкум ассалам. "Сеннен басқа илаҳ жоқ. Сен пәксең. Мен залымлардан болдым. Рәббим дүньяда да, ақыретте де бизлерге жақсылықты бер ҳәм дозақ азабынан сақла".
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу Алейкум Устазлар! Сорауым томендегише. Мазардагы соралатугын сорауларды хам жууапларын жазып корсетсениз. Рамет.
Ўа алайкум ассалам.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият етиледи:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Бенде қашан қәбирге қойылып, ағайин-туўысқанлары оннан узақласып баратырғанда, марҳум ағайинлериниң аяқ дүрсилдилерин еситип турғанда, олардың алдына еки периште келип, оны отырғызып:
«Бул адам – Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам ҳаққында не дейтуғын едиң?» дейди. Егер марҳум мөмин болса:
«Гүўалық беремен, ол Аллаҳтың бендеси ҳәм Расули», дейди.
«Дозақтағы орныңа қара, ҳақыйқатта, Аллаҳ саған оны жәннеттеги орныңа алмасып берди, делинеди оған. Марҳум еки орынды да көреди. Бирақ марҳум адам кәпир ямаса еки жүзли болса:
«Бул адам ҳаққында не дейтуғын едиң?» делинеди оған. Ол:
«Билмеймен, адамлар не десе сол», дейди. Сонда, оған:
«Билмедиң, (билгенлерге) ермедиң», делинеди ҳәм темирден болған гүрзи менен урылады. Сол ўақытта ол соншелли қышқырады, оның даўысын инсаният ҳәм жинлерден басқа ҳәмме еситеди», деди».
Бесеўи рәўият еткен.
Бул ҳәдисте әҳли сунна ўәл жәмәә ақыйдасы бойынша Қуран ҳәм ҳәдис пенен сабыт болған исеним мәселеси, қәбирдеги сораў-жуўап ҳақ екени, оның қандай болыўы ҳаққында сөз жүритилмекте. Бул ҳәдисти дыққат пенен үйрениўимиз ҳәм ондағы ҳәр бир мәселени ақыйда мәнисинде сиңдирип алыўымыз, ҳәр бир ләҳзе ондағы жағдайды еслеп турыўымыз керек.
Өлмейтуғын ким бар? Ҳәмме өледи. Өлим ҳәр бир бендениң басында бар.
Өлим не өзи?
Инсан өлгенинен кейин не болады?
Онда қандай жағдайда болады?
Өлим адамның жүреги урыўдан тоқтап, қан айланбай, қыймылдамай қалыўдан ғана ибарат па?
Ямаса басқа нәрселер де бар ма?
Инсан өлгеннен кейин оның ушын ҳәмме нәрсе таўсыла ма?
Қәбиринде ширип, топыраққа қосылып кете бере ме?
Онда, оның басқа ҳайўанлар, қурт-қумырсқалардан не парқы бар?
Ямаса инсан бул дүньяда түрли ҳайўан ҳәм қурт-қумурсқалардан парықлы болып, ақыл менен жасағаны ушын, өлгеннен кейин де оған басқаша, инсанға туўры келетуғын мүнәсибетте болыў керек пе?
Ислам ақыйдасы бойынша бул дүнья тек ғана сынаў мәўрити. Ҳақыйқый турмыс кешириў диярына өтиўден алдын имтиҳам тапсырып, ол жақтағы турмысқа өзиниң қаншелли ҳақлы екенин ысбатлаў ўақты.
Әне сол мәңги дүнья ушын бул өткинши дүньяда ҳәрекет етеди.
Исламда инсанның өлгени бул дүньядан ол дүньяға өткени, пәний дүньядан мәңгилик диярына көшкени.
Жаңа, мәңги диярда оны периштелер күтип алып, жайластырады. Қандай орынға мүнәсип екенин өзине билдириў ушын сораў-жуўап етиледи, қолындағы әмел китабына қаралады. Соған қарап оған орын көрсетиледи. Әне усы ислер қәбирден басланады.
Соның ушын усы дүнья өмиринде бул жағдайларды толық аңлап жетип, қәбирге киргенде жақсы ҳалда болыўға ылайық болатуғын жақсы ислерди ислеўге өтиўимиз лазым.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устаз Сизлерден Алла разы болсын ИншАллах! Сорауым Томендегише Менин Карызым бар толенетугын бирак жагдайым болмай тур толеуге ИншАллах Алланын разлыгы менен кутыламан Мойнымда Карыз болып калмайды Сол карыздарлыгым Себеб жумысым журспеуи уйде берекет болмауы мумкинбе
Ўа алайкум ассалам. Қарыз алғанда тезирек, имкан табылыўы менен қайтарыўды нийет етип алыўы керек ҳәм тезирек қайтарыўға ҳәрекет етиўи керек. Ҳәдиси шәрийфлерде мусылман адам қарыз алғанда тезирек қайтарып бериў нийетинде болса Аллаҳ таала оның менен бирге болады. Егер қарыз алып болып, алдап жүрсе, имканы бола турып алған қарызын үзбей жүре берсе, ол адам зыянға ушыраўы жазылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykim uztazlar menin sorawim bar edi. Men bes waqit namaz oqiyman, namazdan aldin taret alamiz sol waqitta najas (sidik)shigip ketkendey boladi kobinese shigip ketken boladi soni ne qilsaq boladi
Ўа алайкум ассалам. Соның ушын алдыңғылар ҳәжетханада кишкене таўар ямаса қағаз қойып қырық қәдем жүрген кейин мустаҳабханаға кирип, жуўып шығып соң таҳәрат алған. Ҳәзирлери бөлек бир мустаҳабханалар жоқлығы себепли ҳәжетханаға қайтып барып мустаҳаб қылсаңыз да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум!
Сорау: мысалы бир нарсени хазир сатып алатин болсан 900 мын 3ай ямаса 2 болип беретин болсан 1.1 млн десе бул тууры болама динимиз бойнша. Сатып алушыга хам сатушыга диннин хукми кандай?
Рахмет!
Ўа алайкум ассалам. Саўдаласқан ўақытта сумма ҳәм сол сумма берилетуғын ўақытқа келисип алынса дурыс болады. Қаншаға сатыў сатыўшы менен алыўшының арасындағы мәселе.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы