Assalawma aleykum ustazlar!
Sorawlarim:
1) Namazda tashahhudti oqip atirganda shahadat kaliymasi aytilip atirgan kezde korsetkish barmaqti shigariw durispa ya qateme? Men onday qilmayman sebebi namaz uyreniw kitapta onday jazilmagan eken.
2) Kelinshegim: "qulagimdi testirgenlerim gunahpa" dep sorap atir.
3) Namazda zam sure qilip oqiw ushin ayrim kop ayatli surelerdin (baqara) basindagi 5-6 t.b ayatlarin alip zam sure qilip oqilganin esittim. Soni tusindirip berseñiz iltimas.
Juwaplariniz ushin aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам.
1. Шайх Муҳаммад Садық ҳәзирет бул бойынша былай деген: "Ким намаз оқыўды үйренгенде оған намаз оқыўды үйреткен адам саббаба қылыўды үйреткен болса қылсын, үйретпеген болса,қылмасын".
2. Қулаққа сырға тағыў Пайғамбарымыз заманында да болған. Бул гүна ис емес. Бирақ ҳаяллар зийнетлерин намәҳрамларға көрсетиўи дурыс емес.
3. Зам сүреге әдетте келте сүрелерди қосамыз. Буған бир узын яки үш келте аят қосса да болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар. Кызым хам балам клиникада массажист болып ислейди. Жакында танысым балан азып кетипти. Массаж ислеу ансат емес, ол жерге хар турли адамлар барады, патия алып бер, колына дем салдыртып ал деди. Усы дурыспа? Оны кимнен аламыз. Мешитке барамыз ба? Маглыумат берсениз. Жууап ушын алдыннан рахмет.
Ўа алайкум ассалам. Еркек ҳаялды, ямаса кери аўҳалда массаж қылыў дурыс емес. Сондай ақ, ер адам ер адамды массаж қылатуғын болса да әўрет жерлерине қараўы мүмкин емес, ҳаял ҳаялларды массаж қылғанда да әўрет жерлерине қараўға болмайды.
Пәтия алыў деген сөз фатиҳа сөзинен шыққан, фатиҳа бул ашыў, кирисиў деген мәнилерде. Әдетте мусылман адам ҳәр бир исиниң басында қуран оқып Аллаҳ тааладан усы исиниң берекетин сорайды, сондай ақ, бизлердиң халқымызда жасы үлкен ағалар ҳәм тақўалы, илимли адамларды шақырып дуўасын алыў әдети бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum! Ustazlar ALLAH kush quwat sabir taqat isinizge rawaj bersin. Usinis bar edi. Koz tiymesin hazirde jaslar neke qiydiriwdin pazriz ekenligin aste aqirin tusinip kiyatir allahga shukir. Lekin tahoratta sal aqsap atr. 4 betlik kishkene etip kitapsha shigarilsa tek tahorat benen gusil aliwdin ulgisin jazip. Ol kitapti uslagan adam aldin gusil almagani ushin. Qisqa ayat yaki duwalar jazilmasa. Bir adamga tahorat benen gulisdi uyretip .Ol adamdi gunah isten qaytargan bolar medik.
Ўа алайкум ассалам. Халыққа жеңил болыўы ушын устазымыз Шамсуддин махдум Баҳауддинов тәрепинен қысқа "Намаз оқыў қағыйдалары", китабы еки мәрте баспадан шықты. Бул китап намазды, таҳәратты, ғусылды үйренбекши болған адамлар ушын жүдә жеңил етип жазылған, баҳасы да жүдә арзан. Усы китаптан үйренип алса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устазлар сорауым бар еди мен бесин намазлыгер шам акшам намазларында суннет парыз екеуинда окыймызба соны тусинбей журмен китабында кордим еки ракат суннет 4ракат парыз деп жазып койыпты соларды тусинбей атырман тусиникли етип жууап берсениз алдыннан рахмет Алла разы болсын сизлерден
Ўа алайкум ассалам.
Әлбетте намазлардың сүннети де, парызы да оқылады.
Таң намаз еки рәкат сүннет, еки рәкат парыз;
Песин намаз төрт рәкат сүннет, төрт рәкат парыз, еки рәкат сүннет
Намазлыгер төрт рәкат парыз
Шам намаз үш рәкат парыз, еки рәкат сүннет
Қуптан төрт рәкат парыз, еки рәкат сүннет.
Қуптаннан кейин үш рәкат ўитр намаз оқылады, бул намаздың ҳүкими ўәжиб, бул намазды әдетте қуптанға қосып оқыймыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметлы устаз менин сорауым бар еди Коп уйлерде шанарақларда кырген жерлерге есик хам даруаза устине Кошқар мен Муйиз дын Геллелерын кыстырып кояды бунин мәниси не хам нени анлатады Жууап ушын алдиннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Бул илимсизликтиң бир көриниси. Мусылман адам ақыллы болыўы керек. Бундай ислерди ислемеўи керек. Егер қошқардың шақында сол үйди сақлаў қәбилети болғанда, ол ең биринши болып өзин қассаптан сақлап қалған болар еди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustaz sorawim tan namaz oqip juriwge bolama
Ўа алайкум ассалам. Таң намаз оқыў парыз. Улыўма намаз оқымай жүргеннен көре, таң намазды болса да оқып жүрген мақул.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар.
1-Уажиб намазы тууралы мағлыумат берсениз.
2-балаға ат қоярда азан айтып қояды деп еситтим.озим хам таң намазын оқыйман. Озим қулағына азан айтып озим атын қойсам болама?егер мумкин болса сол ат қойыу тууралы толық мағлыумат берсеңиз.алдын ала рахмет.
Ўа алайкум ассалам.
1. Ўәжиб – Ислам дининде орынланыўы шәрт болған әмел. Оны орынлаған адам саўап алады, орынламағанлар гүнакар болады. Ўәжибке исенбеген адам кәпир ҳәм иймансыз болмаса да, үлкен гүнаға батады. Ўитр намазын оқыў, ҳайыт намазларын оқыў, садақа ҳәм питир бериў, қурбанлық сойыў, Қураннан сәжде аятларын оқығанда сәжде қылыў сыяқлы әмеллер.

Перзенттиң ата-анада тийкарынан: жақсы, мазмунлы шырайлы исм қойыў, илим үйретип, гөззал тәлим-тәрбия бериўи, ержеткенде үйлендирип, узатыўы.
Бала туўылғанда ислениўи керек болған сүннет ҳәм әдеплерден төмендегилерди келтирип өтемиз.
Бала туўылғаннан кейин баланың оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтылады. Әбиў Рофиъ разыяллаҳу анҳу «Фатима разыяллаҳу анҳа Ҳасан разыяллаҳу анҳуға жас босанғанында Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оның оң қулағына намаздың азанын айтып атырғанын көрдим», дейди. Сондай-ақ басқа ҳәдисте Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким баласы туўылғанда, оның оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтса, оған Умму сибян зыян жеткере алмайды»,-деген. Демек, азан айтыў баланың саў-саламат өсиўи ушын, жас балаларға ҳәр түрли зыян жеткеретуғын Умму сибян деген жинлерден аман болыўы ушын керек.
Нәрестениң аўзына бармақ салыў. Имам Бухарий ҳәм имам Муслимниң "Саҳиҳ" китабында Абу Бурда Абу Муўса разыяллаҳу анҳудан рәўият қылды. Ол деди: “Ул көрдим ҳәм оны Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның алдына алып бардым. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам оған Ибраҳим деп исм қойды ҳәм бармақларына шайналған хурма қойып, (бөпениң) таңлайына сүртди”. Имам Бухарий рәўиятында: “Соң улыма берекет сорап дуўа қылып, қолыма берди” дейди. Бармақ ушына азғана езилген хурма қойып оны бөпениң аўзына салып бармақ пенен әлпайым, нәзик етип таңлайына тийгизилип әстелик пенен оң ҳәм шеп тәрепке қаратып ҳәрекетлендиреди.
Перзент туўылғаннан кейин оған шырайлы исм қойыў ата-ананың ўазыйпасы. Себеби балаға жақсы ат қойыў Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның сүннетлери. Расулуллаҳ: «Әлбетте қыямат күни өзлериңиздиң атларыңыз ҳәм әкелериңиздиң атлары менен шақырыласызлар, солай екен, атларыңызды гөззал қылыңлар» деген.
Исм қойғанда баланың оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтыў ҳәм Аллаҳ тааладан оны қорғаўды сорап дуўа қылыў мустаҳаб есапланады. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Перзент көрген адам оның (бөпениң) оң қулағына азан, шеп қулағына тәкбир айтсын. Соннан соң оған ҳеш қандай жаўыз күшлер зыян қылмайды”-деген. Исм перзент ушын зийнет, ол улғайғанда өз исминен уялмасын. Исм Аллаҳ таалаға қуллық мәнисин билдиретуғын яки Аллаҳ таалаға жақын болатуғын исмлерден болсын. Исм бөпеге туўылған күнниң өзинде яки жетинши күни қойылыўы керек.
Самура разыяллаҳу анҳу деди: “Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам “Ҳәр бир нәрестеге жетинши күни ақиқа сойылады, исм қойылады, шашлары алынады”-деди”. (Имам Аҳмад рәўияты). Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам деди: “Ул көрдим ҳәм оған бабам Ибраҳимниң исмин қойдым”. (Имам Муслим рәўияты).
Исмди атасы мәнисин нийет етип қояды. Буннан басқа атасы, апасы (ата-ене) ҳәм басқа ағайин-туўысқанлары қойыўы мүмкин. Аллаҳ таала ушын ең сүйкимли исмлер Абдуллаҳ ҳәм Абдурраҳман исмлери. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам деди: “Исмлериңиздиң Аллаҳ таала ушын ең сүйкимлирек болғаны Абдуллаҳ, Абдураҳман” (Имам Муслим рәўияты). Буннан кейингилери Абдурраҳим, Абдуллатиф ҳәм усыған уқсас Аллаҳ таалаға қуллық сыпаты болған исмлер ҳәм пайғамбарлардың исмлерин қойыў. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам деди “Өзлериңизге пайғамбарлар исмлерин қойың!” (Имам Аҳмад рәўияты)
Буннан басқа уламалар, солиҳ инсанлардың исмлеринен қойыў. Мысалы: Умар, Усман, Әлий, Саййид, Талҳа, Урўа, Суҳайл, Мусъаб, Ясир, Анас ҳәм басқа. Қызларға болса Расуллуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның жупты ҳалалларының ҳәм қызларының исмлерин соның менен бирге солиҳалығы, диндарлығы менен ҳүрмет қазанған ҳаял-қызлардың исмлерин қойыў. Мысалы: Хадижа, Айша, Фатима, Ханифа, Умму Кулсум, Зайнаб, Асма, Сумаййа, Насиба, Хаўла, Зыяда, Сара ҳтб. Егер исмлери шырайлы болса ата-баба, әжелеримиздиң исмлерин қойыў.
Егиз перзентлерге исмлер қойғанда қатаң итибар берилиўи шәрт. Мысалы бир қыз бир ул көрсе Адам Ҳаўўа, Юсуп Зулайҳа (Злийха деп айтылып жүр), Фарҳад Шийрин, Таҳир Зухра деп қойыўға болмайды. Адам ата Ҳаўа ене дүньядағы биринши шаңарақты дүзген ерли-зайыплылар. Бизге мәлим Қураны кәриймде “

Егиз перзентлерге исмлер қойғанда қатаң итибар берилиўи шәрт. Мысалы бир қыз бир ул көрсе Адам Ҳаўўа, Юсуп Зулайҳа (Злийха деп айтылып жүр), Фарҳад Шийрин, Таҳир Зухра деп қойыўға болмайды. Адам ата Ҳаўа ене дүньядағы биринши шаңарақты дүзген ерли-зайыплылар. Бизге мәлим Қураны кәриймде “Юсуф” сүреси бар. Олар туўысқан емес, Зулайҳа Юсупке ашық болған ҳалатлары бар. Фарҳад Шийрин, Таҳир Зухра бир-бирине ашық-машықлар.
Исм қойғанда мазмунын оның жазылыўын бузбастан қойыў керек. Мысалы Ибраҳимди Ибраим. Маҳмудты Мамут, Аҳмадты Әмет, Исҳақты Исақ, сондай-ақ қызлардың атларында да Хадижаны Хатша, Фатиманы Патпа, Раҳиманы Раима ҳ.т.б
Енди қойыўға болмайтуғын исмлерден:
Аллаҳ тааладан басқаға қуллық сыпаты бар болған исмлер. Абдунабий (Пайғамбар бендеси), Абдурасул (Расул бендеси) киби
Кәпирлерге, залымларға, жынаятшыларға тән болған исмлер. Фиръаўн (залым патшаның лаўазымы), Жәҳәнгир (парсы тилинен алынған болып дүняны алыўшы мәнисин билдиреди) сыяқлы.
Исмлерде берекет бар екени ырас. Усы орында соны айтып өтейик “исмлер аўырлық қылады” - деген бийкар, пуш гәп. Буған динимиз дереклеринде тийкар жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aliykum ustazlar Jaqinda jaqsi niyet baslap qiz ayttirip uyleniw niyetindemen.Toyimiz kuni shariy nekemizdi oqitsam dep edim.Kimge xabarlassaq boladi.Awilimiz imami oqiy bereme
Sorawim qate keshirim sorayman
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала берекетли, халыққа, динге пайдасы тийетуғын үлгили бир шаңарақлардан қылсын. Сиз өзиңиз жасайтуғын жердеги мешитке хабарласың.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Alla isleriñizdin rawajin bersin. Men sorawim tomendegishe edi. Men nokis qalasindagi kojben balnitsaga bunnan yarim jil aldin emleniwge barbem. Meni qabillagan brash toqqa 5 ret tuseseñ dedi. Sol waqitta aqsham az bolganligi ushin men 1 ret ĝana toqqa tustim ham sol toqqa tusirgen brash magan aqshañdi erteñ alip kelego dedi. Keyin balnitsaga barmadim sebebi dardim òz òzinen ketkendey boldi. Endi sol qarizim yadima tusip balnitsaga barsam sol meni toqqa tusirgen brash joq eken ham ornina turgan brash qabilladi. Men ogan bolgan waqiya ayttim ham qarizimdi sol ornina turgan brashqa ati familiyamdi jazip berip kettim. Keyin basqa bir brashtan sorasam ol puliñdi kassaga bereseñ kartañdi alip kel brashqa bermeysen dedi. Men tuwri is qildimba. Men endi qarizimnan qutilgan esaplanamanba yaki ele moynimda qarzim barma?
Ўа алайкум ассалам. Ҳәзирги ўақытта ҳәмме мекемеде арнаўлы төлем қабыллар орынлары бар. Ҳәмме нәрсени өз қағыйдасы бойынша қылыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Устазлар Сорауым, Динге шукыр берилип кетиулик хаккында Куран аятларында келтирилгенбе?
Ўа алайкум ассалам. Буны шәрият тилинде ғулуўға кетиў, делинеди. Әдеттегидей намаз оқыў, нәпил намазлар оқыў, нәпил оразалар тутыў бул ғулуўға кетиў емес, ал бул ораташа ҳалда мусылманшылықты услаў болады.
Айырымлар, мен басқалардан көре көбирек саўапқа ийе болыўым керек деп, жыл бойы тоқтамастан ораза тутады, ямаса түни менен ибадат етип шығады. Ал айрымлар динде айтылған гәплерди илимли адамлардан сорамастан, өзлеринше қәте түсинип алады. Усы ислер ғулуўға кетиў болады. Соның ушын әлбетте диний ислерди түсинбегенимизде илимли адамлардан сораўымыз керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум Хурметли Устазлар! 1 Сорауым бар еди Жууап ушын алдыннан рахмет. Динге шукыр кирип кетпенлер Сизлерден алдынгы кауим сол себепли апатка ушыраганлыгы хаккында Куран аятларында келтирилгенбе? Бар болса кайсы суреде екенлигин айтып жиберсениз 2 Сорауым Мешитте жомаьт бенен окылган намаздан сон сап дизилип турып бирме бир салемлесип (мешит ишинде) шыкканнымыз дурыс амеллерденбе?
Ўа алайкум ассалам.
1. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
«Әлбетте, дин – аңсат. Кимде ким динде қатты болмақшы болса, дин оннан үстин келеди. Соның ушын, туўры әмелде болың, жақынласып жүриң, жақсылық хошхабарын бериң. Сәҳәр ўақтында, түстен кейин ҳәм түнниң ақырында жәрдем талап қылың», деди».
Шолыў: Усы ҳәдиси шәрийфте Расулы акрам саллаллаҳу алайҳи ўасаллам биз үмметлерине динде терең кетип, аўырластырып өзин қыйнамаўға, орташа ис тутып, илажы барынша камалға жақын болыў ушын урыныўға, ҳәмме ўақыт жақсылық хошхабарын бериўге, қолай ўақытты қолдан жибермей, олардан пайдаланып қалыўға шақырып атыр.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам Исламды сыпатлап:
«Әлбетте, дин – аңсат», демекте.
Яғный, дин негизинде аңсатлықтан ибарат. Оның бәрше буйрықлары аңсат. Онда ҳеш бир қыйыншылық жоқ. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасалламның бул гәпи Ислам шәрияти көрсетпелерин қылыў қыйын, деп өзинше айтыўшылардың гәпине қатаң жуўап болады.
Ҳақыйқатта, Ислам аңсатлықтан ибарат. Онда ҳеш бир қыйыншылық жоқ. Инсан болып жасаў нийетинде болған адам, буны сол ўақытта түсинип жетеди. Себеби, Ислам ҳақыйқый инсанлар ушын Аллаҳ тәрепинен жиберилген көрсетпелер топламы. Соның менен бирге, Исламның аңсатлығына пәс нәзер менен қарап, өзине оны қыйынластырыўға урынғанлар да қәтелеседи.
«Кимде ким динде қатты болмақшы болса, дин оннан үстин келеди».
Яғный, динде терең кетип, ҳәдден асып, өзинше көп әмеллерди қылып атақ аламқшы болса, жеңилип қалады. Бундай адамлар барып-барып жолдан шығады. Жолдан шығыўы түрлише болыўы мүмкин. Базылары, артықша урынып, өзин урындырып қойып, кейин намаз оқыўда аўыр болып қалып, ҳәмме нәрсени таслап жибереди. Ал, басқалары болса, берилип кетип, динде жоқ нәрселерди де қылып, басқаларды да усыған үндеп, өзи де адасады, өзгелерди де адастырады. Ондай адамлардан динниң үстин келиўиниң мәниси усы.
«Солай екен, туўры әмелде болың»
Яғный, шәриятта көрсетилгенинше туўры әмел қылың, асырып та жибермең, кемейтип те қоймаң.
«Жақынласып жүриң»
Яғный, шәрият көрсеткен шегараға жақынласып жүриң. Оннан шығып та кетпең, узақта да қалмаң.
«Жақсылық хошхабарын бериң»
Яғный, ҳәмме ўақыт исти жақсылыққа жойың. Ҳәмме ўақыт жақсылықтан айтың, жақсы гәплерди айтың ҳәм жақсылықты күтиң.
«Сәҳәр ўақтында, түстен кейин ҳәм түнниң ақырында жәрдем талап қылың».
Усы қатарда жәрдем талап қылың дегени, нәпил ибадат қылың, дегени. Ҳәмме ўақыт ибадат менен бәнт болса, қыйналып кетеди. Соның ушын араны үзип-үзип, дем алыў ўақытларында орынланса жақсы болады, деген мәнини аңлатады.
Усы ҳәдиси шәрийфтен алынатуғын пайдалар:
1. Ислам дини аңсатлық дини екени.
2. Онда асырып жибермеў кереклиги.
3. Ким Исламда қатты болыўға урынса, өзи утылыўы.
4. Шәрият көрсетпесине әмел қылыў.
5. Шәрият шегарасына жақынласып жүриў.
6. Жақсылық хошхабары менен жасаў.
7. Усы ўақытларда ибадаттың ғәниймет болыўы.
Ислам ҳаққында натуўры пикир көп. Бул пикирлер ишинде ең көп тарқалғаны–Ислам шәриятының буйрықлары аўыр буйрық, деп сыпатланыўы. Инсанды артықша буйрықлар менен қыйнаў, деп түсиниў. Ислам душпанлары бул пикирди тарқатқан ҳәм тарқатпақта. Өзлерин мусылман есаплап жүрген ериншеклер де бул иске қосылады. Бирақ, Исламды қыйыншылық деў Аллаҳтың аятына, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның ҳәдислерине кери екенин де билиўи керек. Ким Аллаҳтың аятына, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның ҳәдислерине қарсы гәпти айтса, кәпир болыўын да билиўи керек. Мусылман адам аят ҳәм ҳәдисте келген хабарды туўрыдан-туўры қабыл қылғаны ушын да мусылман атын алған. Егер аят ҳәм ҳәдисте келген нәрсеге исенбесе, оған дәрриў бойсыныўдың орнына, гәпти көбейтсе, ол дурыс емес десе, мусылманлығы қалмайды. Егер аят ҳәм ҳәдисте келген хабарды түсине алмаса, мениң ақылым жетпей атыр десин, бирақ, терис гәп айтпасын, гүманланбасын.
Ал, Ислам қыйын дин, дегенлерге болса, Исламның не заты қыйын, деймиз. Басқа динлер менен, динсизлик пенен салыстырып көриң, не заты қыйын? Ақыйда бабында гүўалық кәлимасын тил менен айтып, қәлб пенен тастыйы
2. Мешиттиң сыртында сәлемлесиўи керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайквум устаз! сорауым кыз бала келин болганнан кейин бет ашылмаса не болады динимизде бул х,аккында не айтылган. 2-еки марте ашылса не болады. 3-уйге келген конак спиртли ишимлик ишсе сол адамга патия бер деуге болама. 4-Уйде кайтыс болган адамнын кийимин илдирп койса болама.жууабыныз ушын алдыннан рахмет Аллах разы болсын
Ўа алайкум ассалам.
1. Мусылманшылықта таза шаңарақ қурылғанда тек ғана неке оқылыўы шәрт болады, ал бир қой сойып болса да той бериў сүннет әмел, бирақ бул да шәрт емес, яғный жағдайы келген ўақытта ислесе де болады. Бет ашар қылмаса болмайды деген гәп жоқ. Бул ис бурынлары, халыққа тазадан келип қосылған адамды таныстырыў мақсетин үрдис болған.
2. Неке оқытыў тийкарғы мәселе. Некесиз мусылманшылықта шаңарақ қурылмайды. Биринши хожалығы келиспей, екинши мәрте турмыс қурылғанда да әлбетте неке шәрт.
3. Аллаҳ ҳарам еткен нәрсени ишип турған адам қалай дуўа, пәтия бериўи мүмкин?! Бундай ҳарамнан ҳазар етпейтуғын адам берген пәтия кери жағдайға алып келиўи мүмкин. Себеби дуўа-пәтия Аллаҳтан жақсылық соралатуғын ис, ал арақ ҳарам нәрсе. Аллаҳ ҳарам еткен нәрсени қылып турып, тағы Аллаҳтан бир нәрсе сораў қайсы ақылға, логикаға туўры келеди?!
4. Қайтыс болған адамның кийимлерин сол кийимлер болатуғын басқа адамларға тарқатып жибериў керек, себеби пайдаланылатуғын нәрсени пайдаланбастан услап турыў да ысыраптың бир түри.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устазлар сорауым хайыз келгенде тасбих айтсак болама 2 тан намазын окыганымда еки ракат суннет окыйман сонда бесин намазларында 4ракат суннет окыймызба я парыз окыймызба соны тусинбей атырман жууап ушын алдыннан рахмет Алла разы болсын
Ўа алайкум ассалам.
1. Ҳайыз ўақтында тәсбиҳ айтыўға болады.
2. Таң намазда дәслеп еки рәкат сүннет кейин еки рәкат парыз оқылады. Песин намазда дәслеп төрт рәкат сүннет кейин төрт рәкат парыз кейин еки рәкат сүннет оқылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum qadirli ustazlar! Alla subhanu wa taallah islep atirgan jumislariniz ushin ajir sawabin ozi bergey! Sawalim : Meni bir masele qiynaydi. Bir dostim menen aramiz buzildi, ol tarepten bolgan hasad sebepli. Keyin omirim ansha jenillesti oni menen bardi keldini qoygannan keyin. Endi oni keshirsem yagniy musilman adam kek saqtamaw kerek bilemen. Keshirip umitip jiberip biraq buringiday jaqin bolmay jurebersem bolama? Allanin suyikli quli boliuima hamde aqirettegi jagdayima tasir etiwi mumkinbe? ! Hidayat allahdan! Juwap ushin aldinnan rakhmet.
Ўа алайкум ассалам. Кеширимлилик мусылманның ең ағла сыпатларынан. Уламалардан биринен кек сақлаў, өкпелесип жүриў ҳаққында сораған екен, сонда ол: "Бул өмир кек сақлап жүретуғындай узын емес, көкди ашып жумғанша өтип кетеди", деген екен.
Бул дүньяда исленген ҳәр бир ҳәрекет ушын да, исленбеген ҳәр бир ҳәрекет ушын да қыямет күни Аллаҳ тааланың сораў-жуўап бар.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устаз Сизлерден Алла разы болсын ИншАллах! Сорауым Томендегише Мен Сауда менен айлансар едим айрым себеблерге коре Сауданы жийнастырып койдым Карызым бар еди сол Затлардын акшасын бериуим керек еди,бирак илажи болмай тур, ийелери сорап жанымды алып атырган жок мумкин Аллахтын Калеуи солай шыгар менде Мойнымда Карыз болып калганын калемеймен Алладан Халал жолы менен кутлыуды сорап дуа кыламан Тахсир карызымды созып болсада кутылсам боладыма Алла разы болсын ИншАллах
Ўа алайкум ассалам. Бул қарыз бериўшиге байланыслы. Қарыз алған адам илажын таўып қарызын тезирек үзиўге ҳәрекет етиўи керек. Себеби алған қарызы биреўдиң мал-мүлки. Ал жан аманатын қашан тапсырылыўын ҳеш ким билмейди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum
Allahim ulesip atirgan iliminiz ushin sizden razi bolsin
Sorawlarim tomendegishe
1.Jiberilgen sorawlardin birewine juwap retinde namazda aldingi rakatqa qisqa ayatlar,keyingi rakatta uzin ayatlar oqiw makrux dep juwap bergen ekensiz
Men misali ushin pesin namazinin 4 rakat sunnetine Kavsar, Ixlas, Falaq ham An-nos surelerin oqiyman
Bul oqiganim durispa?
2. Sureler Qurandagi tartipte izbe izlikte oqiliui kerek
Misaliga pesin namazindagi 4 rakat sunnetke joqaridagi 4 sureni oqip,keyingi 4 rakat parzin An-nos suresinen aldin keletugin sure menen baslauga bolama(Fatixadan keyin albette)
Ўа алайкум ассалам. Бул тәртип парыз намазларға тийисли. Парыз намазларда тек ғана алдыңғы еки рәкатта зам сүре оқылады. Сүннет ҳәм нәпил намазларда да әмел етиў мүмкин.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар!
Ислеринизге рауаж ,хаммесине рахмет, Аллах рази болсин!
Окудин алдинда баллар сигарет шегип турады содан оку територясынан шыгып кетемен дегенше иси кетпи турады хаттеки платочканы басип журсенда азгантай мугдарда иси келеди сорау : 1.Сигареттин иси азгандай мугдарда кирип кетсе ораза ашылып кетема я макрух болама.
2. Адраспан хам майдын иси оразаны ашама
Ўа алайкум ассалам. Еки жағдайда да оразаны ашпайды. Сигарет шеккенниң оразасы ашылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум. Сорау.1. Каза калган коп жыллык намазлардын казасын окыганымыздай, алдын тутылмаган жыллардагы рамазан оразасын тутамызба? 2. Кеш балагатка жеткенмен, ягный хайз кориу 17 жасымда басланды. Бирак намаз окыуды 15 жасымда басладым. Балагатка жеткеннен сон арада 3-4 жыл намазларым каза болып калды. Енди каза намазларымды толык жыйнап алыуым ушын балагатка жетпестен алдын окылган намазлар каза намазлар орнына отеме? Жуапларыныз ушын рахмет. АЛЛА илиминизди зыяда кылгай.
Ўа алайкум ассалам
1. Әлбетте, қаза оразалар да тутылады.
2. Яқ, балағатқа жетпеген ўақыттағы намазларыңыз қаза намазларыңыздың орнына жүрмейди. Ҳаял-қызлар қаза намаз оқығанда, ҳайыз ҳәм нифас күнлериниң қаза намазларын оқымайды, бул ҳаял-қызлар ушын шәрий жеңиллик, бирақ ҳайыз ҳәм нифас күнлери тута алмаған оразаларын тутыў шәрт.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы