Ўа алайкум ассалам. Уламалар жақсылыққа баслайтуғын, ата-ана, ағайин-туўысқанлық байланысларын беккемлейтуғын, Ўатан, мәртлик, ийгилик ҳаққындағы қосықларды намаға салып айтыў жайыз деген.
Шәҳўатқа шақырыўшы, бузықлыққа шақырыўшы, урыс-жәнжелге шақырыўшы, сондай ақ, ҳеш бир пайдасы жоқ, мәниссиз қосықлар ҳарам болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum wa rahmatullahi wa barakatu.Men muzika paninen anigiragi Balalar muzika ham korkem oner mektebinde qosiqshiliq boyinsha sabaq beremen .Oqiwshilarga Watan,Ata-ana,dosliq h.t.b temalarda qosiq uyretemen ham sol qosiqlardi mp3 esittiremen bir diniy kanalda qosiq esitiw haram degendi kordim usi sorawima toligiraq juwap berseniz sonda menin rizqim haram joldan kebatirma? Alla xayrli islerinizdi dawamli qilsin juwap ushin raxmet
Ўа алайкум ассалам. Уламалар жақсылыққа баслайтуғын, ата-ана, ағайин-туўысқанлық байланысларын беккемлейтуғын, Ўатан, мәртлик, ийгилик ҳаққындағы қосықларды намаға салып айтыў жайыз деген.
Шәҳўатқа шақырыўшы, бузықлыққа шақырыўшы, урыс-жәнжелге шақырыўшы, сондай ақ, ҳеш бир пайдасы жоқ, мәниссиз қосықлар ҳарам болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алейкум ustazlar sorawım bar edi.Eger erli zayıplı urısıp hayalı ketip qalsa ajırasıp birge jasama hayel adamǵa talaq túseme sorawım qolaysız bolsa aldınan keshirim sorayman.
Ўа алайкум ассалам. Күйеўи талақ қойғаннан кейин талақ түседи. Урысып үйине кетип қалыўы менен талақ түспейди. Ҳеш бир себепсиз, күйеўиниң руқсатысыз ҳаял адам үйине кетип қалыўы үлкен гүналардан.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алекум қаласыз ? Мен хәзирше таң намаз ядладым хәзир Қазақстан қаласында оқып журмен парқ боладыма ямаса өзгерис болмайдыма
Ўа алайкум ассалам. Дүньяның ҳәмме жеринде намаз бирдей оқылады. Намаз ўақытлары турған жериңизге байланыслы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаӯма әлейкум устазлар! Сораӯым бир инсан дүньядан өткеннен кейин мәйит шығарылған күни молла ағаларымыз сол мәйит шыққан үйде намазшам намазынан кейин мәйит жатқан ханада «ҳәӯли намаз» оқыйды. Бул ҳалат шәриятымызға туӯры келеме? Усы ҳаққында толығырақ түсиник берсеңиз. Жуӯап ушын алдыннан рахмет. Машақатлы жумысларыңызда күш-қуӯат тилеймен.
Ўа алайкум ассалам. Ҳаўл намазы бул нәпил намаз болып, айырымлар жерлерде ғана бар. Бул әмел фиқҳий китапларда келмеген. Ҳәзирги заман уламалары да бул намазды оқысын деп усыныс етпеген, себеби бул намаз сүннетлердиң ишинде жоқ. Улыўмалық тәрептен қаралғанда нәпил намаз оқыўдың ҳеш бир зыяны жоқ, бирақ усы намазды оқыў керек екен, шәрт екен, буны оқымаса болмайды екен деп айтыў ҳәм усы мәниде бул намазды оқыў дурыс емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум. Устазлар сизден бир маселени сорамакшы едим.
Бизлер уйимиздин женил колигинде 1 жуп алтын сырга тауып алдык. Колик жакын бир ай ишинде минген адамлардан сорап шыктык. Коп адам мингенда жок. Ийесин таба алмай атырмыз. Озимизгеда биреудин заты керек емес. Консымыздын айтыуы бойынша, айрым адамлар алтынды жаман нийетте дуа кылып таслап кетеди дейди. Еситип хайран калдык. Егер растан сондай болса не кыламыз? Гуман иманнан айырады дегендей, ондай ойга барыугада коркамыз. Хазирше сырганы алып отырмыз ийеси шыгып калар деп. Енем таслап жиберейик дейди. Кандай жол тутсак дурыс болады?
Ўа алайкум ассалам. Таўып алынған нәрсе бир жыл даўамында адамларға сыпатлары айтылмастан жәрияланып турылады. Бир жылға шекем ийеси шықпаса, таўып алған адам пайдаланса болады ямаса садақа етип жиберсе болады. Өзи пайдаланып ямаса садақа етип жибергеннен кейин ийеси шығып қалса, төлеп береди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар!
Сизлерге Алланын нуры жаусын!
Сорауым бар еди тусимде паигамбарымызды жубаиы менен кордим бул нени билдиреди?
Ўа алайкум ассалам. Пайғамбарымыз алайҳиссаламды түсинде көриў ҳәммеге де несип ете бермейди, мүбәрек болсын! Енди турмысыңызды еле де мусылманшылық әмеллерине толтырыўға, ийгилик жолында беккем болыўға ҳәрекет етиң!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. Sorawim to'mendegishe: Qur'andi toliq yadlap yag'niy qariy bolsa, Milliy Gvardiyag'a oqiwga tapsirip, sol oqiwda oqip bolip harbiy bolip jumis islese, bul isi tuwrima yaki natuwrima? Maslahat bersen'iz.
Juwap ushin aldinnan Raxmet!
Ўа алайкум ассалам. Қуран ядлаў дегени басқа жумыс ислемеў дегени емес. Бундай түсиниктен узақ болың. Қуранды ядлаў бул пазыйлетли ис. Ата-бабаларымыз дийқан болып жүрип қарый болған, шопан болып жүрип қарый болған, ўатан қорғаўшы әскер болып турып қарый болған, басқа да кәсип ийелери болып турып қарый болған. Өткен динсизлик дәўири бизлерге соншелли тәсир қылған ҳәттеки кейинги әўлад диний әмеллерден әдеўир узақласқан, ҳәзирде қарыйлықты бир кәсип деп ойлаў дәрежесине жетип келген. Ҳәзирде де айырым мусылман мәмлекетлеринде түрли кәсип ийелеринен мыңлап қарыйлар бар. Ал бизлерде қарыйларды санасақ қолымыздағы бармақларымыз аўысып қалады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum. Menin kariz orazam bar edi soni auiz bekitiw wakiti kalay boladi. Maselen 6 :55 te tan atsa sogan deyin auiz bekitemizbe. Yamasa kuyash shigiwina deyin bekitilema. Aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Таң намаз ўақты кириўинен алдын аўызды жабыў керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum ustazlar.Sorawim tomendegishe..Eger hayel Omirlik joldasi bola turip basqa erkek menen zino qilsa..kiynen ala sop gunasin tusinip basqa onday is qilmay allahqa tawbe qilsa.Allah keshireme?bul sorawdi birewdin iltimasi menen jazip art edim!Aniq juwap bersenz.namaz oqip tawbe qilsa Allah keshireme?
Ўа алайкум ассалам. Зина аўыр гүна есапланады. Бирақ денеде жан бар екен мудамы тәўбе есиги ашық болады. Билип-билмей бундай жаман жолда жүрген адам, енди мен кеширилмейтуғын гүна қылдым, енди анық дозақий болдым, деген ойға бармастан, дәрриў тәўбеге жығылыўы, Аллаҳ таалаға ҳақыйқый тәўбе етиўи лазым. Тәўбениң шәртлерин орынлаўы керек. Тәўбениң төрт шәрти бар: қылып атырған жаман исинен қайтыўы, усы иске қайтып қәдем баспаўды шын қәлби менен қасд етиўи, истиғфар айтыўы ҳәм жақсы ис қылыўы.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алайкум устаз сизлерге сорауым бар еди 1Интернетте еситкен болсаныз керек суйектин уны.суйектин майы тауыктын парин жесен хамме ауруга ем дейди.Биринши Алладан шпа брак буларды жеу себепши .Суйектин унын жеу динимизде дурыс боларма екен.
Ўа алайкум ассалам. Наўқас болсаңыз, илимий тийкарға ийе медицина илими қәнигелерине барың. Ҳәр түрли шығындыларды ем болады деп жей бериў мусылман адамның иси емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
ASSALAWMA aleykum. Sorawim: jaqinda 5 waqit namaz oqip basladim. Har namazdan keyin бул дуньядан өткен ата-бабама, ағайын тууганыма, консы-кобага атларын айтып тийеберсин айтаман. Бул исим дурыспа
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқып баслағыныңыз мүбәрек болсын. Әлбетте өткенлерди дуўа етиў әдиўли перзентлердиң иси.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум сораум томендегише айырым танысларым бес уакыт намаз окыйды ораза тутады бирак насыбай атыб журеди аузы тутык сегарет шегеди меним билиуимше кайф харам делинген насыбай харам бес уакыт намаз окыйды сол сопауыма анык толык жуап берсениз алдынан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Бир нәрсени анық билместен турып ҳарам яки ҳадал деп ҳүким шығарыў мусылман адамға туўры келмейди. Ишилсе ямаса желинсе, адамды босастырып таслайтуғын ишимлик ҳәм нәрселер ҳарам ҳүкиминде болады. Насбай ҳәм сигарет арақ дәрежесинде адамды босастырмаўы көпшиликке мәлим. Бирақ бәрибир илимий тәрептен қаралғанда бул еки нәрсе инсан денесине жаман тәсирлери жүдә көп, оның үстине Аллаҳты зикир ететуғын аўызға бундай нәрселерди салыў дурыс емес. Сигарет ҳәм насбайдың ҳүкимин ең кеми мәкруҳ, айырымлар мәкруҳи таҳримий, деген яғный ҳарамға жақын мәкруҳ әмел. Мусылман адам бундай нәрселерден аўлақ болыўы керек. Алдын үйренип қалған болса, таслаўға ҳәрекет етиўи лазым. Биз таныйтуғын көп намазханлар бундай нәрселерден қутылғанына гүўамыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар !
Мусылман адам харам тагам коилган столда отыруга болмады екенин билемиз . тойханага барсам столга арак коипти ашылганинша отырдим ашылажак кезде тез тургеп кеттим .
Сорау: Ислеген исим турыма я улума ашылсын ашылмасын коилса болды отыруга болмайма?
2. Уйде ваннада туалет бар касында раквина турипти
Сорау: сол ваннадагы туалетке истинжа килып касындаги раквинага тахарат алганим дурыспа
Ўа алвйкум ассалам.
1. Аллаҳ таала мөмин-мусылманларды ҳарам ҳәм гүна ислерге жақынласпаўға буйырған. Арақ қойылған дастурханда отырыў гүна.
2. Ол жерде таҳәрат алыўға болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум хурметли устазлар.
Мениң бир усынысым бар еди. Имамлар жас келин куйеулерди некеден өткергенде некениң шартлерин айтады соның менен бирге ғусылды да тусиндирсе деп едим.
Ўа алайкум ассалам. Буны имамларға жеткерип қоямыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum Hurmetli Ustazlar Sorawlarim to'mendegishe 1.Qabiristanlarg'a Ziyarat etkenimizde Mayitti 3marte aylanip qol mn siypalap Man'layimizga tiygizemis Jane Har bir qabristanin oz Mollasi Maqsimi boladi Olarg'a Quran oqitamiz ham Aqsha beremiz.Bul isler dur ispa.. Marqumlarg'a Qurandi ozimiz oqiwga bolmayma.2 Qabristanga jayaw bargan sawapli is boladi dep esitip edim.Bul tuwrima Qabristanlardi qanday ziyaratlaw haqinda toligiraq magluwmat berseniz.Juwap ushin Raxmet.Jumislarin'izda tabislar bola bersin
Ўа алайкум ассалам. Қәбирстан зыяраты бойынша мақала таярланған еди. Пазыйлет.уз ды гүзетип барсаңыз, қәбирстан зыяратына тийисли толық мағлыўматларды аласыз. Оны бир еки сөз бенен түсиндирип болмайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustazlar menin sorawim pariz namazlqrina misal ushin Namazligerge azan aytiladima yaki takbir ma .
Pesin namazinda azan aytip sunnetin oqip bolganson parizina takbir aytiladima
Ўа алайкум ассалам. Намаз оқымастан алдын азан айтылады, парыз намазлардан алдын және тәкбир де айтылады. Мысалы песин намаз оқыйжақ адам, дәслеп азан айтады, соң төрт рәкат песинниң сүннетин оқыйды, кейин тәкбир айтып песинниң төрт рәкат парызын оқыйды кейин еки рәкат сүннетин оқыйды. Намазлыгерди оқыйжақ болған адам, дәслеп азан айтады, кейин тәкбир айтады ҳәм төрт рәкат парыз намазын оқыйды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум уа рахматулаху баракатух.
МЕН ЖАКЫНДА Тан намазын бастадим,Алы кагызга карап окймын,Кейде Рукугте 4 рет кайталап айтып жберем бул кезде кайтадан бастап окум керекпа?
2.Егер намаз уакытында жолда болсак калай окймиз.Каза кылсак кай уакытта окймыз.
Ўа алайкум ассалам.
1. Рукуде төрт мәрте айтып қойсаңыз және бир тәсбиҳ қосып бесеў етип қойың. Рукудеги тәсбиҳ тақ болыўы сүннетке муўапық ис. Бирақ жум қылып таўысса намазды бузады дегени емес, соның ушын үш, бес, жети, тоғыз... тәсбиҳ айтыла бериледи, қанша көп айтылса, сонша саўаплы болады.
2. Мусылман адам жолға шықпастан алдын ҳәмме ислери қатары намаз оқыўын да режелестирип алады. Мысалы, узақ жолға шықпақшы болған адам намазларын қалдырмайтуғын бир ўақытты белгилейди. Егер буның имканы болмаса, жолда көликте кетип баратырып сүннет намазларды отырып оқыўға болады, бирақ парыз намазларды көликтен түсип қублаға жүзленип оқыўы керек. Егер баратырған жери сапар қашықлығындай бир жер болса, онда жолда кетип баратырғанда төрт рәкатлы намазларын еки рәкат етип қысқартып оқыйды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устазлар сорауым бар еди песин намазлыгер шам куптан намазларында неше ракат суннеттен соны тусинбей журмен китабынан коргеммен бирак тусинбедим тусиникли кылып жазып жибере аласызба жууап ушын алдыннан рахмет Алла разы болсын сизлерден
Ўа алайкум ассалам.
Таң намаз: еки рәкат сүннет, еки рәкат парыз;
Песин: төрт рәкат сүннет, төрт рәкат парыз, еки рәкат сүннет;
Намазлыгер: төрт рәкат парыз;
Шам: үш рәкат парыз, еки рәкат сүннет.
Қуптан: төрт рәкат парыз, еки рәкат сүннет.
Қуптаннан кейин таңға шекем үш рәкат ўитр намазы оқылады, бизлердиң ҳанафий мәзҳабымызда бул намаздың ҳүкими ўәжиб.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum ustaz ilmiz ziyada bolsin!
Adam ozi mutaj biraq basqag'a exsan etu haqqinda tusintirip bersengiz, onin ajri sauabi qanday?
Xadislerde barma?
Ўа алайкум ассалам. Өзи мүтәж бола турып, дүньяға урынбай басқаларға бериў ҳақыйқый бай адамның белгиси екенлиги көп ғана китапларда айтылған. Бул гәплер нәпси тәрбиясы ҳаққындағы китапларда көбирек келеди. Булар мустаҳаб дәрежесиндеги ислер, яғный бундай қылыў үлкен саўапларға ерисиўге алып барады, бирақ бундай қылыў шәрт емес. Әдетте мал-дүнья мәлим муғдарға жеткенде зәкат ҳәм соған уқсаған садақалар парыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы