Assalawmag'aleykum Ustazdar. Alla jaqsi amaldarinizdi qabil etsin. Menin suragim tomendegishe: 1. 6 ayliq bopem bar keshe uyiqtamay jilap shiqti kesh uyiqtadm.( Alla keshirsin) Azanda tan namazina keshiktim. 7:50 edi Sonda da qaza bolmasn dep uaqitim bargoy dep oqiy berdim. Bul isim durispa? Kun menen talasip qalgan bolamin ba? 2. Namaz oqip jatqanimda emizuli bolgasin sut agatin jagdaylar boladi, bul namazdi buzbayma?
Ўа алайкум ассалам. Қуяш шығыў ўақтын анықлап билип алың. Қуяш шықпастан алдын оқып алыўға ҳәрекет етиў керек, бирақ Қуяш шығып кететуғын болса, Қыяштың толық шығып бир найза қурақым шығыўын күтиў керек, кейин қаза етип оқыйсыз. Ҳәзирги күнлери Нөкис қаласында 7:50 де Қуяш шықпайды.
2. Сүт ағыўы, таҳәратты да, намазды да бузбайды.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум! Ийманымыз аззилескен уактында ийманымызды кушли етиу ушын не кылсак болады?
Ўа алайкум ассалам. Имам хатиблер тәрепинен қылынған марузаларды еситиң, диний мазмундағы китапларды оқың, Аллаҳ тааладан аманлық сораң.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалама алайкум!Азиз Устазлар,Нуриддинов Юлдашбек корининг барше Куран суре тилауатин каердан тапсак болади?
Интернетте тек 3-4 сурени тилауатин таудим,калганларн тауа алмай атырман.
Илтимам жардем беринг
Ўа алайкум ассалам. Жолдасбай қарыйдың Қураны кәриймди толық оқыған диски шықпаған. Рамазанда тараўиҳ намазларында тыңласаңыз болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассаламу алайкум! Аллах таъала сизлерден разы болғай. Сорауым: Мениң 6 жасар қыз перзентим шебекей (левша). Ауқатты оң қол менен жеуди үйреттик. Бирақ жазыуды шеп қол менен жазады. Усы хаққында түсиник берсеңиз. Алдынан рахмет
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум Устазлар сорауым бар еди мен тан намаз окыйман жакында баслаганман енди бес уакыт намаз окыгым келип жур бирак бесин шам екинти акшам намазлары неше ракат суннет тен жазып жибере аласызба
Ўа алайкум ассалам. Намазлық китаплардан жақсылап үйренип алың. Таң намаз: еки рәкат сүннет, еки рәкат парыз. Песин намаз: төрт рәкат сүннет, төрт рәкат парыз, еки рәкат сүннет. Намазлыгер: төрт рәкат парыз. Шам: үш рәкат парыз, еки рәкат сүннет. Қуптан: төрт рәкат парыз, еки рәкат сүннет. Ўитр үш рәкат ўәжиб.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum. 2002 xadis degen kitapti alip oqip edim meshit kitapxanasinan sol kitapta 307shi xadiske tusinik berseniz iltimas.HAR BIRINGIZNIN XALQ QILINISHINGIZ ONASI QORNIDA MANIY XOLDA 40KUN TOPLANIB TURADI, KEYIN YANA SHUNCHA KUNDA QUYUQ QON, YANA SHUNCHA KUNDA BIR PARCHA GOSHTKA AYLANADI KEYIN FARISHTA YUBORILIB RUX PUFLAYDI VA 4 SOZNI YANI RIZQINI AJALINI QANDAY AMAL QILISHINI BAXTLI YOKI BAXTSIZ EKANINI YOZIB QOYMOQQA BUYIRILADI. UNDAN BOSHQA ILOX YOQ BOLGAN ZOTGA QASAMKI SIZLARDAN BIRINGIZ OZI BILAN JANNAT ORTASIDA BIR GAZ MASOFA QOLGUNICHA JANNAT AMALINI QILIB YURADIDA KEYIN ONASI QORNIDA BITILGAN TAGDIRI UNGA PESHVOZ CHIQIP DUZAX AHLI AMALINI QILIB QOYADIDA DUZAXGA RAVONA BOLADI, SIZLARDAN BIRINGIZ OZI BILAN DUZOX ORTASIDA BIR GAZ MASOFA QOLGUNICHA DOZAHIYLARGA HOS AMALLARNI QILIB YURADIDA BITILGAN TAGDIRI UNGA PESHVOZ CHIQIP JANNAT AHLI AMALINI QILIP QOYADI VA JANNATGA RAVONA BOLADI. RAXMET
Ўа алайкум ассалам. Инсан өмирде қандай жасайды ҳәм жаны қандай ҳалда алынады, булардың ҳәммесин Аллаҳ таала алдыннан биледи, Ол ҳәмме нәрсени билиўши. Соған көре тәғдирди алдыннан жазып қойыпты. Демек айырым адамлар өмир бойы жақсы ислерди қылып, ақырында жаман ис қылыўы ҳәм диннен шығыўы нәтийжесинде дозақ әҳли болып қалыўы мүмкин екен, буннан биз, ҳеш ўақытта қылып атырған исимизге гердеймеўимиз керек екенин, еле ийман менен жанымыз шықпаған екен, дозаққа түсиў қәўипи бар екенин, мудамы ҳәр бир исимизде Аллаҳтан қорқыўымыз керек екенин түсиниўимиз керек.
Және биреўлер өмир бойы жаман ислерди қылып, ақырында жақсылар қатарына кирип жәннетий болыўы да мүмкин екен. Буннан биз қандай үлкен гүна қылып қойған болсақ та, ең қурмағанда өмиримиздиң қалған жағында жақсы болыўға умтылыўымыз, жақсылар қатарында жүриўге ҳәрекет етиўимиз, үмитсизликке түспеўимиз керек екенин түсинемиз.
Бирақ бул ҳәдистен, шәрият әмеллерин қылмай жүрсек те бола береди, ақырында бир жақсы ис қылып жәннетий болып аламан деген ойға бармаўымыз керек. Аллаҳ тек ийманлы-жақсыларға ғана жәннетти несип етеди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum!
G'usil o'mirlik joldasi menen jinisiy qatnasiq qilg'annan basqa qanday jag'daylarda alinadi?
Ўа алайкум ассалам. Оннан басқа ўақытлары да дафқ пенен мәнийдиң шығыўы ғусылды шәрт етеди. Сондай ақ, уйқысында иҳтилам болғанда, оянғанда кийиминде излерин көрсе, ғусыл шәрт болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алейкум устазлар, кеширерсизлер, откенде токал маселесинде сорау берген едим, илтимас сорауыма анык, толык жууап берсениз, алдыннан рахмет. Сорауым томендегише болган еди.
Айырым адамлар (кобинесе Казакстанга барып жумыс ислеп кайтканлар) айтады токал алса болады деп, менимше ертеде узак сапарга шыккан уакытлары рухсат берген. Соган толык маглыумат берсениз
Ўа алайкум ассалам. Бул иске мусылманшылықта руқсат бар, бирақ буның өз шәрт-шараяты бар. Яғный ҳәммесине бирдей қараў, бирдей тәминлеў ҳтб. Буны қыла алмаў ямаса биреўине аўып, екиншисин таслап қойыў аўыр аўҳалларға алып келиўи ҳәдиси шәрийфлерде баян етилген. Ким биреўине аўып, екиншисин таслап қоятуғын болса, қыяметте бетиниң бир жағы аўып, шал болып тириледи, делинген. Бул жүдә аўыр гәп.
Сапарда жүрген ўақытта үйленип, сапардан қайтып киятырғанда талақ қойып кетемен, деген нийетте болсаңыз, онда неке түспейди, бизлердиң мәзҳабымызда ўақтыншалы неке дурыс емес, яғный ҳарам болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalauma aleykum. 2002 xadis degen kitapti alip oqip edim meshit kitapxanasinan sol kitapta 317shi xadiske tusinik berseniz iltimas. ALBATTA UMMATIM Q
IYOMAT KUNI TAXORATNING QOLDIRGAN IZI SABABLI ''OQ QASHQALILAR '' DEB CHAQIRILADI. BAS KIMKI USHA OQ QASHQANI UZUN QILISHNI XOHLASA UNI BAJARA BERSIN YANI TAXORATIDA AZOLARININ YUQORI QISMIGACHA SUV YETKIZA BERSIN.
Ўа алайкум ассалам. Бул ҳәдиси шәрийфте таҳәрат алыўдың пазыйлети баян етилген. Таҳәрат алған алған, таҳәратлы жүргенлер қыямет күни таҳәрат алған жерлеринен нур таралғаны ушын басқалар оларды ақ қасқалылар, деп атайтуғын екен. Демек қыяметте таралатуғын нуры зыядарақ болсын, деген адам таҳәратын жақсылап алыўы, мудамы таза жүриўге ҳәрекет етиўи керек. Усы ҳәдиси шәрийфтиң өзинен ақ, ислам дини мудамы тазалыққа, жеке гигиенаға әмел етиўге бириншилерден болып шақырғанын билсек болады. Мусылман болып жаратылғанымыз ушын Аллаҳға шексиз ҳамдлар болсын!
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum .
Islerin'izden Allah razi bolg'ay!
Sorawim: Oraza tutatug'in adam eger azanda saharlikke tura almawin bilse keshte awzin jawip jatsa boladima?
Eger tamirdan ukol alsa oraza buziladima?
Juwaplar ushin aldinnan raxmet!
Ўа алайкум ассалам. 1. Сәҳәрликке тура алмаса, турған ўақтында қуяш шығып кеткен болса, сол ўақытта нийет етип дэоразасын даўам еттире береди.
2. Тамырдан укол алса, оразасы бузылады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum ustazdar!!
Sorawim bar edi:
2.Spirtti duxiylardi ustimizge sepsek bolama?
Ўа алайкум ассалам. Болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума Алейкум устаз менын сорауым бар еды бул : мусульманда кыз менен жыгыттынг ортасиндагы мухаббат ришталары копке созылмауы керекпе ягный тез турмис курыуы керекпе алдыннан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Сиз бул сораўыңызда, турмыс қурмақшы болған жаслар қанша мүддет ушырасып жүриўи керек, демекши болған болсаңыз, мусылманшылықта некеленбегенлер ушырасып, сөйлесиўи қадаған ис, бул үлкен гүналарға киреди. Тек ғана маҳрамлардың қатнасында ушырасыўы мүмкин. Егер ерли-зайыплардың арасындағы муҳаббатты сорап атырған болсаңыщ, Ерли-зайыптың арасындағы муҳаббат даўамлы болыўы керек.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alaykum heshkimge ziyani tiymegen adam musulman bolip esaplanad degen hadis barma
Ўа алайкум ассалам. Бул мусылман адамлардың сыпатларынан бири. Ҳәдиси шәрийфте, мусылман бул - мусылманлар оның қолынан ҳәм тилинен зыян көрмеген адам, делинген.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma alikum ustazlar men bes waqit namaz oqimaqshi edim hazir tek tan namaz oqiyman sorawim bes waqit namaz oqiganda fatixadan kiyingi oqilatin surelerdin belgili bir tartibi berilgenba yamasa ozim ozim qalegenimdi oqisam boladima belgilengen izbe izligi bolsa iltimas jazib berseniz
Ўа алайкум ассалам. Намаз рәкатларында Қураны кәриймдеги дизимге қарай тәртипленеди, сондай ақ, алдыңғы рәкатқа келте, кейинги рәкатқа узын аятлар оқыў мәкруҳ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалам алейкум устаз ислерынизде рауаж тилемен жууапларыныс ушын алдынан рахмет
Менын сорауым Куранда Суре яки аят
Хаял адам еркек адамга исенбеу керек деген жеры барма хам кайсы Суреде нешеншы аят
Менымше намахрам еркек адамга каралып айтылган болуы мумкинба биреуден есытып едым жуапларыныс ушун алдынан рахмет
Ўа алайкум ассалам. Ҳаял-қызлар намәҳрам еркек пенен байланыста болмаўы керек делинген. Исенбеў керек деген гәп жоқ.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalawma aleykum. En aldi menen sizge waqit ajiratip sorawlarga juwap berip atirganiniz ushin minnetdarshiliq bildiremen.Islep atirgan isinizden Alla razi bolsin. Sorawim tomendegishe.Alla nesiyp etse Oraza ayi da jaqinlap kiyatir.Oraza tutiwshi adam tutiq waqtinda jutiniwina ruxsat etilgen be.Sirttan hesh zat awizga salmagan halda tek gan jutiniwga ruxsat etilgen be.Usi haqqinda toligiraq magliwmat berseniz.Juwap ushin aldinnan raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Сырттан ҳеш нәрсе салмай жутынса болады.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалама алайкум!Азиз устазлар менинг сорауым томендегише:
-бир достимнинг туыскан ажагаси нагиран ягни руухий кесел,емлеп болмайтин дарежеге келип калган.Сол достимнинг ата-анасы шарасы калмаганнан сол нагиран баланы нагиранлар уйине тапсиражак.Менинг достым:<некларымды билмей калдым ,ата-анама карсы шыгыуим керекпа?>деп айтти.
-Бул жерде ата-ана гунакар болама, бирак ата-анада мутажлигинен нагиранлар уйине тапсырып атыр яки менинг достым карсы шыкпагани ушын гунакар болип калама?
Достым не клыу керек усындай халатта?
ИЛТИМАС айдынлик киргизип берсенгиз!
Ўа алайкум ассалам. Устазымыз Шайх Муҳаммад Садық ҳәзиреттен усы сораў соралғанда, ол киси: Нәгиранлар үйине тапсырып, кейин оны таслап қоймастан, оның аўҳалынан хабар алып турсын, деген еди.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu alaykum guna islerden qashiwda sawap isler islewde oz ulesin qosip atirgan ustazlar. Bir sorawim bar edi. Allaga shukir bes waqit namazdi baslaganima 3 jilday boldi. Menin aldingi oqilmat qalgan namazlarim bar. Solardi qaza qilip oqiwda misali ushin har tan namaz ushin azan aytiw shartpe yamasa basqa jollari barma?
Juwap ushin raxmet.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала намаз оқыў бахытын сизге берекетли етсин, басқаларды да бул бахытқа жеткерсин! Қаза намаз оқыў ушын азан айтылады ҳәм ҳәр бир парыз намаздан алдын тәкбир де айтылады. Мысалы, сиз бир мәртеде еки күнлик намаз оқыйжақсыз, онда сиз бир рет азан айтасыз ҳәм ҳәр бир намаздан алдын тәкбир айтасыз.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Assalamu aleykum wa raxmatullaxu wa barakatw sorawim tomendegishe erejep orazasi qashan baslanadi ham kestesi qalay boladi aldinnan raxmet
Ўа алайкум ассалам. Ҳәзир Жумадус сәний айындамыз, усыдан кейинги ай Ражаб, яғный қарақалпақша етип айтқанда Ережеп айы киреди. Кестеси намаз ўақытлары менен бирдей болады, яғный таң атыў ўақты бул сәҳәрликтиң таўсылыў ўақты, шам намаздың кириў ўақты бул аўыз ашыў ўақты.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы
Ассалаума алекум устаз. Сорауым. Коп жиллик каза намазимиз бар. Каза намазимизди окиу ушын, мисали песин намаздин казасин песин намаздини уакти киргенде окиймизба. Куптан намаздин уактында тан болсин песин намазы болсин откен каза намазлар деп окийберемизба. Алла илиминизды зийада килгай.
Ўа алайкум ассалам. Қаза намаз күн ҳәм түнниң қәлеген ўақтында оқыўға болады, тек ғана қуяш шығып атырғанда, қуяш тикке келгенде ҳәм қуяш батып атырғанда оқыў мүмкин емес.
Қарақалпақстан Мусылманлары Басқармасы