Сораў: Укол алыў менен ораза бузыла ма?
Жуўап: Мүскүллер арасына, жамбасқа укол алыў менен ораза бузылмаўына уламалар бир пикирде. Териниң арасынан ишке май киби нәрселердиң кириўи оразаны ашпайды. “Шарҳул Мажмаъ”та да усындай келтирилген. Фатаўаи Ҳиндия. Бирақ тамырға укол салынса ораза бузылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза тутқан адам тис пастасы менен тисин тазаласа бола ма?
Жуўап: Ораза ҳалында тис пастасын ислетиў макруҳ. Егер тамағынан ҳеш нәрсе өтпесе оразасы ашылмайды. Сәҳәрликтен соң сәҳәрлик ўақты жуўмақланаман дегенше тислерин тис пастасы менен тис щёткасында тазаласа болады. Бир нәрсениң дәмин көрип, кейин түпирип тасласа, ораза ашылмайды. Роддул Муҳтар
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Сигарет, наспай оразаны аша ма?
Жуўап: Ашылады. Бул затлар әдетте динимизде қадаған қылынғанлардан. Сигарет шегиў, наспай атыў оразаны ашады. Алфиқҳул Исламий ўа Адиллатуҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ийман деген не?
Жуўап: Ийман деп Аллаҳ таала тәрепинен пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасалламға келген Ҳақ динге (яғный Ислам динине) ҳәм усы динниң барлық ҳүкимлерине, шын кеўилден исенип, исенгенин тил менен айтып ықрар болыўға айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Аллаҳ таала билмейтуғын ислер де барма?
Жуўап: Жерде болсын, аспанда болсын, Аллаҳ таала билмейтуғын ҳеш бир ис жоқ. Аллаҳ таала ҳәмме ислерди көрип, билип турады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Пайғамбар деп кимге айтылады?
Жуўап: Пайғамбар деп Аллаҳ таала тәрепинен бенделерине дин ҳүкимлерин үйретиў ушын жиберилген елшиге айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Қураны кәриймде неше пайғамбардың аты айтылған?
Жуўап: Жигирма бес пайғамбардың аты айтылған.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Қандай пайғамбар расуўл делинеди?
Жуўап: Аллаҳ таала тәрепинен өзине өз алдына Китап ҳәм шәрият берилген пайғамбарлар расуўл делинеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Қандай пайғамбарлар нәбий делинеди?
Жуўап: Өзине китап ҳәм шәрият берилмей, басқа бир расуўлге берилген китап ҳәм шәриятқа бойсыныўға буйырылған пайғамбарлар нәбий делинеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ең биринши пайғамбар ким?
Жуўап: Ең биринши пайғамбар Адам алайҳиссалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ең ақырғы пайғамбар ким?
Жуўап: Ең ақырғы пайғамбар Муҳаммад алайҳиссалам.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ақырет күни деп қайсы күнге айтылады?
Жуўап: Бир күн келип, бул дүньядағы жанлы ҳәм жансыз нәрселердиң ҳәммеси жоқ болады. Тек Аллаҳ тааланың өзи ҳәм өзиниң қәлегенинен басқа ҳеш нәрсе қалмайды. Усы күнге ақырет күни деп айтылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Оразада кеўилден өткерип нийет етиў жетерли ме?
Жуўап: нийет сөзликте өз алдына мақсет қылыў мәнисинде, шәриятта болса бир исти қылыўда Аллаҳ таалаға ибадат қылыўды ҳәм Оған жақын болыўды нийет қылыў. Ораза дурыс болыўы ушын қәлиптен нийет қылыў шәрт, тилде айтып отырыў шәрт емес. Фиқҳ китапларында тил менен айтыў сүннет делингенинен мақсет адамлар буны билиўи ушын. Себеби, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның тил менен нийет қылғаны ҳаққында хабар келмеген. Умдатул фиқҳ. Нийеттиң ҳақыйқаты ертеңги оразаны қәлби менен нийет қылған ҳалда ораза тутыўды мақсет қылыў. Рамазан айының кешелеринде мусылман адам ҳәмме ўақыт усындай нийет қылады. Айырым адамлар бундай нийет қылмайды. Тил менен нийет қылыў шәрт емес. Мароқил Фалаҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Рамазан оразасының нийети қалай қылынады?
Жуўап: Рамазан оразасын тутыў ушын “ораза тутыўды нийет қылдым”, десе жетерли. Мүсәпир ҳәм кеселлерден басқалар қайсы түрдеги ораза тутыўды нийет қылса да назр ме нәпил ме, ҳәммеси Рамазан оразасы есаплана береди. Умдатул фиқҳ Рамазан оразасын ҳәм оның ҳүкиминдегилер улыўма нийет қылыў ҳәм нәпилди нийет қылыў менен дурыс бола береди. Баҳрур Роиқ
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Тутқанақ ямаса соған уқсас бир жағдайлар менен ораза тутқан адамның оразасы ашылады ма?
Жуўап: Яқ, оразасы ашылмайды. Роддул Муҳтар
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза ҳалда саққыз шайнаў менен ораза ашылып кетеди ме?
Жуўап: Оразаны алқымнан бир нәрсениң өтип кетиўи нәтийжесинде ашылыўы ҳаққында көп айтылды. Саққызды да шайнағанда оннан бир нәрсе ажыралып ишке кетсе, ораза ашылады. Ишке кетпесе ораза ашылмайды. Бирақ ораза ҳалда саққыз шайнаў макруҳ есапланады. Ал, алдын шайналып, ажыралатуғын нәрсеси ажыралып болған, бөлинип кетпейтуғын саққызды ораза ҳалда шайнаў макруҳ. Бирақ ол оразаны ашпайды. Буның кериси болса, оразаны ашады. Бундай деп айтылыўына себеп, ақ болмаған саққыз, алдын шайналмағаны, шайнаса бөлинип кететуғыны нан әдетте ишке бир нәрсе кетип қалады. Егер ишке бир нәрсе кетип қалатуғын болса, ораза ашылғанлығына ҳүким қылынады. Роддул Муҳтар
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза тутқаны есинде жоқ болып, қулағына дәри тамызса не болады?
Жуўап: Ораза екенлиги есинде турып тамызса ашылады, есинен көтерилип тамызса ашылмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза тутқан адамның мурны ыссы күнде қанап кетсе ҳәм қанды тоқтатаман, деп басын жоқары көтериўи нәтийжесинде қан ишке кетип қалса оразасы бузылады ма?
Жуўап: Оразасы ашылады. Қаза лазым болады, каффарат ўәжиб болмайды. Соның ушын ораза тутқан адамның бир жери қанап қалса, қанды тоқтатыўда ораза ашылмайтуғын жолын қылыў керек. Аҳсанул Фатаўа
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Ораза тутқан адам көзине дәри қуйса оразасы ашылады ма?
Жуўап: Ораза ашылмайды. Бирақ басқа мәзҳаб ийелери “ораза ашылады”, дейди. Сондай-ақ, медицина тараўы қәнигелериде көз арқалы мурын, аўыз киби алқымға жол бар екенин айтады. Соның ушын оразадар ҳалда көзге дәри тамызатуғынлар сәҳәрликтен алдынға ямаса аўыз ашардан кейинге кешиктиргени мақул. Егер ем мақсетинде көзине бир нәрсе тамызса, ҳанафий мәзҳабында аўыз ашылып кетпейди. Фатаўаи Ҳиндия.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Сораў: Асқазан кеселлиги менен аўырған оразадар зонт жутса болады ма?
Жуўап: зонт қурғақ ҳалда жутылса ҳәм қайтарып шығарып алынса, ораза ашылмайды. Егер бир нәрсеге жип байлап алқымнан өткерсе, яғный жутса, жиптиң екинши тәрепи қолда турса, яғный қайтарып шығарып алатуғын болса, ораза ашылмайды. Жип үзилип кетсе ораза ашылады. Баҳрур Роиқ. Ишке киргизилген нәрсениң иште қалып кетиўи нәтийжесинде ораза бузылады. Бадайиъус Санаиъ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы